Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана Жума, 19.04.2024, 04:51
Хош келипсиз Гость | RSS
Сайт мазмуны

Мини-чат

Бизиң сораўлар
Сайтымызға баҳа бериң
Барлық жуўаплар: 44

Статистика

Онлайнда: 1
Мийманлар: 1
Пaйдаланыўшылар: 0

Кириў усылы

Главная » 2011 » Август » 17 » ТАҚЫЯТАС — КЕЛЕШЕККЕ НЫҚ ҚӘДЕМ
16:21
ТАҚЫЯТАС — КЕЛЕШЕККЕ НЫҚ ҚӘДЕМ
Республикамыздың район ҳәм қалаларында мәмлекетимиз ғәрезсизлигиниң 20 жыллығы байрамы белгиленетуғын сәне жақынласқан сайын көтериңки руўхта байрамлаў ушын таярлықлар қызғын түс алмақта. Энергетиклер қаласы есапланған бизиң қаламызда байрамды ылайықлы ҳәм салтанатлы белгилеўге халқымыздың көтериңки кейпиятын тәмийинлеў ушын барлық илажлар көрилип атыр. Аймақларда абаданластырыў, көклемзарластырыў, коммуналлық хызметлер көрсетиўдиң сапасын жақсылаў, социаллық инфраструктураны раўажландырыў, шөлкемлестириў, кәрханалар, хызмет көрсетиў ҳәм сервис хызмети шақапшаларын иске түсириў, кем тәмийинленген шаңарақлардан хабар алыў ҳәм басқа да бир қатар жумыслар әмелге асырылмақта. Байрам алдынан қалада әмелге асырылатуғын ис-илажлардың тийкарында 55 күнлик бағдарлама ислеп шығылды. Бағдарламада бирқанша илажлар әмелге асырылыўы режелестирилди. Байрам мүнәсибети менен қала аймағындағы сметалық баҳасы 406 миллион сум болған ПҲАЖдың жаңа имараты, жаслар ушын 126 миллион сум болған Оқыўшылар сарайы базасында шөлкемлестирилип атырған "Жаслар орайы” имараты саўға ретинде пайдаланыўға тапсырылды.

Буннан тысқары, кондитер ҳәм макарон өнимлерин ислеп шығарыў цехы, үш хызмет көрсетиў сервис шақапшасын иске түсириў алдында турмыз. Соның менен бирге, мәмлекетимиз ғәрезсизликке ерискеннен кейинги жыллары қаламыз спортшылары спорттың аўыр атлетика, шахмат ҳәм таэквондо түринен бирқанша жетискенликлерге еристи. Атап айтқанда, аўыр атлетика спорт түринен Мансур Чашимов 2010-жылы Қытай Республикасының Гуанжоу қаласында өткерилген Азия ойынларында гүмис медальды, Шуҳрат Шамуратов Йордания мәмлекетинде жаслар арасында өткерилген Азия бириншилигинде алтын медаль, шахмат түринен Бийбисара Қосыбаева он жасқа шекемги жас өспиримлер арасында өткерилген Өзбекстан чемпионатында екинши орынды ийелеп, Ҳиндстанда өткерилген Азия чемпионатына қатнасты. Спорттың таэквондо түри бойынша Ташкент қаласында өткерилген Өзбекстан бириншилигинде қала жаслары бир алтын, еки гүмис, үш бронза медалын жеңип алды. Сондай-ақ, быйылғы жылы Өзбекстан Республикасы ғәрезсизлигине 20 жыл толыў мүнәсибети менен "Өзбекстан ғЎрезсизлигиниң 20 жыллығына 20 түп нәл - мениң саўғам” сүрени астында халықтың ҳәр бир мийнетке жарамлы пуқарасы қатнасты ҳәм 542 мыңнан аслам мийўели ҳәм саяманлы нәллер егиў бойынша жумыслар алып барылды.

Қаламызда республикада үлкен орын тутатуғын санаат кәрханалары "Тақыятас ЫЭС” ҳәм "Тақыятас дән өнимлери” ашық акционерлик жәмийетлери, 14-көпир қурыў отряды, "Тақыятас гидроэнергоқурылыс” кәрханалары ҳәм басқа да санаат-қурылыс кәрханалары жайласқаны мәлим. Олар қаламыздың санаат потенциалын көтериўге оғада көп үлеслерин қоспақта.

