Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана Пийшемби, 21.11.2024, 09:58
Хош келипсиз Гость | RSS
Сайт мазмуны

Мини-чат

Бизиң сораўлар
Сайтымызға баҳа бериң
Барлық жуўаплар: 46

Статистика

Онлайнда: 1
Мийманлар: 1
Пaйдаланыўшылар: 0

Кириў усылы

Главная » 2012 » Январь » 4 » СУД ЗАЛЫНАН
09:27
СУД ЗАЛЫНАН
БАЛАДА НЕ ЖАЗЫҚ БАР?!

2010-жыл 14-декабрь. Қыстың бир күни болған соң күн булынғыр тартып, “Сүўенли” каналы бойындағы сийрек өскен қамыслар ызғырыє самалдан басларын шулғысар еди.
Тандыр басындағы қәйин ене ҳәм бийкеши менен үйреншикли урыс-қағыс жанына тийген Зарипа “қапа болсаң ағын суўды жағала, тасып кетсең әўлийени арала” деген ойда ашыўын басып, өзине келиў ушын үйине 300 метр қашықлықта аққан “Сүўенли” каналының бойына қарай нәйлаж адым атады.
Үйдегилер бир-бирлерин азап-ақыретлесе иштен ынжылып, қапа болатуғын бийкеши Жупаргүлдиң төрт жасар сезимтал баласы изинен кетеди. Кишесин бала кеўли менен жақсы көргенликтен “Кет, изиңе қайт” деп бақырса қулақ аспаған. Жағыста муңайып отырса қасына келген Русланнан анасы ҳәм кемпир апасына бола өш алмақ ушын аңсыз турғанда суўға күшлеп ийтерип жибереди. Кеминде 3 метрлик тикжарлықтан каналдағы орта ағыслы суўға шалқасына жығылған бала жанайбат пенен аяғының үстине минип, “Кише-ее!”леп ышқына бақырған созылыңқы, жиңишке даўысын ҳешким еситпеген...
Зарипа суўға жығылып, тыпырлап атырған балаға көзлерин айырмай қарап, денеси “өли ағыс”та ығып батқанына бирден шоршынады. Қалай болмасын баланы қутқарып қалыў ушын үстиндеги кийимлерин шешпестен дизесине шекем муздай суў кешип, шүмип кеткен тусты қармалақлағаны менен қолына ҳеш нәрсе илинбейди. Өзин услап-тута алмаған келиншек не ислеп, не қойғанын ақырына шекем ойлап көрместен жағыста бираз отырып, малпақ-салпақ суў кийимлери менен үйине барады.
Баласы изинен канал тәрепке жуўырғанынан хабардар бийкеши Русланды сораса “Ойнап жүрген шығар...” деп гүмилжи жуўап қайтарып, “Балаңның үйге келмей қалатуғын әдети бар ма?” деп әллекимдей үн қатыпты.
Зарипа кийимлерин жуўып-ша¬йып, баланы суўға ийтерип жибергенин ҳешким көзи менен көрип, қолы менен усламағанға, “жансыз денесин уйық басса ўақыт өтиўи менен ирип-ширип, балыққа жем боларын ойлап, тегинликте сыр шашқысы келмеди.
Қыстың шөмиш кеппес, бир тутам қысқа күни батыўға мейил бериўден Русланды жойтып, тумлы-тусқа излеў салғаны менен қус алып кеткендей ушты-күйди жоқ. Зарипа болса, өзине гүман туўдырмаў ушын көзабаға қайғырғандай шырай танытты. Ертеңине бийкеши менен палкерге барса “Өзлериңизге жақын ҳаялдың қолынан жазым болған, ылай суў менен тынық суўдың шабырыспасында жатыр” деп болжам айтқанына көпшилик исенер-исенбесин билмеген. Баланың жоқлаўын асырып, канал жағалап жүрсе көк реңдеги таза галошын ҳәр жерден, көк топпысы менен ойыншығы табылған соң органға хабарлап, сүўрети көбейтилип тарқатылады. Соннан баслап Зарипаның минез-қулқы өзгерип, өзин таңқалғандай услап-тутқан. Жынайы иске қатнасы бар гүмандар адам сыпатында иркилип, сораў соралғаны менен өзине жәм жуўыртпай, жалған көрсетпелер бериўден тайынбады.
Ақырғы жуўмақта “Төрт жасар балада ала алмай жүрген не қасты бар дейсең. Урысса анасы менен енеси арасында келиспеўшилик болған. Бәлким, бала басының аўған жағына шығынып кетти ме, каналға түссе өлиги табылар” дегендей түрли тоқтамға келип, ис басы туңғыйыққа тиреледи.
Арадан алты ай өтип, 2011-жыл 5-май күни саат 16:30 лар шамасында канал жағалаған суўшылар “Қосжап” көпириниң арқа тәрепи, үйине 1400 метрдей қашықлықтағы канал ишинен жас баланың аяғы шығып атырғанын участка инспекторына хабарлайды. Нешше айлап суўда жатырған баланың жансыз денеси ирип-ширип кеткенине қарамастан әке-шешеси танып алған...
***
Адам тәбияты жүдә қызық болғаны ушын тастан қатты, гүлден нәзик деп теңеў теңеймиз. Турмыста жеке-сийрек ушырасқан жаўызлықтың келип шығыў себеплери жүдә әпиўайы...
Судланыўшы Зарипа Артықова 2008-жылы “Қосжап” аўыл пуқаралар жыйыны аймағында жасаўшы Сайлаўбай исмли жигитке турмысқа шығып, бир балалы болған.
