Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана Пийшемби, 03.10.2024, 22:05
Хош келипсиз Гость | RSS
Сайт мазмуны

Мини-чат

Бизиң сораўлар
Сайтымызға баҳа бериң
Барлық жуўаплар: 46

Статистика

Онлайнда: 1
Мийманлар: 1
Пaйдаланыўшылар: 0

Кириў усылы

 Газетамыздың интернет тармағындағы жаңа мәнзили


Ҳүрметли Президентимиздиң өз мийнетлеринде елимиздеги ғалаба хабар қураллары ҳаққында: «Биз демократиялық еркин пуқаралық, ҳуқықый жәмийет дүзиў нийетинде екенбиз, демек биринши гезекте жәмийет ағзалары өз пикирлерин еркин сәўлелендире билиўи өз еркинлигин қорғаў, усы ҳуқықлардың әмелде тәмийнлениўи ушын кепиллик жаратыў бизиң бүгинги ең әҳмийетли ўазыйпамыз болыўы лазым. Адамлардың еркин пикирин сәўлелендириўши ғалаба хабар қураллары жәмийетте өзиниң беккем орны ҳәм абырайын ийелеўи дәркар » деп атап өткен еди.
Мәмлекетимизде қабыл етилген қатар нызам ҳәм қарарлар ғалаба хабар қуралларының еркин раўажланыўына ҳәм де ҳақыйқый «халық жыршысы» дәрежесине жетиўине мүмкиншилик жаратпақта.
Бүгинги күнге келип журналистика ... Даўамын оқыў...
Просмотров: 5570 | Добавил: Erkin | Дата: 13.03.2012 | Комментарии (9)


«ҚАРАҚАЛПАҚСТАН» ПОСЕЛКАСЫ: ЖАҢА ЖЫЛFА ЖАҢАЛЫҚЛАР МЕНЕН
Кеше көрген жерлериң бүгин түпкиликли өзгерислерге, жаңаланыўға бет бурып атырса таңланатуғын заман емес. Пайтахтымыздан дерлик 470 шақырым узақлықта, республикамыздың шегара аймағында жайласқан “Қарақалпақстан” посёлкасы да соңғы ярым жыл ишинде жаңаша түске енди.
Бул посёлкада хызмет сапары менен өткен жылдың май айында болғанымыздағы көринислер менен жыл ақырындағы өзгерислер арасында аспан менен жер шелли парқ бар. Оңлаў талап етилип турған көп қабатлы қорениш үйлер бүгин ири оңлаўдан шығарылған, әтираплары абаданластырылған, халыққа турмыс хызметин көрсетиў орынлары жаңадан шөлкемлес¬тирилген.
Усындай соңғы жаңалықлар туўралы посёлкалық пуқаралар жыйыны баслығы Қутлы Қошымбетова былай дейди:
- 2011-жыл посёлка халқының көп жыллардан берги арзыў-нийетлери орынланған жыл болды десем қәтелеспеймен. ... Даўамын оқыў...
Просмотров: 1986 | Добавил: Erkin | Дата: 05.03.2012 | Комментарии (1)

ЕРНАЗАР «ШОЙЫНШЫ»
Бул жасы сексенге шамаласқан әкемниң айтқан гүрриңи еди. Бул дүнья бир жағынан кирип, екинши жағынан шығып кететуғын еки қапылы есиктей екен. Ялғаншыға кимлер келип, кимлер кетпеген. Қарақалпақта жаўырыны жерге тиймеген кегейлиши Жаңабай палўан, қараөзекли Ерназар "шойыншы”, шымбайлы Дошым палўан дегенлер өткен. Әкем бала ўақтында "Қыйсық көпир”де туратуғын Исмет деген кисиниң үйине қыдырып барады. Сол үйде Ерназар "шойыншы” менен Әбди палўан деген адамлар да қонақ екен. Үй иши менен Ерназар "шойыншы”, Әбди палўан үшеўи гүрриңлесип отырады.
Гәптен гәп шығып, бир тыныспада үй ийеси: "Мына Әбди екеўимиз "Шағал көпир”ден ары өтип көргенимиз жоқ. Ал, сиз болса көп жерлерди көргенсиз. Бир қызық гүрриң бер” дейди.
Ерназар жарлы шаңарақтан шыққан, жоқшылықты көп көрген. Талап ислеп қоңсылас Хорезмде бир байға дийқан болады. Байдың Ер ... Даўамын оқыў...
Просмотров: 2235 | Добавил: Erkin | Дата: 05.03.2012 | Комментарии (1)

