Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана Сийшемби, 16.04.2024, 23:56
Хош келипсиз Гость | RSS
Сайт мазмуны

Мини-чат

Бизиң сораўлар
Сайтымызға баҳа бериң
Барлық жуўаплар: 44

Статистика

Онлайнда: 1
Мийманлар: 1
Пaйдаланыўшылар: 0

Кириў усылы

Главная » 2011 » Август » 16 » ҚАРАҚАЛПАҚ ЕЛИНИҢ РАЎАЖЛАНЫЎ ЖОЛЫ
11:44
ҚАРАҚАЛПАҚ ЕЛИНИҢ РАЎАЖЛАНЫЎ ЖОЛЫ
Президентимиз Ислам Кәримовтың 2011-жыл 6-апрельде қабыл етилген «Өзбекстан Республикасы мәмлекетлик ғәрезсизлигиниң жигирма жыллығын белгилеўге таярлық көриў ҳәм оны өткериў ҳаққында»ғы қарарына муўапық орынларда ең уллы, ең әзиз байрамымызды ылайықлы күтип алыўға қызғын таярлық көрилмекте. Ҳәзирги ўақытта өткен жигирма жылда елимизде әмелге асырылған кең көлемли дөретиўшилик жумысларының жуўмағы шығарылып, турмысымыздағы жаңаланыўлар, адамлардың санасындағы, ақыл-ойындағы өзгерислер, руўхый ҳәм мәдений раўажланыўдың нәтийжелери талқыланып атыр.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Муса ЕРНИЯЗОВ Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлиги-ӨзА ның хабаршысына төмендегилерди айтып берди`


-Президентимиз Ислам Кәримовтың «Қарақалпақ дегенде, бул мийнеткеш халықтың өзине тән өзгешеликлери, елди ел, журтты журт ететуғын пазыйлетлери туўралы сөз еткенде, бәринен бурын, бизиң көз алдымызда өзиниң узақ тарийхы даўамында қаншадан-қанша аўыр жолларды басып өткен шыдамлы ҳәм кең пейил, мәрт және қайсар бир халықтың келбети пайда болады», деген сөзлерин қарақалпақ елине берилген жоқары баҳа деп билген, келешекке беккем исеним менен жасап атырған Аралбойының халқы да Ўатанымыз ғәрезсизлигиниң даңқлы 20 жыллық байрамын ылайықлы күтип алмақта.

Ғәрезсизликке бола Қарақалпақстан елинде жүз берген жаңаланыўлар, экономикалық ҳәм социаллық турмыстың барлық салаларында, адамлардың ақыл-ойы менен турмысында жүз берген унамлы өзгерислер туўралы айтар екенбиз, булардың бәршеси Президентимиздиң басшылығында әмелге асырылған үлкен реформалар, жаңа дөретиўшилик жумыслардың нәтийжеси екенин қанаатланыўшылық пенен атап өтемиз.

Өткен жигирма жыл даўамында ерискен табысларымыз қала ҳәм районлар, аўылларымыздың барған сайын шырайланып баратырған келбетинде, өндирислик потенциалдың избе-из өсип атырғанында, жаңадан-жаңа имаратлар-өндирис кәрханалары, заманагөй кәсип-өнер колледжлери, академиялық лицей ҳәм мектеплер, спорт комплекстлери, медицина мәкемелериниң иске түсирилип атырғанында айқын көзге түспекте.

Қарақалпақстан аймағындағы Топыраққала, Аязқала, Кабатқала, Миздакхан сыяқлы онлаған әййемги естеликлер халқымыздың тамыры оғада терең екенинен дәрек береди. Елбасшымыздың сөзи менен айтқанда, кимде-ким қарақалпақ елиниң бийғубар жүрегин, бир неше әсирлик арзыў-әрманларын, үмитлерин билмекши, түсинип жетпекши болса, оның ақыл-зақаўаты менен жаратылған «Қырыққыз» ҳәм «Шәрьяр» сыяқлы өлмес дәстанларды, Күнхожа, Әжинияз, Бердақ сыяқлы уллы шайырлардың тәсирли дөретпелерин оқыса, өзи ушын көп нәрсе билип алады.

