Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана Сийшемби, 16.04.2024, 18:08
Хош келипсиз Гость | RSS
Сайт мазмуны

Мини-чат

Бизиң сораўлар
Сайтымызға баҳа бериң
Барлық жуўаплар: 44

Статистика

Онлайнда: 1
Мийманлар: 1
Пaйдаланыўшылар: 0

Кириў усылы

ТУРИЗМДИ РАЎАЖЛАНДЫРЫЎFА БАFЫШЛАНДЫ
Туризм соңғы жыллары дүнья жүзинде көплеген мәмлекетлердиң жыл бойылық дәраматының белгили бир бөлегин қурап, Италия, Испания, Греция, Египет, Германия, Франция, Англия ҳәм тағы басқа да айырым мәмлекетлерде саяхатшыларға сервис хызметин көрсетиў жоқары дәрежеде раўажланған. Ал, бизиң мәмлекетимизде болса, туризм саласын пайда етиў ҳәм оны еле де раўажландырыўға Өзбекстан Республикасы өз ғәрезсизлигине ерискеннен соң ғана дыққат-итибар қаратылып, бул бойынша сырт елли саяхатшыларды өзине тарта алатуғын Самарқанд, Бухара, Хийўа, Үргениш, Ташкент, Шаҳрисабз, Термиз ҳәм тағы басқа да ески тарийхый қалаларымызда Президентимиздиң тиккелей басламасы менен капитал реконструкция жумыслары алып барылды. Бүгинги күнге келип мәмлекетимизде жайласқан тарийхый орынларға ҳәр жыл сайын сырт еллерден 300 мыңнан аслам саяхатшылар келип, олар елимиздиң тәкирарланб ... Даўамын оқыў...
Просмотров: 1238 | Добавил: Erkin | Дата: 08.12.2011 | Комментарии (0)

УСТАЗ ҲӘМ ШӘКИРТТИҢ МӘРТЕБЕСИ
ЯМАСА МИЙНЕТ БАХЫТҚА БӨЛЕЙДИ

Елликқала районлық халық билимлендириў мәкемелери хызметин методикалық тәмийинлеў ҳәм шөлкемлестириў бөлимине қараслы 3-санлы қәнигелескен мектеп жәмәәти ҳәм оқыўшылары устазлар ҳәм муғаллимлер байрамы күнлери қос қуўаныштың жанлы гүўасына айланды. Яғный, 43 жылдан аслам өмирин жас әўладқа билим сырларын үйретип киятырған физика пәни муғаллими Атахан Бабаев “Қарақалпақстан Республикасы халық муғаллими”, ал оның изин өкшелеп киятырған математика пәни муғаллими Рахматилла Қадиров “Өзбекстан Республикасы халық муғаллими” атақлары менен сыйлықланғанлығы ҳаққындағы қуўанышлы хабар “Гүлдирсин” аўылының турғынларын дүр силкиндирди. Себеби, ҳәзирги күнде бул аўылда жасаўшылардың басым көпшилиги бул еки муғаллимнен сабақ алғаны ҳақыйқат.
Халқымызда “Устазлық еткен жалықпас” деген қанатлы гәп бар. Атахан аға менен сөйлес ... Даўамын оқыў...
Просмотров: 1101 | Добавил: Erkin | Дата: 08.12.2011 | Комментарии (0)

СОХРАНИМ И ПРИУМНОЖИМ ТУГАЙНЫЕ ЛЕСА
В последнее время площади тугайных лесов в Республике Каракалпакстан значительно сократились. Только за последние 50-60 лет они уменьшились в десятки раз и на сегодняшний день занимают всего лишь 10 процентов территории республики. Нетрудно представить как это сказывается на состоянии биоразнообразия тугайной экосистемы и прилегающей к ней территории.
Одной из основных причин сокращения тугайных лесов является полное прекращение паводков, которые ежегодно затопляли берега реки, тем самым обеспечивая необходимую для роста, развития и возобновления тугайной растительности влажность почвы. Степень деградации тугайных лесов усиливается также в результате безразличия местных общин к вопросам сохранения тугайных лесов и почти полного самоустранения их от участия в управлении лесными ресурсами.
Местные общины во все времена были и являютс ... Даўамын оқыў...
Просмотров: 1323 | Добавил: Erkin | Дата: 08.12.2011 | Комментарии (0)

