Әййемги бес қаланың бири болған Хожели бир дәўирлерде үстинен "Уллы Жипек жолы” кәрўан тартқан қала болғанлығы менен де даңқлы. Ол тарийхый-мәдений естеликлерге бай қала. Сырт елли саяхатшылардың бул қутлы мәканға табаны тийер болса, алды менен районымыздың батыс аймағында жайласқан, ашық дала музейи есапланатуғын Гәўир қаланы, ондағы әжайып Назлумхан сулыў мавзолейин таңқалыўшылық сезимлери менен тамашалайды.
Өтип атырған ҳәр бир күн бизди ең уллы ҳәм муқаддес байрамымыз болған Өзбекстан Республикасы Fәрезсизлигиниң 20 жыллық байрамына жақынластырып, кеўиллеримизге көтериңки кейип инам етпекте. Бул байрамға пуқта таярлық көриў ҳәм оны жоқары дәрежеде өткериў бойынша район ҳәкимлигиниң усы жылдың 18-апрелинде 198/4 санлы қарары қабыл етилди ҳәм комиссия қурамы тастыйықланды.
"Fәрезсизликтиң 20 жыллығына - 20 түп нәл мениң саўғам” шақырығы астында районда 1729474 түп мийўели ҳәм декоратив ағашлар отырғызылды.
Мәмлекетимиз ғәрезсизлигиниң жигирма жыллық мерекесине арнап өткерилетуғын салтанатлы үлкен байрам бағдарламасын районымыздың орайлық стадионында өткериў көзде тутылып, бул бойынша таярлық жумыслары қызғын даўам еттирилмекте. Байрамды көтериңки руўхта өткериў, халықтың кеўилли дем алыўы ушын районлық мәденият ҳэм спорт ислери болими тәрепинен "Уллы ҳәм муқаддессең, ғәрезсиз Ўатан!” атлы театрластырылған байрам сценарийи ислеп шығылды.
Байрам өткерилетуғын орайлық стадион әтирапында ҳәм "Жеңис” демалыс паркинде саўда ярмаркаларын өткериў, байрам қатнасыўшыларына үлгили саўда хызметин көрсетиў бойынша саўда ҳәм жәмийетлик аўқатланыў мәкемелери менен тийисли кәрханалар басшыларына саўда ярмаркаларын өткериў бойынша тапсырмалар берилди. Бүгинги күнде байрам өткерилетуғын орынларда безеў, түнги жақтыландырыў жумыслары даўам еттирилмекте.
2011-жылдың "Киши бизнес ҳәм жеке исбилерменлик жылы” деп жәрияланыўы халқымыздың социаллық-экономикалық жақтан раўажланыў жолына және де кең мүмкиншиликлер ашып берди. Сөзимиздиң дәлили сыпатында быйылғы жылдың дәслепки ярымында Хожели районы ҳәкимияты жанындағы исбилерменлик субъектлерин дизимге алыў инспекциясы тәрепинен 1158 исбилерменлик субъектлери дизимге алынып, өз жумысларын жолға қойды.
Районлық бәнтликке көмеклесиў ҳәм халықты социаллық қорғаў орайы тәрепинен жумыссыз пуқаралар дизимге алынып, олар "Бәнтлик” бағдарламасы бойынша район аймағында жаңа жумыс орынлары менен тәмийинленип атыр. Быйылғы жылдың тек дәслепки ярымының өзинде районымызда 2096 жумыс орны ашылды. Соның менен бир қатарда, үйде жумыс алып ислеўшилер ушын да мүмкиншиликлер туўдырылған. Олар ушын 160 жумыс орынлары жаңадан ашылды.
Президентимиздиң быйылғы жылдағы ең тийкарғы ўазыйпаларының бири мәмлекетимиз келешеги болған жасларды жумыс орынлары менен тәмийинлеў болып, бул бойынша районымызда 2010-2011-оқыў жылында 7 кәсип-өнер колледжлерин 2465 оқыўшы питкерип атыр. Оларды жумыс пенен тәмийинлеў ислери алдын-ала шөлкемлестирилип, тийисли мәкеме, шөлкем ҳәм фермер хожалықлары менен шәртнамалар дүзилген.
Районымызда ислеп шығарыўлар да жақсы жолға қойылып, ири кәрханалардан бири болған "Туран Хожели” акционерлик жәмийети быйылғы жылдың дәслепки алты айында 5951,0 миллион сумлық, "Хожели таласы” акционерлик жәмийети 19607,0 миллион сумлық жумыс көлемин әмелге асырды.
Усы жылдың биринши ярымында 80 исбилерменлик субъектлери иске түсип, оларда 191 жаңа жумыс орынлары ашылды.
Районымызда жеңил санаатты раўажландырыў бағдарламасы бойынша бурын банкрот болған "Хожели текстиль” кәрханасы негизинде Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2010-жыл 11-ноябрьдеги 02-1-97-санлы мәжилис баянламасына тийкарланып, 2011-жылдың 2-мартында жылына 5 мың тонна м 34/1 санлы жоқары сапалы ийирилген жип ислеп шығарыў қуўатлылығына ийе "ELITE STARS TEXTILE” жуўапкершилиги шекленген жәмийети ашылды.
