Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана Жума, 29.03.2024, 14:23
Хош келипсиз Гость | RSS
Сайт мазмуны

Мини-чат

Бизиң сораўлар
Сайтымызға баҳа бериң
Барлық жуўаплар: 44

Статистика

Онлайнда: 1
Мийманлар: 1
Пaйдаланыўшылар: 0

Кириў усылы

Главная » 2011 » Июль » 10 » АРАМЫЗДАҒЫ АДАМЛАР
18:12
АРАМЫЗДАҒЫ АДАМЛАР
             ДӘСЛЕПКИ УШЫЎШЫЛАРДАН БИРИ
 

"—Ушыўшы боламан деген бала Ташкентке барады, оны екинши қабаттан биринши қабаттағы қараңғы жайға ийтерип жибереди екен. Жығылып түскен баланың жүрегин аппарат салып тексереди”. Не деген садалық? 1959-жылы усындай қорқынышлы сөзден де қорықпастан, оқып атырған медициналық училищени таслап, ушыўшы боламан деп әрман жетегине ерип кете бердим.

Ушыўшы болыўға деген ықласымның кем-кемнен ҳәўиж алыўына да сол ўақытлары бираз себеплер көп еди. әкемниң Дурманов деген ушыўшы жорасының самолётында көп ушқанман. қалаберсе, ушыўшылардың баскетбол командасында ойнағанман. Усылардың тәсири астында жүрген мен теңиз арқалы Аральскийге кеттим. Сол жерден поездға отырдым да Саратов ўәлаятындағы Краснокут гражданлық авиациясы ушыўшылар таярлайтуғын оқыў орнынан бир-ақ шықтым. "әрман жетеги” деп аталыўшы "тулпар”да жүрген жел өкпе бала емеспен бе? Сырдандай далада жайласқан сол оқыў орнына кирип оқыдым. Аўылдан келген мендей сада баланың оқыўы аңсат болмады...”

Қарақалпақтың дәслепки ушыўшыларынан бири Байрон Тәженов пенен сәўбетимиз мине усылайынша басланып кетти.

Сол ўақытлары "аўырып” жүрген Арал кең қушағында усындай ақыллы, билимли, кеўли кең баланы жақсы тәрбиялай алған екен. Оның мазалы балығын жеп өскен қәлеген мойнақлылар, әлбетте, бүгинлиги өз орынларын таўып кеткен. Солардың бири Байрон Тәженов. Ол 1941-жылы Мойнақ районында туўылып өскен.Өзи айтып өткендей балалығынан баслап ушыўшы болыўды ең тийкарғы мақсет жолы деп билген.

Б.Тәженов оқыўды питкерип келип, дәслепки мийнет жолын 1961-жылы Нөкис авиабирлеспесинде АН-2 самолётында екинши ушқыш болыўдан баслады. 1964-жылы АН-2 самолётында командир, 1965-жылдан 1969-жылға шекем Мойнақ аэропортының АН-2 самолётлары авиациялық звено командири болып иследи.

Байрон ағаның өмирлик жолдасы Қаршыға менен танысыўы да усы ўақытлардан басланған екен. Қаршыға екеўи бир-бирин унатып, 1966-жылы өзи басқарған самолётта Мойнаққа алып қашып келген. Еки жастың өмирге қәдем таслаўы да ҳаўа пәрўазы арқалы басланған ҳәм 1967-жылы олардың туңғыш улы Жақсыбай дүньяға келеди.

Б.Тәженов 1969-жылы Ленинград қаласындағы Пуқаралық авиацияның Жоқарғы авиациялық училищесиниң командалық факультетиниң ишки бөлимине оқыўға киреди. Бул ўақытта Қаршығаның екинши улы Муратбай туўылған еди. Соған қарамастан Байрон аға оларды өзи менен бирге Ленин¬град қаласына әкетеди. Ол жерде еки бөлмели жай менен тәмийинленеди. Усындай жақсы шараятта жасаса да олар аўылын тез-тез сағынатуғын еди.