Тайны прекрасного
Есть в Нукусском государственном музее искусств им. И.В.Савицкого замечательные скульптурные работы известного мастера Жолдасбека Куттымуратова. В этих работах можно увидеть красоту всего человечества — настолько все в них гармонично и созвучно, словно музыка застывшая в момент великолепного исполнения, в момент высокого полета звуковых волн. И воспринимаются эти работы неземными, будто попали в наш мир откуда-то и не были плодами человеческого мастерства... Подобную красоту может создать только тот, у кого душа наполнена красотой, ощущением великой радости бытия и всего окружающего. Жолдасбек-ага и есть создатель лирической красоты.
Основная тема для мастера — женские образы.Это образы красоты. "Женщина прекрасна от природы, от Бога, кроме всего, ее главное украшение — великая скромность. Она и привлекает, она и ограждает женщину от грубых сил. Женщина сил ... Даўамын оқыў...
Просмотров: 690 | Добавил: Erkin | Дата: 08.12.2011 | Комментарии (0)

«ЖАҢА ЗАМАН НЕ КҮТЕДИ ШАЙЫРДАН?..»
Жаңа заман не күтеди шайырдан,
Буны билер биреў ерте, биреў кеш.
...Соның ушын жаза бериў, бирақ та;
Халық дәртинен қалтырасын қәлеми¦.
И.ЮСУПОВ.

Уллы талант, данышпан шайыр Ибрайым Юсуповтың бул айтқан сөзлеринде жан бар, жуўапкерли ўазыйпалар бар. Өйткени, өткен әсирде жәмийетлик турмысымызда еки рет үлкен аўдарыспақ, социал-жәмийетлик қайта қурыўлар болды, бирақ, өмир менен турмыс өз диалектикасы менен алға умтылып, өз қарама-қарсылықлары, бай рәң-бәреңлиги менен илгери жылжый берер екен. Сондай болса да, елимиздиң турмысында ғәрезсизлик дәўириниң орны өз алдына екенлиги даўсыз. Шайыр ағамыз бизиң өмиримиздеги усындай социал-жәмийетлик аўдарыспақ пенен руўхый жаңаланыўларымыздың сырын, оның халық ушын әҳмийетли прогрессив тәреплерин тез, ҳәммеден бурынырақ түсинетуғын, оптимистлик ҳәм мәрт жүрекли сөз зер ... Даўамын оқыў...
Просмотров: 1156 | Добавил: Erkin | Дата: 08.12.2011 | Комментарии (0)

СОҢҒЫ ПУШАЙМАН ӨЗИҢЕ ДУШПАН
Мәдениятымызға бейимлесип, ушырасыўлар, социаллық илажлар, ширкеўлерди жергиликли шараятларға бейимлестириў, социаллық-сиясий жағдайлардан пайдаланыў, ҳәр түрли тәсир қуралларын, мәселен, баспасөз ҳәм ғалаба хабар қураллары, интернет тармағы, кинолар, саяхат ҳәм кеўилхошлықлар сыяқлы усыллары менен халық арасына кирип, өз мақсетлерине ерисиўге умтылып атырған миссионерлик ҳәрекетлери, оған билип-билмей қосылып қалғанлардың соңғы тәғдири ҳаққында көп айтылып, жазылып та атыр. Бул ҳәрекетлердиң артында көп қаржы тигип отырған үлкен күшлердиң барлығын ҳәм ол мақсетсиз жумсалмайтуғынын биразлар аңлай бермейди. Иши-баўырына кирип, жетпегенин жеткерип, машқаласын жеңиллетиўге ҳәрекет ететуғын миссионерлер "шүдигарда батпан қуйрық тегинге жатпайтуғынын” онша түсине бермейтуғын пуқараларды бирең-сараң болса да изине ерте алан ҳаллары ушырасып турады. Соң пушайман ... Даўамын оқыў...
Просмотров: 972 | Добавил: Erkin | Дата: 08.12.2011 | Комментарии (0)

