Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана Сийшемби, 16.04.2024, 09:46
Хош келипсиз Гость | RSS
Сайт мазмуны

Мини-чат

Бизиң сораўлар
Сайтымызға баҳа бериң
Барлық жуўаплар: 44

Статистика

Онлайнда: 1
Мийманлар: 1
Пaйдаланыўшылар: 0

Кириў усылы

Главная » 2011 » Август » 17 » ТАРИЙХЫ ӘЙЙЕМГЕ, БҮГИНИ КЕЛЕШЕККЕ ТУТАСҚАН ТӨРТКҮЛ
11:00
ТАРИЙХЫ ӘЙЙЕМГЕ, БҮГИНИ КЕЛЕШЕККЕ ТУТАСҚАН ТӨРТКҮЛ

Төрткүл тарийхы әййемги Шорахан қаласына, бүгини жарқын келешекке тутасқан тек Қарақалпақстанда ғана емес, бәлки, пүткил мәмлекетимизде өзине сай орны ҳәм абырайына ийе елат. Ҳәзирги Төрткүл қаласы (Петро-Александровск) 1873-жылы қурылған болса, район болып 1927-жылы шөлкемлестирилген. Ийелеген жер майданы 7,5 мың квадрат километр, халқының саны 178,3 мың адамды қурайды. Район аймағы Әмиўдәрьяның оң жағасында жайласқан.

Мәденияты раўажланған, дийқаншылық академиясы жаратылған, уллы алымлар ҳәм дөретиўши инсанлар дүньяға келген бул ҳасыл топырақтың бүгинги абат көринисинде әжайып инсанлардың ийгиликли арзыў-әрманларын көремиз. Fәрезсизлик төрткүллилерге және де ғайрат пенен мийнет етип, елди көркейтиў, дөретиўшилик пенен жасаў имканиятын берди. Әсиресе, жыллар атамасына байланыслы мәмлекетлик бағдарламалар тийкарында аўыл-елатларды гүллендириў ушын көплеген әмелий илажлар иске асырылды. Соған жараса өзлерин ел келешегине арнаған төрткүллилер Өзбекстан Республикасы ғәрезсизлигиниң 20 жыллығын мийнетте мол табыслар менен күтип алыўға ҳәрекет етпекте.

"Киши бизнес ҳәм жеке исбилерменлик жылы” деп жәрияланған быйылғы жыл басынан-ақ исбилерменлерге кең жол ашыў арқалы халық пәраўанлығын тәмийинлеў режелестирилип, районда аймақлық инвестиция бағдарламасы тийкарында 18 ири жойбар әмелге асырылыўы көзде тутылған еди. Атап айтқанда, "Қурувчи Озод Шароф” ЖШЖде гербиш ислеп шығарыў, "Тўрткул махсус тайёрлов” ҳәм "Каримов Оллаёр” ЖШЖде полиэтилен пакет ислеп шығарыў, "Мавланов Нурулла” жеке кәрханасында полиэтилен қубырларын, "Шарипова Рано” жеке кәрханасында макарон, "Лочин” шарўа комплексинде гөш жетистириў, "Төрткүл темир-бетон буйымлары” ЖШЖде тротуар плиткалар ислеп шығарыў, "Арал” тоқымашылыққа қәнигелестирилген фирмасында сүлги ислеп шығарыў, "Дагмар Джайджест” ЖШЖде мебель ислеп шығарыў жолға қойылды.

2011-жылдың биринши ярым жыллығында район бойынша 3816 мың АҚШ доллары муғдарында экспорт операциялары әмелге асырылып, соның 3701,6 мың АҚШ доллары "Төрткүл ақ алтыны” акционерлик жәмийети, 114,4 мың АҚШ доллары "ТөрткүлАсакатекстил” кәрханасы трикотаж өнимлерине, 114 мың АҚШ доллары муғдарындағы импорт операциясы "Нурбирдамлик” фермер хожалығы есабына тийисли болды. Түркияның "Kenteks Tekstil Sanayi ve Dis Tiraket Limited Sirketi” менен 1800 мың АҚШ долларына тең пайдалы импорт шәртнамасы дүзилди. Акционерлик-коммерциялық Агробанктиң районлық бөлиминен "Лочин” фермер хожалығында гөш жетистириў ушын 45 миллион сум кредит ажыратылып, ҳәзирги күнде гөш өнимлерин жетистириў ҳәм халыққа сатыў жолға қойылды. Аўыл хожалық Өнимлерин қайта ислеў бойынша жойбарларды әмелге асырыў бағдарламасы бойынша "Тўрткул Меърож” агрофирмасы жылына 200 тонна аўыл хожалық өнимлерин қайта ислеў қуўатына ийе кәрхана "Баракат Тўрткул” ЖШЖде 1000 тонна сыйымлылыққа ийе болған "Сендвич” панелли музлатқыш қурылысы басланды. 748 саўда орнына ийе "Ел ырысы” дийқан базары, 705 саўда орнына ийе "Төрткүл саўда комплекси” жаңадан қурылып, район халқына сапалы саўда хызметин көрсетип келмекте.