Байрон аға бул жерде математиканы, инглис тилин қосымша үйренеди, оған келиншеги де жәрдем береди. Себеби, ушыўшы болып самолётты ап-аңсат басқарып кете бермейди екенсең. Әл-аспанда да самолёттиң жүрер жолы, өзине тән машқалалары бар екен. Штурвалды услаў менен самолёт ҳаўада өз-өзинен ушпайтуғынын ҳәр бир оқыў барысында түсинип барған ол өмир жолындағы ҳәр қандай қыйыншылықларға да шыдаўға таяр болды. Себеби, алыс аўылдан анасын, туўған-туўыс¬қанларын, досларын таслап көзи қы¬йып, усы жолға белди беккем буўып, жеңди түринип шыққан еди. Ушыўшының кийимин кийип, әл-ҳаўада самолётты өзи басқарып жүргенге не жетсин! Сонша шақырым жерлерди аспан арқалы демде басып өтиўдиң өзи ушыўшы ушын бахыт емес пе?! Ел көрип, өмирдиң гөззаллығын өз көзиң менен көрип тамашалаў—қарақалпақтың аўыл баласы ушын қол жетпес жетискенлик. Әсиресе, 7 мың километр би¬йикликке көтерилип, буларды жарып өтиўди айтпайсаң ба? Аспанға қарасаң, ол шексиз кеңисликтей сезиледи. Белгиленген жолдан азырақ өтип кетсең аржағы быжнаған самолётлар. Сонлықтан О градустан 179 градусқа шекемги аралыққа жуп санлы эшалонлар ал, 180 градустан 359 градусқа шекем тақ санлы эшалонлар ушады. Аралығы да ўақыт пенен белгиленген. Бурынлары ҳәр бир самолёттың бәлентлиги бириниң үстинен бири ушыў аралығы 600 метрден туўра келген болса, ҳәзир 300 метрге тарылған. Ҳәр бир самолётты лакоторлар арқалы бақлап отырады. Байронды 1969-жылы Ленинградтағы Жоқарғы авиациялық отряд бирлеспесине командир етип таярлайды.

Бул ўақытлары бирлеспеге қараслы районларда 13 аэропорт бар еди. Олардағы 1800 дей хызметкерге 36 жаста басшылық етиў Байрондай жас жигит ушын үлкен жетискенлик. Оның бул мийнетлери баҳаланып, 1979-жылы биринши класс ушыўшы дәрежесин алды. Әкеси Оразбай қайтыс болғаннан соң анасы Бийбигүл апа еки ул, еки қыздың рәҳәтин де, мийнетин де көрди. Иниси Турдыбай да ушыўшы еди, бирақ, өмири қысқа болды. Өз кәсибине соншама сүңгип кеткен баласын анасы гейде көп күнлер көре алмас еди. Сондай ўақытлары анасы Байронға "ҳәр сапары самолётқа "бисмилла” деп мине көр, балам”, дер еди. Ол енди бул сөзлерди тез-тез еске түсирип сағынып еслейди, балаларына да гейде ҳәзил-шыны аралас усы сөзди тәкирарлайды. Ушыў барысында ҳәр қыйлы жағдайларға да ушырап туратуғын еди.

—Бул 1974-жыл еди. Ил-14 самолёты менен Нөкис-Ташаўыз-Ташкент маршруты бойынша ушып баратырмыз. Бортта 32 жолаўшы бар. Ташкент аэропортына қоныўына 600 метр қалғанда самолёттың алдыңғы дөңгелеги шықпай қалды. Барлық авариялық хызмет бөлимшелери тик аяққа турды. Бизлерге қоныў полосасының қасындағы полосаға қоныўға буйрық берилди. Бундай жағдайда жолаўшыларға зыян жетиўи де мүмкин еди. Сонлықтан қайтадан жоқарыға көтерилиўге рухсат алдық. Себеби, 1 саатқа жететуғын жанылғы бар еди. Қайтадан 600 метрден 900 метр¬ге шекем жоқарыға көтерилдик. Қанша қорқыныш бийлесе де Ташкент аспанында 45 минуттай ушып жүрдик. Қасымда екинши ушыўшы Сәрсенғалий Акаев, борт механиги Қасым Давыдовлар бар еди.

Отырғышымыздың шетиндеги тесиктен борт механиги қолын шығанағына шекем тығып көп ўақытларда дөңгелекти шығарыўға еристик. Жолаўшыларды мәнзилине аман-есен жеткергенимизге қуўандық, -деп еслейди Байрон аға сол ўақыяны.

