Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана Пийшемби, 25.04.2024, 09:07
Хош келипсиз Гость | RSS
Сайт мазмуны

Мини-чат

Бизиң сораўлар
Сайтымызға баҳа бериң
Барлық жуўаплар: 44

Статистика

Онлайнда: 1
Мийманлар: 1
Пaйдаланыўшылар: 0

Кириў усылы

Главная » 2011 » Август » 19 » ЖӘННЕТ МӘКАНҒА АЙЛАНҒАН ЕЛЛИКҚАЛА
10:26
ЖӘННЕТ МӘКАНҒА АЙЛАНҒАН ЕЛЛИКҚАЛА

Ғәрезсизликти азатлық, еркинлик тымсалы деп билген елликқалалылар ҳәр жылы бул сәнени ылайықлы күтип алыўға умтылады. Байрамға ылайықлы саўға таярлаў оларда айрықша дәстүрге айланған. Сонлықтан да быйылғы жылғы Ғәрезсизлигимиздиң 20 жыллығына айтарлықтай мүнәсип таярлықлар көрилмекте. Атап айтқанда, районымызда барлық тармақ ҳәм тараўлардың келешеги терең анализ етилип, алып барылып атырған социал-экономикалық реформалардың нәтийжели әмелге енгизилиўиниң илажлары көрилмекте. Мине усындай излениўлер нәтийжесинде экономиканы раўажландырыў жолында жетискенликлер қолға киргизилип атыр.

Районымыз дийқанлар елаты. Бизде үй қапталы қыйтақ жерлеринен тартып, атыздан дийқаншылық егинлеринен дақыл алыўға айрықша кеўил бөлинген. Жерди бос қалдырғанды айып санайды. Соның ушын да дийқанларымыз аўыл хожалығы тараўында жүргизилип атырған экономикалық реформалардың мазмунын терең аңлайды. Халықаралық тиклениў ҳәм раўажланыў банки арқалы районымызда "Аўыл хожалық кәрханаларын қоллап-қуўатлаў” жойбары тийкарында 9,42 миллион АҚШ доллары муғдарында кредит қаржылары ажыратылды. Усының арқасында 100ден артық тракторлар, орым-жыйымды мүддетинде жуўмақлаў ушын жаңа заманагөй технология тийкарында ислеп шығарылған 9 дана комбайн, жерлердиң мелиоратив жағдайын, ишки ирригация системасын жақсылаў бағдарында 9 дана экскаватор ҳәм бульдозерлер алып келиниўи аўыл хожалығы тараўында кескин унамлы өзгерислер киргизди. Буннан тысқары бүгинги күнде "Бостан” каналының екинши гезеги қурылыс жумыслары даўам еттирилмекте. Фермер хожалықларына кең қолайлықлар жаратыў, сервис хызметин көрсетиўди жақсылаў бойынша кең көлемдеги жумыслар алып барылмақта. Аўыл хожалығы тараўында мийнет етип атырған фермерлердиң мҮшкилин жеңиллестириўде районда 13 жанар май қуйыў, 13 минерал төгинлер тарқатыў шақапшалары, 9 биолабораториялар, аўылларда 12 мини-банклер, сондай-ақ Бостан қаласында "Микрокредитбанк” ҳәм "Аўылқурылысбанк”тиң райондағы бөлимлери хызмет көрсетип тур. Усы себепли соңғы жылларда аўыл хожалығы егинлери, пахта, гүзлик бийдай, пилле ҳәм басқа аўыл хожалығы егинлерин жетистириў көлеминиң асыўына ерисип атырмыз. 2010-жылы мәмлекетке пахта тапсырыў шәртнамасы 25000 тонна орнына, 25321 тоннаға артығына орынланды. Быйылғы жылы ғәллекешлеримиз шәртнамаға муўапық 3200 тонна ғәлле жетистирип, режени орынлаўға еристи.