Районның қубла дәрўазасы болған "Мискин” бүгин Төрткүлди мәмлекетимизди дүньяның көплеген еллерине байланыстырып тур. "Мискин” станциясында ғәрезсизлик жылларында жаңа темиржолшылар қалашасы, вагонларды оңлаў депосы, "Мискин-Тошсақа” автотемиржол көпири қурылды. Буннан тысқары, қурылысы басланған ҳәм жуўмақланып атырған мәдений-социаллық объектлер де бул жерде келешекте санаат қаласы қурылып атырғанын көрсетип тур. Ал, кең көлемде даўам етип атырған қурылыслар нәтийжесинде халық ушын турақ жайлар, турмыс хызметин көрсетиў орынлары бой көтермекте. Атап айтатуғын болсақ, "Пахтачи” АПЖ аймағында 140 орынлық 65-санлы улыўма билим бериў мектеби, "Гөне Төрткүл” АПЖ аймағындағы 12-санлы улыўма билим бериў мектебиниң спорт сарайы ғәрезсизлик байрамы қарсаңында оқыўшыларға саўға ретинде тапсырылады. Булардың барлығы ел пәраўанлығы, жаслардың бәркамал әўлад болып жетилисиўи жолында әмелге асырылып атырған ислерден болып табылады.

Бирнеше жыллардан берли Fәрезсизлик байрамы, Наўрыз сейиллери қаладағы "Ешлик” мәденият ҳәм демалыс бағында өткерилип келинбекте. Бүгинги күни бул бағ ҳәрқыйлы жастағы адамлар дем алатуғын абат орынға айланды. Балалар ушын түрли аттракционлар иске түсирилип, ҳәрқыйлы саяманлы тереклер, гүллер көплеп егилмекте.

Районымыз тийкарынан атайы дийқанлар ҳәм бағманлар елаты. Ҳәр жылы олар тәрепинен ҳәрқыйлы сорттағы мийўе-палыз ҳәм овощ өнимлери халқымыз дастурханына инам етилип, базарларымыздың толы болыўы тәмийинленбекте. Быйылғы жылы бәҳәрде район бойынша 986 гектар жерге овощ, 674 гектарға палыз, 624 гектарға картошка егинлерин егиў режелестирилген болса, өз мүмкиншилигимизден келип шығып, бул түрдеги аўыл хожалық өнимлерин 30-40 процентке көбейтип ектик. Ҳәзир район бойынша 653 гектар майданда мийўели бағлар, 52 гектар жерде жүзимгершилик болып, олардан 5478 тонна мийўе, 641 тонна жүзим жетистириў режелестирилген. Сондай-ақ, районымызда халықтың балық өнимлерине болған талабын қанаатландырыў мақсетинде бир балықшылық фермер хожалығы, еки жуўапкершилиги шекленген жәмийет шөлкемлестирилди. Солардан Шуҳрат Ражапов басшылығындағы "Антиқа” фермер хожалығының улыўма жер майданы 126,6 гектарды қурап, онда жыл ақырына дейин 10 тонна балық жетистириў режелестирилмекте. Жақында усы фермер хожалығы аймағында балық личинкаларын жетистириў ушын инкубация иске түсирилип, бүгинге дейин 20 миллионнан аслам шабақлар жетистирилди. Ал, қусшылық тараўында болса, қусшылыққа қәнигелестирилген бес кәрхана болып, соннан үшеўи ҳәзир ис жүргизбекте.