БАЛАЛАР ҮЙ-ЖАЙЛЫ БОЛДЫ
Елимизде Президентимиз Ислам Кәримовтың басшылығында жасларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, ул-қызларымызды бәркамал инсанлар етип камалға келтириў ушын зәрүрли шараятлар жаратыўға, олардың ҳуқықлары менен мәплерин тәмийинлеўге қаратылған избе-из ислер әмелге асырылмақта.
Елбасшымыздың тиккелей басламасы менен мәмлекетимизде жетим ҳәм ата-ана меҳринен айырылған балаларды социаллық қорғаў, олардың билим алыў ҳәм жасаў жағдайларын түп-тийкарынан жақсылаўға айрықша итибар қаратылмақта.
Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң «Жетим ҳәм ата-ана ғамқорлығынан айырылған балаларды турақ-жайлар менен тәми¬йинлеў илажлары ҳаққында»ғы қарарында бул бағдардағы әҳмийетли ўазыйпалар белгиленип оның орынланыўы Өзбекстан Республикасы Бас прокуроры тәрепинен айрықша қадағалаўға алынған.
15-октябрь күни Кегейли районында жетим ҳәм әменгери жоқ ба ... Даўамын оқыў...
Просмотров: 1120 | Добавил: Erkin | Дата: 08.12.2011 | Комментарии (0)

«ҚАРАҚАЛПАҚ ЖЫРАЎЫ» — СӨЗЛИКЛЕРГЕ ӨЗ АЛДЫНА ТЕРМИН БОЛЫП КИРИЎИ КЕРЕК
Дүнья халықлары фольклористика илимине "қарақалпақ жыраўы” жаңа термин болып кириўи керек деп ойлаймыз. Себеби, бул жыраў сөзи көпшилик халықларда пайдаланғаны менен қарақалпақ жыраўы сөзиниң мазмунын ашқан ўақытта бул сөздиң мазмуны "жыраў” сөзине сыймай қалады. Дүнья халықлары фольклористика илиминде ҳәр бир халықтың эпосын атқарыўшылардың өз алдына термини бар, сол термини менен айтылған ўақытта оның қай халықтың эпос атқарыўшысы екенин түсинесең. Мысалы, "олонхосут” дегенде бул якут олонхоларын (эпосын) музыкасыз атқарыўшыны түсинемиз. Якут эпослары музыкалық әсбапсыз, олонхосуттың даўысы менен атқарылады. Ал, "манасчи” дегенде қырғыз халқының гигант эпосы "Манас”ты атқарыўшыны түсинемиз. Бунда да саз әсбабы пайдаланбайды, "манасчи” өзиниң артистлик атқарыў өнери менен атқарады. "Бахши” бул өзбек, түркмен халықл ... Даўамын оқыў...
Просмотров: 1116 | Добавил: Erkin | Дата: 08.12.2011 | Комментарии (1)

ИНФОРМАЦИЯЛЫҚ КОММУНИКАЦИЯ
ТЕХНОЛОГИЯЛАРЫ — ДӘЎИР ТАЛАБЫ

Экономика, ислеп шығарыў, билимлендириў ҳәм мәмлекетлик басқарыўға заманагөй технологияларды кеңнен енгизиў, мини технологиялар ҳәм ықшамласқан үскенелерди алып кириў мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған реформалардың әҳмийетли бағдары.
Бүгинги шараятта информация қаншелли тез ескиретуғын болса, оны тасыўшы қураллар да соншелли дәрежеде жаңаланып бармақта. Оларды басқарыў да ўақыттың өтиўи менен қурамаласып баратуғыны айқын.
Информацияластырыў термини жақынға шекем кең тар¬қалған компьютерлестириў термининиң орнын басып, барған сайын қысып шығармақта. Бул түсиниклер арасында айтарлықтай өзгешеликлер бар. Информацияластырыў түсиниги компьютерлестириўге қарағанда кеңирек түсиник есапланады.
Компьютерлестириўде тийкарғы дыққат информацияны қайта ислеў, нәтийжелерин тез алыўды, оны жыйнаўды тәми¬йи ... Даўамын оқыў...
Просмотров: 974 | Добавил: Erkin | Дата: 06.12.2011 | Комментарии (0)

