Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана Жума, 26.04.2024, 18:04
Хош келипсиз Гость | RSS
Сайт мазмуны

Мини-чат

Бизиң сораўлар
Сайтымызға баҳа бериң
Барлық жуўаплар: 44

Статистика

Онлайнда: 1
Мийманлар: 1
Пaйдаланыўшылар: 0

Кириў усылы

Өзбекстан Республикасы Ғәрезсизликке ерискен 20 жыл ишинде әсирлерге татырлық жаңаланыў жолларын басып өтти. Елимиз турмысының қайсы бир бағдарын алып қарасақта таңқаларлық жаңаланыўлардың  болып атырғанының гүўасы боламыз. Елимиздиң социаллық-экономикалық жақтан пүткиллей жаңа бағдар алыўы менен бирқатарда халқымыздың сана-сезиминде руўхый-идеологиялық пәклениў қәлиплесип, жаңаша көзқарастың пайда болыўы, келешекке үлкен исенимлер менен қәдем атыўы нәтийжесинде үлкен демократиялық реформалар турмысқа асырылмақта.

Бир сөз бенен айтқанда, ғәрезсизлик жылларында Өзбекстан мәмлекет сыпатында жарқын келешекке батыл қәдем таслап баратырған ғәрезсиз ел сыпатында өзин дүньяға танытыўға үлгерди. Нәтийжеде дүнья еллери бизди ҳәр тәреплеме өз келешегине ийе мәмлекет сыпатында тән алма ... Даўамын оқыў...

Просмотров: 8911 | Добавил: Erkin | Дата: 19.08.2011 | Комментарии (0)

Быйылғы жылы Ана-Ўатанымыз тарийхына алтын ҳәриплер менен жазылатуғын уллы сәне - елимиз ғәрезсизлигине 20 жыл толады.

Районымызда аўыллардың социаллық инфраструктурасын жақсылаў, халықты тәбийғый газ, электр энергиясы, таза ишимлик суў менен тәмийинлеў, медициналық ҳәм халыққа турмыс жағынан хызмет көрсетиў, мектеплер, колледжлер қурылысын жеделлестириў бағдарында да бир қатар итибарлы жумыслар исленди.

Фермер хожалықларының материаллық-техникалық базасын беккемлеў бағдарында лизингке техникалар алыў ушын 86,6 миллион сум аванс қаржылары төленип, шәртнамалары тийкарында 2 дана "ТТЗ-80” маркалы трактор, 11 дана қос қатар сеялка, 2 дана плуг алып келинди. Бүгинги күнге 336,2 гектар майданға овощ, 701,4 гектарға палыз егинлери, 224 гектар майданға картошка, сондай-ақ, 29 гектар ... Даўамын оқыў...
Просмотров: 2419 | Добавил: Erkin | Дата: 19.08.2011 | Комментарии (0)

Ғәрезсизликти азатлық, еркинлик тымсалы деп билген елликқалалылар ҳәр жылы бул сәнени ылайықлы күтип алыўға умтылады. Байрамға ылайықлы саўға таярлаў оларда айрықша дәстүрге айланған. Сонлықтан да быйылғы жылғы Ғәрезсизлигимиздиң 20 жыллығына айтарлықтай мүнәсип таярлықлар көрилмекте. Атап айтқанда, районымызда барлық тармақ ҳәм тараўлардың келешеги терең анализ етилип, алып барылып атырған социал-экономикалық реформалардың нәтийжели әмелге енгизилиўиниң илажлары көрилмекте. Мине усындай излениўлер нәтийжесинде экономиканы раўажландырыў жолында жетискенликлер қолға киргизилип атыр.

Районымыз дийқанлар елаты. Бизде үй қапталы қыйтақ жерлеринен тартып, атыздан дийқаншылық егинлеринен дақыл алыўға айрықша кеўил бөлинген. Жерди бос қалдырғанды айып санайды. Соның ушын да дийқанларымы ... Даўамын оқыў...

Просмотров: 1402 | Добавил: Erkin | Дата: 19.08.2011 | Комментарии (0)


Әлбетте, инсаниятты айтпағанның өзинде, ушқан қус, жортқан жейран, қулласы, тири жанзаттың бәри еркин жасаўды әрман етеди. Ҳәр бир атқан таң бизди елимиздиң ең уллы байрамы — ғәрезсизлигимиз байрағы желбиреген күнге жақынластырған сайын өткен жылларда не иследим, бүгин не ислеп атырман, келешекте нелер ислеўим керек, деген сораўларға жуўап излейди екенсең.