Б.Тәженов 1984-жылы Ил-14 самолётлары авиациялық эскадрильясы командири лаўазымында, 1988-жылы болса ушыў қәўипсизлиги бойынша инженер-инспектор болып иследи. Ҳәзирги ўақытта "Ўзбекистон ҳаво йўллари” пәрўазлар қәўипсизлиги бойынша баслаўшы инженер-инспектор болып ислеп атыр, яғный ушыўшылар "ГАИ”ы. Өмирлик жолдасы Қаршыға Қдырния¬зова Нөкис қалалық Халық билимлендириў бөлимине қараслы 5-санлы мектепке шекемги билимлендириў мәкемесинде меңгериўши болып иследи. Машақатлы кәсиптиң қыйыншылығын да, табысын да көрген пайытлары бәрқулла Байронның жанында болды. Биргеликте төрт ул, бир қызды тәрбиялады. Олардың бәри де әке жолын даўам еттирип атыр. Үлкен баласы Жақсыбай 192 жолаўшылық Францияға қатнайтуғын Эрбас А-310 ҳәм А-300-600 самолёты ушыўшысы, келиншеги Светлана Сейткамалова менен ҳәзир Ташкентте жасап, татыў турмыс кеширип атыр. Екинши улы Муратбай биринши класс ушыўшысы, АН-2 самолёты авиациялық звеносы командири. Ол да өмирлик жолдасы Рано Елмуратова менен өмир гүзарында бирге перзентлер тәрбиялап атыр. Үшинши улы Бердақ келиншеги Ҳүрлиман Дәўжанова менен ата-анасының хызметинде. Бердақ Нөкис аэропортының самолётлардың ҳаўа ҳәрекетин басқарыў бойынша диспетчер. Кишкене улы Алишер де Ташкент қаласында жасайды. Ол Боинг-757/767 ҳәм Эрбас-А-310 самолётларының борт-проводниги. Бүгинги күни келиншеги Салтанат Қыдырниязова менен бахытлы турмыс кеширип атыр. Ал, қызы Саера болса Ташкентте магистратураны питкерип, ҳәзир университеттиң шет тиллери факультети оқытыўшысы болып ислейди. Байрон Тәженов ул-қызларынан 11 ақлық сүйип, олардың қызықларын көрип, шадлы турмыста жасамақта. Оның авиацияның раўажланыўына қосқан үлеслери көп. Нөкис аэропортындағы барлық самолётлар қонатуғын 3 километрлик полосаның қурылыўында да мийнетлери сиңди. Бул полосалар 1980-жыллары қурылған еди. Быйыл усы полосаларды қайта қурыў ислери басланып, 3-4 ай даўам етиўи көзде тутылып отыр.

Ҳәр қандай исте дәслепкилерден болыў аңсат емес. Байрон ағаның өмир жолындағы азы-кем ўақыялар жөнинде айтып өттик. Ол баслап берген жолды шәкиртлери Нөкис аэропорты директоры Генжебай Худайбергенов, Г.Ниязымбетов, О.Бекбергенов, П.Гушин, А.Волошко, Е.Аллаяров, К.Турымбетов, О.Жиеналиев, Т.Хожанов, Т.Тундыбаев, Т.Раджапов, О.Қадыров, Ю.Ким, К.Нуратдинов, И.Худояров, П.Жаббарбергенов, О.Гайповлар даўам еттирип атыр.

Б.Тәженов Қарақалпақстанның дәслепки ушыўшыларынан бири болып, усындай табысларға еристи, ел көрди. Кәсиби себепли Белоруссия, Литва, Латвия, Эстония, Украина, Россияның көплеген қалалары, Қазақстан, Түркменстан ҳәм басқа да көплеген еллерде болды.

— Елимиз тыныш. Уллы байрамымыз, Ғәрезсизлигимиздиң 20 жыллығы жақынласып қалды. Мийнеттен, қыйыншылықтан ҳеш қашан қашпағанман. Соның нәтийжесинде ҳеш ўақыт кем болмағанман. Бизиң тараўда медициналық көриктен өткерип турғанлықтан денсаўлығым усы жасыма шекем пәнт бермей киятыр. Сонлықтан усы елдиң бир азаматы сыпатында газета арқалы мүмкиншилик берилгенинен пайдаланып ҳәммени байрам менен қутлықлайман. Байрамлар жарасқан елимиз еле де гүллене берсин. Еле де елимиздиң гүллениўине, қалаберсе авиация тараўының раўажланыўына үлес қоса беремен, -деп хошласты Байрон Тәженов кетеримизде.

Жетпис жасты қарсыласа да бели бүгилмеген, өз кәсибиниң пидайысы, мийнет нураныйы, Қарақалпақстан Республикасына хызмет көрсеткен инженер Байрон Тәженов ҳаққында еле де айтылар гәп көп. Төрт улын өз изине ерте алған әдиўли әке, усындай белгили инсан ҳаққында жақында "Қарақалпақфильм”де ҳүжжетли фильм жарыққа шықты.

Байрон аға менен сәўбетлескенимнен соң самолётлардың гүрилдеп ушып барыўына үлкен дыққат аўдарып қарайтуғын болдым. Алысларға ушып баратырған самолётлар да инсан өмири сыяқлы өз мәнзилине тезирек жетиўге асығып баратыр...

Арыўхан ТУРЕКЕЕВА,
журналист.
Просмотров: 1338 | Добавил: Erkin | Рейтинг: 5.0/1
Всего комментариев: 0
Имя *:
Email *:
Код *:
Излеў

Календарь
«  Июль 2011  »
ПнВтСрЧтПтСбВс
    123
45678910
11121314151617
18192021222324
25262728293031

Архив

Сыбайлас сайтлар
  • Қарақалпақстан музейи менен танысың
  • Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң веб-сайты
  • Қарақалпақстандағы оқыў орынларының бири
  • Кеўил ашар
  • Рунеттеги сайтлар
  • Қарақалпақстан жаңалықлары

  • Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары. Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
    Copyright MyCorp © 2024