Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана Шемби, 21.12.2024, 21:27
Хош келипсиз Гость | RSS
Сайт мазмуны

Мини-чат

Бизиң сораўлар
Сайтымызға баҳа бериң
Барлық жуўаплар: 46

Статистика

Онлайнда: 1
Мийманлар: 1
Пaйдаланыўшылар: 0

Кириў усылы

Главная » 2011 » Август » 19 » ҚАНЛЫКӨЛДИҢ FӘРЕЗСИЗЛИК ЖАМАЛЫ
10:48
ҚАНЛЫКӨЛДИҢ FӘРЕЗСИЗЛИК ЖАМАЛЫ
Быйылғы жылы Ана-Ўатанымыз тарийхына алтын ҳәриплер менен жазылатуғын уллы сәне - елимиз ғәрезсизлигине 20 жыл толады.

Районымызда аўыллардың социаллық инфраструктурасын жақсылаў, халықты тәбийғый газ, электр энергиясы, таза ишимлик суў менен тәмийинлеў, медициналық ҳәм халыққа турмыс жағынан хызмет көрсетиў, мектеплер, колледжлер қурылысын жеделлестириў бағдарында да бир қатар итибарлы жумыслар исленди.

Фермер хожалықларының материаллық-техникалық базасын беккемлеў бағдарында лизингке техникалар алыў ушын 86,6 миллион сум аванс қаржылары төленип, шәртнамалары тийкарында 2 дана "ТТЗ-80” маркалы трактор, 11 дана қос қатар сеялка, 2 дана плуг алып келинди. Бүгинги күнге 336,2 гектар майданға овощ, 701,4 гектарға палыз егинлери, 224 гектар майданға картошка, сондай-ақ, 29 гектарға жаңадан бағ егилди. "Өзбекстан Республикасы ғәрезсизлигиниң 20 жыллығына 20 түп терек - мениң саўғам” сүрени тийкарында районда 540 мың түптен аслам мийўели ҳәм декоратив терек нәллери отырғызылды.

Быйылғы жылы 3300 гектар майданға шигит егиў режелестирилген болса, район аймағындағы фермер хожалықлары тәрепинен 4971 гектар майданға туқым шашылып, ҳәзирги күнде тәрбия жумыслары алып барылмақта. 2011-жылдың зүрәәти ушын шәртнама тийкарында 5500 гектарға бийдай егилип, орым-жыйын жумыслары нәтийжели жуўмақланды. Сондай-ақ, 14,0 мың тоннадан зыят мийўе, овощ-палыз өнимлерин жетистириў көзде тутылған болып, базарларымызда баҳалардың турақлылығын сақлаўға үлкен итибар қаратылмақта.

Өзбекстан Республикасы Ҳаял-қызлар комитети, "Микрокредитбанк” ҳәм Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң ҳаял-қызларды раўажландырыў қоры (ЮНИФЕМ) менен биргеликте "Өзбекстан ҳаялларының экономикалық ҳуқықларын турмысқа енгизиў” жойбары әмелге асырылды. Жойбарға Қарақалпақстан Республикасынан Қанлыкөл районы таңлап алынды. Таңлаўға ҳәзирги күнде бул ҳаял-қызлар юридикалық тәрепке ийе болмаған жеке исбилермен тийкарында дизимнен өтип, өз бизнес-режелерин дүзип, улыўма 78 ҳаял-қыз ҳәрқайсысы 1 миллион сумнан кредит алыўға миясар болды ҳәм жумысларын баслап жиберди.

Саўда, хызмет көрсетиў ҳәм сервис тараўын раўажландырыў бағдарламасы бойынша 7 саўда, 1 улыўма аўқатланыў ҳәм 15 хызмет көрсетиў ҳәм сервис шақапшаларын дүзиў режелестирилген болса, бүгинги күнде 6 саўда, 1 улыўма аўқатланыў ҳәм 10 хызмет көрсетиў шақапшасы шөлкемлестирилди.