Бул уллы байрам алдынан қаладағы барлық тараўларда өткен жылдың усы дәўири менен салыстырғанда айтарлықтай жетискенликлерге ерисилгенлигин атап өтпекшимен. Санаат өнимлерин ислеп шығарыў 17,6 процентке, қурылыста кесип алып ислеў жумыслары көлеми еки есеге, усақлап сатыў көлеми 13,17 процентке, халыққа көрсетилген төлемли хызмет 38,9, соның ишинде турмыс жағынан хызмет көрсетиў 68 процентке арттырылды. Қаламыздың социал-экономикалық раўажланыўында ҳәрекет етип турған киши бизнес ҳәм жеке исбилерменлик субъектлериниң үлеслери де айрықша. Киши бизнес субъектлери тәрепинен әмелге асырылып атырған жумыслардың көлеминде өткен жылдың усы дәўири менен салыстырғанда өсимге ерисилгенлигин көриўге болады. Киши бизнес субъектлери тәрепинен әмелге асырылған қурылыс көлеми 2,4 есеге, усақлап сатыў көлеми 13 процентке, хызмет көрсетиў көлеми 87 процентке көбейди.

Быйылғы жылдың "Киши бизнес ҳәм жеке исбилерменлик жылы” деп жәрияланыўы мүнәсибети менен қалада өз алдына бағдарлама ислеп шығылып, жумыслар алып барылды. Қала бойынша 230 киши бизнес субъектлери болып, усы күнге шекем 22 субъект мәмлекетлик дизимге алынды. Буннан тысқары, 172 жеке исбилерменлер ҳәрекет етпекте. Қалада ҳәр ҳәптениң жума күни "Исбилерменлер күни” деп белгиленип, бул бойынша жумыслар алып барылмақта. Жас исбилерменлерди қоллап-қуўатлаў, олардың бизнес жумысларын баслаўына жәрдемлесиў мақсетинде кәсип-өнер колледжлеринде банк хызметкерлериниң қатнасыўында ушырасыўлар шөлкемлес¬тириледи. Кәсип-өнер колледжи питкериўшилерине кредитлер бериў жолы менен олардың бәнтлигин тәмийинлеў бойынша бизнес-жобалары ислеп шығылмақта. Қала аймағынан исбилерменлер ушын 87 объектке қурылыс жумыслары алып барылыўы ушын "Узшаҳарсозлик ЛИТИ” мәмлекетлик унитар кәрханасына усыныслар берилди. Киши бизнес субъектлерине усы жылдың алты айында 260 миллион сумлық кредитлер ажыратылды. Соннан "Санаат-қурылыс банки” қалалық филиалы арқалы "Саўда энерго” ААЖ филиалына 50 миллион сум, "Гулпари Тақыятас” фирмасына 1 миллион сум, "Замирбек-Тақыятас” фирмасына 40 миллион сум қурылыс материалларын ислеп шығарыў ушын, жеке исбилермен Г.Сабироваға тигиў машиналарын сатып алыў ушын 15 миллион сум кредит қаржылары ажыратылды. "Халық банки” қалалық филиалы арқалы "Жайна-Тақыятас” жеке меншик фирмасына макарон өнимлерин ислеп шығарыў ушын усы жылдың апрель айында 50 миллион сум кредит берилди. Сондай-ақ, "Агробанк” қалалық филиалы арқалы айланба қаржыларын көбейтиў ушын "Зул-Гүл-Сер” фирмасына 8 миллион сум, "Уснат-Тақыятас” фирмасына 10 миллион сум кредитлер ажыратылды. Ал, "Алтын дән Тақыятас” фирмасына ислеп шығарыўды жолға қойыў ушын 86 миллион сум кредит қаржысы ажыратылды.

