Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана Жума, 26.04.2024, 14:15
Хош келипсиз Гость | RSS
Сайт мазмуны

Мини-чат

Бизиң сораўлар
Сайтымызға баҳа бериң
Барлық жуўаплар: 44

Статистика

Онлайнда: 1
Мийманлар: 1
Пaйдаланыўшылар: 0

Кириў усылы

Главная » 2011 » Август » 19 » ҒӘРЕЗСИЗЛИКТЕН ЖАҢАРҒАН, ЖАСАРҒАН ШОМАНАЙ
15:48
ҒӘРЕЗСИЗЛИКТЕН ЖАҢАРҒАН, ЖАСАРҒАН ШОМАНАЙ

Өзбекстан Республикасы Ғәрезсизликке ерискен 20 жыл ишинде әсирлерге татырлық жаңаланыў жолларын басып өтти. Елимиз турмысының қайсы бир бағдарын алып қарасақта таңқаларлық жаңаланыўлардың  болып атырғанының гүўасы боламыз. Елимиздиң социаллық-экономикалық жақтан пүткиллей жаңа бағдар алыўы менен бирқатарда халқымыздың сана-сезиминде руўхый-идеологиялық пәклениў қәлиплесип, жаңаша көзқарастың пайда болыўы, келешекке үлкен исенимлер менен қәдем атыўы нәтийжесинде үлкен демократиялық реформалар турмысқа асырылмақта.

Бир сөз бенен айтқанда, ғәрезсизлик жылларында Өзбекстан мәмлекет сыпатында жарқын келешекке батыл қәдем таслап баратырған ғәрезсиз ел сыпатында өзин дүньяға танытыўға үлгерди. Нәтийжеде дүнья еллери бизди ҳәр тәреплеме өз келешегине ийе мәмлекет сыпатында тән алмақта ҳәм елимиз бенен сиясий және экономикалық қатнасықларды орнатыўдың тәрепдары болмақта.

Елдиң келешегин ойлаған, узақты гөзлеп сиясат жүргизип атырған журтбасшымыз И.Кәримовтың әдил сиясаты нәтийжесинде мәмлекетимизде дерлик ҳәр күни жаңаланыўлар жүз бермекте. Буны Шоманай районының мысалында да айқын дәлиллер менен айтып өтиўге болады.

Көп миллетли, аўызбиршиликли халқына ийе Шоманай районы 1950-жылы ашылған болса, бүгинги күнде сол дәўирдеги тоғайлықлар менен қула далаңлықлардан ҳеш қандай из қалмаған жаңа заманагөй аймақ сыпатында қәлиплесип, 7 аўыл пуқаралар жыйыны ҳәм 5 мәкан пуқаралар жыйынына бириккен, 50 мыңнан аслам халқы бар район сыпатында ғәрезсиз Ўатанымыздың раўажланыўына өзиниң салмақлы үлесин қосып киятыр. 78268 гектардан аслам жер майданына ийе районымыз бүгинги күни 18976 гектар жерге ҳәр түрли аўыл хожалық егинлерин егип, соннан 6500 гектары пахташылық, 4975 гектар бийдай ҳәм 7501 гектары басқа да аўыл хожалық егинлери болып есапланады.

Районда бағ жаратыўға айрықша дыққат қаратылмақта. "Мамый” аўыл пуқаралар жыйыны аймағынан мийўалы бағ жаратыў мақсетинде 50 гектар жер ажыратылып, толық өзлестирилди ҳәм 13 мың 295 дана мийўе нәллери отырғызылды. "Бегжап” АПЖ аймағынан 10 гектар жерге 11880 дана тут нәллери отырғызылды. Қаламыздағы демалыс паркиниң жанындағы бос жатқан орыннан 2 гектар бағ жаратыў, көклемзарластырыў жумыслары қолға алынды.

Районымыз турмысында ғәрезсизликке ерискен дәўир ишинде үлкен жаңаланыўлар болғанын мақтаныш пенен айта аламыз. Жаңа қурылыслар менен бирге жеке секторды раўажландырыў, исбилерменликке кең жол ашыў, фермерликти раўажландырыў бағдарында үлкен реформалар әмелге асырылмақта.

