Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана Жума, 26.04.2024, 09:53
Хош келипсиз Гость | RSS
Сайт мазмуны

Мини-чат

Бизиң сораўлар
Сайтымызға баҳа бериң
Барлық жуўаплар: 44

Статистика

Онлайнда: 1
Мийманлар: 1
Пaйдаланыўшылар: 0

Кириў усылы

Главная » 2011 » Август » 19 » УЛЛЫ ӨЗГЕРИСЛЕР МЕНЕН МАҚТАНАМЫЗ
10:14
УЛЛЫ ӨЗГЕРИСЛЕР МЕНЕН МАҚТАНАМЫЗ

Әлбетте, инсаниятты айтпағанның өзинде, ушқан қус, жортқан жейран, қулласы, тири жанзаттың бәри еркин жасаўды әрман етеди. Ҳәр бир атқан таң бизди елимиздиң ең уллы байрамы — ғәрезсизлигимиз байрағы желбиреген күнге жақынластырған сайын өткен жылларда не иследим, бүгин не ислеп атырман, келешекте нелер ислеўим керек, деген сораўларға жуўап излейди екенсең.

20 жыл... Айтар аўызға аңсат болғаны менен бул жыллар ишинде көрилмеген жаңалықлар жүз берди, үлкен табысларға еристик. Ең баслы утысымыз, елимиз тыныш, халқымыздың санасы түп-тамырынан өзгерди, ертеңги жарқын келешегимизге болған исеним артты. Fәрезсиз елимизди дүньяның раўажланған мәмлекетлери қатарында көриў ушын үлкен аўызбиршилик пенен келешекке нық қәдем тасланбақта.

Пүткил Өзбекстанда, Қарақалпақстанымызда жүз берип атырған жаңаланыўлар халқымыздың ҳәр бир пуқарасын қуўандырып, мақтанышлы сезимлерге бөлемекте. Мәмлекетимиздиң бир буўыны болған бизиң Әмиўдәрья районы да ғәрезсизлик жылларында үлкен жаратыўшылық ҳәм реформалар майданына айланды. Районымызда санаат өнимлерин ислеп шығарыў көлеми жылдан-жылға артып бармақта. Мәселен, 2009-жылда 26,8 миллиард сумлық санаат өнимлери ислеп шығарылып, 2008-жылға салыстырғанда өсим пәти 103,3 процентти, 2010-жылда 30,7 миллиард сумлық өним ислеп шығарылып, 2009-жылға салыстырғанда өсим пЎти 109,6 процентти қурады. Усы жылдың алты айында болса, 19,8 миллиард сумлық санаат өнимлери ислеп шығарылып, өткен жылдың усы дәўирине салыстырғанда салыстырма баҳаларда 106,4 процентти қурады.

Капитал қаржыларды өзлестириўде де жақсы нәтийжелерге ерисилмекте. Мәселен, 2009-жылда 13,8 миллиард сумлық капитал қаржылар өзлестирилип, 2008-жылға салыстырғанда өсим пәти 120,7 процентти, 2010-жылда 21,5 миллиард сумлық капитал қаржылар өзлестирилип, 2009-жылға салыстырғанда өсим пәти 141,7 процентти қурады. 2011-жылдың алты айында болса, 16,2 миллиард сумлық капитал қаржылар өзлестирилип, өткен жылдың усы дәўирине салыстырғанда салыстырма баҳаларда 126,3 процентти қурады.

Елимизде исбилерменлик тараўына үлкен итибар қаратылып, олар ушын жетерли шараятлар жаратып берилгенлиги себепли бул тараў менен шуғылланыўшылар саны күн сайын артып бармақта. Районымызда 2009-жылда 1469 киши бизнес субъектлери хызмет көрсеткен болса, олардың саны 2010-жылда 1574, 2011-жылдың 1-июлине болса, 1637 ге жетти, яғный, 2009-жылға салыстырғанда 168 ге көп.

Киши бизнес субъектлерине 2009-жылда 3 миллиард 745 миллион сумлық, 2010-жылда 5 миллиард 294 миллион сумлық кредит қаржылары ажыратылды. 2011-жылдың алты айында болса, 2 миллиард 469 миллион сумлық кредит қаржылары ажыратылып, өткен жылдың усы дәўирине салыстырғанда 105,4 процент өсимге ерисилди.

