Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана Пийшемби, 18.04.2024, 10:04
Хош келипсиз Гость | RSS
Сайт мазмуны

Мини-чат

Бизиң сораўлар
Сайтымызға баҳа бериң
Барлық жуўаплар: 44

Статистика

Онлайнда: 1
Мийманлар: 1
Пaйдаланыўшылар: 0

Кириў усылы

Главная » 2011 » Июль » 4 » УЛЛЫ ҲӘМ МУҚАДДЕССЕҢ, ­ҒӘРЕЗСИЗ ЎАТАН!
15:37
УЛЛЫ ҲӘМ МУҚАДДЕССЕҢ, ­ҒӘРЕЗСИЗ ЎАТАН!
                           ҲҮРЛИК — БУЛ МУҚАДДЕС СЕЗИМ
 
Өзбекстан қаҳарманы, Өзбекстан ҳәм қарақалпағстан халық шайыры Абдулла Арипов пенен сәўбет. Өзбекстан Республикасы мәмлекетлик – Ғәрезсизлигиниң 20 жыллығы мүнәсибети менен қалаларымыз бенен аўылларымызда, елатларымызда кең кәлемдеги дөретиўшилик ислери алып барылмақта.
 
 Соның менен бир ўақытта – Ғәрезсизлик жолында хызмет еткен мәденият хызметкерлери, илимпазлар, жазыўшы-шайырлар, кең жәмийетшилик ўәкиллери менен ушырасыўлар, әдебий кешелер, сәўбетлер өткизбекте.
 
-­Ғәрезсизлигимиздиң 20 жыллығы мүнәсибети менен жақында Өзбекстан қаҳарманы, Өзбекстан ҳәм қарақалпағстан халық шайыры Абдулла Арипов баслаған бир топар шайыр-жазыўшылар қуяшлы Қарақалпақстанда болды. Оларды Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси, қарақалпағстан Республикасы Министрлер Кеңеси басшылары ҳүрмет пенен күтип алды ҳәм Өзбекстан қаҳарманы Абдулла Ариповты шығып атырған қутлы жетпис жасы менен шын жүректен қутлықлады.
 
 Шайыр баслаған топар ағзалары менен Бердақ атындағы сазлы театрда мазмунлы ушырасыў кешеси болып өтти. Сондай-ақ, мийманлар Елликқала районында болып, әдебий кешелер өткерди, район халқы ҳәм жаслар менен ғәрезсизлигимиздиң елимизге, халқымызға алып берген артықмашлықлары жөнинде айтты, жаслар менен сәўбетлести.
 
Атақлы шайырымыздың қарақалпағстан жерине ғәрезсизлигимиздиң 20 жыллығы салтанаты, сондай-ақ, өзиниң жетпис жыллық тойы мүнәсибети менен қәдем қойғанлығынан пайдаланып, биз оған өзимизди қызықтырған бир неше саўаллар бердик ҳәм оларға жуўап алдық.
 
Сораў: — Ҳүрметли Абдулла Арипович, Өзбекстан ғәрезсизлиги ушын белсене ат салысқан елимиздиң бир азаматы, оның үстине шайыр, Өзбекстан гимниниң авторы сыпатында еркинликтиң, ғәрезсизликтиң мазмун-мүнисин қалай тәриплейсиз?
 
Жуўап: ­Ғәрезсизлик — бул ҳүрлик демекдур. Ҳүрлик — бул муқаддес сезим. Дурыс, Өзбекстан патша Россиясы тусында да, кеңес империясы тусында да ел еди, халық еди. Деген менен оның жүрер жолы, миллет сыпатында ҳәр таманлама —руўхый, социал-экономикалық раўажланыўы шеклеп қойылған еди. Хабарыңыз бар, 1991-жылы Өзбек халқының мәрт перзенти Ислам Абдуғаниевич Каримов тәрепинен Өзбекстанның ғәрезсизлигиниң жәрияланыўы бизиң тарийхымыздың жаңа бетин ашты. Еркинлик, ҳүрлик, ғәрезсизлик миллетке шын мәнисте не беретуғынлығын биз бүгин көрип атырмыз. 20 жыл тарийх ушын 20 минуттай-ақ гәп шығар, деген менен биз усы азғана ўақыт ишинде нелерге еристик? Дөгерекке қарасақ, бул жыллар ишинде ерисилген қаншадан-қанша табыслардың гуўасы боламыз. Алып қарайық, мейли мәмлекет қурылыс саласында ма, мейли билимлендириў тараўында ма, мейли исбилерменлик бабында ма, қулласы, турмысымыздың ҳәр бир адымында биз үлкен өзгерислер жасадық, Әлем бизди тән алды, халықаралық аренада, "Өзбек модели” деген термин, ибара пайда болды. Халқєымыздың күнделикли турмысының абаданласқанының өзи айрықша дыққатты аўдарады. Бүгинги күни реңли телевизор, санлы антеннадан пайдаланбай отырған хожалықтың өзин көз алдыңа келтириў қыйын. Бурын қалаларымыз бенен аўылларымыз арасындағы айырмашылық аспан менен жердей болатуғын болса, кейинги еки-үш жылда жаңа үлги бойынша салынып атырған турақ жайлар массивлери аўылларымызды шәҳәрден ҳәм шырайлырақ етип қойғанын көрмей жүрмиз бе? Яки исбилерменликти алайық. Ески дүзим заманында истиң көзин билетуғын адамлар "спекулянт”, "мийнетсиз дәрамат табыўшы” деп айыпланған болса, бүгинги исбилермен қарыйдарбап товар менен базарымызды толтыратуғын ҳәм халқымызды жумыс орны менен тәмийинлейтуғын жан күйерлерге айланды. Және бир нәрсени айтып кетким келеди, бир қосығымда: "Арысланлар ақырып, айбат қылса ерте-кеш, нангөреклер әҳли ҳәм, ҳешўақ тыншыған емес”, деп айтылғандай бүгинги пәраўан күнлерге аңсатлық пенен ерисилген емес. Бул жолда қанша қыйыншылықлар болған. Бирақ мәрт ҳәм жигерли елбасшымыздың табанлы ҳәрекетлери арқасында бүгин жүзимиз жарқєын, ғәрезсизлигимиздиң 20 жыллығын пүткил ел болып тойлап атырмыз.
 