Бүгинги күнде районда 629 юридикалық, 134 физикалық тәреплер исбилерменлик пенен шуғылланып, халқымызға хызмет көрсетиў арқалы районымыздың социал-экономикалық раўажланыўына өз үлеслерин қосып келмекте. Сондай-ақ, 148 фермер хожалықлары аўыл хожалығын раўажландырыў менен шуғылланып атыр.

Районда жасларды кәсипке бағдарлаў менен орта билимлендириў бағдарында 3 орында колледж, 33 орында улыўма билим бериў мектеплери ҳәм 7 орында мектепке шекемги билимлендириў мәкемелери келешек әўладтың өнерли ҳәм заманагөй билимге ийе болыўы ушын жумыс алып бармақта. Оларға билим бериўде 1200 ге шамалас устаз-педагоглар мийнет етпекте.

Район халқының денсаўлығын сақлаўда 200 койкалы емлеўхана, 1 поликлиника, 9 орында аўыллық-шыпакерлик пунктлери, 1 тубдиспансер хызмет етпекте. Медицина бирлеспесинде 59 шыпакер, 260 медсестра халыққа медициналық хызмет көрсетип келмекте.

Өткен жылы "2011-2013-жылларда өарақалпақстан Республикасының Шоманай районын социал-экономикалық раўажландырыўға байланыслы комплексли ис-илажлар бағдарламасы ҳаққында”ғы Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 267-санлы қарары қабылланды. Бул қарар елимиз Президенти И.Кәримовтың тиккелей тапсырмасы тийкарында қабыл етилгенлиги себепли районымыз халқы қарарды үлкен көтериңкилик пенен қабыллады ҳәм оны әмелге асырыўдың барлық ис-илажларын турмысқа асырыўды қолға алды.

Район ҳәкимлигинде район белсендилери, районлық Кеңес депутатлары ҳәм аймақтағы кәрхана, шөлкем басшылары, жуўапкер қәнигелер қатнасында қарар негизинде тастыйықланған Бағдарламадан келип шығатуғын тийкарғы ўазыйпалар белгилеп алынды ҳәм орынланыўын тәмийинлеў бойынша айқын жумыслар исленип атыр.

Ҳақыйқатын айтқанда районымыз аймағы, әсиресе, Шоманай қаласы қурылыс полигонына айланды. Ҳәзир қаламыздың қайсы орнына нәзер тасласаң қызғын қурылыс жумыслары алып барылып атырғанының гүўасы боласаң. Атап айтқанда, Шоманай "Дийқан базары”н капитал реконструкция етиў жумыслары қызғын пәт пенен жүргизилмекте. Бул жумыслар ушын 250 миллион сум муғдарында кредит пулы ажыратылып, қурылыс жумысларын "Нөкис-санааттехмонтаж” жәмийети алып бармақта. Район халқы жақын ўақытта заманагөй "Дийқан базары”ына ийе болыў алдында тур.

Ҳәзирги күнде жоқарыда атап өтилген қарар тийкарында орайлық көше болған Өзбекстан көшеси менен дослық гүзары көшеси кесиспесинде заманагөй балалар музыка ҳәм көркем өнер мектеби бой тиклемекте. Мектептиң гербиши толық қаланып болынып, ишки пардозлаў жумыслары жүргизилип атыр. Быйылғы оқыў жылында районымыздан 150ден аслам жас талант ийелери заманагөй усылда қурылған музыка ҳәм көркем өнер мектебинде тәлим-тәрбия алады деген нийеттемиз.

Районда жас әўлад тәрбиясына болған дыққат, әсиресе ғәрезсизлик жылларында жоқары дәрежеде жолға қойылды. Мектеплердиң дерлик басым бөлеги реконструкциядан шығарылды, қайта оңланды. Ҳәзирги күнде 13-санлы мектептиң филиалы сыпатында жумыс алып барып атырған 4-санлы 40 орынға мөлшерленген, улыўма баҳасы 67 миллион сумға баҳаланған мектептиң капитал реконструкция есабынан қурылыс жумыслары жуўмақланды. Буннан басқа да 2-санлы мектепке шекемги билимлендириў мәкемесиниң ири оңлаў жумыслары жуўмақланыў алдында тур. 1 ҳәм 4-санлы мектепке шекемги билимлендириў мәкемесинде усындай оңлаў жумыслары исленип атыр. 7-санлы мектеп жанынан жаңа спорт залы қурылысы питкерилиў алдында тур. Залды жақын ўақытта иске түсириў нәзерде тутылмақта.

