Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана Сәршемби, 24.04.2024, 15:59
Хош келипсиз Гость | RSS
Сайт мазмуны

Мини-чат

Бизиң сораўлар
Сайтымызға баҳа бериң
Барлық жуўаплар: 44

Статистика

Онлайнда: 1
Мийманлар: 1
Пaйдаланыўшылар: 0

Кириў усылы

Главная » 2011 » Июль » 6 » МИЛЛИЙ КИНО ­ҒАЙРАТКЕРЛЕРИ — АРАЛ БОЙЫНДА
23:23
МИЛЛИЙ КИНО ­ҒАЙРАТКЕРЛЕРИ — АРАЛ БОЙЫНДА
Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2011-жыл y-апрельдеги «Өзбекстан Республикасы мәмлекетлик ғәрезсизлигиниң жигирма жыллығын белгилеўге таярлық көриў ҳәм оны өткериў ҳаққында»ғы қарары тийкарында орынларда шөлкемлестириўшилик, мәдений-ағартыў ҳәм үгит-нәсият жумыслары көтериңки руўхта өткерилмекте.

«Өзбеккино» миллий агентлиги, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң шөлкемлестириўинде республикамызда 17-19-июнь күнлери «Өзбек миллий кино көркем-өнер күнлерин өткериў белгиленип, «Өзбеккино» миллий агентлиги бас директоры Агзам Исәаков басшылығындағы бир топар кино ғайраткерлери Қарақалпақстанға келди.

Нөкис аэропортында мийманларды Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Ерниязов, Министрлер Кеңесиниң Баслығы Б.Янгибаев ҳәм басқада рәсмий адамлар салтанатлы жағдайда күтип алды. Миллий кийимдеги қарақалпақ қызлары мийманларға нан, дуз ҳәм гүл дәстелерин инам етти.

Мийманлар Бердақтың естелигине гүл шеңберлерин қойды. Фестиваль қатнасыўшылары Хожелидеги «Меҳрийбанлық үйи» тәрбияланыўшылары менен ушырасып, олардың кеўиллерин шад етти ҳәм әзиз балажанларға оқыў қураллары менен сыйлы саўғаларды тапсырды.

Буннан соң, мийманлар пайтахтымыздағы И.В.Савицкий атындағы көркем-өнер музейин үлкен қызығыўшылық пенен көзден өткерди.

Өзбек миллий кино көркем-өнер күнлери бағдарламасына муўапық усы күни кеште пайтахтымыздағы Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик сазлы театрында фестивальдың ашылыў салтанаты болып, қатнасыўшыларға «Алданған ҳаял» көркем фильми қойып берилди.

Үш күн даўам ететуғын мийманлар топарларға бөлинип Кегейли, Шымбай, Беруний, Елликқала, Әмиўдәрья ҳәм Төрткүл районларында болып, кең жәмийетшилик ўәкиллери менен ушырасыўлар өткереди ҳәм фестиваль репертуарындағы фильмлерди көрсетиў режелестирилген.

(Қарақалпақстан хабар агентлиги).
Просмотров: 1143 | Добавил: Erkin | Рейтинг: 0.0/0
Всего комментариев: 0
Имя *:
Email *:
Код *:
Излеў

Календарь
«  Июль 2011  »
ПнВтСрЧтПтСбВс
    123
45678910
11121314151617
18192021222324
25262728293031

Архив

Сыбайлас сайтлар
  • Қарақалпақстан музейи менен танысың
  • Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң веб-сайты
  • Қарақалпақстандағы оқыў орынларының бири
  • Кеўил ашар
  • Рунеттеги сайтлар
  • Қарақалпақстан жаңалықлары

  • Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары. Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
    Copyright MyCorp © 2024