Сораў: — Ҳүрметли Абдулла аға, сапар шегиў инсан қәлбинде қандайдур толқєынланыў сезимлерин оятады. қарақалпағстанға сапарыңыз алдында қыялыңыздан қандай ойлар кешкенин еслесеңиз?
 
Жуўап: — Ўатаным Өзбекстанның далалары шексиз, адамлары меҳрибан, тәбияты гөззал, оның шөллери де, көллери де, таўлары да мениң ушын бирдей қәдирли. Өзбекстанның ҳәр ўәлаяты, ҳәр елаты тәкирарланбас өзгешелиги менен шырайлы. Соның ишинде қарақалпаєстан Республикасы да. Бир елатты бир елаттан артық қойыў ойым жоқ. Деген менен ҳәр сапары қарақалпақ елине атланар болсам, өзимше толқынланыўға түсетуғынымды жасырғым келмейди. Жүзлери қуяш қағып тотыққан, көкиреги меҳирге толы, миймандос, ақкеўил қарақалпақлардың дийдары ма, қумлар етегинде жайласєан көркем шәҳәр Нөкистиң турқы ма, я алыс Үстиртте жайлас­қан, өзим бир ўақытлары қулағына азан айтып, тусаўын кесиў несип еткен Елабад шәҳәршеси ме, болмаса ақшамлары бағында сайраған бүлбиллери қулағыңның қуршын қандыратуғын Бостан бағлары менен балығы тынбай ойнаған "Ақшакөл” толқынлары ма, не нәрсе екенин тил менен айтып жеткизе алмайтуғын қандайдур бир әжеп сезим бизди қарақалпақ жерине баслап турады. "Елабад” аталатуғын қосығымда келтиргенимдей: "Сүйиклидур барлық ел, буны жақсы аңлайман, сапар шексем негедур, Нөкис жолын таңлайман”.
 
 Сораў: — Халқымызда: "Адам тиллескенше...” деген нақыл бар. Елди-ел, шайырды-шайыр дегизетуғын факторлардың бири тил. Атақлы шайыр, тилдиң жетик қәнигеси сыпатында Сизиң пикирлериңиз газета оқыўшыларымыз ушын қызықлы болады, деп ойлайман.
 
 Жуўап: — О, түрки тилимиздиң қаншелли бай, қаншелли шырайлы екенлигин ҳәр биримиз ойлап көрсек еди! Наўайы тили! Физулий тили, Низамий Ганжаўий тили! Огаҳий тили. Олардың дөреткен ғәззеллери менен дәстанлары. Олардың ашық ҳәм пинҳаний мәнилери! Наўайы шағатай тилинде жазған болса, Физулий менен Низамий Әзербайжан тилинде дөретти. Олардың барлығының "Хамса” (бес китап) жазыўы да тегиннен емес. Огаҳий тарийх жазыў менен бирге гөззал Хорезм диалектинде ғәззеллер жаратты. Маған қалса Өзбек Әдебий тилине Огаҳий тилин, Хорезм диалектин киргизген болар едим. Оннан ҳеш ким утқызбаған, керисинше, Әдебий тилимиз жаңа ырғақлар, нәзик ҳәм сырлы жаңлайтуғын сеслер менен байыған болар еди. Мениң пикиримше, түрки тилимиз бир жерден тараған, соңынан болса заман қысыўмети менен ҳәр ким ҳәр таманға барып, қоңсы халықлардың, тәбийғый орталықтың тәсири астында лексикалық, сеслик өзгерислерге ушырап өзгерип отырған. Бир мысал айтайын: ертерек пайытларда Тува Республикасына барғанымызда тува тилине рәҳметлик Қайсын аға (Қайсын Кулиев — балқар шайыры) екеўимиз қыйналмай түсингенбиз. Сонда олар: "мыналар бизиң тилди тез меңгерип алды” деп таңланысқан. Мениң өзиме қарақалпақ тили жүдә жақын ҳәм унамлы.
 
