Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана Жума, 19.04.2024, 02:49
Хош келипсиз Гость | RSS
Сайт мазмуны

Мини-чат

Бизиң сораўлар
Сайтымызға баҳа бериң
Барлық жуўаплар: 44

Статистика

Онлайнда: 1
Мийманлар: 1
Пaйдаланыўшылар: 0

Кириў усылы

Главная » 2012 » Январь » 4 » ҚУРЫЛЫС
09:46
ҚУРЫЛЫС
ЖАҢА ТЕХНОЛОГИЯ ТИЙКАРЫНДА
Елимиз экономикасында қурылыс санааты ең перспективалы ҳәм жедел раўажланып атырған тармақлардың бири болып, оны еле де беккемлеп барыў мәмлекетимиз санаатын раўажландырыў стратегиясының әҳмийетли қурам бөлеги болып есапланады. Себеби, Елбасшымыздың тиккелей басшылығында ғәрезсизликтен кейинги жылларда қурылыс инфрадүзилмесин раўажландырыў, жаңа бөгили жойбарлар тийкарында турақ жайлар, билимлендириў, медицина мәкемелери ҳәм басқа да бир қатар социаллық объектлерди қурып иске түсириў жумысларына, буннан тысқары онда пайдаланылатуғын қурылыс материалларын ислеп шығаратуғын өндирислик кәрханалардың жумысларын жетилистириўге айрықша итибар қаратылып келинбекте. Усының менен биргеликте сырт еллер менен шериклик байланыслар тийкарында өндирислик кәрханалардың ислеп шығарып атырған өнимлериниң сапа дәрежесин, ишки ҳәм сыртқы базарларда бәсекиге шыдамлылығын арттырыў мақсетинде жаңа заманагөй технологиялардан кеңнен пайдаланыў ислерине де 6лкен дыққат берилмекте.
Ҳәзирги күнде бундай ис-илажлар нәтийжесинде республикамызда бүгинги дәўир талаплары дәрежесиндеги қурылыс материалларын ислеп шығаратуғын өндирислик кәрханалардың жумыслары бир қанша жетилистирилди. Усындай кәрханалар қатарында пайтахтымыздағы «ККРАСИ БЕТОН» жуўапкершилиги шекленген жәмийети тәрепинен де кең көлемдеги қурылыс материалларын ислеп шығарыў ислери жолға қойылмақта. Кәрханада усы жылдың май айында Ташкент қаласының «Sifat Kafolati Sertifikati» ЖШЖниң сертификатластырыў органы қәнигелери тәрепинен сертификатластырыў аудити өткерилип, кәрханада енгизилген сапаны басқарыў системасы халықаралық стандарт талапларына жуўап беретуғынлығы анықланып, арнаўлы халықаралық сертификатқа ийе болған еди.
Жақында кәрхана жәмәәти аймақлық инвестициялық бағдарлама тийкарында қурылыс ислери ушын зәрүр болған мате¬р¬иаллар ислеп шығаратуғын және бир өндирис тармағын иске түсирди. Яғный «Ҳамкорбанк»тың Қарақалпақстан Республикалық филиа¬лының 225 мың АҚШ долларлық кредити есабынан көшелердеги пиядалар ушын арналған жолларға төселетуғын бетон қапламалар (плиталар), ҳәр түрли формадағы заманагөй гербишлер ислеп шығарыў ислери жолға қойылды.
- Бул жаңа өндирис тармағының иске түсирилиўи менен республикамыздың барлық қала ҳәм районларында абаданластырыў ҳәм қурылыс жумысларында пайдаланылатуғын, жылына 2,5 мың метр/куб көлеминдеги бетон плиталар, бордюрлар, ҳәр түрли гербишлер улыўма 5 түрдеги жаңа өнимлер ислеп шығарыла басланды. Усының менен кәрханамызда қосымша және 25 адам турақлы жумыс орынлары менен тәмийинленди. Ал, жаңа технологияларымыз Қытай Халық Республикасынан алып келинип, октябрь айында иске т6сирилди, - дейди кәрхана баслығы Б.Панаев.
Ҳәзирги күнде кәрханада жумыслар қызғын алып барылмақта. Хызметкерлердиң нәтийжели жумыс алып барыўлары ушын бәрше қолайлы шараятлар жаратып берилген. Ал, жаңа технология тийкарында ислеп шығарылып атырған өнимлер ушын буйыртпалар саны болса күн сайын артып бармақта...


Қ.АЖИБАЕВ,
Просмотров: 1654 | Добавил: Erkin | Рейтинг: 0.0/0
Всего комментариев: 0
Имя *:
Email *:
Код *:
Излеў

Календарь
«  Январь 2012  »
ПнВтСрЧтПтСбВс
      1
2345678
9101112131415
16171819202122
23242526272829
3031

Архив

Сыбайлас сайтлар
  • Қарақалпақстан музейи менен танысың
  • Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң веб-сайты
  • Қарақалпақстандағы оқыў орынларының бири
  • Кеўил ашар
  • Рунеттеги сайтлар
  • Қарақалпақстан жаңалықлары

  • Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары. Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
    Copyright MyCorp © 2024