Киши бизнес субъектлерине коммерциялық банклер ҳәм барлық қаржыландырыў дереклери есабынан усы жылдың өткен дәўиринде 1173,6 миллион сумлық кредитлер ажыратылды. 2011-жылы халықты жумыс пенен тәмийинлеўге қаратылған аймақлық "Бәнтлик” бағдарламасына ҳәм кризиске қарсы қабыл етилген қосымша илажларға муўапық жәми 1786 жаңа жумыс орынларын жаратыў режелестирилген болса, есабат дәўиринде 1056 жаңа жумыс орынлары жаратылды. Соннан үй мийнети есабынан 182 жумыс орны шөлкемлестирилди. Кем тәмийинленген шаңарақларды қоллап-қуўатлаўға қаратылған илажлар тийкарында 23 шаңараққа бийпул қарамал берилди.

Ҳүкиметлик қарарлар тийкарында улыўма билим бериў системасын түп-тийкарынан жақсылаў, ең жоқары заманагөй талапларға жуўап беретуғын оқыў-материаллық базасын ҳәм билимлендириў стандартларын қәлиплестириў, оларды заманагөй, оқыў ҳәм оқыў-лабораториялық үскенелер, компьютер техникалары, сабақлықлар ҳәм оқыў-методикалық материаллар менен тәмийинлеўге итибар берилди. Улыўма билим беретуғын 23 мектептиң бирқаншасы жаңадан салынды ҳәм ири оңлаў жумыслары жүргизилди.

Кейинги жыллары Қанлыкөл педагогика, өанлыкөл аўыл хожалық кәсип-өнер колледжлери жаңадан қурып питкерилди. Қанлыкөл санаат-транспорт кәсип-өнер колледжи Өзбекстан-Германия техникалық бирге ислесиў жойбары грантын жеңип алыўға миясар болды. Бул жойбар шеңберинде информациялық технологиялар, электроника ҳәм электротехника сыяқлы 5 бағдар бойынша компьютер лабораториялары иске қосылды. Бул оқыўшы жаслар ушын компьютер саўатлылығын асырыў, дүнья жүзилик хабар алмасыў тармақларында ислеў көнликпелерин жетилистириўге оғада кең имканиятлар жаратады.

Қысқа ўақыт ишинде улыўма билим беретуғын мектеплерге 254 миллион 675 мың 318 сумлық класс комплект мебельлери, арнаўлы пән кабинетлери, устаханалар ушын 502 миллион 586 мың 556 сумлық көргизбели материаллар ҳәм оқыў-лаборатория үскенелери, 94 миллион 331 мың сумлық компьютер технологиялары, административлик-методикалық ханалар, китапхана, шыпакер ханалары ушын 82 миллион 204 мың 958 сумлық мебель ҳәм инвентарьлар, 43 миллион 367 мың 654 сумлық мәжилислер залы ҳәм асханалар ушын мебельлер, 94 миллион 709 мың 623 сумлық спорт әнжамлары менен тәмийинленди.

Соңғы жылларда мәмлекетимизде балалар спортын раўажландырыўға үлкен итибар қаратылып, бул бағдарда районымызда кең көлемли жумыслар әмелге асырылмақта. Жасларымыздың спорт пенен турақлы шуғылланыўы, физикалық ҳәм ақылый жақтан жетик инсан етип жетилистириў мақсетинде район орайынан усы жылы Өзбекстан Балалар спортын раўажландырыў қоры есабынан сметалық баҳасы 315 миллион сум болған ТИП-5 балалар спорт комплекси, 12х24 метр көлеминде спорт залы, киши футбол, баскетбол, волейбол майданшалары ҳәм теннис корты қурып питкерилип, усы жыл 1-сентябрьге пайдаланыўға тапсырыў нәзерде тутылған. Усы жылы район орайында көркем гимнастика залы шөлкемлестирилип, ҳәзирги ўақытта 60 қыз 4 топарда спорттың усы әжайып түри менен шуғылланбақта.

Аўыллық орынларда турақ жай қурылысы көлемин кеңейтиў бойынша ҳүкимет қарарының орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде район аймағынан "Үлгили жойбар” тийкарында улыўма баҳасы 502,8 миллион сумлық 10 үй-жай қурып питкерилип, пайдаланыўға тапсырылды.

"Киши бизнес ҳәм жеке исбилерменлик жылы”нда "Қанлыкөл” аўыл пуқаралар жыйыны аймағынан "Үлгили жойбар” тийкарында улыўма баҳасы 741 миллион 300 мың сумлық 10 турақ жай қурыў режелестирилип, ҳәзирги ўақытта қурылыс жумыслары алып барылмақта.