ШЫМБАЙ ҚАЛАСЫНДА САЎДА ҲӘМ ИСБИЛЕРМЕНЛИК ТАРИЙХЫНАН
Тарийхтан мәлим, Шымбай аймағы узақ ҳәм бай тарийхты өзинде жәмлеген. Бул жердиң халқы дийқаншылық, шарўашылық, өнерментшилик пенен шуғылланыў менен бирге, саўда ислеринде де белгили болған.
XVIII әсирде Шахтемир, яғный, ҳәзирги Шымбай қаласында болған Гладышев ҳәм Муравинлер қарақалпақлар Хийўа, Бухара ҳәм Арал ийеликлеринде саўда жүргизеди. Басқа қалаларға да барып мал ҳәм аң терилери менен де саўда ислейди деп көрсетеди. Нәтийжеде Шахтемир қаласы XVIII әсирдиң биринши ярымында сиясий ҳәм саўда байланысы жағынан еле де әҳмийети күшейип, Әмиўдәрьяның оң жағалығындағы сиясий-административлик, саўда-өнерментшилик, мәдений орайына айланады.
Қалада Хийўа ханлығында Хийўадан кейинги, үлкенлиги жағынан екинши орында туратуғын, базар күнлери он мыңға шекем адам жыйналатуғын базар болған. Үлкемиздеги басқа базарларға салыс¬ ... Даўамын оқыў...
Просмотров: 2315 | Добавил: Erkin | Дата: 20.01.2012 | Комментарии (0)

Өз заманын терең уғынған
Жазыўшы, кинодраматург Муратбай
Нызановтың 60 жыллығына тойхат орнына

Муратбай Нызанов қарақалпақ әдебияты босағасына 80-жыллары қәдем қойып, проза, поэзияда, миллий мәдениятымыз ҳәм журналистикада өp жолы, өз усылына ийе жазыўшы болып жетилисти.
М.Нызанов өз дөретиўшилигин сатира-юмор жанрынан баслады ҳәм үлкен табысқа еристи. Сатира жазыўшының «Усындай да болады», «Нышана», «Күлким келеди», «Сизге болмайды», «Адам күлдиргени ушын», «Жат журттағы жети күн», «Ишегим үзилди», «Адам жаманласаң зейниң ашылады», «Расын айтсаң урады, «Еки қанхор», «Ғәзийне», «Жақында қызық болады», «Еки үйректиң тоғыз бөтекеси» китапларында турмысымызда ушырасып туратуғын қпаслық, нәпсиқаўлық пенен парахорлық, зықналық, сықмарлық сыяқлы иллетлер өткир қәлемге алынып, олардан жуўмақ шығарыўға шағырады.
М.Нызановтың «Жат журттағы жети күн» (1992ж.) по ... Даўамын оқыў...
Просмотров: 2094 | Добавил: Erkin | Дата: 10.01.2012 | Комментарии (1)

АПАТ АЙТЫП КЕЛМЕЙДИ ЕКЕН...
“Ағайинниң, достың, қоңсыңның ким екенлиги бир жақсы күниңде, бир жаман күниңде билинеди” деген ҳақыйқат гәп екен. Жақында пайтахтымыздың Гөне қала аймағында жасаўшы Мендиғалиевлер шаңарағына келген апатшылық олардың қоңсыларын тик аяққа турғызды.
Үлкен перзентлерин отаў тигип дөгерегине басқа шығарып, еки келинди қоса жумсап, етеги ақлықларға толған Қурбангүл апаның үлкен шаңарағы Шыпабағыш көшесиндеги қатықтай уйып отырған татыў шаңарақлардың бири еди. Шаңарағына ийелик етип қалған Омар да, оның келиншеги Замира да көшесинде абырайлы, үлкен-кишиниң сый-ҳүрметин жайына қоятуғын инсанлар.
“Апат айтып келмейди” деген дурыс екен, күпә-күндиз олардың үйине от тийип, шаңарағы ортасына түсти. Онлаған арнаўлы машиналарда келген өрт өшириўшилер от пенен қанша айқасқан менен илаж ете алмады. Бул үйден ҳеш нәрсени аман алып қалыўдың итималы болмад ... Даўамын оқыў...
Просмотров: 1529 | Добавил: Erkin | Дата: 04.01.2012 | Комментарии (1)

