Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана Сәршемби, 24.04.2024, 21:04
Хош келипсиз Гость | RSS
Сайт мазмуны

Мини-чат

Бизиң сораўлар
Сайтымызға баҳа бериң
Барлық жуўаплар: 44

Статистика

Онлайнда: 1
Мийманлар: 1
Пaйдаланыўшылар: 0

Кириў усылы

Главная » 2011 » Июль » 6 » ЖӘМИЙЕТ ҲӘМ ДИН
23:35
ЖӘМИЙЕТ ҲӘМ ДИН
САЛАФИЙЛИК АҒЫМЫНЫҢ ҚӘЛБЕКИ ИДЕОЛОГИЯСЫ
 

­Ғәрезсизликке ерискеннен соңғы жыллары елимизде дин тараўына кең имканиятлар есиги ашылып, "Ҳүждан еркинлиги”, "Диний шөлкемлер ҳаққында” нызамлар қабыл етилди. Бул миллий ғәрезсизлик идеологиясыныңң динлер ара кеңпейиллик идеясында өз сәўлелениўин тапққан. Президентимиз Ислам Каримовтың: "Муқаддес ислам динимизди пәк сақлаў, оны түрли қастыяншылықлардан, дөҳмет ҳәм жалалардан қорғаў, оның тийкарын өсип киятырған жас әўладқа туўры түсиндириў, ислам мәдениятының мийримлилик идеяларын кең тарқатыў ўазыйпасы елеге шекем актуал болып қалып атыр” деп айтқанындай, ҳақыйқатында да әсирлер даўамында миллий мәденият, үрп-әдетлер ҳәм қәдириятларымызды қәстерлеў, раўажланыўдың тийкары болып келген. Руўхыйлығымыздың жоқарылаўына хызмет еткен ислам дининен жаўыз мақсетлерде пайдаланыў, дин менен нықапланған экстремистлик идеяларды тарқатыў ҳәм терроршылық әмелиятының даўам етип атырғаны ашынарлы жағдай. Сонлықтан бундай ҳәдийселер себебин тереңнен үйрениў бүгинги күнде әҳмийетли ўазыйпа болып табылады. Соннан келип шығып айтатуғын болсақ, бул кишигирим мақаламыз тийкарында салафийлик ағымының пайда болыўы ҳәм оның ислам динине жат болған идеяларын ашып бериў болып есапланады.

Дәслеп салафийлик сөзине түсиник берип өтейик. Салаф араб тилинен алынған болып "алдыңғылар” деген мәнини аңлатады. Шәриятымызда пайғамбарымыз (с.а.ў.)нан кейинги үш әўлад салафлар делинеди. Бириншиси, пайғамбарымызды көргенлер саҳабалар, екиншиси саҳабаларды көргенлер табеинлер, үшиншиси табеинлерди көргенлер табъа табейнлер деп айтылады. Бул үш әўлад дерлик ҳәммеси ислам дини илимин тереңнен үйренип оны пәк сақлаған. Булар салаф уламалары деп аталады. Ҳәзирги ўақытта Өзин салафийлер деп атап атырғанлар бизлер сол салаф уламалар тутқан жолда жүрип динди пәк ҳалда услаўшыларымыз деп даўа етиўшилер. Лекин салаф уламалары ҳәзирги өзлерин салафийлер деп ат қойып алған ағым тәрепинен гүнасыз адамлардың қанын төгиў, ҳәр түрли терроршылық ҳәм усыған усаған бузғыншы ҳәрекетлериниң ислениўине тиккелей қарсы болғанлығы бизге мәлим. Олар ислам дининиң тынышлық, саламатлық дини екенлиги ҳәм онда ҳеш кимге, ҳәттеки кишкене жанзатларға да зыян жеткизбеў керек екенлигин айтып өткен.
Болып атырған ўақыялар, терроршылық ҳәрекетлердиң тийкарғы мақсети — мәмлекетти күш пенен қолға алыў болып салафийлер ушын тийкарғы жол сыпатында таңланғанын көрсетеди.

Салафийлердиң жиҳад атамасы астында ислеп атырған бузғыншылықларын таллап көретуғын болсақ, жиҳад бирер бир мақсетке ерисиў ушын күш, ҳәрекет ҳәм ғайрат сарп¬лаўды аңлатады. Сабақларын өзлес¬тириў ушын ҳәмме имканиятларын иске салып ҳәрекет етип атырған жас балаға мужтаҳид оқыўшы делинеди ҳәм оған илим жолында жиҳад етип атыр десе болады. Яғный, илим үйрениўге тырысып ҳәрекет етиў дегенди аңлатады. Диний тәлийматқа көре, оның нәпсиси, шайтан ҳәм жаў менен гүресиў деген түрлери бар екенлиги ҳаққында дереклерде жетерлише түсиник келтирилген.