"Хожели-Қоңырат” асфальт жолы бойынан газ қуйыў компрессор станциясы "МЕТАН НУКУС ГАЗ-МАШ” жуўапкершилиги шекленген жәмийети тәрепинен метан газ шақапшасы қурып питкерилди. Және де усы орыннан "КРОСС-ИНВЕСТ-АЛТЫНКУЛ” жуўапкершилиги шекленген жәмийети тәрепинен автомобильлерге пропан газ қуйыў станциясының да қурылыс жумыслары толық жуўмақланды.

Район аймағында бир районлық бирлескен емлеўхана, көп тармақлы бир поликлиника, 9 аўыллық-шыпакерлик пункти болып, тараўда әмелге асырылып атырған реформаластырыў илажлары нәтийжесинде барлық емлеў мәкемелериниң материаллық-техникалық базасы беккемленип, қәнигели кадрлар менен толықтырып барылмақта. Ҳәзирги күнде 44 мыңнан аслам халық болса, соның шыпакерлер менен тәмийинлениўи 10 мың халыққа 14,7 процентти, ал, орта буўын медицина хызметкерлери менен тәмийинлениўи 53,4 процентти қурайды.

Бүгинги ғәрезсизликтиң муқаддес байрамында "Бизден азат ҳәм абат Ўатан қалсын” деген жалынлы сүрен астында өз ақыл-ойын, күш-жигерин Ўатанымыздың еле де гүллеп-жаснаўы ушын жумсап атырған халқымыздың турмысы абадан, елимиздиң келешеги уллы болсын!

Т.ИБРАГИМОВ,
Қанлыкөл районы ҳәкими. 


                                 ШАРЎАШЫЛЫҚ


Қанлыкөлли фермер Тәжиқал Ешқабулованы Президентимиз И.Кәримовтың 2007-жылдағы Қарақалпақстанға сапарында атыз басындағы қызғын гүрриңлескенлерин Өзбекстан телевидениеси арқалы көрсетилгеннен соң көпшиликке жақсы таныс болып қалған. 2000-жылы шарўашылыққа қәнигелестирилген "Fафур” фермер хожалығын ашып, шәртнама жасасқан орынларға гөш-сүт өнимлерин ўақтында жеткерип бермекте.

- Мийнетимниң арқасында "Меҳнат шуҳрати” орденине миясар болдым. Өткен жылы тапқан пайдамыз ҳәм жарым-жартысын қарыз есабынан 126 миллион сумға "Клаас” комбайнын сатып алдық. Район орайында гөш-сүт өнимлеримизди сататуғын саўда орынлары, 10 орынлық мийманханамыз бар. 200 орынлық тойхана салып, балам Fайраттың атына эксперименталь усылда салынып атырған он жайдан бир жай әпердим.

Малымыз 200 бастан асып кетти. Соған бола егислик майданларымызға от-жемлик егинлерди көбирек егемиз. 15 гектарлық таза ҳәм 10 гектарлық гөне түбир жоңышқадан туқым алыў жобаластырып қойдық. Азық-аўқатлық өнимлерден жүўери, мәш, тары, овощ-палыз егинлери менен ел дастурханын байытып атырмыз...

Тыңлай берсек, Тәжиқал апада гәп көп екен. "Жерге маңлайыңнан тер төгип мийнет ет, мал бақ, балық өршит, таўық сақла...” деген сөзлерди шаңарақ ағзаларына ҳәм басқаларға айтыўдан жалықпайды.

                                ИСБИЛЕРМЕНЛИК

Дөретиўшилик сапарымызды "Ташаббус” 2010 ҳӘм 2011-жыллардың жеңимпазы, "Өзбекстан-Қытай саўда үйи”ниң райондағы ўәкили Сабыр Бийсеновтың ис ханасынан басладық.

- Жыл даўамында өзлеримизди өзлеримиз помидор-қыяр менен тәмийинлеп турыў ушын 15 сотых жер алып, ени 10, узыны 40 метрлик ыссыхана салып атырмыз. Оннан соң овощ-палыз өнимлерин сақлайтуғын қоймахана қурыўға кирисемиз,-дейди исбилермен Сабыр сөз баслап.

