Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана Пийшемби, 28.03.2024, 16:53
Хош келипсиз Гость | RSS
Сайт мазмуны

Мини-чат

Бизиң сораўлар
Сайтымызға баҳа бериң
Барлық жуўаплар: 44

Статистика

Онлайнда: 1
Мийманлар: 1
Пaйдаланыўшылар: 0

Кириў усылы

Главная » 2011 » Август » 17 » ШЫМБАЙ - ҒӘРЕЗСИЗЛИК ЖЫЛЛАРЫНДА
09:34
ШЫМБАЙ - ҒӘРЕЗСИЗЛИК ЖЫЛЛАРЫНДА

Ҳәзир мәмлекетимиздиң барлық орынларында халқымыз Ўатанымыз ғәрезсизлигиниң 20 жыллық қутлы сәнесин байрамлаўға үлкен таярлықлар көрмекте. Ҳақыйқатында да, бәршемиз ушын ең уллы, ең әзиз болған бул байрам қарсаңында өткен дәўир ишинде басып өткен қыйын жолымызға және бир нәзер таслап, ғәрезсиз раўажланыў барысында әмелге асырылған ислеримиз, ерискен нәтийжелеримизди қалыс баҳалаўдың сабақ боларлық тәреплери өз алдына деп ойлайман.

Fәрезсизлик жылларында районымыз халқы әсирлер даўамында жетисе алмаған көрсеткишлерге еристи. Халқымыздың турмыс дәрежесин асырыў бағдарында исленген илажлар бүгинги күнге келип өз нәтийжелерин берип атыр. Адамлар санасында келешекке беккем исеним орнаўы, фермерлер ҳәрекетиниң ҳәўиж алыўы, оның бүгинги нәтийжелери, сервис ҳәм хызмет көрсетиў мәдениятының жылдан-жылға жетилисип барыўы, заманагөй саўда системасының қәлиплесиўи, азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеў бағдарындағы жетискенликлеримиздиң өзи соңғы жигирма жылда Шымбайдың қаншелли өзгергенлигин, жыл сайын емес, күн сайын раўажланыўлар жүз берип атырғанынан дерек береди. Булардың бәри мәмлекетимизде Журтбасшымыз тәрепинен жүргизилип атырған сиясаттың дурыслығын, мәмлекетимизде орнаған тынышлықты, татыўлықты, турақлылықты, усы тийкарда халқымыздың жаратыўшылық келбетин көрсетеди.

Биз дийқан елмиз. Жер - бас байлығымыз. Fәрезсизлик шарапаты менен дийқанларымыздың жерге ийелик етсем деген әзелий әрманлары иске асты. Президентимиз басламасы менен соңғы жыллар ишинде ғәлле ғәрезсизлигин тәмийинлеў бағдарында кең көлемли жумыслар исленди. Аўылларымызда экономикалық реформалар ен жайды, усы тийкарда фермерлик ҳәрекети жаңа мазмунға ийе болып, ҳәзир раўан жолға түсти. Заманның талабына түсингенлер өз билим ҳәм уқыпларын иске қосып, пайда таўып ҳәм жақсы жасап атыр.

Fәрезсизлик жылларында қолға киргизилген табыслар ҳаққында сөз етер екенбиз, биз оларға бәринен бурын экономиканың раўажланыўы, оның өсиў пәтлеринен келип шығып баҳа бергенимиз дурыс. Бул бағдардағы жумысларымызды анық мысаллардан келтиретуғын болсақ, мәмлекетке пахта, бийдай, пилле тапсырыға режелестирилген жобаларымыздың соңғы жыллары ҳәр жыл сайын орынланып атырғанын, районымызда киши бизнести қоллап-қуўатлаў нәтийжесинде санаат өнимлерин ислеп шығарыўдағы үлеси 89,5, аўыл хожалығында 96,3, қурылыста 100, усақлап сатыў товар айланысында 39,2, төлемли хызметте 18,5 процентти қураўының өзи сөзимизге дәлил бола алады.

Быйылғы Киши бизнес ҳәм жеке исбилерменлик жылында районлық коммерциялық банк бөлимлери тәрепинен дәслепки бес айда киши бизнес субъектлерине, ҳаял-қызлар исбилерменлигин раўажландырыўға, жас шаңарақларға, азық-аўқат ҳәм азық-аўқат емес товарларын ислеп шығарыўға, хызмет көрсетиў ҳәм сервис тараўын раўажландырыўға ҳәм басқа да тараўлар ушын жәми 2 миллиард 766 миллион сум кредитлер ажыратылды. Нәтийжеде 1328 жаңа жумыс орынлары, соныңишинде үй мийнетин шөлкемлестириўдиң барлық түрлери есабынан 233 жаңа жумыс орынлары жаратылды.