20 жыл... Айтар аўызға аңсат болғаны менен бул жыллар ишинде көрилмеген жаңалықлар жүз берди, үлкен табысларға еристик. Ең баслы утысымыз, елимиз тыныш, халқымыздың санасы түп-тамырынан өзгерди, ертеңги жарқын келешегимизге болған исеним артты. Fәрезсиз елимизди дүньяның раўажланған мәмлекетлери қатарында көриў ушын үлкен аўызбиршилик пенен келешекке нық қәдем тасланбақта.

Пүткил Өзбекстанда, Қарақал ... Даўамын оқыў...
Просмотров: 1041 | Добавил: Erkin | Дата: 19.08.2011 | Комментарии (0)

Елимиз өз ғәрезсизлигине ерискеннен кейин республикамызда халық хожалығының барлық тараўларында түпкиликли реформалар әмелге асырылып, ҳәр тәреплеме раўажланыўлар жүз бермекте. Өткен қысқа дәўир ишинде ерискен жетискенликлеримиз, халқымыздың пәраўан ҳәм абадан турмысын тәмийинлеў бағдарында алып барылып атырған илажлар бәршемиздиң қәлбимизде үлкен мақтаныш сезимлерин пайда етпекте.

Пүткил дүнья жүзи еллери ишинде өзиниң салмақлы орнына ийе болған ана Ўатанымыздың айдын келешеги ушын елимиздиң ҳәр бир пуқарасы пидайылық пенен мийнет етип атырғанлығының нәтийжесинде бүгинги, бәршемиз ушын ең уллы ҳәм муқаддес болған — Ғәрезсизлигимиздиң 20 жыллық байрамы қарсаңында турып мақтаныш ететуғын тәреплеримиз көп. Усындай ийгиликли ислерди әмелге асырыўда беккем аўызбиршилик пенен жигерли мийнет етип атырған Нөкис р ... Даўамын оқыў...
Просмотров: 1173 | Добавил: Erkin | Дата: 17.08.2011 | Комментарии (0)

Республикамыздың район ҳәм қалаларында мәмлекетимиз ғәрезсизлигиниң 20 жыллығы байрамы белгиленетуғын сәне жақынласқан сайын көтериңки руўхта байрамлаў ушын таярлықлар қызғын түс алмақта. Энергетиклер қаласы есапланған бизиң қаламызда байрамды ылайықлы ҳәм салтанатлы белгилеўге халқымыздың көтериңки кейпиятын тәмийинлеў ушын барлық илажлар көрилип атыр. Аймақларда абаданластырыў, көклемзарластырыў, коммуналлық хызметлер көрсетиўдиң сапасын жақсылаў, социаллық инфраструктураны раўажландырыў, шөлкемлестириў, кәрханалар, хызмет көрсетиў ҳәм сервис хызмети шақапшаларын иске түсириў, кем тәмийинленген шаңарақлардан хабар алыў ҳәм басқа да бир қатар жумыслар әмелге асырылмақта. Байрам алдынан қалада әмелге асырылатуғын ис-илажлардың тийкарында 55 күнлик бағдарлама ислеп шығылды. Бағдарламада би ... Даўамын оқыў...
Просмотров: 1174 | Добавил: Erkin | Дата: 17.08.2011 | Комментарии (0)

Елимиз ғәрезсизлигиниң 20 жыллық байрамын Арал бойы жағалаўындағы Мойнақ районы халқы мийнетте ылайықлы күтип алыў ушын қызғын таярлықлар көрмекте. бүгинги күнде районымызда 3 аўыл хожалығы ширкети, 23 фермер хожалығы, 2 хожалықлар аралық машина-трактор парки, 2 суў тутыныўшылар бирлеспеси жумыс алып барады. Соның менен қатар, 2 емлеўхана, 1 районлық поликлиника, 9 аўыллық-шыпакерлик пункти, 6 фельдшер-акушерлик пункти халыққа медициналық хызмет көрсетеди. Халық билимлендириў тараўында 16 улыўма билим беретуғын мектеп, санаат-транспорт ҳәм турмыс хызметин көрсетиў кәсип-өнер колледжлери, мектепке шекемги 7 балалар бақшасы, жас өспиримлер спорт ҳәм балалар көркем өнер-музыка мектеплери келешегимиз болған жасларға тәлим-тәрбия берип атыр.