Ўатанымыз тарийхының, келешегиниң ажыралмас бөлеги есапланған Қарақалпақстан Республикасы ғәрезсизлик жылларында тек руўхый жақтан жетилисип ғана қоймастан, ал санааты раўажланған, экономикалық потенциалы жыл сайын өсип баратырған ири индустриал регионға айланды.

Ҳәзир аўыл хожалығы өнимлерин жетистириў ҳәм оларды қайта ислеў менен бирге химия санааты, электронэнергетика, тоқымашылық, азық-аўқат санааты жедел раўажланбақта. Буны соңғы он жыл ишинде жалпы аймақлық өним ислеп шығарыўдың өсиў пәти 108 процентти, 2010-жылда бул көрсеткиш 110 процентти, быйылғы жылдың дәслепки шерегинде 114,9 процентти қурағанынан да көриў мүмкин.

Экономикадағы өсиў пәтлерин санааттың жедел раўажланып атырғаны, өндирис кәрханаларын реконструкциялаў ҳәм модернизациялаў, әсиресе, салаға инвестицияларды тартыў арқалы әмелге асырылып атырған жумыслар менен сыпатлаў мүмкин. Соңғы үш жылда аймаққа 2 триллион сум муғдарында инвестиция киргизилип, ол жанылғы ҳәм химия санаатын раўажландырыў, жаңа өндирислик қуўатлықларды иске түсириўге қаратылды.

Үстирт кеңисликлери менен Арал теңизи акваториясында жер асты байлықларын излеп табыў, оларды халық мәпи ушын өзлестириўге халықаралық инвестицияларды тартыў имканияты туўылды. Бүгинги күнде Россияның «Лукойл» компаниясы, «Газпром» акционерлик жәмийети, Малай¬зия¬ның «Петронас Чаригали» компаниясы, Кореяның «KNOC», «KOGAS», «DAEWOO international» компаниялары сыяқлы онлаған сырт елли шериклер менен бирликте нефть, газ, углеводород кәнлерин излеп табыў ҳәм қазыў, ҳәрекеттеги қудықларды реконструкциялаў жумыслары алып барылмақта.

Регионымызда қайта ислеў кәрханаларын жаңа технологиялар тийкарында модернизациялаў нәтийжесинде жәҳән стандартларына толық жуўап беретуғын жаңа өним түрлерин ислеп шығарыў кең жолға қойылмақта. 1991-2010-жыллар даўамында газ ҳәм газ конденсаты, хожалық шийше бу¬йымлары, айғабағар майы, калцийленген сода, вермикулит концентраты, талькомагнезит, глицерризин сыяқлы жаңа өнимлерди ислеп шығарыў өзлестирилди. «Төрткүл текстиль», «Нөкис текстиль», «Азия сильк», «Ориент технолоджи», «Ланэкстракт» сыяқлы қоспа кәрханаларда пахта, пилле, тери, боян тамыр қайта исленип, экспортқа қолай өнимлер ислеп шығарыў жолға қойылды.

Шымбай районында «Ланэкстракт» қоспа кәрханасының иске түсирилиўи мүнәсибети менен экспорттың улыўма көлеми 2010-жылда 2,4 миллион долларға өсти. Бул көрсеткиш быйылғы жылда 4 миллион доллардан асыўы күтилмекте. «Нөкис текстиль» кәрханасында 25 түрдеги балалар трикотаж кийим-кеншеклерин ислеп шығарыў жолға қойылды. Кәрхана жумыс баслаған дәслепки 6 айда 750 миллион сумлық өним ислеп шығарылды ҳәм соннан 256 мың долларлық өним экспорт етилди.

