Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана Шемби, 21.12.2024, 17:25
Хош келипсиз Гость | RSS
Сайт мазмуны

Мини-чат

Бизиң сораўлар
Сайтымызға баҳа бериң
Барлық жуўаплар: 46

Статистика

Онлайнда: 1
Мийманлар: 1
Пaйдаланыўшылар: 0

Кириў усылы

Главная » 2011 » Август » 17
Елимиз өз ғәрезсизлигине ерискеннен кейин республикамызда халық хожалығының барлық тараўларында түпкиликли реформалар әмелге асырылып, ҳәр тәреплеме раўажланыўлар жүз бермекте. Өткен қысқа дәўир ишинде ерискен жетискенликлеримиз, халқымыздың пәраўан ҳәм абадан турмысын тәмийинлеў бағдарында алып барылып атырған илажлар бәршемиздиң қәлбимизде үлкен мақтаныш сезимлерин пайда етпекте.

Пүткил дүнья жүзи еллери ишинде өзиниң салмақлы орнына ийе болған ана Ўатанымыздың айдын келешеги ушын елимиздиң ҳәр бир пуқарасы пидайылық пенен мийнет етип атырғанлығының нәтийжесинде бүгинги, бәршемиз ушын ең уллы ҳәм муқаддес болған — Ғәрезсизлигимиздиң 20 жыллық байрамы қарсаңында турып мақтаныш ететуғын тәреплеримиз көп. Усындай ийгиликли ислерди әмелге асырыўда беккем аўызбиршилик пенен жигерли мийнет етип атырған Нөкис р ... Даўамын оқыў...
Просмотров: 1212 | Добавил: Erkin | Дата: 17.08.2011 | Комментарии (0)

Республикамыздың район ҳәм қалаларында мәмлекетимиз ғәрезсизлигиниң 20 жыллығы байрамы белгиленетуғын сәне жақынласқан сайын көтериңки руўхта байрамлаў ушын таярлықлар қызғын түс алмақта. Энергетиклер қаласы есапланған бизиң қаламызда байрамды ылайықлы ҳәм салтанатлы белгилеўге халқымыздың көтериңки кейпиятын тәмийинлеў ушын барлық илажлар көрилип атыр. Аймақларда абаданластырыў, көклемзарластырыў, коммуналлық хызметлер көрсетиўдиң сапасын жақсылаў, социаллық инфраструктураны раўажландырыў, шөлкемлестириў, кәрханалар, хызмет көрсетиў ҳәм сервис хызмети шақапшаларын иске түсириў, кем тәмийинленген шаңарақлардан хабар алыў ҳәм басқа да бир қатар жумыслар әмелге асырылмақта. Байрам алдынан қалада әмелге асырылатуғын ис-илажлардың тийкарында 55 күнлик бағдарлама ислеп шығылды. Бағдарламада би ... Даўамын оқыў...
Просмотров: 1215 | Добавил: Erkin | Дата: 17.08.2011 | Комментарии (0)

Елимиз ғәрезсизлигиниң 20 жыллық байрамын Арал бойы жағалаўындағы Мойнақ районы халқы мийнетте ылайықлы күтип алыў ушын қызғын таярлықлар көрмекте. бүгинги күнде районымызда 3 аўыл хожалығы ширкети, 23 фермер хожалығы, 2 хожалықлар аралық машина-трактор парки, 2 суў тутыныўшылар бирлеспеси жумыс алып барады. Соның менен қатар, 2 емлеўхана, 1 районлық поликлиника, 9 аўыллық-шыпакерлик пункти, 6 фельдшер-акушерлик пункти халыққа медициналық хызмет көрсетеди. Халық билимлендириў тараўында 16 улыўма билим беретуғын мектеп, санаат-транспорт ҳәм турмыс хызметин көрсетиў кәсип-өнер колледжлери, мектепке шекемги 7 балалар бақшасы, жас өспиримлер спорт ҳәм балалар көркем өнер-музыка мектеплери келешегимиз болған жасларға тәлим-тәрбия берип атыр.

