Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана Шемби, 27.04.2024, 11:34
Хош келипсиз Гость | RSS
Сайт мазмуны

Мини-чат

Бизиң сораўлар
Сайтымызға баҳа бериң
Барлық жуўаплар: 44

Статистика

Онлайнда: 1
Мийманлар: 1
Пaйдаланыўшылар: 0

Кириў усылы

Главная » 2012 » Январь » 4 » КҮННИҢ ЖАҢАЛЫҒЫ
09:30
КҮННИҢ ЖАҢАЛЫҒЫ
ДЕНСАЎЛЫҚТЫ САҚЛАЎ ТАРАЎЫНА ЖАҢА ҮСКЕНЕЛЕР

Глобал ықлым өзгерисиниң әллеқашан-ақ дәўиримиздиң ең әҳмийетли машқаласына айланғаны сыр емес. Атап айтқанда, ҳәзирги ўақытта мәмлекетимизде ҳаўаның орташа температурасы жер жүзиндеги нормал температураға салыстырғанда 2 еседен зыятқа көтерилген. Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Гидрометеорология хызмети орайының болжаўларына қарағанда, 2050-жылға барып, орташа жыллық температура Цельсий шкаласы бойынша 2-2,5 градусқа артады. Бир сөз бенен айтқанда, мәмлекетимиз ықлымының өзине тәнлиги жоғалып, қолайсыз ҳаўа райы шараяты жийи бақланатуғын болады. Мәселен, ҳаўаның орташа температурасы 40 градустан жоқары болған күнлерди саны көбейип, Ташкент қаласының ықлымы елимиздиң ең қубласында жайласқан Сурхандәрья Ўәлаятының ықлымына уқсап ысып кетеди.
Жүрек-қан тамырлары, дем алыў ағзалары кеселликлери менен аўырыўшылық ҳәм өлимшилик, аллергиялық, руўхый, ҳәр қыйлы жуқпалы кеселликлер, диарея, зәҳәрлениў, травматизм, азық-аўқаттың, микронутриентлердиң жетиспеўшилиги сыяқлы машқалалардың ҳаўа райы м ықлымның унамсыз тәсиринен де келип шығатуғынлығы белгили.
Дүнья жүзи бойынша дизимге алынған ерте өлимшиликтиң дерлик 5 проценти ҳаўаның патасланыўына байланыслы. Бизиң аймағымызда тез-тез жүз берип туратуғын шаңлы үргинлер де денсаўлыққа кери тәсир етеди. Ири шаң бөлекшелери жоқарғы дем алыў ағзаларына түсип, аллергия, астма, эмфизема кеселликлерин күшейтеди, көзге зыян келтиреди. 10 микроннан киши бөлекшелер оннан да тереңирек, 2,5 микроннан киши бөлекшелер болса альвеолаларға, жүрек-қан тамыр системасына шекем зыян¬лап, аўыр кеселликлерге алып келиўи мүмкин. Шаң қурамына ҳәр қыйлы зыянлы химиялық затлар да киреди. Қурғақшылықта өсиўге ийкемлескен сора, жуўсан сыяқлы жабайы шөплердиң де шаңлары самал ҳәм үргинлер менен әтирапқа тарқап, түрли аллергиялық кеселликлердиң келип шығыўына себепши болмақта.
Усындай тәсирлерди кемейтиў мақсетинде Дүнья жүзилик денсаўлықты сақлаў шөлкеминиң (ВОЗ) Европадағы регионаллық бюросы менен Германия мәмлекетиниң қоршаған орталық ҳәм тәбиятты қорғаў федерал министрлиги Шығыс Европа ҳәм Орайлық Азияның 7 мәмлекетинде ықлым өзгерислеринен денсаўлықты қорғаў жойбарын иске асырыўды қоллап-қуўатлаў ҳаққында баслама көтерген еди. Жойбардың мақсети Албания, Македония, Россия Федерациясы, Қазақстан, Қырқызстан, Тәжикстан ҳәм Өзбекстанда ықлым өзгериси ақыбетлериниң денсаўлыққа унамсыз тәсириниң алдын алыўдан ибарат. Бул жойбар Дүнья жүзилик денсаўлықты сақлаў шөлкеми (ВОЗ), Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикалары Денсаўлықты сақлаў министрликлери, Гидрометеорология хызмети орайы, Тәбиятты қорғаў бойынша мәмлекетлик комитет ҳәм елимиздеги басқа да шөлкемлердиң шериклигинде турмысқа енгизилмекте.