Президентимиздиң басшылығында Аралбойында химия санаатын раўажландырыў қолға алынды. Қоңырат сода заводының иске түсирилиўи Қарақалпақстан Республикасының экономикалық потенциалының беккемлениўине, экспорт көлеминиң артыўына, мыңлаған адамлардың жумыс пенен тәмийинлениўине хызмет етти. Жылына 100 мың тонна калцийленген сода ислеп шығарыў имканиятына ийе болған бул кәрхана бүгинги күнде толық қуўатлылықта ислей баслады. Өткен жылы заводта 90,3 мың тонна өним ислеп шығарылып, оның көпшилик бөлеги экспорт етилди. Быйылғы жылы кәрхана базасында минерал порошок, силикат гербиш ҳәм кир жуўыў қуралларын ислеп шығарыўға қәнигелескен қоспа кәрханалар иске түсирилип, жүзден аслам жумыс орнын жаратыў мөлшерленбекте.

Экономикалық раўажланыў нәтийжесинде аймақтың финанслық турақлылығы тәмийинленип атыр. Егер, регионда 2001-жылда дотация көлеми 62 процентти қураған болса, 2007-жылдың
1-январынан баслап Қарақалпақстан Республикасы бюджети улыўма дотациядан шығарылды. Буған санаат өнимлери көлеминиң турақлы артыўы, өндирис инфраструктурасы раўажланып баратырғаны себепли ерисилди.

Сыртқы экономикалық байланыслар жыл сайын раўажланып бармақта. Егер, 2001-жылда регионда шет ел инвестициясы қатнасындағы 28 кәрхана жумыс ислеген болса, ҳәзир олардың саны 48 ге жетти. Бул кәрханалар тәрепинен ислеп шығарылып атырған өнимлердиң көлеми еки есе көбейип, 2010-жылда 58,2 миллиард сумды қурады.

Әне усындай бирге ислесиўдиң нәтийжеси-заманагөй технологиялар тийкарында былғары ислеп шығаратуғын «Ориент технолоджи» Өзбекстан-Кипр қоспа кәрханасы быйылғы жылдың Наўрыз байрамы қарсаңында Нөкис қаласында өз жумысын баслады. Жылына 300 мың дана қара- мал терисин қайта ислеп, 4 мың 800 тонна өним ислеп шығаратуғын бул кәрханада қысқа ўақыт ишинде 500 мың АҚШ доллары муғдарында былғары ислеп шығарыўға ерисилди. Ислеп шығарылып атырған өним Россия, Түркия, ҳәм Италия мәмлекетлерине экспорт етилмекте. Келешекте кәрханада қой-ешкилердиң терилерин де қайта ислеўди жолға қойыў ҳәм соның есабынан және қосымша 100 ге жақын жаңа жумыс орнын жаратыў нәзерде тутылмақта.

Избе-из алып барылып атырған реформалардың нәтийжесинде Аралбойы аймағында жыл сайын санаат раўажланып, жаңа кәрханалар иске түсирилмекте. Ҳәзирги ўақытта Қараөзек районында жылына бир миллион тонна цемент ислеп шығарыў қуўатлылығына ийе Өзбекстан-АҚШ қоспа кәрханасының қурылысы жедел пәтлерде даўам етпекте.

Жәҳән үлгилери дәрежесинде қурылып атырған Өзбекстан миллий автомагистралы-Гүзар-Бухара-Нөкис-Бейнеў жолының Қарақалпақстан Республикасы аймағынан өтетуғын 132 километрлик бөлегинде бүгинги күнде реконструкция жумыслары алып барылып атыр. Быйылғы жылда автомагистраль қурылысында 193 миллиард сумлық жумыс орынланады. Бундай ири автотрассаның қурылыўы елимиздиң экономикалық потенциалының буннан былай да өсиўине, экспорт ҳәм импорт имканиятларының артыўына, халықаралық экономикалық байланыслардың және де беккемлениўине хызмет етеди.

Ғәрезсизлик шарапаты менен заманагөй транспорт коммуникация инфраструктурасының тез пәтлерде раўажланыўы нәтийжесинде автомобильде жүк тасыў, соның ишинде, транзит жүк тасыў көлеми 2010-жылда 2005-жылға салыстырғанда 61 процентке өсти.