Fәрезсизлик шарапаты менен районымызда туўрыдан-туўры шет ел инвестициялары тийкарында 2007-жылы боян тамырынан глициризин порошогин жетистириўши "Ланэкстракт” жуўапкершилиги шекленген жәмийети түриндеги Өзбекстан-Қытай қоспа кәрханасы иске түсирилген болса, 2009-жылы ДСП қурылыс материалларын ислеп шығарыўшы "Шымбай ЛАНВООД” қоспа кәрханасы иске түсирилди.

"Ланэкстракт” кәрханасы тәрепинен өткен жылы 2 миллион 500 мың АҚШ доллары муғдарында экспорт исленген болса, бул көрсеткиш быйыл 3 миллион АҚШ доллары көлеминде экспортқа шығарылыўы режелестирилип отыр.

2012-жылы районымыздағы ески пахта заводы орнында "Синтефон” ислеп шығарыўшы "Шымбай Ланфайер” қоспа кәрханасын ашыў жобаластырылған. Бул кәрхана иске түссе 300 адам турақлы, 1000 ға жақын адам мәўсимли жумыс пенен тәмийинленеди. Ҳәзирдиң өзинде 120 адам жумысқа алынып, қурылыс жумыслары алып барылмақта. Бул жумысларды даўам еттирип, келешекте районымызда жүк тасыўшы киши үш дөңгелекли автомобильлер ҳәм мебельлер ислеп шығарыў нәзерде тутылмақта.

Районда жергиликли қурылыс материалларын ислеп шығарыўды раўажландырыў бойынша "Отаў” жуўапкершилиги шекленген жәмийетинде қуўатлылығы жылына 2,0 миллион дана гербиш ислеп шығарыў линиясы, "Ланэкстракт” қоспа кәрханасы 10,0 мыңдана қам гербиш ислеп шығарыў линиясы, "Шымбай қумбыз” жуўапкершилиги шекленген жәмийетинде қуўатлылығы жылына 1,5 миллион дана қам гербиш ислеп шығарыў линиялары иске түсирилип, нәтийжеде халықтың қурылыс материалларына, яғный, гербишке болған талабының қанаатландырылыўына ерисилди.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң"Аўыллық жерлерде үй-жай қурылысы көлемин кеңейттириўге қаратылған қосымша ис-илажлары ҳаққында”ғы қарары тийкарында районымыздың "Тазғара” аўыл пуқаралар жыйыны аймағындағы "Үлкен қаңлы” елатлы пунктинен заманагөй типтеги, барлық қолайлықларға ийе 20 жайдың қурылысы толық питкерилип пайдаланыўға тапсырылған болса, быйыл 15 жайдыңиске түсирилиўи режелестирилген. Кейинги жыллары бундай заманагөй үлгидеги турақ жайлар "Кеңес”, "Тазғара” ҳәм басқа да аўыл пуқаралар жыйынлары аймақларында салып иске түсириўди режелестирип отырмыз. Булардың бәри район халқының турмысының жақсыланыўына, абаданласыўына хызмет етеди.

Келешегимиз тийкары болған жас әўладлар тәрбиясы, олардың ҳәр тәреплеме жетик инсанлар болып камалға келиўине мәмлекет тәрепинен көрсетилип атырған ғамқорлықлар бизиңрайонымызда да өз көринисин тапқан. Соңғы жыллар ишинде район аймағында жайласқан дерлик барлық мектеплер менен колледжлерге капитал реконструкция, ири оңлаў жумыслары исленип, заман талабына сай дәрежеге келтирилди. Соның ишинде үш кәсип-өнер колледжи, бир академиялық лицей ҳәм тоғыз мектеп жаңадан қурылып, пайдаланыўға берилди. Бул оқыў орынлары заманагөй компьютерлер, оқыў-лабораториялық үскенелери менен тәмийинленди. Ҳәзир перзентлеримиздиң сапалы билим алыўы ушын барлық имканиятлар бар. Олардың физикалық жақтан шыныққан, саламат болып жетилисиўи ушын районымызда 13 заманагөй спорт зал тазадан салынды ҳәм керекли спорт әнжамлары менен толық тәмийинленди. Бүгинги күни бул залларда оқыўшы жаслар түрли дөгереклерге қатнаспақта.

