Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана Жума, 29.03.2024, 18:02
Хош келипсиз Гость | RSS
Сайт мазмуны

Мини-чат

Бизиң сораўлар
Сайтымызға баҳа бериң
Барлық жуўаплар: 44

Статистика

Онлайнда: 1
Мийманлар: 1
Пaйдаланыўшылар: 0

Кириў усылы

Главная » 2012 » Январь » 20 » ӨТМИШСИЗ КЕЛЕШЕК ЖОҚ
23:40
ӨТМИШСИЗ КЕЛЕШЕК ЖОҚ
ШЫМБАЙ ҚАЛАСЫНДА САЎДА ҲӘМ ИСБИЛЕРМЕНЛИК ТАРИЙХЫНАН
Тарийхтан мәлим, Шымбай аймағы узақ ҳәм бай тарийхты өзинде жәмлеген. Бул жердиң халқы дийқаншылық, шарўашылық, өнерментшилик пенен шуғылланыў менен бирге, саўда ислеринде де белгили болған.
XVIII әсирде Шахтемир, яғный, ҳәзирги Шымбай қаласында болған Гладышев ҳәм Муравинлер қарақалпақлар Хийўа, Бухара ҳәм Арал ийеликлеринде саўда жүргизеди. Басқа қалаларға да барып мал ҳәм аң терилери менен де саўда ислейди деп көрсетеди. Нәтийжеде Шахтемир қаласы XVIII әсирдиң биринши ярымында сиясий ҳәм саўда байланысы жағынан еле де әҳмийети күшейип, Әмиўдәрьяның оң жағалығындағы сиясий-административлик, саўда-өнерментшилик, мәдений орайына айланады.
Қалада Хийўа ханлығында Хийўадан кейинги, үлкенлиги жағынан екинши орында туратуғын, базар күнлери он мыңға шекем адам жыйналатуғын базар болған. Үлкемиздеги басқа базарларға салыс¬тырғанда бул базар байлығы, сырттан келетуғын саўда кәрўанлары менен көзге түскен. Оған Хийўа, Бухара, Башқурт, Татар, Қазақ далаларынан ҳәм тағы басқа жерлерден келип саўдагерлер саўда ислеген. Бул жағдай қалада кәрўансарайлар менен дүканлардың көплеп қурылыўына себеп болды. Шымбай Хийўа ханлығындағы ең баслы пунктлер менен суў жолы арқалы байланыслы болды. Сонлықтан да, қала тез кеңейип қарақалпақлар, қазақлар, өзбеклер ҳәм басқалар ушын қызғын саўда ислеў орайына айланды.
Тарийхый дәреклерде “Кегейли - бул Шымбайдың өмир артериясы, ол Әмиўдәрья суўы арқалы, жоқарыда жайласқан басқа елатлы пунктлер менен байланыстырыўшы ең баслы жол” деп көрсетиледи. “Илгери заманларда исбилерменлик, бәлки, басқаша атамалар менен аталған болыўы мүмкин. Бирақ, қандай атама менен аталмасын - оның атамасын саўдагер яки дүканшы дей ме, өнермент уста яки бөлип алып ислеўши дей ме, үлкен-киши кәрхана ийеси дей ме, буған қарамастан, бабаларымыз әйне сол тараў есабынан руўзыгершилик етип өз шаңарағын, ел-журт мәпин тәмийинлеп келген” деген еди Президентимиз.
XIX әсирге келип қаладағы үлкен базарда 150 саўда орны, кәрўансарай, нанбайханалар менен көплеген шайханалар болған. ХХ әсир басларында Шымбай өзиниң жоңышқа туқымы менен бирге сазан, сүўен, бекире балықларын Америка Қурама Штатларына ҳәм Германия базарларына жиберип турған. Сол дәўирде Шымбайда Батыс Европаның ири саўда фирмалары менен байланыслы бирқанша алып-сатар, таярлаўшылардың болғаны мәлим. Бул жағдай қала халқының кем-кемнен көбейип барыўына, әтираптағы қоңсы халықлар менен байланыстың өсип барыўына мүмкиншилик жаратып берди. Егер бул жерден басқа орайлық қалаларға барып саўда ислеўшилердиң саны артып барған болса, екиншиден, басқа орынлардан Шымбайға келип саўда-сатық ислеўши саўдагерлердиң саны күннен-күнге көбейип, өз гезегинде бул қала ҳәм оның әтирапының ҳәр тәреплеме раўажланып барыўына тийкар болады.
Саўдагерлердиң халқымыз турмысында тутқан орнын профессор Қ.Айымбетовтың жазыўынша, Оренбург тәрепинен суў жолы менен Ақ бөгет, Тоғыз төре арқалы, кәрўан жолы менен Сүннетбай, Қыдырбай деген қазақ байлары әмелге асырған. Екинши тәрептен Хийўа, Үргеништен кавказлы Ағабий серкеш, Яхшымбай, Халмурат бай Хийўа, Үргеништен шапан, етик, жипек товарлар менен дүканларды толтырған. Ағабий серкеш қаладан үлкен сарай салған.