Районымыздың барлық аўыл-аймақлары тас жоллар менен байланыстырылған. Районды раўажландырыў бойынша ислеп шығылған бағдарлама тийкарында аймағымызда асфальт-бетон заводы қурылысы нәзерде тутылған еди. Бул бағдарда "Трансжолқурылыс” компаниясының өашқадәрья ўәлаятындағы Гүзар районынан көшпели асфальт-бетон заводы районымызға көширилип алып келинип, өз жумысларын баслап жиберди. Бүгинги күнде бағдарлама тийкарында орайлық көшелерге тас жол төсеў жумысларының биринши басқышы баслап жиберилди.

Район орайындағы оңлаў талап етип турған "Ақсүңгил” турмыслық хызмет көрсетиў орнына "Асакабанк”тиң республикалық филиалы тәрепинен 150 миллион сум қаржы ажыратылды ҳәм ири оңлаў жумыслары алып барылып, заманагөй түске ендирилди. Нәтийжеде 50ден аслам тигиў машинасы орнатылып, "Ақсүңгил” тигиўшилик комплекси деген атама менен пайдаланыўға тапсырылды. Ҳәзирги күнде бул орында елиўден аслам қыз-келиншеклер жумыс пенен бәнт болды.

"Бирлешик” АПЖ аймағындағы бос турған жазғы клуб орнынан қағаз ислеп шығарыў өндирислик орнын ашыў мақсетинде "Қытай саўда үйи” менен өз-ара шәртнама тийкарында жумыс басланды. Бүгинги күни жобаластырыў жумыслары әмелге асырылып, бул бағдарда да бирқанша жумыслар алып барыў режелестирилмекте.

Қусшылықты раўажландырыў мақсетинде районлық пахта заводының бос турған корпусында 10 мың бас таўық бағыў жолға қойылды. Буннан тысқары "Қарабайлы гүриш заводы”ның бос турған имаратында да таўық бағыў ушын оңлаў жумыслары алып барылып атыр.

Районлық медицина бирлеспеси жумысларын буннан былай да жақсылаўға айрықша дыққат қаратылып, 3,2 миллиард сум муғдарында қәрежет ажыратыў әмелге асырылмақта. Ҳәзирги күнде медицина бирлеспесинде ири оңлаў жумыслары қызғын жүргизилмекте. Емлеўханаға 2 дана "Тез жәрдем” машинасы алып келинди. Медицина тараўын зәрүрли үскенелер менен тәмийинлеў мақсетинде 4 орынға заманагөй стоматологиялық әсбап-үскенелер алып келинип орнатылды.

Шоманай районы әзелден палўанлар менен талантлылар мәканы болып келген. Бул мәканнан Жумабай жыраў, Ғаний Есбергенов ҳәм Сатыпалды Мылтықбаев сыяқлы палўанлар жетилисип шыққан. Бүгин олардың исин даўам еттириўши әўладлар жетилиспекте. Бүгинги күнде орайлық спорт сарайында спорттың гүрес, волейбол, баскетбол, қол тобы, футбол, жеңил атлетика, "Муай-тай” шығыс жеке гүреси, шахмат-шашка бойынша секциялар ислеп тур. Оларға қәниге устаз-тренерлер бекитилген. Үзликсиз шынығыўлар нәтийжесинде район спортшылары республика көлеминде бирқатар жеңислерди қолға киргизип келмекте.

Усы жылдың басында районымызға 10 дана "ISUZU” маркалы автобуслар алып келинип, олар ҳәзирги күнде белгиленген мәнзиллерге жолаўшылардың талапларын қанаатландырыў мақсетинде сапалы автотранспорт хызметин көрсетпекте. Оларға қолайлықлар жаратыў мақсетинде автобус тоқтаў бәндиргилерин оңлаў жумыслары да қызғын алып барылмақта.