Ғәрезсизлик арқалы экономиканың барлық салаларында мүлкшиликтиң жаңа түрлери жүзеге келди. Киши бизнес ҳәм жеке исбилерменлик субъектлериниң саны Қарақалпақстан Республикасы бойынша 2000-жылда 9 мың 63 ти қураған болса, бүгин олар 20 мыңнан асып кетти. Егер, 2008-жылда киши бизнес субъектлери жумысларын раўажландырыў ушын 37,7 миллиард сум кредит қаржылары ажыратылған болса, бул көрсеткиш 2010-жылда 106 миллиард сумға жетти. Усы дәўир ишинде киши бизнес саласы менен жеке исбилерменлердиң жалпы аймақлық өним ислеп шығарыўдағы үлеси 26,9 проценттен 63,6 процентке өсти. Өткен жылы жаратыл¬ған жаңа жумыс орынларының ir проценти әне усы субъектлердиң үлесине туўра келеди. «Бәнтлик» бағдарламасына бола, халықты жумыс пенен тәмийинлеў ушын 2010-жылда 48 мың 329 жаңа жумыс орынлары жаратылды. Бул 2000-жылға салыстырғанда еки ярым есе көп деген сөз.

Аўыл хожалығында фермерлик ҳәрекети раўажланып, өним жетистириўдиң нәтийжелилиги артты. 2001-жылда 43 мың тонна бийдай жетистирген дийқанларымыздың қырманы 2010-жылда 201мың тоннаны қурады. Усы дәўирде палыз өнимлерин жетистириў көлеми 30,7 мың тоннадан qer,w мың тоннаға көбейди. Зүрәәтлилик 81,7 центнерден 143,8 центнерге артты. Бул өз гезегинде, аўыл хожалығы өнимлерин қайта ислеўди жолға қойыўға имкан жаратты. Соңғы он жыл ишинде мийўе-палыз өнимлерин қайта ислеў көлеми бес есеге артты. Шарўашылық өнимлерин жетистириў көлеми де артып, қусшылық, пал ҳәррешилик, балықшылықты раўажландырыўға исенимли қәдем тасланды. Ел дастурханына үзликсиз мол азық-аўқат өнимлерин жеткерип бериў тәмийинленбекте.

Социаллық салада әмелге асырылып атырған түпкиликли реформалар да өз нәтийжесин берип атыр. Аралбойында ҳәрекет етип атырған 6 жоқары оқыў орнында барлық салалар бо¬йынша маман қәнигелер таярланбақта. Быйылғы жылы ҳәрекеттеги 91 кәсип-өнер колледжлерин 29 мың 333 жигит-қыз питкерип, еркин турмысқа жоллама алады. Оннан аслам академиялық лицей, 744 улыўма билим бериў мектебинде 300 мыңға жақын ул-қыз билим алмақта. Мәмлекетлик бағдарлама тийкарында 264 улыўма билим бериў мектеби капитал оңланған болса, 76 мектеп заманагөй жойбар тийкарында жаңадан қурылды. Сондай-ақ,8 академиялық лицей ҳәм 37 кәсип-өнер колледжи, 139 аўыллық шыпакерлик пункти жаңадан қурылды, 56 балалар спорт имараты пайдаланыўға тапсырылды.

Аймақта халықтың абаданлығын арттырыўға айрықша итибар қаратылып атырғаны себепли, бүгинги күнде шаңарақлардың 100 проценти электр энергиясы, 95 проценти тәбийғый газ, 70,9 проценти орайласқан ишимлик суўы менен тәмийинленди.

Ғәрезсизлик нәтийжесин ҳәр бир қәдемде сезиў мүмкин. Әсиресе, алыс аўыллардың келбети танып болмас дәрежеде өзгерип атырғаны үлкен табысымыз болып табылады. Өзбекстан Республикасы Президенти Ислам Кәримовтың 2009-жыл 3-августта қабыл еткен «Аўыллық жерлерде турақ-жай қурылысы көлемин кеңейтиўге байланыслы қосымша илажлар ҳаққында»ғы қарарына бола, аўыл халқы ушын үлги жойбарлар тийкарында заманагөй үйлердиң қурылысы жедел пәт пенен алып барылмақта.