ЖАҢА ТЕХНОЛОГИЯ ТИЙКАРЫНДА
Елимиз экономикасында қурылыс санааты ең перспективалы ҳәм жедел раўажланып атырған тармақлардың бири болып, оны еле де беккемлеп барыў мәмлекетимиз санаатын раўажландырыў стратегиясының әҳмийетли қурам бөлеги болып есапланады. Себеби, Елбасшымыздың тиккелей басшылығында ғәрезсизликтен кейинги жылларда қурылыс инфрадүзилмесин раўажландырыў, жаңа бөгили жойбарлар тийкарында турақ жайлар, билимлендириў, медицина мәкемелери ҳәм басқа да бир қатар социаллық объектлерди қурып иске түсириў жумысларына, буннан тысқары онда пайдаланылатуғын қурылыс материалларын ислеп шығаратуғын өндирислик кәрханалардың жумысларын жетилистириўге айрықша итибар қаратылып келинбекте. Усының менен биргеликте сырт еллер менен шериклик байланыслар тийкарында өндирислик кәрханалардың ислеп шығарып атырған өнимлериниң сапа дәрежесин, ишки ҳәм сыртқы базарларда бәсекиге шыдамлылығын ар ... Даўамын оқыў...
Просмотров: 1764 | Добавил: Erkin | Дата: 04.01.2012 | Комментарии (0)

ӨЗБЕКСТАН ТЕМИРЖОЛЛАРЫ ­ҒӘРЕЗСИЗЛИК ЖЫЛЛАРЫНДА
ЯМАСА ОЛАРДЫҢ МАТЕРИАЛЛЫҚ-ТЕХНИКАЛЫҚ БАЗАСЫ БЕККЕМЛЕНИП БАРМАҚТА
Уллы Жипек жолы өткен мәмлекетимиз әййемги заманлардан берли Орайлық Азияда әҳмийетли геостратегиялық орын ийелеп келди ҳәм ҳәзир де солай. Әзелден саўда жоллары өткен ҳәм кесискен, түрли цивилизациялар ортасында өз-ара нәтийжели бирге ислесиў қәлиплескен. Шығыс ҳәм Батыста, Қубла ҳәм Арқаны магистрал жоллар арқалы тутастырған Өзбекстан бүгин де үлкен транспорт коммуникация ҳәм транзит потенциалына ийе. Өзбекстан ҳүкимети тәрепинен Өзбекстан темиржоллары тармағын модернизациялаў бойынша 2013-жылға дейинги дәўирди өз ишине алған модернизация бағдарламасы қабыл етилди. Бул поездлар паркин жаңалаў, жолларды қайта тиклеў, қәнигелескен санаат кәрханаларын реконструкциялаў, модернизациялаў сыяқлы ис-илажларынан ибарат.
­Ғәрезсизликтиң ... Даўамын оқыў...
Просмотров: 1800 | Добавил: Erkin | Дата: 04.01.2012 | Комментарии (0)

ДЕНСАЎЛЫҚТЫ САҚЛАЎ ТАРАЎЫНА ЖАҢА ҮСКЕНЕЛЕР

Глобал ықлым өзгерисиниң әллеқашан-ақ дәўиримиздиң ең әҳмийетли машқаласына айланғаны сыр емес. Атап айтқанда, ҳәзирги ўақытта мәмлекетимизде ҳаўаның орташа температурасы жер жүзиндеги нормал температураға салыстырғанда 2 еседен зыятқа көтерилген. Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Гидрометеорология хызмети орайының болжаўларына қарағанда, 2050-жылға барып, орташа жыллық температура Цельсий шкаласы бойынша 2-2,5 градусқа артады. Бир сөз бенен айтқанда, мәмлекетимиз ықлымының өзине тәнлиги жоғалып, қолайсыз ҳаўа райы шараяты жийи бақланатуғын болады. Мәселен, ҳаўаның орташа температурасы 40 градустан жоқары болған күнлерди саны көбейип, Ташкент қаласының ықлымы елимиздиң ең қубласында жайласқан Сурхандәрья Ўәлаятының ықлымына уқсап ысып кетеди.
Жүрек-қан тамырлары, дем алыў ағзалары кеселликлери менен аўыры ... Даўамын оқыў...
Просмотров: 1857 | Добавил: Erkin | Дата: 04.01.2012 | Комментарии (1)

БАЛАДА НЕ ЖАЗЫҚ БАР?!