“Өзбекстанда ықлым өзгерислеринен денсаўлықты қорғаў” жойбары шеңберинде Ташкент ҳәм Нөкис қалаларына атмосферадағы шаңның майда бөлекшелерин изертлейтуғын, Орайлық Азияда бирден-бир болған PNS 15T-3.1/6.1 ҳәм PNS 16T-3.1/6.1 системалары орнатылған еди. Пийшемби күни Қарақалпақстан Республикасы Мәмлекетлик санитариялық-эпидемиологиялық бақлаў орайында усы системаларды таныстырыў мәресими болып өтти. Мәресимге Дүнья жүзилик денсаўлықты сақлаў шөлкеминиң Өзбекстандағы ўәкилханасының баслығы М.Тайад, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары А.Хамраев, Өзгидромет бас директорының орынбасары Б.Қадыров, республика денсаўлықты сақлаў тараўының басшылары ҳәм қәнигелери қатнас¬ты. Өзбекстан гидрометеорологиялық илим-изертлеў институтының лаборатория баслығы Б.Нышанов мәресим қатнасыўшыларына орнатылған жаңа үскенелердиң атқаратуғын хызметлери бойынша толық мағлыўмат берди.
Буннан соң мәресим қатнасыўшылары О.Халмуратов атындағы республикалық көп тармақлы медицина орайында болып, жойбар шеңберинде орайдың диагностика бөлимине инам етилген спирометр аппаратын көзден өткерди. Бөлим баслығы Р.Шербекова өкпе, бронхит, дем алыў жолларының кеселликлерин анықлайтуғын бул аппарат бойынша түсиник берди.
Мәресим даўамында бирлеспениң мәжилислер залында жыйналыс өткерилип, онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары А.Хамраев, Дүнья жүзилик денсаўлықты сақлаў шөлкеминиң Өзбекстандағы үәкилханасының баслығы М.Тайад, Өзгидромет бас директорының орынбасары Б.Қадыровлар өткерилип атырған илаждың ўҳмийети жөнинде айтып өтти. Дүнья жүзилик денсаўлықты сақлаў шөлкеминиң миллий координаторы Н.Низамутдинова слайдлар жәрдеминде жойбар шеңберинде исленген ҳәм енди исленетуғын жумыслар бойынша түсиник берди.
Мәресим соңында Қарақалпақстан Республикасы ҳүкимети ҳәм Дүнья жүзилик денсаўлықты сақлаў шөлкеми арасындағы бир қатар келисимлерге қол қойылды.

С.ЖАНИЕВ,
арнаўлы хабаршымыз.
[b]
Просмотров: 1642 | Добавил: Erkin | Рейтинг: 0.0/0
Всего комментариев: 1
1 Tika  
0
You make thnigs so clear. Thanks for taking the time!

Имя *:
Email *:
Код *:
Излеў

Календарь
«  Январь 2012  »
ПнВтСрЧтПтСбВс
      1
2345678
9101112131415
16171819202122
23242526272829
3031

Архив

Сыбайлас сайтлар
  • Қарақалпақстан музейи менен танысың
  • Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң веб-сайты
  • Қарақалпақстандағы оқыў орынларының бири
  • Кеўил ашар
  • Рунеттеги сайтлар
  • Қарақалпақстан жаңалықлары

  • Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары. Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
    Copyright MyCorp © 2024