Халықтың гөш, сүт өнимлерине болған талабын қанаатландырыў, ең баслысы бул өнимлердиң нырқының асып кетпеўин тәмийинлеў бүгинги күнниң әҳмийетли ўазыйпасынан бири болып табылады. өусшылықты раўажландырыўға қолайлы имканиятларға ийе болғанлықтан, бул бағдарда бирқатар жумыслар қолға алынбақта. Атап айтқанда, "Нуриммат Қурбанов”, "Палўанияз”, "Елликқала қусшылық” фермер хожалықларында әйне пайытта 41 мың таўық бағылмақта. Усы фермер хожалықларында инкубация цехлары иске қосылып, район бойынша жәми 240 мың шөже шығарылып, таўық бағыўшыларға тарқатып берилди. Соннан 30 мыңы пахта, ғәлле ҳәм қусшылыққа қәнигелестирилген фермер хожалықларына, 205 мың бас шөже халыққа, 5 мың дана шөжелер кем тәмийинленген шаңарақларға берилди. "Өрнек нәсил шарўа” фермер хожалығы сырт еллерден нәсил қарамаллар алып келиўге дыққат қаратпақта. Хожалық Польша мәмлекетиниң "ГЭО” компаниясы менен шәртнама дүзип, 126 бас "Голштейн” нәсил қарамалларын, сондай-ақ, 18 бас "Ахалтекин” нәсил атларын алып келип, бағып атыр. Киши ат кәрханасы дүзилди. Тағы бир жетискенлиги усы жылдың август айында сүтти қайта ислеп шығарыўшы цехын иске түсирип, оннан 22 түрли өним таярлаў режелестирилмекте. Районда шарўашылыққа кеўил бөлиниўиниң нәтийжесинде қарамаллар бас саны көбейди. 2008-жылда қарамаллар бас саны 83500 бас болған болса, усы жылдың биринши ярымында 88549 басты қурады. Гөш жетистириў 7356 тоннадан 8413 тоннаға, сүт жетистириў 30703 тоннадан 33238 тоннаға өсти. Киши бизнес ҳәм исбилерменлик субъектлери мәмлекеттиң экономикасының раўажланыўында әҳмийетли орында тутады. Олар, жаңа кәрханалардың дүзилиўине, халықтың ҳәр түрдеги өнимлерге болған буйыртпаларын таярлап бериў менен шекленбей, жумыссызлықтың азайыўын тәмийинлейди. Усыған бола районымызда исбилерменлик пенен шуғылланыўшыларға қолай шараятлар жаратылмақта. 2005-жылы районда 1202 киши бизнес субъектлери жумыс жүргизген болса, олардың саны усы күнде 1763ке жетти. Районда "Бостан ёдгорлик” жуўапкершилиги шекленген жәмийети шөлкемлестирилип, пилле шийки зат өнимин қайта ислеў арқалы шайы, атлас ҳәм адрас таўарларын ислеп шығармақта. Жаңа кәрханада 100ден аслам аўыл жаслары жумысқа орналасты.

Мәмлекетимизде аўыл халқының турмыс дәрежесин абаданластырыў, ҳәр бир аўылдың өзине тән шәраятларын есапқа алған ҳалда, турақ жай, мәдений турмыс хызметин көрсетиў объектин қурыўда кең көлемли илажлар алып барылмақта.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2009-жыл 3-августтағы "Аўыллық орынларда турақ жай қурыў көлемин кеңейттириўге байланыслы қосымша ис-илажлар ҳаққында”ғы қарарын орынлаў жолында "Қылшынақ” аўылында заманагөй типте 20, "Ақшакөл” аўылында 20 ҳәм "Таза бағ” аўылында 15 турақ жай қурылып, ийелерине тапсырылды. Буның даўамы сыпатында райондағы "Әмирабад” аўылында 10, "Ақшакөл” аўылында 10, "Қырққыз” аўылында 10, "Сарыбий” аўылында 10, "Елликқала” аўылында 10, "Таза бағ” аўылында 5 ҳәм де "Қылшынақ” аўылында 5 усындай турақ жайлардың қурылысы жедел пәт пенен жүргизилип атыр. Бул қурылысларды иске асырыўға 6 қәнигелестирилген оңлаў-қурылыс кәрханалары дүзилди. Оларда 320 жаңа жумыс орынлары ашылды. Солардан 271 пуқара мийнет биржаларында есапта турғанлардан қабыл етилди.

Жоллардың сапасын жақсылаў бойынша район аймағынан өтетуғын жолдың 14,3 километриниң тийкарғы бөлими, 10,4 километр ишки хожалық жоллары асфальтланып, қайта оңланды. Бостан қаласының 4 километр ишки автомобиль жоллары, темир жол вокзалына баратуғын 2,5 километр автомобиль жолының топырақ жайыў, К-4 каналында темир-бетон көпири көмек жолы менен питкерилди. Район аймағындағы "Гүлдирсин”, "Шарқ юлдузи”, "Елликқала” ҳәм "Қырққыз” аўылларында 6,4 километр автомобиль жоллары қурылып, пайдаланыўға тапсырылды. Автомобиль жоллары бойларында 25тен аслам бәндиргилер заманагөй типте қурып питкерилди. Соның менен бирге, "Гүлдирсин”, "Ақшакөл” аўыл пуқаралар жыйынларында гүзар қурылысы, район орайы Бостанда "Буйым базары”, районлық медицина бирлеспесине қараслы қыстаўлы медициналық жәрдем орайы, райондағы 26-санлы мектептиң спорт залының қурылысы тезлетилген пәтте алып барылмақта.