Район халқын социаллық жақтан қорғаў мақсетинде халықтың жумыс пенен бәнтлигин тәмийинлеў баслы дыққат орайымызда тур. Өзбекстан Республикасының 1992-жылы 13-январьдағы "Халықты жумыс пенен тәмийинлеў ҳаққында”ғы Нызамы талаплары тийкарында халықты жумыс пенен бәнт етиў ҳәм исбилерменликти ҳәм бәсекиликти раўажландырыў аймақлық бағдарламасы және Бәнтлик бағдарламасы тийкарында быйылғы жылы 1614 жаңа жумыс орынларын ашыў режелестирилген болып, усы жылдың алты айы жуўмағы менен 1604 жаңа жумыс орнын ашыўға ерисилди.

Атап айтқанда, киши кәрханалар ҳәм микрофирмалар есабынан 253, жеке исбилерменликти раўажландырыў есабынан 264, мийнет шәртнамасы тийкарында 104, шарўашылықты раўажландырыў есабынан 135, фермер хожалықларын раўажландырыў есабынан 309, ислеп шығарыў ҳәм социаллық инфраструктураны раўажландырыў есабынан 74 жаңа жумыс орны жаратылды.

Өткен алты ай даўамында районлық бәнтликке көмеклесиў ҳәм халықты социаллық қорғаў орайы тәрепинен 973 жумыссыз пуқара дизимге алынып, 915 пуқара жумыс пенен тәмийинленди. 25 пуқара қайта кәсипке таярланып, 65 пуқара жәмийетлик жумысқа жиберилди.

Көп балалы кем тәмийинленген шаңарақларға ҳәм 2 жасқа шекемги баласын бағып отырған аналарға напақа тайынлаў жумыслары тийисли нызамларға сай ҳүжжетлер тийкарында арнаўлы комиссиялардың шешими менен өз мүддетинде төленип барылмақта.

Бүгинги күнде қарамаллардың бас санын көбейтиў мақсетинде ҳәрбир фермер хожалығына 100 бас қарамал ҳәм таўық бағыў ушын имканиятлар жаратыў нәзерде тутылмақта.

Район халқын аўыз суў, тәбийғый газ, электр энергиясы менен үзликсиз тәмийинлеўде үлкен жумыслар алып барылып атыр. Аўылларда ҳәм қалаларда халыққа турмыслық хызмет көрсететуғын орынлар избе-из қурып питкерилип, пайдаланыўға берилмекте.

Райондағы бүгинги ҳәрекет ҳәр қашанғыдан да қызғын. Халқымыздың кеўлинде үлкен йошланыў, байрам кейпиятлары ҳүким сүрмекте. Өйткени, өткен 20 жыл дәўир елимизге әсирлерге татырлық из қалдыра алатуғын жаңаланыўларды алып келди. әсиресе, адамлардың ой-өрисинде, руўхый сезимлеринде пүткиллей жаңа көзқарасты қәлиплестиргени ҳақыйқат. Жаңа заман адамлары пайда болды. Олар жарқын келешекке мәртлик қәдемлерин тасламақта. Елимиздиң баслы байлығы болған мийнеткеш ҳәм дос-туўысқан халқымыз қолға-қол усласып жаңа жеңислерге қәдемлей береди.

Ғәрезсизлик шарапаты менен қайта жаңарған ҳәм жасарып атырған районымыздың гүллән халқы беккем аўызбиршилик пенен бар күш-жигерин, имканиятларын муқаддес Ўатанымыздың, жанажан Қарақалпақстанымыздың ертеңги келешегине, гүллеп-раўажланыўына жумсай беретуғыны сөзсиз.

К.АБДИЖАЛИЕВ,
Шоманай районы ҳәкими.

Просмотров: 8911 | Добавил: Erkin | Рейтинг: 0.0/0
Всего комментариев: 0
Имя *:
Email *:
Код *:
Излеў

Календарь
«  Август 2011  »
ПнВтСрЧтПтСбВс
1234567
891011121314
15161718192021
22232425262728
293031

Архив

Сыбайлас сайтлар
  • Қарақалпақстан музейи менен танысың
  • Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң веб-сайты
  • Қарақалпақстандағы оқыў орынларының бири
  • Кеўил ашар
  • Рунеттеги сайтлар
  • Қарақалпақстан жаңалықлары

  • Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары. Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
    Copyright MyCorp © 2024