МЫ ПОМОГАЕМ
ПРЕДПРИНИМАТЕЛЯМ


В этом году, объявленном в Узбекистане годом малого бизнеса и частного предпринимательства, реализуется комплекс мер по поддержке и стимулированию развития "малой экономики".
В связи с этим, Указом Президента от 24 августа 2011г. №УП4354 в Узбекистане приняты дополнительные меры по формированию благоприятной деловой среды для развития малого бизнеса и частного предпринимательства.
Так, установлен принцип приоритета прав предпринимателей, предусматривающий толкование неустранимых противоречий и неясностей нормативно-правовых актов во взаимоотношениях субъектов предпринимательской деятельности с государственными органами управления, правоохранительными и контролирующими органами, коммерческими банками в пользу предпринимателей.
Кроме этого, значительно упрощен механизм банковских процедур для представителей малого и частн ... Даўамын оқыў...
Просмотров: 804 | Добавил: Erkin | Дата: 23.11.2011 | Комментарии (0)

ҚАҒЫЙДА БУЗБАҒАН АБЗАЛ

Елимиздиң, халқымыздың ең бийбаҳа байлықларының бири электр энер¬гия¬сынан нызамлы пайдаланыўды жетилистириў мақсетинде Өзбекстан Республикасы электр энергетикасында қадағалаў бойынша мәмлекетлик инспекциясының 2011-жыл 6-июльдеги 11-санлы буйрығы жәрияланды. Бул буйрық пенен “Электр энергиясынан пайдаланыў қағыйдаларын бузғанлығы ушын тармақтан ажыратылған тутыныўшылардың электр қурылмаларын электр тармақларына қайтадан жалғаў ушын төлемди өндириў тәртиби ҳаққында”ғы реже тасты¬йықланды.
Тасты¬йықланған реже 2011-жыл 6-августта Өзбекстан Республикасы әдиллик министрлигинен дизимнен өткерилип, усы жылдың 26-август күнинен баслап әмелге енгизилди. Буннан былай тутыныўшылар тәрепинен электр энергиясынан пайдаланыў қағыйдалары бузылғанлығы анықланған жағдайда электр тәмийнаты кәрханасы тәрепинен тармақтан ажыратылған тутыныўшыларды тармаққа жалғаў ... Даўамын оқыў...
Просмотров: 1129 | Добавил: Erkin | Дата: 23.11.2011 | Комментарии (0)


ГӘП — ЖАНАЗА МӘРЕСИМЛЕРИ ҲАҚҚЫНДА


Ҳәр бир халықтың ата-бабаларынан әсирлерден-әсирлерге өтип киятырған салт-дәстүрлери бар. Бирақ, олардың арасында дәўирлер жаңаланыўы менен тийкарғы мәниси өзгерип, оның әҳмийетине түсинип-түсинбестен айырым ҳалларда шаңарақтың экономикалық жағдайларын есапқа алмастан, халықтың дәстүри деп орынлаўға умтылатуғыны бар жағдай.
Ҳәзир раўажланған жәмийетте жасап атырмыз. Ҳәр бир ҳәрекетимиздиң, соның ишинде салт-дәстүрлеримиздиң де халқымыз турмысына унамсыз тәреплерине ақыл жуўыртып, мәнисин түсинип ҳәрекет ететуғын ўақыт жетти. Президентимиз тәрепинен той-мерекелерди ысырапсыз өткериў, тәртипке салыў бағдарында арнаўлы қарарлар қабыл етилди. Усы бағдарда көп жумыслар да исленип атыр. Деген менен, қәлиплесип қалған дәстүрлеримиздиң унамсыз тәреплерин тоқтатыў ўақыт талап ете ... Даўамын оқыў...
Просмотров: 1144 | Добавил: Erkin | Дата: 22.11.2011 | Комментарии (0)

   


  ШУХРАТ АЗИЯДА ТЕҢСИЗ

­Ғәрезсизлик жылларында елимизде дене тәрбиясы ҳәм спортқа үлкен дыққат-итибар қаратылыўы нәтийжесинде спортшыларымыздың халықаралық ареналарда сыйлы орынларды алыўы ҳеш кимге де таң болмай қалды. Жаратылған усындай имканиятлардан утымлы пайдаланып киятырған жасларымыздың бири, тақыятаслы аўыр атлетика шебери Шухрат Шамуратов болып табылады. Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының дене тәрбиясы факультетинде тәлим алып атырған Шухрат еле жас болыўына қарамас­тан мәмлекетимиз ҳәм Азия көлеминде өткерилген бир қатар жарысларда өзин көрсете алды. Усы жылдың 5-12-сентябрь сәнелеринде Таиланд мәмлекетиниң Паттая қаласында аўыр атлетика бойынша жас өспиримлер ҳәм жаслар арасында гезектеги Азия чемпионаты болып өткен еди. Континенттиң 39 мәмлекетинен 400 ге шамалас жас спортшылар қатнасқ ... Даўамын оқыў...
Просмотров: 1018 | Добавил: Erkin | Дата: 22.11.2011 | Комментарии (0)