Пүткил мәмлекетимизде болғаны сыяқлы бизиң районымыз халқының тийкарын жаслар қурайды. Ҳәзирги күнде райондағы 62 улыўма билим бериў мектеплеринде 29459 оқыўшы тәлим алмақта. 27 мектепке шекемги тәрбия ҳәм мектептен тысқары билимлендириў мәкемелеринде "Бәркамал әўлад” орайы ҳәм балалар спорт мектеплери ҳәрекет етпекте. Fәрезсизлик жылларында районлық халық билимлендириў бөлимине қараслы 3-санлы музыка ҳәм көркем өнер мектеби реконструкцияланып, ҳәзир мектепте 151 оқыўшы тәлим алмақта. Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2004-жыл 21-майдағы "2004-2009- жылларда мектеп билимлендириўин раўажландырыўдың Мәмлекетлик улыўма миллий бағдарламасы ҳаққында”ғы Пәрманының орынланыўы бойынша районда улыўма билим бериў мектеплеринен 58 и мәнзилли бағдарламаға киргизилди. Соның ишинде 4 мектеп жаңадан қурылып, 25 мектеп капитал реконструкцияланды. 15 мектепте ири ҳәм 14 мектепте жеңил оңлаў ислери алып барылып, олар заманагөй мебель, оқыў-лаборатория әсбап-үскенелери, спорт әнжамлары менен тәмийинленди.

"Ҳеш бир нәрсе мәмлекетти спорт киби дүньяға тез таныта алмайды” деген еди мәмлекетимиз басшысы И.Кәримов. Журтбасшымыздың айтқанындай, районымызда балалар спортын раўажландырыў мәселелерине үлкен итибар берилип, усы күнге дейин 4, 8, 14, 23-санлы мектеплерде жаңа спорт заллары, "Янгиабад” МПЖ аймағында 2006-жылы спорт комплекси қурылып, пайдаланыўға тапсырылды.

Fәрезсизлик жылларында районда жети кәсип-өнер колледжи ҳәм академиялық лицейлер ис жүргизе баслады. Ҳәзирги күни бул оқыў орынларында бирнеше мыңлаған оқыўшы жаслар билим ҳәм кәсип-өнер сырларын үйренбекте. Сондай-ақ, районда халықтың денсаўлығына айрықша дыққат-итибар қаратылып келинбекте. Ҳәзир район халқына районлық медицина бирлеспесине қараслы 600 емлеў орнына ийе бир орайлық емлеўхана, еки қәнигелестирилген диспансер, бир көп тармақлы орайлық поликлиника ҳәм 21 АШП медициналық хызмет көрсетпекте. Соның ишинде АШПлардың 11 и "Саламатлық-1”, 10 ы "Саламатлық-2” бағдарламасы есабынан үскенеленди. Медицина бирлеспесиниң лабораториясы, туўыў, диагностика бөлимлери ҳәм барлық АШПлар заманагөй медициналық әсбап-үскенелер менен тәмийинленди.

Меҳир-мүриўбет халқымызға тән болған ең жақсы пазыйлет. Байрам алдынан бағыўшысы жоқ қариялар, майыплар, кем тәмийинленген ҳәм көп балалы шаңарақларға материаллық, руўхый жәрдем көрсетиў ислери режелестирилип, "Ҳешким итибардан шетте қалмасын!” сүрени астында қайырлы ҳәм саўаплы ислер әмелге асырылмақта. Атап айтқанда, усы күнге шекем райондағы урыс қатнасыўшыларына, мийнет нураныйларына, майыпларға, кем тәмийинленген ҳәм көп балалы шаңарақларға, ата-анасы жоқ балаларға, жеке тәртипте үйинде тәлим алып атырған майып оқыўшыларға материаллық ҳәм руўхый жәрдемлер көрсетилди.

Байрам байрамдай өтиўи, пуқаралардың жақсы арзыўлары, келешекке исеним менен жасаўы, Ўатанға муҳаббат сезимлерин оятыў ушын көркем өнер, мәденият хызметкерлери менен үгит-нәсият, ушырасыў кешелерин шөлкемлестирип, олар халық арасында жийи-жийи болмақта. Бул болса, өз гезегинде халқымыздың аўызбиршилигин беккемлеп, жақынласып киятырған уллы байрамды еле де жоқары, көтериңки руўхта өткериўге район халқына айрықша күш-қуўат ҳәм зор кейпият бағышлайды.

И.ЮЛДАШЕВ,
Төрткүл районы ҳәкими.

Просмотров: 1600 | Добавил: Erkin | Рейтинг: 0.0/0
Всего комментариев: 0
Имя *:
Email *:
Код *:
Излеў

Календарь
«  Август 2011  »
ПнВтСрЧтПтСбВс
1234567
891011121314
15161718192021
22232425262728
293031

Архив

Сыбайлас сайтлар
  • Қарақалпақстан музейи менен танысың
  • Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң веб-сайты
  • Қарақалпақстандағы оқыў орынларының бири
  • Кеўил ашар
  • Рунеттеги сайтлар
  • Қарақалпақстан жаңалықлары

  • Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары. Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
    Copyright MyCorp © 2024