1912-1913-жыллары Әмиўдәрья бөлиминде саўда менен 2292 адам шуғылланып, олардың 910 ының өзлериниң жеке дүканлары болып, өз бетинше саўда жүргизген. Олардың улыўма товар айланысы усы жыллары 2,5 миллион сумға жеткен, ал, 1917-жылы 5,3 миллион сумнан асып кеткен. Дийқаншылық ҳәм шарўашылық өнимлери сыртқы базарларға да шығарылған. Онда жергиликли саўдагерлерден Убайдулла Камалов, Шынықул Халлеков, Халмурат Хожамбергенов ҳәм басқалардың атлары кеңнен белгили болған. Олар тек азық-аўқат затлары емес, ал, гезлеме, пахта ҳәм басқа да товарлар менен саўда ислеген. У.Камалов ҳәм тағы басқалар Оренбург ҳәм басқа қалалардағы саўдагерлер және фирмалар менен тығыз байланыста болған. Ал, аўыл хожалық өнимлерин сатып алыў ҳәм қайта сатыў менен Асқарбай Ахмедов, Ережеп Тәжиқулов, Баймуҳаммед Үсенов, Ерман Қалжанов ҳәм басқа да сатыўшылардың исмлери дәреклерде ушырасады.
1912-1913-жылғы изертлеў материаллары бойынша Шымбай районында улыўма өнерментшилик ҳәм ҳәрқыйлы мийнетлер менен барлығы болып 9768 адам, ал, халықтың көпшилик бөлеги аўыл хожалығында жалланба мийнет, саўда менен шуғылланған.
Өз дәўириниң саўатлы ҳәм белгили адамлары болған Асқар бай, Халмурат бай, Сейтназар ҳажы, Юсуп қандилет ҳәм басқалар өз ийеликлерин санаат кәрханалары, ең баслысы, пахта тазалаў заводларын салып, дийқаншылық ҳәм саўданы бирликте атқарған. Сонлықтан, саўдагерлердиң үлкемизде дәслепки санаат кәрханаларының пайда болыўында үлеси үлкен болған. Усының нәтийжесинде халық турмысында ҳәрқыйлы өзгерислер менен бирге жаңа санаат кәрханаларының пайда болыўына алып келди. Бул Шымбай базарының ҳәттеки өз өнимлерин халықаралық базарға шығарыўына мүмкиншилик туўдырды.
Усындай байлықлардың нәтийжесинде XIX әсирдиң ақырында қалада санаат кәрханалары пайда бола баслады. Ванюшинлердиң тери заводы, кейин ала май заводы пайда болды. ХХ әсирдиң басында пахта ҳәм жоңышқа туқымының әҳмийети күшейип, жергиликли байлар пахта тазалаў заводларын салып пайдаланып барды. Биринши пахта тазалаў заводы Шымбай қаласында ХХ әсирдиң басында пайда болды. 1912-жылы жүргизилген изертлеў жумысларының жуўмағы бойынша Шымбай қаласында 4, ал, 1925-жылы 6 пахта тазалаў заводы болған. Олардың ийе¬лери ретинде Мәтнияз бай, Афанас армян, Юсуп ҳәм Қудайназар қандилет, Мамыт сарраш, Ағабий ҳәм Қурамбай черкез, Палўан Нуров, Аманиязов, Турдыбаевлардың атлары белгили.
Қарақалпақстанда пахтадан тысқары әҳмийетли товарлы егин жоңышқа болды. Қарақалпақ жоңышқасының туқымы тек Россия¬да ғана емес, ал, халықаралық базарда да әҳмийетли орын тутты. Оны Латын Америкасы ҳәм Европа еллерине экспортқа шығарыў арқалы Қарақалпақстанды дүнья таныды десек алжаспаймыз. Жоңышқа туқымды баслы экспорт жасаўшылар Россия-Азия банки, “Ағайинли Крафтлар”, “Диршмит”, “Стукен” ҳәм басқа да фирмалар болды. 1913-жылы Хорезм оазисинде бирден-бир экс¬портқа өним шығарыўшы Шымбай жоңышқа туқым тазалаў заводы иске түсти. Газета бетлеринде жәрияланған мағлыўматларға қарағанда, Қарақалпақстан 1940-жыллары жоңышқа туқымы экспортынан дүньяда Америкадан кейинги екинши орынды ийелегенлиги мәлим болады.