        Наша родина - Узбекистана  
 
Прошлое и настоящее России и Узбекистана неразрывно связаны крепкими узами, прошедшими испытание на прочность. История их вмещает гуманность и толерантность, сердечность и братство, дружбу и готовность придти на помощь друг другу.
Сегодня в Республике Каракалпакстан проживают более 15 тысяч представителей русскоязычной диаспоры. И все они активно участвуют в строительстве суверенного Узбекистана.
Русский культурный центр Республики Каракалпакстан ведет работу по сохранению и развитию русского языка, культуры, обычаев и традиций, развивает сотрудничество с другими наци ... Даўамын оқыў...
Просмотров: 942 | Добавил: Erkin | Дата: 19.11.2011 | Комментарии (0)

                  20 ЖЫЛЛЫҚҚА 20 ЖЕҢИМПАЗ

- "Обед” деп екилениўдиң кереги жоқ, Қуўатбай аға аўылда болса көбирек шаңарағынан емес, "екинши үйи”нен табылады,-деп бизлер менен бирге жүрген район ҳәкимиятының жетекши қәнигеси М.Оразымбетовтың айтқан гәпине бола тал түсте музыка ҳәм көркем өнер мектебине ат басын тиредик.

- Келиң жигитлер, ағаңда жетискенлик көп. Усы жылдың өзинде Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан көлеминде өткерилген ҳәрқыйлы таңлаўларда жигирма оқыўшым жеңимпаз болды,-дейди Қараөзек районы Жийен жыраў атындағы балалар музыка ҳәм көркем өнер мектебиниң директоры, "Ел-журт ҳүрмети” ордениниң ийеси Қуўатбай Өтегенов оқыўшыларының табысларынан баладай қуўанып. – Fәрезсизликтиң ... Даўамын оқыў...
Просмотров: 1216 | Добавил: Erkin | Дата: 05.09.2011 | Комментарии (0)

Пайтахтымыздағы Ашық театрда Ғәрезсизлигимиздиң жигирма жыллығына бағышланған «Уллы ҳәм муқаддессең, ғәрезсиз Ўатан» театрластырылған байрам тамашалары болып өтти.


Президентимиз Ислам Кәримов уллы тарийхый сәне - 1991-жыл 1-сентябрьди Ўатанымыздың ғәрезсизлиги күни, деп жәриялағанынан кейин Өзбекстан жәҳәнге, жәҳән болса Өзбекстанға жүз бурды. Дүнья жәмәәтшилиги Орайлық Азия регионында ата-бабалары дүнья цивилизациясына, илим-пән ҳәм мәденияттың раўажланыўына бийбаҳа үлес қосқан, бай тарийхый ҳәм мәдений мийрасқа, үлкен экономикалық және мәнаўий потенциалға ийе халық бар екенин, жаңа ғәрезсиз мәмлекет пайда ... Даўамын оқыў...
Просмотров: 1141 | Добавил: Erkin | Дата: 05.09.2011 | Комментарии (0)

Шоманай районлық халық билимлендириў бөлимине қараслы 17-санлы улыўма билим бериў мектеби республикамыздағы басқа мектеплерден оншелли парық қылмайды. Кең ҳәм жақтылы ханаларға ийе бул мектеп имараты «2004-2005-жылларда мектеп билимлендириўин раўажландырыўдың Мәмлекетлик улыўма миллий бағдарламасы» тийкарында қайта реконструкцияланып, заманагөй оқыў ҳәм спорт инвентарьлары менен толық тәмийинленген. Усы билим дәргайында райондағы «Бердибай аўыл» пуқаралар жыйыны аймағында жасайтуғын турғынлардың ул-қызлары тәлим алады.