Ҳәзирги күнде районда 2500 телефон точкасына мөлшерленген шийше талалы байланыс системасы иске қосылыўы нәтийжесинде халыққа сапалы хызмет көрсетиў имканияты жаратылды. "МТС”, "Билайн” ҳәм басқа да уялы телефон компаниялары халықтың байланыс тараўының раўажланыўына үлесин қосып атыр.

Елликқала районлық почта бөлими тәрепинен электрон пул өткизиў ҳәм халыққа интернет хызметин көрсетиў шақапшасы, көмек жолы менен "Гүлистан”, "Дослық”, "Топыраққала” аўылларындағы байланыс бөлимлери имаратлары жаңадан қурылып пайдаланыўға тапсырылды. Және бир жаңалық "әмирабад”, "Сарыбий”, "Наўайы” аўылларында ҳәм Бостан қаласында электрон пул өткизиў шақапшалары иске түсириўлери бул бағдардағы хызмет көрсетиўлер унамлы тәрепке өзгерди.

Халықты социаллық жақтан қорғаў, кем тәмийинленген, жәрдемге мүтәж қатламларын материаллық жақтан қоллап-қуўатлаў бойынша 2008-2010-жыллар аралығында ҳәм усы жылдың 6 айы даўамында қәўендерлер есабынан 436 шаңараққа бийпул қарамал берилди. Жумыс пенен тәмийинлеўге көмеклесиўши мәмлекетлик қоры қаржылары есабынан 122 шаңараққа шарўа малларын сатып алыўларына жеңиллетилген кредитлер ажыратылды.

Районда социаллық тараўды раўажландырыў бойынша тилге аларлықтай жумыслар исленбекте. Денсаўлықты сақлаў системасын реформалаўдың интенсив раўажландырыў жолы таңланды. Соңғы жылларда районда қәўендер кәрханалар тәрепинен районлық медицина бирлеспесиниң емлеўханасы бөлимлери менен бирқатарда 4 аўыллық-шыпакерлик пунктлери капитал, 15си қайта оңланды. "Шуқырқақ” аўыллық-шыпакерлик пунктине 600 вольт¬лы қуяш батареясы орнатылды. Жақында "Гүлдирсин” ҳәм "Бағжап” аўыл пуқаралар жыйыны аймағында районлық медицина бирлеспесиниң қыстаўлы медициналық жәрдем көрсетиў бөлиминиң филиалы жумыс баслады. Бул филиал хызметкерлери 17980 пуқаралардың саўлығын қорғаўдай ўазыйпаны атқарып атыр. "Елликқала алтын таласы” акционерлик жәмийетинде 2,5 миллиард сумлық реконструкция жумыслары жуўмақланды ҳәм "Ақшакөл” санаторий-профилакториясында 100 миллион сумлық реконструкция жумыслары исленди.

Келешегимиз болған жас әўладты ҳәр тәреплеме бәркамал инсанлар етип тәрбиялаўда билим алатуғын мектеплердиң материаллық-техникалық базасын беккемлеў, жаңа типтеги тәлим-тәрбия мәкемелерин шөлкемлестириў илажлары көрилмекте. 2008-2010-жыллар ҳәм усы жылдың биринши ярымында 23 мектеп реконструкцияланды, 11 мектеп капитал ҳәм 5 мектепте ағымдағы оңлаў жумыслары жүргизилди. 5 балалар бақшасы қәўендерлер жәрдеминде қурылып пайдаланыўға берилди. Буған қосымша 3 мектепте жаңадан спорт заллары, 2 мектеп имараты қәўендерлер есабынан жаңадан қурылды. Район орайында жайласқан 20000 орынлы орайлық стадион қайтадан оңланды.

Жас әўладтың спорт пенен ҳәр дайым шуғылланыўлары ушын мүмкиншиликлер жаратылып берилиўи нәтийжесинде жас спортшыларымыз сыйлы орынларды ийелеп атыр. Спорттың таэквондо түринен өасым Үргенишбаев өазақстанда болып өткен халық¬аралық турнирдиң жеңимпазлығын қолға киргизди. Ерсултан Алламбергенов Азия чемпионатының гүмис медалын жеңип алды. 2011-жылы белбеўли гүрес бойынша Хорезм ўәлаятында өткизилген Өзбекстан чемпионатында палўан қызымыз Сапаргүл Эгамбердиева чемпион болған болса, ал, Рахимбай Якубов сыйлы екинши орын ийесине айланды. Бостан академиялық лицейиниң оқыўшысы Азатбек Кенжаев география пәнинен Өзбекстан Республикасы бойынша өткерилген пән олимпиадасында үшинши орынды жеңип алып, мүддетинен алдын тест сынақларысыз студент болыў бахтына еристи. Усының өзи районымызда билимли, қәбилетли жаслардың көплигин билдиреди. Районда мәнаўиятты жетилистириў, талантлы жасларды излеп табыў ҳәм оларды қоллап-қуўатлаў ҳәрдайым итибарымызда. Елимизге белгили жазыўшы, шайырлар, көркем-өнер ўәкиллери менен өткизилип атырған ушырасыўлар буның айқын мысалы. Атап айтқанда, ҳәр еки жылда бир мәртебе Өзбекстан Республикасы Мәденият ҳәм спорт ислери министрлиги ҳәм Өзбекстан "Камалат” жаслар жәмийетлик ҳәрекети менен биргеликте жас атқарыўшылардың "Нафосат бостаным маним” республикалық таңлаўы көплеген талантлы жасларды излеп табыў, тәрбиялаў, олардың келешегине кең жол ашып бериў ҳәм қоллап-қуўатлаўда көпир ўазыйпасын атқарып киятыр. Быйыл бул таңлаў жетинши мәрте өткериледи.