Район орайынан 2009-жылы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты жанындағы 4-санлы академиялық лицейдиң шөлкемлестирилиўи оқыўшы жаслардың түрли бағдарлар бойынша терең билим алыўына тийкар жаратты. Ал, районлық халық билимлендириў бөлимине қараслы 58 улыўма билим бериў мектеби, 27 мектепке шекемги, 3 мектептен тыс, 2 балалар ҳәм жас өспиримлер спорт мектеби, 1 балалар музыка ҳәм көркем өнер мектебинде заман талабына сай тәлим-тәрбия бериў, кәсип-өнерге бағдарлаў ҳәм олардың бос ўақтын мазмунлы өткериў бағдарында кең көлемли жумыслар алып барылмақта.

Халқымыз денсаўлығы - елимиз байлығы. Солай екен, ғәрезсизлик жылларында районымызда бул бағдарда медицина мәкемелериниң материаллық-техникалық базасының беккемлениўи, аналықты ҳәм балалықты қорғаў, улыўмаластырып айтатуғын болсақ, бул тараўда айтарлықтай унамлы өзгерислер жүз бергенлигин атап өтиўимиз орынлы. Район аймағында бир емлеўхана, еки полик¬линика, үш республикалық емлеўхана халқымыздың денсаўлығын сақлаў бағдарында хызмет етип келмекте. Соңғы жыллары аўыл халқына медициналық хызметти жақсылаў ушын 15 аўыллық-шыпакерлик пункти имаратларында реконструкция жумыслары исленип, заманагөй медициналық әсбап-үскенелер менен тәмийинленди. 2010-жылдың өзинде районлық медицина бирлеспесиниң туўыў бөлими ҳәм қыстаўлы медициналық жәрдем бөлимине район ҳәкимлиги жәрдеминде ремонт жумыслары исленип, Кувейт Араб экономикалық раўажланыў қоры арқалы заманагөй медициналық әсбап-үскенелер, қатты инвентарьлар менен тәмийинленди. Соңғы жыллары дәри-дәрмақлар, тез жәрдем автотранспортлары менен тәмийинлеў жақсыланды.

Районымызда, сондай-ақ, заманагөй саўда системасын қәлиплестириў, халқымыздыңазық-аўқат өнимлерине болған талабын қанаатландырыў бағдарында бүгинги күн талабы тийкарында үлкен жумыслар алып барылмақта. Бул бағдарда исбилерменлердиңеркин жумыс жүргизиўине, оларға банклер тәрепинен кредитлер ажыратылыўына жетерли дәрежеде дыққат берилмекте.

Шарўашылықты раўажландырыў мақсетинде сырт еллерден 60 бас нәсил маллар алып келиў, гөш өнимлерин жетистириў мақсетинде 160 бас, қусшылықты раўажландырыў ушын 38313 бас қус, балықшылықты жолға қойыў мақсетинде 3 фермер хожалығы тәрепинен 33 мың шабақ, ал, 6 фермер хожалығында пал ҳәррешиликти раўажландырыў бо¬йынша жумыслар алып барылмақта.

Көз алдымызда жүз берип, өз қоллары менен дөретип атырған бундай жетискенликлер, әлбетте, адамлардыңаңы ҳәм санасында, ой-пикиринде түпкиликли өзгерислердиң жүз бериўине тийкар болды. Олардың узақ жыллар даўамында кеңес идеологиясы тийкарында қәлиплестирилген пикир жүргизиўи ҳәм дүньяға көзқарасы, бир сөз бенен айтқанда, адамлардың өзи өзгерди. бүгин жаңаша пикир жүритетуғын жаңа әўлад ўәкиллери турмысқа кирип киятыр. Бизиң баслы мақсетимиз де усында.

М.ШАНХИЕВ,
Шымбай районының ҳәкими.

Просмотров: 2135 | Добавил: Erkin | Рейтинг: 1.0/3
Всего комментариев: 0
Имя *:
Email *:
Код *:
Излеў

Календарь
«  Август 2011  »
ПнВтСрЧтПтСбВс
1234567
891011121314
15161718192021
22232425262728
293031

Архив

Сыбайлас сайтлар
  • Қарақалпақстан музейи менен танысың
  • Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң веб-сайты
  • Қарақалпақстандағы оқыў орынларының бири
  • Кеўил ашар
  • Рунеттеги сайтлар
  • Қарақалпақстан жаңалықлары

  • Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары. Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
    Copyright MyCorp © 2024