Ҳүрметли Президентимиздиң өз мийнетлеринде елимиздеги ғалаба хабар қураллары ҳаққында: «Биз демократиялық еркин пуқаралық, ҳуқықый жәмийет дүзиў нийетинде екенбиз, демек биринши гезекте жәмийет ағзалары өз пикирлерин еркин сәўлелендире билиўи өз еркинлигин қорғаў, усы ҳуқықлардың әмелде тәмийнлениўи ушын кепиллик жаратыў бизиң бүгинги ең әҳмийетли ўазыйпамыз болыўы лазым. Адамлардың еркин пикирин сәўлелендириўши ғалаба хабар қураллары жәмийетте өзиниң беккем орны ҳәм абырайын ийелеўи дәркар » деп атап өткен еди. Мәмлекетимизде қабыл етилген қатар нызам ҳәм қарарлар ғалаба хабар қуралларының еркин раўажланыўына ҳәм де ҳақыйқый «халық жыршысы» дәрежесине жетиўине мүмкиншилик жаратпақта. Бүгинги күнге келип журналистика тараўының имканятлары және де кеңейди, техникалық мүмкиншиликлери асты. Яғный, ғалаба хабар қураллары қатарына интернет те келип қосылды. Интернет дүнья жүзиндеги компьютерлердиң бир-бирине жалғанған тармағы есапланады. Интернет-бул халықаралық тармақ ҳәм өз ара жалғанған компьютерлер тармағы . Бул дүнья жүзлик тармақтың дәстүрий ғалаба хабар қуралларынан өзгешелиги орайласпаған яғный ҳәр бир адам тармақ арқалы басқалар менен хабар алмасыўы, мағлыўмат алыў, тарқатыў мүмкиншиликлерине ийе болады. Мине, газетамыз да соңгы 2005-жылдан берли интернете www.erkinkk.ucoz.org мәнзилинде өзиниң веб-сайты арқалы дүнья жүзиндеги газета оқыўшылары менен тығыз байланысып келмекте еди. Ал, жақыннан баслап газетамыздың интернеттеги мәнзили өзгерип, жаңа www.erkinkarakalpak.uz мәнзили арқалы, ал, электрон почтамыз erkinkk@inbox.uz болып өзгерди ҳәм буннан былай Сиз газета оқыўшылары менен тармақ арқалы байланыста боламыз. Жаңа веб-сайтымызға кирип, өзлериңиздиң сүйикли газетаңыз бойынша пикир ҳәм усынысларыңызды қалдырыў, газетадағы қызықлы мақалаларды тармақ арқалы оқыў мүмкиншилигине ийе боласыз. Солай екен, газетамыздың веб-сайтына кириң, кориң ҳәм баҳа бериң, әзиз газета ықласбентлери! Р.Арзиев Арнаўлы хабаршымыз
Any ëè÷íîñòü can download instagram videos after natively reading this article
Any ëè÷íîñòü can download instagram videos after guilelessly reading this article
Any person can download instagram videos after natively reading this article
Any person can download instagram videos after natively reading this article
Защитите свои права и имущество при банкротстве! ??? Юридическая помощь в Краснодаре для успешной процедуры.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары. Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001