2010-жыл 14-декабрь. Қыстың бир күни болған соң күн булынғыр тартып, “Сүўенли” каналы бойындағы сийрек өскен қамыслар ызғырыє самалдан басларын шулғысар еди.
Тандыр басындағы қәйин ене ҳәм бийкеши менен үйреншикли урыс-қағыс жанына тийген Зарипа “қапа болсаң ағын суўды жағала, тасып кетсең әўлийени арала” деген ойда ашыўын басып, өзине келиў ушын үйине 300 метр қашықлықта аққан “Сүўенли” каналының бойына қарай нәйлаж адым атады.
Үйдегилер бир-бирлерин азап-ақыретлесе иштен ынжылып, қапа болатуғын бийкеши Жупаргүлдиң төрт жасар сезимтал баласы изинен кетеди. Кишесин бала кеўли менен жақсы көргенликтен “Кет, изиңе қайт” деп бақырса қулақ аспаған. Жағыста муңайып отырса қасына келген Русланнан анасы ҳәм кемпир апасына бола өш алмақ ушын аңсыз турғанда суўға күшлеп ийтерип жибереди. Кеминде 3 метрлик тикжарлықтан каналдағы орта ағыслы суўға ша ... Даўамын оқыў...
Просмотров: 1881 | Добавил: Erkin | Дата: 04.01.2012 | Комментарии (0)

«ҚУЛАҚТАН КИРИП,
БОЙДЫ АЛFАН...»

Қулақтан кирип, бойды алған, кеўилге түрли ой салған қосық муқаддес ҳәм илаҳий қәдирият. Ол адамзаттың өмирлик жолдасы ғана емес, оны жетелеўши, баслаўшы ҳәм жигерлендириўши күш. Ол жанды сейислейди, кеўилди жубатады, адамды бағындырады. Сонлықтан да, Адам ата жаралған ўақытта оның “қараңғы геўдесине” жанды жағымлы қосықтың ҳаўазы киргизген деген әпсана да ҳақыйқаттан жырақ емес сыяқлы.
2011-жылы 11-октябрьдеги “Еркин Қарақалпақстан” газетасында жазыўшы Узақбай Пиржановтың “Қосықлардың мәнисин аңласақ, ямаса тойда қосық айтатуғынлардың дыққатына” деген мақаласы басылды. Бул жеке пикир, әлбетте, көптиң кеўлинде болғанлықтан, мениң де кеўлимди қозғады. Себеби, қосық “тыңласақ тыңла, тыңламасаң қой” дейтуғын келте пәмликти көтермейди. Ол тек атқарыўшылардың ғана мүлки емес, ал, пүткил халықтың, миллеттиң ийгилиги болып қала береди, ҳәр ... Даўамын оқыў...
Просмотров: 1933 | Добавил: Erkin | Дата: 02.01.2012 | Комментарии (0)

ИЗЛЕНГЕН ИМКАН ТАБАДЫ
Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси жанындағы мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлерди ҳәм пуқаралық жәмийеттиң басқа да институтларын қоллап-қуўатлаў жәмийетлик қорының қаржыларын басқарыў бойынша парламентлик комиссияның гезектеги мәжилисинде республикалық грант таңлаўының жеңимпазлары жәрияланды.
Жақында хорезмли ҳәм қарақалпақстанлы жеңимпазларға грантлардың ажыратылыўы ҳаққындағы сертификатлар салтанатлы жағдайда тапсырылды. Олардың арасында Қарақалпақстаннан Өзбекстан Көзи Әззилер жәмийети, Қарақалпақстан Республикасы Исбилермен ҳаял-қызлар ассоциациясы, Қарақалпақстан Республикасы Саўда-санаат палатасы тәрепинен жазылған грант жойбарлары да бар.
Биз грант жеңимпазларының тийкарғы мақсетлери менен ортақластық.
Октябрь Доспанов - Өзбекстан Көзи Әззилер жәмийетиниң Қарақалпақстан республикалық басқармасы баслығының орынбасары: - Республика ... Даўамын оқыў...
Просмотров: 1809 | Добавил: Erkin | Дата: 14.12.2011 | Комментарии (0)

СПАСИБО ВАМ,
ДОКТОР!