Ислеп шыға ... Даўамын оқыў...
Просмотров: 1705 | Добавил: Erkin | Дата: 17.08.2011 | Комментарии (0)

Төрткүл тарийхы әййемги Шорахан қаласына, бүгини жарқын келешекке тутасқан тек Қарақалпақстанда ғана емес, бәлки, пүткил мәмлекетимизде өзине сай орны ҳәм абырайына ийе елат. Ҳәзирги Төрткүл қаласы (Петро-Александровск) 1873-жылы қурылған болса, район болып 1927-жылы шөлкемлестирилген. Ийелеген жер майданы 7,5 мың квадрат километр, халқының саны 178,3 мың адамды қурайды. Район аймағы Әмиўдәрьяның оң жағасында жайласқан.

Мәденияты раўажланған, дийқаншылық академиясы жаратылған, уллы алымлар ҳәм дөретиўши инсанлар дүньяға келген бул ҳасыл топырақтың бүгинги абат көринисинде әжайып инсанлардың ийгиликли арзыў-әрманларын көремиз. Fәрезсизлик төрткүллилерге және де ғайрат пенен мийнет етип, елди көркейтиў, дөретиўшилик пенен жасаў имканиятын берди. Әсиресе, жыллар атамасына байла ... Даўамын оқыў...

Просмотров: 1604 | Добавил: Erkin | Дата: 17.08.2011 | Комментарии (0)

Әййемги бес қаланың бири болған Хожели бир дәўирлерде үстинен "Уллы Жипек жолы” кәрўан тартқан қала болғанлығы менен де даңқлы. Ол тарийхый-мәдений естеликлерге бай қала. Сырт елли саяхатшылардың бул қутлы мәканға табаны тийер болса, алды менен районымыздың батыс аймағында жайласқан, ашық дала музейи есапланатуғын Гәўир қаланы, ондағы әжайып Назлумхан сулыў мавзолейин таңқалыўшылық сезимлери менен тамашалайды.

Өтип атырған ҳәр бир күн бизди ең уллы ҳәм муқаддес байрамымыз болған Өзбекстан Республикасы Fәрезсизлигиниң 20 жыллық байрамына жақынластырып, кеўиллеримизге көтериңки кейип инам етпекте. Бул байрамға пуқта таярлық көриў ҳәм оны жоқары дәрежеде өткериў бойынша район ҳәкимлигиниң усы жылдың 18-апрелинде 198/4 санлы қарары қабыл етилди ҳәм комиссия қурамы тастыйықланды. ... Даўамын оқыў...
Просмотров: 1941 | Добавил: Erkin | Дата: 17.08.2011 | Комментарии (0)

Ҳәзир мәмлекетимиздиң барлық орынларында халқымыз Ўатанымыз ғәрезсизлигиниң 20 жыллық қутлы сәнесин байрамлаўға үлкен таярлықлар көрмекте. Ҳақыйқатында да, бәршемиз ушын ең уллы, ең әзиз болған бул байрам қарсаңында өткен дәўир ишинде басып өткен қыйын жолымызға және бир нәзер таслап, ғәрезсиз раўажланыў барысында әмелге асырылған ислеримиз, ерискен нәтийжелеримизди қалыс баҳалаўдың сабақ боларлық тәреплери өз алдына деп ойлайман.

Fәрезсизлик жылларында районымыз халқы әсирлер даўамында жетисе алмаған көрсеткишлерге еристи. Халқымыздың турмыс дәрежесин асырыў бағдарында исленген илажлар бүгинги күнге келип өз нәтийжелерин берип атыр. Адамлар санасында келешекке беккем исеним орнаўы, фермерлер ҳәрекетиниң ҳәўиж алыўы, оның бүгинги нәтийжелери, сервис ҳәм хызмет ... Даўамын оқыў...

Просмотров: 2151 | Добавил: Erkin | Дата: 17.08.2011 | Комментарии (0)

Президентимиз Ислам Кәримовтың 2011-жыл 6-апрельде қабыл етилген «Өзбекстан Республикасы мәмлекетлик ғәрезсизлигиниң жигирма жыллығын белгилеўге таярлық көриў ҳәм оны өткериў ҳаққында»ғы қарарына муўапық орынларда ең уллы, ең әзиз байрамымызды ылайықлы күтип алыўға қызғын таярлық көрилмекте. Ҳәзирги ўақытта өткен жигирма жылда елимизде әмелге асырылған кең көлемли дөретиўшилик жумысларының жуўмағы шығарылып, турмысымыздағы жаңаланыўлар, адамлардың санасындағы, ақыл-ойындағы өзгерислер, руўхый ҳәм мәдений раўажланыўдың нәтийжелери талқыланып атыр.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Муса ЕРНИЯЗОВ Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлиги-ӨзА ның хабаршысына төмендегилерди айтып берди`
Просмотров: 2624 | Добавил: Erkin | Дата: 16.08.2011 | Комментарии (1)