Сораў: — Сиз Өзбек халқының ўәкили, талантлы шайыры сыпатында шет еллерде көп болғансыз. Сол пайытларда бастан кеширген қызықлы ўақыялардан еслесеңиз.
 
 Жуўап: — Бул айтылажақ ўақыяны қызық деўге де болмайды. Ҳәр қалай айырым үлги аларлық жақлары бардур. Япония менен Өзбекстан арасында қатнасықлар жақсы. Президентимиз рәсмий сапарлар менен бирнеше рет Японияда болып, ол жердиң императоры менен сәўбетлескен. Ертерек жылларда Өзбекстан парламенти ағзасы сыпатында Японияда мийман болғанбыз. Жумыс үстиндеги сәүбетлеримиздиң изи бир бокал сакэ дөгерегинде мийман етиў менен жуўмақланар еди. Бир сапары япон жигити Фудзияма шоққысын көриўге мирәт етти. Таў шоққысын тамашалаўдан соң кишигирим банкет шөлкемлестирилди. Бир қанша япон менен бирге отырған япон парламенти ағзасы болған бир жигит маған бираз тигилди де, көзине келген жасты артып қоя берди. Бул жағдай еки-үш мәрте тәкирарлағаннан соң аўдармашы арқалы не жағдай екенин сораўға мәжбүр болдық. Сөйтсек, парламент ағзасы болған жигит Японияның сан-санақсыз атаўларының биринен келген болып, бираздан берли туўылған үйине бара алмаған, ата-анасының дийдарын көре алмаған екен. Емишки, мен болсам жигиттиң атасына жүдә-жүдә усар екенмен. Ким билсин, адам-адамға уқсайды-дә. Сол екен, бизге қараған сайын японның көзине жас келе беретуғыны. Сонда, көпшилигимиздиң басымызға инсанның ҳәммесиниң бир Адам атадан тарағаны ҳаққындағы ой келген шығар...
 
 Сораў: — Мениңше жүдә бир ибратлы ўақыя екен, Абдулла аға. Билиўимше қарақалпақстанға өткен сапары келгениңизден берли бир-еки жыл өтти. Бүгинги қарақалпағстанда қандай өзгерислер жүз бергени көзге тасланады?
 
Жуўап: — Бириншиден, адамлардың мүнәсибети. Басшыдан баслап қосшыға дейин олардың жүзинде күлки, көтериңки, байрамана кейпият көрдим. Қарақалпағстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Муса Тажетдинович, Министрлер Кеңеси Баслығы Баҳадыр Янгибаевич ўақытларының тығызлығына қарамастан, биз бенен сәўбетлесиўге ўақыт тапты. Пайтахт Нөкис, оның көркем имаратлары көзимизди қуўандырды. Бүгинги күни Өзбекстан Республикасы ­Ғәрезсизлигиниң 20 жыллық тойын ылайықлы күтип алыў бойынша бул жерде қызғын таярлықлар кетип атырғаны, ырысқы-несийбемиз болған бийдайды орып-жыйнап алыў, ғаўаша тәрбиясын ўақтында өткериў бойынша тынымсыз мийнет етилип атырғаны бизге ҳәр бир адымда айқын сезилип турды. Бул ырысқєы-несийбесин жерден өндирген дийқан ушын тәбийғый ҳалат, әлбетте. Суўсызлық ақыбетлерин жигерли мийнети менен жеңип атырған қарақалпағстан елиниң басшылары менен мийнеткеш халқына кеўилде миннетдарлық сезимлери оянады. Сол ушын да мен бәрқулла Сизлер менен дийдарласыўға, Сизлер менен сәўбетлер қурыўға асығып жасайман.
 
Жазып алған: Кеңесбай Каримов.
Просмотров: 1612 | Добавил: Erkin | Рейтинг: 0.0/0
Всего комментариев: 0
Имя *:
Email *:
Код *:
Излеў

Календарь
«  Июль 2011  »
ПнВтСрЧтПтСбВс
    123
45678910
11121314151617
18192021222324
25262728293031

Архив

Сыбайлас сайтлар
  • Қарақалпақстан музейи менен танысың
  • Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң веб-сайты
  • Қарақалпақстандағы оқыў орынларының бири
  • Кеўил ашар
  • Рунеттеги сайтлар
  • Қарақалпақстан жаңалықлары

  • Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары. Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
    Copyright MyCorp © 2024