У двери его кабинета разговорилась с женщиной. Она у меня спросила: "С какой проблемой пришла к врачу?". Ответила, что по личным вопросам. Но ожидающей приема у врача хотелось поговорить... "Знаете, у меня сильно болят ноги, часто ломит поясницу. Врачи в поликлинике уже устали от меня. А что делать?.. Я ведь еще не совсем старая, устала от боли. Мне соседка рассказала, что этот врач (кивнула на дверь, за которой мы стояли) очень сильный, т.е. грамотный, всегда выслушает до конца, не раздражается. А главное — помогает. Вот и пришла к нему. Как вы думаете, поможет?". "Обязательно поможет" — ответила я.
24 года помогает людям обрести здоровье и стать на ноги выпускник Самаркандского медицинского института Виталий Яковлевич Ким. Скромный, деликатный, выдержанный, не бросающий слов на ... Даўамын оқыў...
Просмотров: 1490 | Добавил: Erkin | Дата: 11.12.2011 | Комментарии (0)

Подтверждая звание сполна

Обилие наград и званий никогда не кружило ему голову. Простой, общительный, никакой звездности. Он был таким и десять лет назад, когда и наград и званий было намного меньше, таким остается и сейчас.
А регалии нашего прославленного спортсмена и тренера по каратэ Рустама Казакова нелегко перечислить не запутавшись: мастер спорта международного класса, обладатель Кубка мира, трехкратный серебряный призер Кубка мира, неоднократный чемпион Узбекистана, абсолютный чемпион Узбекистана, чемпион Центральной Азии, обладатель около пятидесяти медалей разного достоинства завоеванных на различного ранга турнирах. К тому же в истории каракалпакского спорта он навсегда останется как самый молодой "Заслуженный наставник молодежи Каракалпакстана". Это звание ему было присвоено в 24 года. Более 5 ... Даўамын оқыў...
Просмотров: 1771 | Добавил: Erkin | Дата: 11.12.2011 | Комментарии (0)

Освещая путь другим
Нукусская школа №12, куда мы, преподаватели — методисты пединститута ежегодно высаживаемся с десантом студентов — русистов, вот уже несколько лет является для нас базовой.
Школа укомплектована отрядом опытных русистов: К.С.Бердимуратова, Д.С.Югай, Р. Ж.Ережепова, Р.Ж. Абдреимова, З.А.Бекбергенова, Г.Ж.Юсупова. Одной из них является Роза Жолдасовна Ережепова. Выпускница Таганрогского пединститута Роза не сразу нашла свое призвание. Поначалу пришлось поработать у нас в институте лаборанткой.
Вскоре еђ пригласил работать в школу ее директор Жалгас Жолдасович Матмуратов.
Поначалу, конечно, было нелегко. С конспектами уроков она прибегала и ко мне, чтобы посоветоваться, где найти необходимый учебный материал, как лучше раскрыть тему. Роза вся светилась: видно было, что она дождалась своего звездного часа, наконец-то смогла развернуться и на дел ... Даўамын оқыў...
Просмотров: 1320 | Добавил: Erkin | Дата: 11.12.2011 | Комментарии (0)

МЕРИЛО ДУХОВНОСТИ
Культура — это сложная духовная система, в которой переваривается, осмысливается, оценивается внешняя информация, непосредственно определяющая поступки и действия человека. Но что нужно сделать, чтобы человек смог проявить себя как личность? Каково влияние культуры на развитие человека? Об этом и многом другом сегодня наш корреспондент беседует с народным писателем Республики Каракалпакстан Оразбаем Абдирахмановым.
— В мире нет ничего более ценного, чем человек. Что нужно для того, чтобы он проявил себя как личность?
— Историю во все времена, как известно, делают личности. В различных формациях общества от деятельности личности зависит развитие или деградация самого общества или нации. Поэтому немаловажную роль в сформировании личности определяет, прежде всего, нравственное воспитание, в которое как важный фактор составляющей личности входят интелл ... Даўамын оқыў...
Просмотров: 1343 | Добавил: Erkin | Дата: 11.12.2011 | Комментарии (0)