Бир ғана 2010-жылдың өзинде районымызда 30 инвестициялық жойбарлар ислеп шығылып, әмелге асырылды. Мәселен, 290 мың АҚШ доллары муғдарында шет ел инвестициясы киргизилип, пиллени қайта ислеўге мөлшерленген "Азия силк” Вьетнам сыңар кәрханасы шөлкемлестирилди ҳәм жаңадан 73 жумыс орны жаратылды. Усы жылдың 5 айы даўамында кәрхана тәрепинен 90 мың АҚШ доллары муғдарында өним экспорты әмелге асырылды.

Районымызда жылына 9600 жуп аяқ кийим ҳәм айына 200 дана костюм-шалбар, жылына 335 тонна колбаса өнимлери, жойбар баҳасы 100 миллион сум болған қурылыс материаллары, жойбар баҳасы 30 миллион сум болған мебель, жылына 25 миллион дана гербиш ислеп шығарыў ҳәм жойбар баҳасы 78 миллион сум болған саатына 2 мың дана қағаз басып шығарыў қуўатына ийе кәрханалар иске түсирилди.

2010-жылда овощ-палыз өнимлерин жетистириўге қәнигелескен 6 теплица шөлкемлестирилип, қыс айларында усы теплицаларда жетистирилген овощ-палыз өнимлери базарларымызды толтырып турды. Районда 2011-жылда да мәнзилли бағдарлама бойынша жәми нырқы 40 миллиард сумнан артық 50 ден зыят жойбарларды әмелге асырыў бағдарында жумыслар алып барылмақта. Мәселен, мәйек жетистириўди және де раўажландырыў мақсетинде 119 мың 200 таўық бағыўға мөлшерленген жойбар баҳасы 812 миллион сумлық комплексти, шарўашылық тараўында нәсилли қарамалларды көбейтиў мақсетинде Голландия технологиясы тийкарында жойбар нырқы 2,2 миллион сумлық шарўашылық комплексин, Россия технологиясы тийкарында жойбар баҳасы 158 миллион сумлық сүтти қайта ислеў комплексин, жылына 10 мың дана гербиш ислеп шығарыўға мөлшерленген жойбар нырқы 176,4 мың АҚШ долларына тең гербиш заводын иске түсириў жобаластырылмақта.

Қыс айларында да халықтың овощ-палыз өнимлерине болған талабын толық қанаатландырыў мақсетинде 1 гектар майданда жойбар баҳасы 780 миллион сумлық және бир заманагөй теплица шөлкемлестирилмекте.

Райондағы "Жумамурат Қурбанбаев” фермер хожалығында жойбар баҳасы 996,2 миллион сумлық, соннан 650 миллион сумы банк кредити ҳәм 346,2 миллион сумы өз қаржылары есабынан заманагөй суўытыўшы "Сендвич” панелли мың тонна сыйымлыққа ийе болған мийўе-жемис сақлайтуғын қоймахана қурылмақта.

Шет ел инвестицияларын тартқан ҳалда районда Англия мәмлекетиниң "WELROY TECHNOLOGY LLP” компаниясы менен биргеликте "AMYDARYOTEX” шет ел қоспа кәрханасы шөлкемлестирилди. Инвесторлар тәрепинен усы кәрханада дәслеп ийирилген жип ислеп шығарыў ҳәм кейинги басқышта таяр жип гезлеме ислеп шығарыўды шөлкемлестириў ушын нырқы 29 миллион АҚШ долларына тең жойбарды әмелге асырыў белгиленип, бул бойынша жумыслар баслап жиберилди. Сондай-ақ, Өзбекстан-Қытай-Россия шериклигинде "ZHAS METALL PRODUCTION” шет ел қоспа кәрханасының металды еритиў ҳәм қайта ислеў заводының қурылыс ислери тезлетилген пәтте алып барылмақта. Бул жаңа завод металл буйымларын еритиў арқалы ҳәр қыйлы түрдеги ҳәм көринистеги металло-прокат, арматура, труба ҳәм усыған усас басқа металларды да аўыл хожалығы техникалары ушын керекли буйымларды да ислеп шығарады. Ислеп шығарылған өнимлер ишки базарда сатылыўдан тысқары Бирлескен Араб Әмирликлери, Пакистан, Иран, Аўғанстан, Қазақстан ҳәм Россияға экспорт етиледи. Кәрханада дәслеп 100-110 адам, кәрхана толық қуўатта ислеген дәўирде жумысшылар саны 170-200 адамға жетиўи көзде тутылмақта.

Усы заводтың қурылысы ҳәм толық иске түсирилиўи ушын шөлкемлестириўшилер тәрепинен 10 миллион АҚШ доллары муғдарында инвестиция киритилмекте. Дәслепки есап-китапларға қарағанда, басланғыш қуўаты бойынша кәрхана бир жылда 100 мың тонна әтирапында металл буйымларын ислеп шығарады.