Салафийлердиң идеологиялық көзқараслары исламды бузыў жолында алып барылып атырған ҳәрекетлер болып табылады. Сонлықтан уламалар бул мәселеге қайта-қайта анықлық киритип, ислам дини тәлийматының тазалағын сақлаўға ҳәрекет етип атыр. Айтатуғын болсақ, 2005-жылы Иорданияның Умман қаласында ислам дүньясы жетекши уламалары "такфир” (динсизликте айыплаў) мәселесине арнаўлы фатўа қабыл етти. Онда "Аҳли сунна вал жамааның төрт мазҳабы: ханафий, моликий, шофеъий, ханбалий, соның менен бирге шиаликтеги жаъфарий, зайдий, ибодий ҳәм зоҳирий мазҳабларына еретуғынлардың бәршеси мусылман есапланып, олардың қанын төгиў мүмкин емес. Және олар исламның бес арканын: ийман, намаз, ораза, закат ҳәм Байтуллаҳды ҳаж етиў мәселелерине де бирдей пикирде” деп дағаза етти. Демек, буннан келип шығатуғын болса, алтыншы арканның (парыз) жоқ екенлиги, ким оның тәрепдары болса, оның адасып атырғанын билиўге болады. Бирақ экстремистлик ағымлар, жиҳад бул алтыншы аркан деген түсиниктен пайдаланып атыр. Буның тийкарғы себеби, мәмлекет басқарыўын изден шығарыў, диний уламаларды абырайсызландырыў болып табылады. Бүгинги күни айы¬рым пуқараларымыздың қоңсылас республикаларға жумыс ислеўге барып, билип-билмей салафийлик ағымына кирип қалғанлығы ҳәм соң¬ғылығында қатты пушайман болып атырғанлығы қатты тәшўишлендиреди. 2009-жылы Өзбекстанда бирқатар диний уламалар Өмирине қастыяншылық етилиўи олардың жолының надурыс екенлигин дәлиллейди. Қураны кәримде "ўй, ийман келтиргенлер! Аллатаалаға бойсыныңлар, пайғамбарға ҳәм өзлериңизден болған баслықларға бойсыныңлар!” (Ниса, 59 дағы) аятында мусылманларға анық көрсетпе бар. Бул аятты Шайҳ Абдулазиз Мансур төмендегише баянлаған: "Бул аятта Аллатаала ҳәм оның расулиниң буйрықларына бойсыныў менен бирге мәмлекет басшыларына да бойсыныў шәртлиги мәлим болады. Демек, басшыларға бойсыныў ислам шараятында ҳәжиб әмеллерден саналады”.

Жуўмақлап айтқанда, журтымыз тынышлығы ҳәм абаданшылығы, раўажланыўы ҳәм пәраўанлығы, турақлы ҳәм дурыс ҳәрекетлерди талап етеди. Буннан келип шыққан ҳалда ҳәр бир инсан өз жумысын шын кеўил менен әмелге асырыўы, бийпәрўалықтың алдын алыўы, әтирапымызда болып атырған ўақыя-жағдайларға ақыл көзи менен қарап, Ўатан тынышлығы жолында сергек ҳәм абайлы болған ҳалда жасларымыздың санасы ҳәм руўхый дүньясын бузғыншы идеялар тәсиринен қорғаў менен бирқатарда ата-бабаларымыз ушын әрман болып келген ғәрезсизлигимизди көз қарашығымыздай абайлап, оның қәдирине жетиўимиз зәрәр. Бул ушын ҳәр бириңизди ҳәмийше бар күш-жигер, имканиятларымызды аямай жумсаўға шақырып қаламыз.

Ш.БАЎАТДИНОВ,
Нөкис Муҳаммад ибн Аҳмад ал-Беруний атындағы орта арнаўлы ислам билим журты директоры.


Просмотров: 1106 | Добавил: Erkin | Рейтинг: 0.0/0
Всего комментариев: 0
Имя *:
Email *:
Код *:
Излеў

Календарь
«  Июль 2011  »
ПнВтСрЧтПтСбВс
    123
45678910
11121314151617
18192021222324
25262728293031

Архив

Сыбайлас сайтлар
  • Қарақалпақстан музейи менен танысың
  • Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң веб-сайты
  • Қарақалпақстандағы оқыў орынларының бири
  • Кеўил ашар
  • Рунеттеги сайтлар
  • Қарақалпақстан жаңалықлары

  • Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары. Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
    Copyright MyCorp © 2024