Узбекистан — наш общий дом
В 30-х годах ХХ столетия десятки тысяч корейцев были насильно переселены с нажитых мест на Дальнем Востоке в Узбекистан. Узбекский народ, проявив милосердие и сострадание, с первых дней пребывания корейцев в республике оказывал им всемерную моральную и материальную помощь. Более 70 лет прошло с тех пор. Сейчас корейцы, проживая на узбекской земле, чувствуют себя ее сыновьями и дочерьми. Корейцы, отличающиеся богатой культурой и древними традициями, обрели здесь свою новую родину, трудятся бок о бок и живут в гармонии и согласии с представителями других национальностей. Многотысячная корейская диаспора принимает активное участие во всех сферах общественной и политической жизни страны.
В 1990 году была создана Ассоциация культурных корейских центров Республики Каракалпакстан. Все эти годы наш центр вносит свой вклад в упрочение дружественных отношени ... Даўамын оқыў...
Просмотров: 1465 | Добавил: Erkin | Дата: 11.12.2011 | Комментарии (0)

«НАДО ПРОСТО ЛЮБИТЬ СВОЮ РАБОТУ»,
— считает учитель с 40-летним стажем работы, отличник народного образования Республики Каракалпакстан Татьяна Николаевна НЕДОРУБОВА
Накануне праздника наш корреспондент встретилась с Т.Н.Недорубовой и попросила рассказать немного о себе и своей работе.

— Татьяна Николаевна, почему Вы выбрали именно профессию учителя русского языка и литературы?
— Сколько себя помню, все время играла в школу во дворе и дома, но в десятом классе стала мечтать о профессии журналиста, писала стихи, даже выписывала журнал "Журналист", и мечтала, что когда-нибудь мои опусы будут опубликованы в этом уважаемом издании. После окончания школы поехала поступать на факультет журналистики ТашГУ, но так как публикаций в периодике у меня не было, документы мои не приняли. Словом, с мечтой о профессии журналиста пришлось расс ... Даўамын оқыў...
Просмотров: 1723 | Добавил: Erkin | Дата: 09.12.2011 | Комментарии (0)

ЦЕНИТЬ
КАЖДЫЙ ДЕНЬ

Этих девушек объединяет трудолюбие и желание стать журналистами. Барно Дуйсенова и Шахзада Базарбаева еще очень молоды, но уже успели познакомиться с нелегкой профессией журналиста. Многим своим сверстникам они знакомы по теле- и радиопередачам. Школьные каникулы они проводили, активно участвуя в различных мероприятиях ОДМ "Камолот" Республики Каракалпакстан. Давайте познакомимся с ними поближе.
Девиз Барно Дуйсеновой: "Всегда стремиться вперед". И у нее все получается. Наверное, потому, что она трудолюбива, принципиальна и упорна.
Родилась Барно в Нукусе. С детства увлекалась литературой. Окончив специализированную школу для одаренных детей, она поступила в Академический лицей №2 при НГПИ имени Ажинияза. Недавно начала в этом учебном заведении свой первый учебный год.
Еще учась в школе, она была лидером отдела информации печати ОДМ ... Даўамын оқыў...
Просмотров: 1538 | Добавил: Erkin | Дата: 08.12.2011 | Комментарии (0)

СЛУЖИТЕЛЬ МЕЛЬПОМЕНЫ
Без режиссера немыслим театр. Он ответственен за то, что происходит на сцене. Именно постановщик представляет то, как будет выглядеть произведение прежде, чем его увидят зрители. Действие актеров, их слова, жесты — все, из чего составляется спектакль, рождается в сознании режиссера.
В детстве Музапбар Ембергенов не задумывался о профессии режиссера. Ему просто нравилось выступать перед зрителями. Он любил петь, играть на рубабе, занимался в Доме культуры родного хозяйства в Кегейлийском районе. Особенно юному музыканту нравилась атмосфера состязательности, царящая на конкурсах. Музапбар Ембергенов с нетерпением ожидал своего выхода на сцену, и весь растворялся в музыке, самозабвенно исполнял народные песни. К моменту окончания школы он решил, что будет артистом — любовь к сцене захватила его.
К желанию сына его родители отнеслись без особого вос ... Даўамын оқыў...
Просмотров: 1225 | Добавил: Erkin | Дата: 08.12.2011 | Комментарии (0)

1 2 3 4 »
Излеў

Календарь
«  Октябрь 2024  »
ПнВтСрЧтПтСбВс
 123456
78910111213
14151617181920
21222324252627
28293031

Архив

Сыбайлас сайтлар
  • Қарақалпақстан музейи менен танысың
  • Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң веб-сайты
  • Қарақалпақстандағы оқыў орынларының бири
  • Кеўил ашар
  • Рунеттеги сайтлар
  • Қарақалпақстан жаңалықлары

  • Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары. Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
    Copyright MyCorp © 2024