Районымызда 2011-жылдың өткен алты айы даўамында бир ғана ислеп шығарыў бағдарында 7 жойбар әмелге асырылып, 61 жаңа жумыс орынлары жаратылды. Соннан гербиш, кондитер өнимлери, полиэтилен пакет, ҳәжетхана қағазы ҳәм салфетка ислеп шығарыў цехлары қурылып, пайдаланыўға тапсырылды. Нәтийжеде бүгинги күнде районда киши бизнестиң үлеси санаатта 19,9 процент, аўыл хожалығында 93,3 процент, қурылыста 80,3 процент, саўда тараўында 20,4 процент, халыққа төлемли хызмет көрсетиўде 30,8, жүк тасыўда 78,1, жолаўшы тасыўда 99,2 процентти қурамақта. Кәрханалардың 99,8 проценти меншик ҳәм жуўапкершилиги шекленген жәмийет түрине өткен болып, оларда жәми жумыс пенен бәнт халықтың 89,1 проценти мийнет етпекте.

Бүгинги күни исбилерменликке тек ғана экономиканы раўажландырыў емес, бәлки, халықтың бәнтлигин тәмийинлеў бойынша да шешиўши күш сыпатында итибар қаратылмақта. Режелестирилген жойбарларды әмелге асырыў нәтийжесинде халықтың бәнтлик дәрежеси күн сайын артып бармақта. Мәселен, районымызда 2010-жылы 5148 жаңа жумыс орынлары жаратылған болса, 2011-жылдың алты айына келип 2707 жаңа жумыс орынлары дүзилди.

Соның менен бирге, бағшылық, қусшылық, пал ҳәррешилик ҳәм балықшылықты раўажландырыў бойынша да мақсетли ислер әмелге асырылып, халықтың азық-аўқат өнимлерине болған талабы исенимли қанаатландырылмақта. Мәселен, усы жылда районға 42,5 миллион сумлық 8500 мың түп нәл алып келинип, интенсив технология тийкарында 17 гектар майданда жаңадан бағ жаратылды. "Юлдуз” акционерлик жәмийети жанынан қусшылық фермасы шөлкемлестирилип, 10 мың таўық, "Әмиўдәрьяагротехсервис” машина-трактор парки жуўапкершилиги шекленген жәмийети жанында болса 5000 дана таўық бағылмақта. Районымызда бүгинги күнге пал ҳәррешилиги менен шуғылланыўшы 7 дийқан хожалығы ҳәм 3 фермер хожалығы хызмет көрсетпекте. Балықшылық бойынша районымызда "Қыпшақбалық” жуўапкершилиги шекленген жәмийети хызмет көрсетип, оның системасында 373,3 гектар майданда 9 көл бар. Сондай-ақ, 2011-жылдың өзинде 10 балықшылыққа қәнигелестирилген хожалық, 80 фермер хожалығында ҳәўизлер шөлкемлестирилди.

Усы жылы "Аму Тўлқин балиғи” жуўапкершилиги шекленген жәмийети шөлкемлестирилип, оған 10 гектар майданда жәми 13 көл ажыратылды. Усы жәмийетте 24,8 миллион сум кредит қаржысы есабынан жылына 3 миллион дана шабақ жеткерип бериў қуўатына ийе еки инкубация цехы қурылып, иске түсирилди. Ҳәзирги күнде бул жерде 1 миллион дана личинка, 9 мың шабақ бағылмақта.

Соның менен бирге, аўылларымызда абад ҳәм көркем социаллық-мәдений имаратлардың бой тиклеўи тәмийинленбекте. 2010-жылда районымызда 37,9 мың квадрат метр турақ жайлар, 4471 квадрат метр саўда шақапшалары, 14,8 километр таза ишимлик суў тармағы, 5,7 километр тәбийғый газ тармағы, 168 улыўма аўқатланыў орынлары, 9 турмыслық хызмет көрсетиў шақапшалары жаңадан қурылып иске түсирилди. Усы жылдың алты айында 19,5 мың квадрат метр турақ жайлар, 2260 квадрат метр саўда шақапшалары, 5,1 километр таза ишимлик суў тармағы, 3,5 километр тәбийғый газ тармағы, 415 улыўма аўқатланыў орынлары, 5 турмыслық хызмет көрсетиў шақапшалары жаңадан қурылып иске түсирилди. Сондай-ақ, 2010-жылда аўыллық жерлерде үлги жойбарлар бойынша улыўма нырқы 3 миллиард 236 миллион сум болған 60 турақ жай қурылып, пайдаланыўға тапсырылды. Жаңа турақ жай қурылысы массивине 9 километр узынлықтағы сыртқы инженерлик тармақлары ҳәм коммуникациялары қурылды.

