Мине өтип атырған ҳәр бир күн халқымызды Өзбекстан республикасы ғәрезсизлигиниң 20 жыллық байрамына жақынластырмақта. ғәрезсизлик шарапаты менен елимиз бурын көрилмеген дәрежеде тез пәт пенен раўажланып, ишки ҳәм сыртқы сиясатта үлкен табысларды қолға киргизди.
Халқымыздың турмыс дәрежесин көтериў бағдарында исленген илажлар бүгинги күнге келип өз нәтийжелерин берип атыр.
Ғәрезсизлик жылларында ерисилген табыслар ҳаққында сөз еткенде, биз оларға бәринен бурын экономиканың раўажланыўы, оның өсиў пәтлеринен келип шығып баҳа бергенимиз мақул. Бул бағдардағы жумысларымызды мысаллар арқалы келтиретуғын болсақ, район бойынша мәмлекетке пахта, бийдай тапсырыў режеси соңғы жыллары ҳәр жыл сайын орынланып атырғанын, киши бизнести қоллап-қуўатлаў нәтийжесинде оның санаат өнимлерин
... Даўамын оқыў...
Өзбекстан Республикасы мәмлекетлик ғәрезсизлигиниң қолға киргизилген уллы тарийхый сәне 1-сентябрь — халқ ымыздың жәмийетлик-сиясий, руўхый турмысында айрық ша орын тутатуғын, ҳәр жылы ең уллы, ең әзиз байрам сыпатында үлкен қуўаныш ҳәм салтанат пенен белгиленетуғын қутлы әййям. Усы байрамның быйыл белгиленетуғын жигирма жыллық даңқлы сәнесин көтериңкилик пенен күтип алыўға елимиздиң басқа орынларындағы сыяқлы Қоңырат районында да қызғын таярлықлар көрилмекте.
Дүзилгенине дерлик 85 жыл болған Қоңырат Қарақалпақстанның социал-экономикалық турмысында гиреўли орын тутқан районлардың бири болып, ол республикамыздың арқа-батысында жайласқан. Районның батыс тәрепин ийелеп жатырға
... Даўамын оқыў...
Өзбекстан Республикасы Ғәрезсизликке ерискен 20 жыл ишинде әсирлерге татырлық жаңаланыў жолларын басып өтти. Елимиз турмысының қайсы бир бағдарын алып қарасақта таңқаларлық жаңаланыўлардың болып атырғанының гүўасы боламыз. Елимиздиң социаллық-экономикалық жақтан пүткиллей жаңа бағдар алыўы менен бирқатарда халқымыздың сана-сезиминде руўхый-идеологиялық пәклениў қәлиплесип, жаңаша көзқарастың пайда болыўы, келешекке үлкен исенимлер менен қәдем атыўы нәтийжесинде үлкен демократиялық реформалар турмысқа асырылмақта.
Бир сөз бенен айтқанда, ғәрезсизлик жылларында Өзбекстан мәмлекет сыпатында жарқын келешекке батыл қәдем таслап баратырған ғәрезсиз ел сыпатында өзин дүньяға танытыўға үлгерди. Нәтийжеде дүнья еллери бизди ҳәр тәреплеме өз келешегине ийе мәмлекет сыпатында тән алма
... Даўамын оқыў...
Быйылғы жылы Ана-Ўатанымыз тарийхына алтын ҳәриплер менен жазылатуғын уллы сәне - елимиз ғәрезсизлигине 20 жыл толады.
Районымызда аўыллардың социаллық инфраструктурасын жақсылаў, халықты тәбийғый газ, электр энергиясы, таза ишимлик суў менен тәмийинлеў, медициналық ҳәм халыққа турмыс жағынан хызмет көрсетиў, мектеплер, колледжлер қурылысын жеделлестириў бағдарында да бир қатар итибарлы жумыслар исленди.
Фермер хожалықларының материаллық-техникалық базасын беккемлеў бағдарында лизингке техникалар алыў ушын 86,6 миллион сум аванс қаржылары төленип, шәртнамалары тийкарында 2 дана "ТТЗ-80” маркалы трактор, 11 дана қос қатар сеялка, 2 дана плуг алып келинди. Бүгинги күнге 336,2 гектар майданға овощ, 701,4 гектарға палыз егинлери, 224 гектар майданға картошка, сондай-ақ, 29 гектар
... Даўамын оқыў...
Ғәрезсизликти азатлық, еркинлик тымсалы деп билген елликқалалылар ҳәр жылы бул сәнени ылайықлы күтип алыўға умтылады. Байрамға ылайықлы саўға таярлаў оларда айрықша дәстүрге айланған. Сонлықтан да быйылғы жылғы Ғәрезсизлигимиздиң 20 жыллығына айтарлықтай мүнәсип таярлықлар көрилмекте. Атап айтқанда, районымызда барлық тармақ ҳәм тараўлардың келешеги терең анализ етилип, алып барылып атырған социал-экономикалық реформалардың нәтийжели әмелге енгизилиўиниң илажлары көрилмекте. Мине усындай излениўлер нәтийжесинде экономиканы раўажландырыў жолында жетискенликлер қолға киргизилип атыр.
Районымыз дийқанлар елаты. Бизде үй қапталы қыйтақ жерлеринен тартып, атыздан дийқаншылық егинлеринен дақыл алыўға айрықша кеўил бөлинген. Жерди бос қалдырғанды айып санайды. Соның ушын да дийқанларымы
... Даўамын оқыў...
Әлбетте, инсаниятты айтпағанның өзинде, ушқан қус, жортқан жейран, қулласы, тири жанзаттың бәри еркин жасаўды әрман етеди. Ҳәр бир атқан таң бизди елимиздиң ең уллы байрамы — ғәрезсизлигимиз байрағы желбиреген күнге жақынластырған сайын өткен жылларда не иследим, бүгин не ислеп атырман, келешекте нелер ислеўим керек, деген сораўларға жуўап излейди екенсең.
20 жыл... Айтар аўызға аңсат болғаны менен бул жыллар ишинде көрилмеген жаңалықлар жүз берди, үлкен табысларға еристик. Ең баслы утысымыз, елимиз тыныш, халқымыздың санасы түп-тамырынан өзгерди, ертеңги жарқын келешегимизге болған исеним артты. Fәрезсиз елимизди дүньяның раўажланған мәмлекетлери қатарында көриў ушын үлкен аўызбиршилик пенен келешекке нық қәдем тасланбақта.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары. Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001