«Дәўлетлиниң қос қонағы бир келеди» дегениндей, жақында мектеп жәмәәти қос байрам қушағына енди. Бириншиден, бул жерде ең уллы, ең әзиз байрамымыз болған Өзбекстан Республикасы мәмлекетлик ғәрезсизлигиниң 20 жыллығы кең түрде нышанланған болса, екиншиден, усы мектепти 1990-1991-оқыў жылында питкерген оқыўшылардың жиг ... Даўамын оқыў...
Просмотров: 1090 | Добавил: Erkin | Дата: 05.09.2011 | Комментарии (0)

                            ПУБЛИЦИСТИКА

Өткен ата-бабаларымыз әсирлер даўамында "Елиў жылда — ел жаңа” деген нақыл менен жасап кетти. Жаңа өспирим жигит болып, бул нақыл мазмунына мәни бере баслаған ўақтымыз — өткен әсирдиң алпысыншы жылларының басы еди. Ол заманда елиў деген ер адамның орташа жасы. Енди ғана қырықтан өтип жүргенлердиң сақаллары бел буўарына түсип, мерекелерде ғаррылар топарында отыратуғын еди. Сонда бизлер: "Ел, ҳәр елиў жылда жаңаланатуғын болса, оның рәҳәтин ким көреди?” деген ойларға берилгенбиз.

Бүгин, Өзбекстанның ғәрезсизликке ерисип, азат ҳәм абат Ўатан, еркин ҳәм дем ... Даўамын оқыў...
Просмотров: 1059 | Добавил: Erkin | Дата: 05.09.2011 | Комментарии (0)

Ҳәр жылы мәмлекетимиздиң ғәрезсизлик байрамы жақынлаған сәнелерде "ғәрезсизлик маған не берди, мен ғәрезсизлик ушын не иследим?” деген дәстүрли бир саўал ҳәр бир ўатанласымыздың жүрек сезиминен өтетуғыны тәбийий.

Сондай-ақ, бул саўал кеңирек мәниде айтқанда елимиз халық хожалығының ҳәмме тараўларына да тийисли. Соның ишинде мине, кино тараўын алып қарайық: егер ғәрезсизлик болмағанда қарақалпақ тилинде көркем фильм дөретиў ҳаққында қыял етиўдиң өзи фантастикадай бир нәрсе еди. Ҳәттеки, "Өзбекфильм”ниң өзи шығаратуғын киносының атын қойыўға да Москвадан рухсат алыўы керек болған. Аржағын тереңлестире бермей-ақ қояйық.

Мине, енди мәмлекетимиз ғәрезсиз. Бул ғәрезсизлик қарақалпақ киносы ушын үлкен мүмкиншилик жаратып берди. Бурын жылына төрт кино журнал, төрт ҳүжжетли фильм, орайдағылардың кеўлине жақсылық салса, бир к ... Даўамын оқыў...
Просмотров: 2263 | Добавил: Erkin | Дата: 05.09.2011 | Комментарии (0)

Қарақалпақ халқының бийтәкирар көркем өнерин, мәдениятын раўажландырыў, талантлы жасларды миллий ҳәм дүнья жүзилик көркем өнердиң жоқары үлгилери руўхында тәрбиялаў, заманагөй театр ҳәм кино, телевидение, радио бағдарлары бойынша жоқары маманлықтағы актёрлар, көркем өнер саласындағы қәнигелерди жетилистириў мақсетинде ашылған Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер институтының Нөкис филиалында бүгинги күни республикамыздың 120 дан зыят жигит-қызлары 7 жөнелис бойынша тәлим алмақта. Оларға тәжирийбели оқытыўшылар Қазақстан, Қарақалпақстан, Өзбекстан Республикаларына хызмет көрсеткен артист Р.Қутекеева, Өзбекстан, Қарақалпақстан Республикаларына хызмет көрсеткен артист Э.Айтниязова, белгили актриса М.Исмайылова, Л.Оразымбетова ҳәм басқа да ... Даўамын оқыў...
Просмотров: 1625 | Добавил: Erkin | Дата: 05.09.2011 | Комментарии (0)

« 1 2 3 4 »
Излеў

Календарь
«  Апрель 2024  »
ПнВтСрЧтПтСбВс
1234567
891011121314
15161718192021
22232425262728
2930

Архив

Сыбайлас сайтлар
  • Қарақалпақстан музейи менен танысың
  • Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң веб-сайты
  • Қарақалпақстандағы оқыў орынларының бири
  • Кеўил ашар
  • Рунеттеги сайтлар
  • Қарақалпақстан жаңалықлары

  • Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары. Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
    Copyright MyCorp © 2024