2011-жылда болса, үлги жойбарлар бойынша улыўма баҳасы 3 миллиард 491 миллион сум болған 50 турақ жайдың қурылысы режелестирилген болып, бүгинги күнге 2 миллиард 130 миллион сумлық қурылыс-монтаж жумыслары әмелге асырылды.

2010-жылы мәмлекет бюджети есабынан 3-санлы Әмиўдәрья академиялық лицейи жанынан қурылыс нырқы 578 миллион сумлық 100 орынлық жатақхана имараты, Қураллы Күшлер бойынша районлық бөлиминиң жойбар нырқы 470 миллион сумлық шақырыў пункти қурылып, пайдаланыўға тапсырылды.

Балалар спортын раўажландырыў қоры есабынан жаңадан 31-санлы мектепке қурылыс нырқы 146,7 миллион сумлық спорт залы, 1-санлы Балалар ҳәм жас өспиримлер спорт мектебине қурылыс нырқы 180,6 миллион сумлық спорт комплекси қурылып, пайдаланыўға тапсырылды. 2010-жылда "Маңғыт дийқан базары” реконструкция етилип, жаңадан сметалық баҳасы 160 миллион сумлық 90 орынлық жазғы шертек, 35 саўда шақапшасы, 2,5 гектар жер майданында 350 саўда орынлы заманагөй типтеги сметалық баҳасы 8,8 миллиард сумлық жаңа саўда комплекси иске түсирилди.

Аўыл хожалығы тараўында избе-из әмелге асырылып атырған реформалар өз нәтийжесин бермекте. Соңғы үш жыл ишинде районымыз аўыл хожалығы кәрханаларына лизинг тийкарында 480 дана сүрим ҳәм транспорт тракторлары, фермерлер қаржылары ҳәм кредит тийкарында 58 дана "ВТ-150” маркалы, 22 дана "Т-4” маркалы сүрим тракторлары ҳәм 18 дана комбайнлар жеткерип берилди. Бүгинги күни районымызда жоқары өнимли 16 "Магнум” ҳәм 20 "МХ-140” маркалы сүрим тракторлары фермерлеримиздиң аўырын жеңил етпекте. Нәтийжеде ҳәр жылы фермерлеримиз мәмлекетке пахта, бийдай, пилле сатыў бойынша шәртнамалы тапсырмаларын республикамызда бириншилер қатары орынлап, аўыл хожалығының рентабеллик дәрежеси 2009-жылда 17,4 процент болған болса, 2010-жыл жуўмағы бойынша 20,3 процентке жетти. Усы жылы да районымыз пиллекешлери мәмлекетке 245 тонна пилле, ғәллекешлеримиз болса 3100 тоннадан зыят ғәлле тапсырып, шәртнамалы тапсырмаларын республикамызда бириншилерден болып орынлады. Әйне күнлерде азамат дийқанларымыз 16400 гектар майдандағы ғаўашаның қатар араларына өз ўақтында агротехникалық илажларды ҳәм суўғарыў ислерин әмелге асырмақта.

Бүгин "Уллы ҳәм муқаддессең, ғәрезсиз Ўатан!” сүрени астында белгиленип атырған ғәрезсизлигимиздиң 20 жыллық байрамында, мен экономикалық ҳәм социаллық, мәдений тараўлардағы реформаларымыздың орынлаўшылары, маңлай тери, ҳадал мийнети, билими, күш-ғайраты менен Ўатанымыздың гүллеп жаснаўы, ғәрезсизлигимиздиң мәңгилиги ушын пидайы мийнет етип атырған өарақалпақстанымыздың ҳәр бир пуқарасын ең уллы, ең Әзиз байрамымыз бенен шын жүрегимнен қызғын қутлықлайман.


Р.ЙУЛДАШЕВ,
Әмиўдәрья районы ҳәкими.
Просмотров: 1041 | Добавил: Erkin | Рейтинг: 0.0/0
Всего комментариев: 0
Имя *:
Email *:
Код *:
Излеў

Календарь
«  Август 2011  »
ПнВтСрЧтПтСбВс
1234567
891011121314
15161718192021
22232425262728
293031

Архив

Сыбайлас сайтлар
  • Қарақалпақстан музейи менен танысың
  • Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң веб-сайты
  • Қарақалпақстандағы оқыў орынларының бири
  • Кеўил ашар
  • Рунеттеги сайтлар
  • Қарақалпақстан жаңалықлары

  • Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары. Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
    Copyright MyCorp © 2024