Бул бағдарламаны иске асырыў ушын усы жылдың 5-мартында "Huaibei Foreign Trade” компаниясы менен 4911,0 мың АҚШ долларына UZB 2010-014-R3 (б) санлы импорт шәртнамасы дүзилип, шәртнамаға муўапық үскенелер алып келиў белгиленген. Объ¬ектти Fәрез¬сизлигимиздиң 20 жыллық байрамына шекем пайдаланыўға тапсырыў нәзерде тутылып отыр. Кәрхана иске түскеннен кейин биринши басқышта 120 жумыс орны, толық иске түскеннен соң 200 жумыс орны ашылыўы белгилеп қойылған.
Районымызда экспорт жумысларын әмелге асырыўшы еки қоспа кәрхана дизимнен өтип, олардан бири "GLASS FLELD” қоспа кәрханасы болып, усы жылдың дәслепки ярымында 3287,0 мың дана 657,3 миллион сумлық шийше өнимлерин ислеп шығарған болса, ал "Карбалт-Рутоил” жуўапкершилиги шекленген жәмийети жанылғы өнимлерин қайта ислеўши кәрхана болып, ол тийкарынан өнимлер экспорты менен шуғылланады.
Азық-аўқат бағдарламасының орынланыўы бойынша районымызда 2011-жыл ушын шарўашылық, қусшылық, бағшылық ҳәм пал ҳәррешилик тараўларын раўажландырыў бағдарламалары ислеп шығылып, сырттан 50 бас нәсилли қарамаллар алып келиў ушын 3 фермер хожалығына 322,8 миллион сум, гөш ҳәм сүт өнимлерин жетистириўди жолға қойыў мақсетинде 173 бас қарамал алыў ушын 378,8 миллион сум, таўық гөшин ҳәм мәйек жетистириўди тәмийинлеў мақсетинде 25223 таўық алыў ушын 11 фермер хожалығына 430,8 миллион сум, пал ҳәррешиликти раўажландырыў нәзерде тутылған ҳалда 11 фермер ҳәм дара дийқан хожалықлары тЎәрепинен 171 қуты алып келиў ушын 18,8 миллион сумлық қаржылар банк кредити ҳәм өз дәраматлары есабынан ажыратылмақта.
Улыўма жыл даўамында 1177,2 миллион сумлық жойбарлар әмелге асырылыўы белгиленген болса, өткен ярым жыл даўамында соннан 588,2 миллион сумлық жойбарлар өзлестирилди.
Елимиз аграр мәмлекет болғанлықтан бизиң ең тийкарғы байлығымыз пахта есапланады. Районда 2011-жылдың зүрәәти ушын 194 фермер хожалығы менен "Хожели таласы” акционерлик жәмийети ортасында 18000 тонна пахта зүрәәтин жетистириў бойынша шәртнамалар дүзилди. Ал, мәмлекетке пилле тапсырыў бойынша 172 фермер хожалығы менен шәртнама дүзилип, 40 тонна пилле жетистирилип, бул бойынша белгиленген жоба толық орынланды. Сондай-ақ, 4802 тонна бийдай өнимлерин жетистириў бойынша 103 фермер хожалығы менен контрактация шәртнамалары дүзилгенин де айтыўымыз керек. Буннан тысқары, азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеў мақсетинде ҳәр бир фермер хожалығы кесиминде дийқаншылық миннетлемеси жүкленип, 2011-жылдың бәҳәринде қосымша аўыл хожалық өнимлерин ислеп шығарыў ушын жәми 51,9 гектар жер майданлары егилди.
Шарўа малларының бас саны 536 ға, қуслардың бас саны 27600 ге асырылыўы жобаластырылып, мәйектиң 335500 данаға көбейттирилиўи күтилмекте. Соның менен бирге, изейкеш ҳәм жаплардағы суў сақлағышлар есабынан 160 бас ғаз, 400 бас үйрек, 360 мың дана шабақ бағылыўы, ешкилердиң бас санын 990 ға, ешки сүтин 13200 литрге көбейттириў, 2 ыссыхана қурыў жобаластырылған. 82 фермер хожалығы менен 3000 тонна майлы егинлер, 30 фермер хожалығы менен 30 тонна мийўе, 180 фермер хожалығы менен 178,6 тонна картошка, 33 фермер хожалығы менен 49,5 тонна гөш ҳәм 495 тонна сүт өнимлерин жетистириў бойынша шЎртнамалар дҮзилген.
Fәрезсизлигимиздиң 20 жыллығына арнап тапсырылатуғын заманагөй 10 үлгидеги үй, бир дәрихана, 5 жеке меншик имаратлары объектлеринде қурылыс жумыслары тезлетилген пәт пенен алып барылмақта. Атап айтқанда, "Саманкөл” АПЖ, "Айбек” массиви аймақларында 10 үй-жайлар қурылып атыр. Олардың улыўма нырқы 698,159 миллион сумды қурайды. "Инвестиция” бағдарламасына муўапық бул аймақларда 240 метр узынлықта суў тармақлары тартылды. "Айбек” массивинде улыўма жер майданы 0,85 гектар болған балалар спорт майданшасы қурып берилди.
Мине, булардың барлығы Fәрезсизлигимиздиң 20 жыллығы байрамына бағышланған мүнәсип саўғамыз болып табылады деп екиленбестен айтыўымызға болады.
Муқаддес байрамымыз ҳәммеге мол бахыт пенен тасқын шадлық алып келсин!
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары. Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001