Бул заманагөй турақ-жайлар ҳәм социаллық әҳмийетке ийе имаратлардың қурылысы ушын аўыл хожалығы ҳәм тоғайзарлықлар қорына кирмейтуғын аўысық жерлерден 42 жер массиви ажыратылды. Бул жерлерде 2009-2010-жылларда 260,5 миллиард сумлық қурылыс ҳәм абаданластырыў ислери әмелге асырылды.

Дәслеп үлги жойбарлар бойынша Нөкис районындағы Саманбай, Қоңырат районындағы Гүлистан, Кегейли районындағы Узын¬көл, Елликқала районындағы Кылчинақ, Хожели районындағы Айбек аўылларында 100 турақ-жай қурылып пайдаланыўға тапсырылған болса, бүгинги күнге келип Аралбойында 400 ден аслам шаңарақларда жай тойлары өткерилди.

Ғәрезсизлик шарапаты менен миллий қәдириятларымыз тикленип, мәдениятымызды раўажландырыўға, руўхыйлығымызды жетилистириўге кең имканиятлар жаратылды. Кино ҳәм театр көркем-өнери турақлы раўажланып бармақта. Бердақ атындағы қарақалпақ мәмлекетлик сазлы театры, Сапар Хожанияз атындағы жас тамашагөйлер театры, Республикалық қуўыршақ театры, «Айқулаш жулдызлары», «Әмиў толқыны» сыяқлы дөретиўшилик жәмәәтлер халқымыздың руўхый дүньясын байытыўға хызмет етип келмекте.

Қолға киргизилген бундай табыслар, социаллық-экономикалық салалардағы үлкен жойбарларды әмелге асырыўға қаратылған ис-ҳәрекетлер халқымыздың ертеңги күнге болған исенимин буннан былай да беккемлеп, күшимизге күш, ғайратымызға-ғайрат қоспақта. Ҳәзирги күнлери Аралбойының барлық жеринде ғәрезсизлигимиздиң жигирма жыллығын ылайықлы күтип алыў ҳәм көтериңки руўхта белгилеўге пуқта таярлық көрилмекте. Байрам нәпеси узақ аўылларға, ҳәр бир шаңараққа кирип бармақта.

ӨзАның хабаршысы
Аминбай АРТЫҚБАЕВ жазып алды.


Просмотров: 2622 | Добавил: Erkin | Рейтинг: 4.5/2
Всего комментариев: 1
1 Азат  
0
"Әне усындай бирге ислесиўдиң нәтийжеси-заманагөй технологиялар тийкарында былғары ислеп шығаратуғын «Ориент технолоджи» Өзбекстан-Кипр қоспа кәрханасы быйылғы жылдың Наўрыз байрамы қарсаңында Нөкис қаласында өз жумысын баслады. Жылына 300 мың дана қара- мал терисин қайта ислеп, 4 мың 800 тонна өним ислеп шығаратуғын бул кәрханада қысқа ўақыт ишинде 500 мың АҚШ доллары муғдарында былғары ислеп шығарыўға ерисилди. Ислеп шығарылып атырған өним Россия, Түркия, ҳәм Италия мәмлекетлерине экспорт етилмекте. Келешекте кәрханада қой-ешкилердиң терилерин де қайта ислеўди жолға қойыў ҳәм соның есабынан және қосымша 100 ге жақын жаңа жумыс орнын жаратыў нәзерде тутылмақта."

Айтылганлар рас болса тез уакытлары жагдай жаксыланса керек. Рахмет, жигитлер

Имя *:
Email *:
Код *:
Излеў

Календарь
«  Август 2011  »
ПнВтСрЧтПтСбВс
1234567
891011121314
15161718192021
22232425262728
293031

Архив

Сыбайлас сайтлар
  • Қарақалпақстан музейи менен танысың
  • Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң веб-сайты
  • Қарақалпақстандағы оқыў орынларының бири
  • Кеўил ашар
  • Рунеттеги сайтлар
  • Қарақалпақстан жаңалықлары

  • Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары. Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
    Copyright MyCorp © 2024