Ғәрезсизлик жыллары районымызда "Дөретиўшилер бағы”, "Ашық аспан астындағы музей”, "Устазға ҳүрмет” ҳәм "Қырққыз” аўыл пуқаралар жыйыны аймағында "Жаслар қыябан”ларының қурылыўы өсип киятырған жас әўладтың тарийхымызды, әсиресе бай мәдений мийрасымызды тереңнен үйрениўине, олар санасына миллий ғәрезсизлик идеяларын сиңдирип тәрбиялаўда қол келмекте.

Районымыз аймағында 254 ески қала ҳәм тарийхый мәдений естеликлер жайлас¬қан болып, олардан эрамыздан алдыңғы әсирлерден бери сақланып киятырған әййемги "Аязқала” ҳәм "Топырақ қала” ҳәм басқа қалалар "ЮНЕСКО” қарамағына алынған. Қәдимги тарийхқа ийе бул қалаларды абайлап сақлаў, үйрениў мақсетинде 2006-жылдың 11-19-сентябрь күнлери жәҳәнниң 6 мәмлекетиниң археолог алымлары қатнасында "Аязқала” комплексинде "ЮНЕСКО” басламасы менен халықаралық симпозиум өткерилди. Симпозиумда ылайдан қурылған көплеп қалалардың жоғалып кетиўине жол қоймаслық, оларды сақлап қалыў кереклигине айрықша тоқтап өтилди. Халқымыз әзелден миймандослығы, мийнеткешлиги менен басқалардан ажыралып турады. Маңлай тери арқалы тапқан табысын тойларға гизнейди. Ал, байрам күнлерине саўға таярлаў қанына сиңген. "Киши бизнес ҳәм жеке исбилерменлик жылы” ҳәм мәмлекетимиз ғәрезсизлигиниң 20 жыллығына районымыз халқы өзгеше руўхта, көтериңки кейпиятта таярлық көрмекте. Быйыл да жаңа жай ийелери "қоныс той”ларын өткизеди. Халық ийгилигине жарайтуғын мәдений турмыс хызметин көрсетиў киши кәрханалары, жаңа жумыс орынлары ашылады. Бул ислердиң барлығы халықтың мәпи ушын исленип атырғаны бүгинги күнниң ҳақыйқаты.

Бизде 20 жыллық тойдың бет ашары баслап жиберилди. Жақында районымызда кем тәмийинленген 20 шаңарақ перзентлериниң сүннет тойлары кең жәмийетшилик қатнасында көтериңки жағдайда өткерилди. Ҳәр бир балаға 50 мың сумнан аманат дәптершеси саўға етилди. Бундай қайырқомлық ислери избасарларымыз болған балалардың мәмлекетимизде ҳеш бир баланың меҳир-мүриўбеттен сыртта қалмайтуғынын билдиреди.

Районымыз халқы ертеңги келешегимизден үлкен үмитлер күтип, мийнет етип жасап атыр. Олар тың жерлерди усындай әжайып жәннет мәкан гүлзарлықларға айландырған аталарының изин даўам етиўге бар күш-ғайратын жумсай береди.

Н.ХУДАЙБЕРГЕНОВ,
Елликқала районы ҳәкими.

Просмотров: 1402 | Добавил: Erkin | Рейтинг: 0.0/0
Всего комментариев: 0
Имя *:
Email *:
Код *:
Излеў

Календарь
«  Август 2011  »
ПнВтСрЧтПтСбВс
1234567
891011121314
15161718192021
22232425262728
293031

Архив

Сыбайлас сайтлар
  • Қарақалпақстан музейи менен танысың
  • Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң веб-сайты
  • Қарақалпақстандағы оқыў орынларының бири
  • Кеўил ашар
  • Рунеттеги сайтлар
  • Қарақалпақстан жаңалықлары

  • Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары. Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
    Copyright MyCorp © 2024