Ҳәркимниң өзине ылайық қуўаныш-тәшўишлери бар. Келин болып түскен жери қәйин атасы, енеси, өз күйеўи менен баласы, қәйниси менен бийкешиниң еки баласы ҳәм күйеўи, қулласы, үш шаңарақ ағзалары бир дастурханнан нан жеп, бир қазаннан ас ишкен үлкен үй еди. Ошақ басында шайнек қағыспай турмайды. Қәйин енеси Рысбийке ҳәм бийкеши Жупаргүл менен тил табыса алмай оты өре жанбаған. 14-декабрь күни енеси қызы Жупаргүлдиң баласы Русланға аўылдағы дүканнан күк реңли галош сатып әкелсе ки¬йиўге жарамсыз, ултаны тесик шығады. Зарипа ойын-шыны аралас “Ақлығыңыз әбдисаттарға да аяқ кийим қосып алсаңыз болады-ғо!” деп өкпесин билдирген. Әттең, сонша ул-қызды туўып камалға келтирген ана, қәйин енеси “Ақшам азлаў еди, ендиги сапары сатып әперемен” дегендей жақсы сөзин айтыўдың орнына “Сен жинлиниң баласына аяқ кийим неге керек?” деп сөз басласа қызы Жупаргүл хошлап, тырнап сөйлеўден басқаны билмейди.
Дүканнан ултаны тесик галошты алмастырып айтыў ушын кеткен енесиниң изинен барып, дүканшыдан галошты нақ пулға ямаса қарызға алды ма деп сорастырады. “Кийимниң жақсысын балаға кийгизип қуўант” дегендей, кемпир апасының алмастырып әкелген галошы аяғына үлкенлигине қарамастан кийип алған Русланның ўақты болса хош еди.
Енеси менен бийкешиниң зәҳәрли сөзлерин ишине жутып елес¬тирмеўге тырысқан Зарипа қамыр ийлеп, тандырға от жағып, араларында ҳеш нәрсе болмағандай бирге нан жабады. Сәл нәрсениң үстинде және енеси ҳәм бийкеши менен илинисип қалғандағы еситкен намысына тийетуғын жаман сөзлер кеўлин қабартты. Шарасыз қалған Зарипа иштеги дебдиўин шығармақ ушын канал бо¬йына барғандағы болып жүрген саўда ғой...
***
Каналдан өли дене табылғаннан кейин даўам еткен тергеўде бийгүна нәрестениң ҳақ қаны тутып, “Кишелеп” бақырған даўысы қулағында жаңлап, қолларын суўда сермелеклеп атырғанлары көз алдынан кетпеген келиншек ҳүждан азабына шыдамай, ислеген қылмысын мойнына толық алады.
Суд мәжилисинде Русланның өлими дем алыў жолларының суйықлыққа (суў) толғаны ақыбетинен болып, денесинде басқа жарақат излери анықланбағаны. Айыпланыўшы Зарипа Артықованың руўхый кеселликлерге шалынбай, мәжбүрий даўаланыўға мүтәж емеслиги, ис-ҳәрекетлерине толық жуўап бере алары, жынаятты ислеген ўақытта күшли физиологиялық өзгерислерге ушырамаған ҳалатларын психотерапиялық экс¬пертиза көрсетип берген.
Суд мәжилисинде судланыўшы менен қалыс гүўалар, мәмлекетлик айыплаўшы ҳәм айыпкердиң қорғаўшысы, ис бойынша жаңадан топланған дәлиллер салыстырмалы үйренип шығылып, З.Артықова Өзбекстан Республикасы Жынаят Кодексиндеги тийисли бәнтлер менен узақ жылларға бас бостанлығынан айырыўға ҳүким етилип, суд залынан қамаққа алынды.
Жынаятшы жазасыз қалмасы анық. “Шығасыға ийеси себепши” дегендей, ийни келгенде тәреплерге айтажақ сөзлеримиз баршылық. “Қоңсым аман, мен аман” деген жақсы нийетте бир аўылда жасағанлар ошақ басында берекет қашқан бундай шаңарақларды өз қәўендерлигине алған қоңсы-қобалар менен аўыл-елдеги жасы үлкенлер қайда қарады, деген орынлы сораў туўылады.
ӨЗ гезегинде ақыл пуқаралар жыйыны ақсақалы ҳәм мәсләҳәтшилери оларды өз ҳалына таслап, немқурайдылыққа берилгени себепли жәрдем қолларын созбаған. Кең жәмийетшилигимиздиң ҳуқықый саўатлылығы менен мәдениятын арттырып, өзлери ҳәм жақын дөгеректеги адамларды жақыннан танып-билсе, бир-бирлерине ес, арқа сүйеп жасаса ғана бундай аўыр жынаятлар жүз бермес еди...

М.ТИЛЕЎМУРАТОВ,
Қанлыкөл районы прокуроры, әдиллик киши кеңесшиси.
[/b]Н.МӘМБЕДУЛЛАЕВ,
Қарақалпақстан Республикасы Прокуратурасы жынаятларды тергеў бөлиминиң айрықша ислер бойынша аға тергеўшиси, II дәрежели юрист.
[b][b]
Просмотров: 1893 | Добавил: Erkin | Рейтинг: 0.0/0
Всего комментариев: 0
Имя *:
Email *:
Код *:
Излеў

Календарь
«  Январь 2012  »
ПнВтСрЧтПтСбВс
      1
2345678
9101112131415
16171819202122
23242526272829
3031

Архив

Сыбайлас сайтлар
  • Қарақалпақстан музейи менен танысың
  • Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң веб-сайты
  • Қарақалпақстандағы оқыў орынларының бири
  • Кеўил ашар
  • Рунеттеги сайтлар
  • Қарақалпақстан жаңалықлары

  • Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары. Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
    Copyright MyCorp © 2024