                     ЖАҚЫН ӨТКЕН КҮНЛЕРИ

- Өтмишке сүйенип ис көриў қайырлы,-дейди Абдулла Қадирий.
-Тарийх болып өткен ўақыяларды өз-ара салыстырып көриўге имканият береди. Хабарыңыз бар, өткен әсирдиң 70-жылларында Арал теңизиниң суўы шегине баслады. Бул жыллар қарақалпақ ели ушын күлпет ҳәм апатшылықлар дәўири болды. Сол ўақытта барлық телеканаллар, ҳәттеки, жергиликли телевидениеде "Аққуў көли” балетин көрсеткени еле ядымда. Олар жуплығынан айырылған аққуўға кеўил билдириўге шақырған. Лекин, Арал апатшылығы, оның ақыбетинде миллионлап инсанлар басына түскен күлпет өзгелерди тәшўишке салған жоқ.

Сол ўақытта да Үсти ... Даўамын оқыў...
Просмотров: 1514 | Добавил: Erkin | Дата: 16.08.2011 | Комментарии (0)

Тахтакөпир республикамыздың арқа-шығыс аймағында жайласқан. Ол түсликте Беруний, батыста Қараөзек, арқа-батыста Арал теңизи, арқада Қазақстан, шығыста Наўайы ўәлаятлары менен шегараласады. Жер майданы 2112218 гектар. Аўыл хожалығында пайдаланатуғын жер майданы 545611 гектар, егислик жерлери 32621 гектар. "Қуўанышжарма” каналының суўынан пайдаланады. Районның бир посёлка, тоғыз аўыл пуқаралар жыйынлары аймақларында 40 мыңға шамалас пуқара жасайды.

Өтип баратырған ҳәр бир күн бизге ҳәммемиз ушын қәдирли, ең уллы ҳәм муқаддес байрам - Өзбекстан Республикасы Fәрезсизлигиниң 20 жыллық байрамына жақынластырып, бул халқымыздың кеўиллерине көтериңки руўхый кейпият бағышламақта. Көп миллетли Ўатанымыздың барлық халықлары қатары Тахтакөпир районының гүллән халқы да бул уллы байрамға мүнәсип таярлық ... Даўамын оқыў...

Просмотров: 1199 | Добавил: Erkin | Дата: 16.08.2011 | Комментарии (0)

Ғәрезсизлик жылларында мәмлекетимиздиң ҳәр бир қаласы менен аўылы, ҳәр бир мәҳәллеси шын мәнисинде жаңаланып, түпкиликли жасармақта. Әне усындай мәканлардың бири — Нөкис қаласы да экономикалық, социаллық, мәдений жақтан ҳәр тәреплеме раўажланып бармақта. Қала халқының турмыс дәрежесин асырыў, мәҳәллелерди абаданластырыў, бағлар, қыябанлар пайда етиў, жаңа имаратлар қурыў ислерине үлкен итибар қаратылмақта.


—Еки-үш жыл алдын Нөкиске келген адам бүгин оны көрсе танымай қалады, - дейди Өзбекстан қаҳарманы, белгили илимпаз Ғайратдин Хожаниязов. — қаншадан-қанша өзгерислер жүз берди. Тек ғана илим-пән, тәлим-тәрбия тараўларын алатуғын болсақ, соңғы жылларда Нөкис мәмлекеттеги үлкен билимлендириў орайларының бирине айланд ... Даўамын оқыў...
Просмотров: 1388 | Добавил: Erkin | Дата: 16.08.2011 | Комментарии (0)

             ДӘСЛЕПКИ УШЫЎШЫЛАРДАН БИРИ
 

"—Ушыўшы боламан деген бала Ташкентке барады, оны екинши қабаттан биринши қабаттағы қараңғы жайға ийтерип жибереди екен. Жығылып түскен баланың жүрегин аппарат салып тексереди”. Не деген садалық? 1959-жылы усындай қорқынышлы сөзден де қорықпастан, оқып атырған медициналық училищени таслап, ушыўшы боламан деп әрман жетегине ерип кете бердим.
Просмотров: 1360 | Добавил: Erkin | Дата: 10.07.2011 | Комментарии (0)

ВСТРЕЧА С ПЕВЦАМИ РОДНОЙ ПРИРОДЫ
 

Красота родного края, народные традиции, обычаи — все это с большим мастерством отображают в своих работах художники Каракалпакстана. Их полотна хранятся в музеях республики.