- Жоқары мағлыўматлы агрономман, салыгершилик бригадасын басқардым, рети менен комбайн айдаўға да туўра келди. 1990-жыллары меншиктиң көп түрлилигине жол ашылғаннан анамыз Сара менен саўда кооперативин дүзип, асхана, нанбайхана, музқаймақ ислеп шығаратуғын цехлар аштық. Бүгинги күнде айына 8 тонна уннан той-мерекелерге буйыртпа бойынша нан ҳәм нан өнимлерин таярлап беремиз. Көп жыллардан берли нан жабыў шебери болып ислеп атырған әзилхан Наўрызовтың Баҳадыр Бекмуратов ҳәм Жәнибек Мырзагитовтай шәкиртлерим көпшиликтиң алғыс-ҳүрметине миясар болып жүр.


                                    ПИСИКШИЛИК


Фермер хожалығына шөл-қыябанда өсетуғын, бойы 1 метрлик "Сүнбил” гүлиниң атына қойған қанлыкөлли Кеңесбай Бекниязовта бир әндийше бар.

1997-жылдан берли тийкарынан шәртнама жасасқан орынлары - емлеўхана, балалар бақшалары менен базарға ерте писер овощ-палыз өнимлерин молдан жеткерип киятырған фермер хожалығын көпшилик мақтаныш пенен тилге алады.

-Қартайса да мийўелеп турған 3 гектарлық алма бағдың ийесимен. Соңғы жыллардағы тез-тез қайталанып турған суўсызлық әдеўир албыратты. Бағларымызды қуўратып, еккен егинимиз питпеўге қарады,-дейди Кеңесбай үмитсизликке берилместен өзине исеним арта сөйлеп.

- Жыл басынан жуўапкершиликти тереңнен сезинип, ҳәр қандай қыйыншылықларды жеңип шығыўға күш салдық. Жерлеримизди гүзги ҳәм қысқы суўдан суўғарып, егиске муқыят таярланды. Суўсызлықтан гешир, пияз, бир гектар жердеги картошканы сақлап қалыў мүмкиншилиги болмады. өаўын қурты 2 гектар жердеги палызға зыян тийгизди. Деген менен, ғарбыз, асқабақ пенен гүнжимиздиң өними жақсы. Тийисли орынларға ғарбыз ҳәм алмадан азлы-көпли өним жеткерип берилди... 

                               
                                      ФЕРМЕРШИЛИК
 

Суў — тиришилик арқаўы екенин әспеклеп ишкен суўы егислик жерлерине 3 насосдың бир-бирине жеткерип бериўи менен жарағанын көрдик. "Ашамайлы өуўатбай” фермер хожалығының 35 гектарлық ғаўаша майданлары бүгинги күнге шекем бир мәрте суў ишип, гектар есабына 500 килограммнан минерал төгин менен азықландырылып, шүдигарға қойылған.

- Суў нәўпир болса көрип турған атызларымыз ҳәр жылы 30-35 центнерден өним беретуғын еди,-дейди хожалық баслығы Қуўатбай Бердибаев.

- Әттең, ҳәр түптеги дәслепки байлаған 6-7 ғорегимиз аман қалып, соңғы гүл-ғумшалар суўсызлықтан астына төгилмеге қарады...

Қалған жағы айтпаса да түсиникли, хожалыққа тийисли 365 гектар жердиң 120 гектар егислиги 15 шаңарақтың басын бириктирген. Пидәкерли мийнет етиўиниң нәтийжесинде 33 гектарға егилген гүзлик бийдайынан шәртнаманы гектар есабына 15,3 центнерден 43 тонна қырмызы дән жетистирип орынлаған.

Просмотров: 2482 | Добавил: Erkin | Рейтинг: 0.0/0
Всего комментариев: 0
Имя *:
Email *:
Код *:
Излеў

Календарь
«  Август 2011  »
ПнВтСрЧтПтСбВс
1234567
891011121314
15161718192021
22232425262728
293031

Архив

Сыбайлас сайтлар
  • Қарақалпақстан музейи менен танысың
  • Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң веб-сайты
  • Қарақалпақстандағы оқыў орынларының бири
  • Кеўил ашар
  • Рунеттеги сайтлар
  • Қарақалпақстан жаңалықлары

  • Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары. Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
    Copyright MyCorp © 2024