Ислеп шыға ... Даўамын оқыў...
Просмотров: 1746 | Добавил: Erkin | Дата: 17.08.2011 | Комментарии (0)

Төрткүл тарийхы әййемги Шорахан қаласына, бүгини жарқын келешекке тутасқан тек Қарақалпақстанда ғана емес, бәлки, пүткил мәмлекетимизде өзине сай орны ҳәм абырайына ийе елат. Ҳәзирги Төрткүл қаласы (Петро-Александровск) 1873-жылы қурылған болса, район болып 1927-жылы шөлкемлестирилген. Ийелеген жер майданы 7,5 мың квадрат километр, халқының саны 178,3 мың адамды қурайды. Район аймағы Әмиўдәрьяның оң жағасында жайласқан.

Мәденияты раўажланған, дийқаншылық академиясы жаратылған, уллы алымлар ҳәм дөретиўши инсанлар дүньяға келген бул ҳасыл топырақтың бүгинги абат көринисинде әжайып инсанлардың ийгиликли арзыў-әрманларын көремиз. Fәрезсизлик төрткүллилерге және де ғайрат пенен мийнет етип, елди көркейтиў, дөретиўшилик пенен жасаў имканиятын берди. Әсиресе, жыллар атамасына байла ... Даўамын оқыў...

Просмотров: 1680 | Добавил: Erkin | Дата: 17.08.2011 | Комментарии (0)

Әййемги бес қаланың бири болған Хожели бир дәўирлерде үстинен "Уллы Жипек жолы” кәрўан тартқан қала болғанлығы менен де даңқлы. Ол тарийхый-мәдений естеликлерге бай қала. Сырт елли саяхатшылардың бул қутлы мәканға табаны тийер болса, алды менен районымыздың батыс аймағында жайласқан, ашық дала музейи есапланатуғын Гәўир қаланы, ондағы әжайып Назлумхан сулыў мавзолейин таңқалыўшылық сезимлери менен тамашалайды.

Өтип атырған ҳәр бир күн бизди ең уллы ҳәм муқаддес байрамымыз болған Өзбекстан Республикасы Fәрезсизлигиниң 20 жыллық байрамына жақынластырып, кеўиллеримизге көтериңки кейип инам етпекте. Бул байрамға пуқта таярлық көриў ҳәм оны жоқары дәрежеде өткериў бойынша район ҳәкимлигиниң усы жылдың 18-апрелинде 198/4 санлы қарары қабыл етилди ҳәм комиссия қурамы тастыйықланды. ... Даўамын оқыў...
Просмотров: 2021 | Добавил: Erkin | Дата: 17.08.2011 | Комментарии (0)

Ҳәзир мәмлекетимиздиң барлық орынларында халқымыз Ўатанымыз ғәрезсизлигиниң 20 жыллық қутлы сәнесин байрамлаўға үлкен таярлықлар көрмекте. Ҳақыйқатында да, бәршемиз ушын ең уллы, ең әзиз болған бул байрам қарсаңында өткен дәўир ишинде басып өткен қыйын жолымызға және бир нәзер таслап, ғәрезсиз раўажланыў барысында әмелге асырылған ислеримиз, ерискен нәтийжелеримизди қалыс баҳалаўдың сабақ боларлық тәреплери өз алдына деп ойлайман.

Fәрезсизлик жылларында районымыз халқы әсирлер даўамында жетисе алмаған көрсеткишлерге еристи. Халқымыздың турмыс дәрежесин асырыў бағдарында исленген илажлар бүгинги күнге келип өз нәтийжелерин берип атыр. Адамлар санасында келешекке беккем исеним орнаўы, фермерлер ҳәрекетиниң ҳәўиж алыўы, оның бүгинги нәтийжелери, сервис ҳәм хызмет ... Даўамын оқыў...

Просмотров: 2237 | Добавил: Erkin | Дата: 17.08.2011 | Комментарии (0)

Излеў

Календарь
«  Август 2011  »
ПнВтСрЧтПтСбВс
1234567
891011121314
15161718192021
22232425262728
293031

Архив

Сыбайлас сайтлар
  • Қарақалпақстан музейи менен танысың
  • Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң веб-сайты
  • Қарақалпақстандағы оқыў орынларының бири
  • Кеўил ашар
  • Рунеттеги сайтлар
  • Қарақалпақстан жаңалықлары

  • Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары. Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
    Copyright MyCorp © 2024