Первыми профессиональными художниками Каракалпакстана были К.Саипов, К.Бердимуратов. Большое развитие изобразительное искусство республики получило в 60-е годы ХХ века. А в начале 70-х начинают развиваться такие виды изобразительного искусства, как графика и скульптура. В настоящее время в республике немало мастеров изобразительного иску ... Даўамын оқыў...
Просмотров: 1409 | Добавил: Erkin | Дата: 07.07.2011 | Комментарии (0)

ЖЕҢИМПАЗЛАР АНЫҚЛАНЫП, ЖОЛЛАМАЛАР ҚОЛFА КИРГИЗИЛДИ
 

Мәмлекетимизде ертеңги келешегимиз болған жаслардың ҳәр тәреплеме раўажланған кәмил инсанлар болып жетилисиўи ушын барлық қолайлы шараятлар жаратып берилген. Бул имканиятлардан өнимли пайдаланған айрықша талантлы, билимли ҳәм өнерли жасларымыз болса, бүгинги күни дүньяның ең раўажланған еллеринде жайласқан абырайлы жоқары оқыў орынларында Өз билимлерин жетилистирип, республикамыздың еле де өсип-өркенлеўине аянбастан хызмет етип келмекте. Әсиресе, усы орында талантлы ҳәм Өнерли жаслардың кең жәмийетшилик алдында жүзеге шы ... Даўамын оқыў...
Просмотров: 975 | Добавил: Erkin | Дата: 06.07.2011 | Комментарии (0)

САЛАФИЙЛИК АҒЫМЫНЫҢ ҚӘЛБЕКИ ИДЕОЛОГИЯСЫ
 

­Ғәрезсизликке ерискеннен соңғы жыллары елимизде дин тараўына кең имканиятлар есиги ашылып, "Ҳүждан еркинлиги”, "Диний шөлкемлер ҳаққында” нызамлар қабыл етилди. Бул миллий ғәрезсизлик идеологиясыныңң динлер ара кеңпейиллик идеясында өз сәўлелениўин тапққан. Президентимиз Ислам Каримовтың: "Муқаддес ислам динимизди пәк сақлаў, оны түрли қастыяншылықлардан, дөҳмет ҳәм жалалардан қорғаў, оның тийкарын өсип киятырған жас әўладқа туўры түсиндириў, ислам мәдениятының ми ... Даўамын оқыў...
Просмотров: 1106 | Добавил: Erkin | Дата: 06.07.2011 | Комментарии (0)

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2011-жыл y-апрельдеги «Өзбекстан Республикасы мәмлекетлик ғәрезсизлигиниң жигирма жыллығын белгилеўге таярлық көриў ҳәм оны өткериў ҳаққында»ғы қарары тийкарында орынларда шөлкемлестириўшилик, мәдений-ағартыў ҳәм үгит-нәсият жумыслары көтериңки руўхта өткерилмекте.

«Өзбеккино» миллий агентлиги, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң шөлкемлестириўинде республикамызда 17-19-июнь күнлери «Өзбек миллий кино көркем-өнер күнлерин өткериў белгиленип, «Өзбеккино» миллий агентлиги бас директоры Агзам Исәаков басшылығындағы бир топар кино ғайраткерлери Қарақалпақстанға келди.

Нөкис аэропортында мийманларды Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Ерниязов, Министрлер Кеңесиниң Баслығы Б.Янгибаев ҳәм басқада рәсмий адамлар салтанатлы жағдайда күт ... Даўамын оқыў...
Просмотров: 1143 | Добавил: Erkin | Дата: 06.07.2011 | Комментарии (0)

                           ҲҮРЛИК — БУЛ МУҚАДДЕС СЕЗИМ
 
Өзбекстан қаҳарманы, Өзбекстан ҳәм қарақалпағстан халық шайыры Абдулла Арипов пенен сәўбет. Өзбекстан Республикасы мәмлекетлик – Ғәрезсизлигиниң 20 жыллығы мүнәсибети менен қалаларымыз бенен аўылларымызда, елатларымызда кең кәлемдеги дөретиўшилик ислери алып барылмақта.
Просмотров: 1613 | Добавил: Erkin | Дата: 04.07.2011 | Комментарии (0)

« 1 2 3 4
Излеў

Календарь
«  Апрель 2024  »
ПнВтСрЧтПтСбВс
1234567
891011121314
15161718192021
22232425262728
2930

Архив

Сыбайлас сайтлар
  • Қарақалпақстан музейи менен танысың
  • Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң веб-сайты
  • Қарақалпақстандағы оқыў орынларының бири
  • Кеўил ашар
  • Рунеттеги сайтлар
  • Қарақалпақстан жаңалықлары

  • Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары. Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
    Copyright MyCorp © 2024