Киши бизнес тармағына халықты жәмлеў, және де кеңейтиў мақсетинде өткен дәўир ишинде 621 жаңа жумыс орынлары жаратылды. Соннан хызмет көрсетиў ҳәм сервис тараўында 314, санаат тараўында 12, қурылыс, соның ишинде турақ жайларды оңлаў ҳәм реконструкциялаўда 10 жумыс орны, жеке исбилерменликте 53 жумыс орынлары жаратылды. Мийнет шәртнамасы тийкарында кәрханалар менен кооперацияда үй мийнетин кеңейтиў есабынан 160 жаңа жумыс орынлары пайда болды. Усы жылдың алты айы даўамында алты азық-аўқат, бес азық-аўқат емес товарларды сатыў дүканы, еки аралас затларды сатыў дүканы ҳәм басқа да он объект мәмлекетлик дизимнен өткерилди.

"Три-А” жеке меншик фирмасы тийкарында ҳәк ислеп шығарыўды жолға қойыў ушын шөлкемлестириў жумыслары алып барылмақта. "ЮМИИР” жеке меншик фирмасы базасында бас кийимлерди ислеп шығарыўды жолға қойыў ушын банкке кредит усыныслары берилди. Усы усыныслар есабынан жаңадан 70 жумыс орынларын жаратыў режелестирилмекте. "Сумбула-Тақыятас” жеке меншик фирмасы тийкарында макарон ислеп шығарыўды жолға қойыў ушын 60 миллион сум кредит қаржылары ажыратылып, быйылғы жылдың I шерегинде иске түсирилди. "Тақыятас ЫЭС” ААЖ базасында теплица шөлкемлестириў ушын 2 гектар жер майданы ажыратып берилди ҳәм усы күнге шекем 903,8 миллион сумлық капитал қоймалар, 808,2 миллион сумлық қурылыс-монтаж жумыслары алып барылды.

Мине, көрип отырғаныңыздай, ғәрезсизлик жылларында қала турмысында оғада көп өзгерис ҳәм жетискенликлер жүз бергенлиги мәлим. Атап айтқанда, қаладағы он мектептен еки мектеп, үш кәсип өнер колледжинен екеўи жаңадан қурылды. Сегиз мектеп ҳәм бир кәсип-өнер колле¬джи капитал оңлаўдан шығарылды. 5 мың орынлық спорт ком¬плекси ҳәм бир балалар спорт комплекси қурылып, пайдаланыўға тапсырылды.

1991-жылға шекем қурылған 107 көп қабатлы турақ жайлар ири оңлаўдан шығарылды. Төрт қабатлы 32 квартиралы турақ жай қурып питкерилип, 32 жас шаңарақларға пайдаланыўға тапсырылды. "Тақыятас ЫЭС” ашық акционерлик жәмийети есабында болған санатория реконструкция етилип, Тақыятас урыс ҳәм мийнет ветеранлары санаториясы болып ҳәзирги ўақытта хызмет етпекте.

Бүгинги турмысымызда жүз берип атырған түпкиликли өзгерислердиң тийкары ең биринши гезекте мәмлекетимиз ғәрезсизлигиниң ҳәм Елбасшымыздың әдил сиясатының жемиси десек, асыра айтқан болмаймыз. Мақтаўға тийек болатуғын бизиң жетискенликлеримиз, адамлардың сана-сезими, ой-пикирлериниң өзгерип, бүгинги күн менен жасаўы, келешек әўлад тәрбиясы, биринши гезекте ҳәр бир адымда инсан тәғдири ҳәм мәпи ушын хызмет ететуғын ийгиликли ислердиң жаратылыўы менен байланыслы. Бүгинги күн жетискенлигимиз тийкары - алға илгериўшилик бағытымыз да мине усыннан ибарат.

А.ХУДАЙБЕРГЕНОВ,
Тақыятас қаласы ҳәкими.
Просмотров: 1173 | Добавил: Erkin | Рейтинг: 0.0/0
Всего комментариев: 0
Имя *:
Email *:
Код *:
Излеў

Календарь
«  Август 2011  »
ПнВтСрЧтПтСбВс
1234567
891011121314
15161718192021
22232425262728
293031

Архив

Сыбайлас сайтлар
  • Қарақалпақстан музейи менен танысың
  • Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң веб-сайты
  • Қарақалпақстандағы оқыў орынларының бири
  • Кеўил ашар
  • Рунеттеги сайтлар
  • Қарақалпақстан жаңалықлары

  • Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары. Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
    Copyright MyCorp © 2024