Сол дәўирлерде Шымбайда 89 санаат мәкемеси, 51 май жуўаз ҳәм ун қараз, 36 бояўшы, 1 тери ийлеўши, 1 гүлал мәкемеси болған. Булардың көпшилиги байлардың қолында болып, қосымша адам көшинен пайдаланған. Сондай-ақ, айырым нанбайлар да байып, өзи саўда менен шуғылланып, нанбайханасын адамларға ижараға берип пайдаланған. Буннан тысқары, халықтың териге болған талабын жергиликли усталардан басқа Асқарбай, Толыбай бай ҳәм басқа да саўдагерлер қанаатландырып, Оренбургтан таяр өнимлерге алмастырып әкелип берип турған. Ҳәттеки, Шымбай саўдагерлериниң бириниң Москвада склады болған. Бизиң пикиримизше, бул Лепес бай болыўы мүмкин.
Қаланың және бир өзгешелиги, қала турғынлары ҳәм оның әтирапындағылар өнерментшилик ҳәм саўда менен биргеликте аўыл хожалығы менен де шуғылланған. Мәселен, 1915-1916-жылларға тийисли мағлыўматларға қарағанда, Шымбай қаласында 10 мың манаттан 20 мың манатқа шекем болған 22 саўдагер, 2 мыңнан 5 мың манатқа шекем пулы болған 90 саўдагер саўда жүргизди. Олар тек саўда менен шекленбестен, бирнеше жүзлеген гектар егислик жерлердиң, бирқанша жүзлеген бас жылқы, сы¬йыр, өгиз, қой-ешкилердиң ийеси болған.
Саўда менен шуғылланыўшы исбилерменлердиң қайыр-сақаўаты ҳаққында академик С.Камаловтың жазыўынша, 1911-1912-жыллары Қарақалпақстанда зүрәәт болмай қалып, 1911-жылдан 1912-жылға қараған қыста елде ашаршылық басланады. Халықтың көпшилиги көк егиске жете алмай аштан қырылыў жағдайына түседи. Патша ҳүкимети халыққа сатыў ушын Қарақалпақстанға 1912-жылдың басында ун, бийдай жибереди. Бирақ, оны сатып алыў ушын халықтың көпшилигинде мүмкиншилик болмайды. Сонлықтан, елдиң сол заманлардағы белгили Ибрайым Мәткаримов, Халмурат Хожамбергенов, Шынықул Халлеков, Убайдулла Камалов усаған адамларына қарызға берген. Егер де олар сол ашаршылық ўақытта халықты қарыздар қылса да, оларға усындай жәрдем көрсетпегенде, бәлким, көп адамлар аштан қырылып қалған болар еди. Соның ушын, ол байлардың бул ислеген ислерин халқына қайыр-сақаўатлы ғамқорлығы деп те баҳалаў керек. Бирақ, ҳәрқандай қы¬йыншылықларға қарамастан халқымыздың арасынан шыққан усындай қайыр-сақаўатлы, өзиниң исбилерменлиги менен тапқан байлықларынан халқының абадан турмысы ушын жумсап турған инсанлар ҳаққында жетерли үйренилмей киятыр. Сонлықтан да, усындай инсанлар ҳаққында ҳәртәреплеме илимий изертлеў жумысларын жүргизип, оның нәтийжелерин халқымыз арасына үгит-нәсият етип барсақ, келешек әўладты тәрбиялаў менен бирге халқымыз тарийхының жаңа бетлерин ашыўға үлес қосып барған боламыз.
Президентимиз И.Кәримов “Тәкирар және тәкирар айтыўды қәлер едим: киши бизнес ҳәм жеке исбилерменлик – жәмийетимизди, бүгинги ҳәм келешектеги раўажланыўымыз, пәраўан турмысымыздың беккем таянышы болыўы шәрт” деп көрсеткен еди.
Сонлықтан да, “Киши бизнес ҳәм исбилерменлик жылы”нда бул бағдарда ислениўи тийис болған илажлар менен бир қатарда оның тарийхына да нәзер таслаў, бүгинги жас әўладтың келешектеги тәрбиясына өзиниң унамлы тәсирлерин тийгизиўи сөзсиз.

А.ҚУДИЯРОВ,
ҚМУдың Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан тарийхы кафедрасы доценти.

М.РӘМЕТУЛЛАЕВ,
ҚМУдың гуманитар факультети студенти.

[b]
Просмотров: 1960 | Добавил: Erkin | Рейтинг: 0.0/0
Всего комментариев: 0
Имя *:
Email *:
Код *:
Излеў

Календарь
«  Январь 2012  »
ПнВтСрЧтПтСбВс
      1
2345678
9101112131415
16171819202122
23242526272829
3031

Архив

Сыбайлас сайтлар
  • Қарақалпақстан музейи менен танысың
  • Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң веб-сайты
  • Қарақалпақстандағы оқыў орынларының бири
  • Кеўил ашар
  • Рунеттеги сайтлар
  • Қарақалпақстан жаңалықлары

  • Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары. Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
    Copyright MyCorp © 2024