Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана Екшемби, 22.12.2024, 04:05
Хош келипсиз Гость | RSS
Сайт мазмуны

Мини-чат

Бизиң сораўлар
Сайтымызға баҳа бериң
Барлық жуўаплар: 46

Статистика

Онлайнда: 1
Мийманлар: 1
Пaйдаланыўшылар: 0

Кириў усылы

Главная » 2011 » Август » 17 » АҚМАҢҒЫТ: ҒӘРЕЗСИЗЛИК ЖЫЛЛАРЫНДАҒЫ ЖАҢАЛАНЫЎЛАР
16:35
АҚМАҢҒЫТ: ҒӘРЕЗСИЗЛИК ЖЫЛЛАРЫНДАҒЫ ЖАҢАЛАНЫЎЛАР
Елимиз өз ғәрезсизлигине ерискеннен кейин республикамызда халық хожалығының барлық тараўларында түпкиликли реформалар әмелге асырылып, ҳәр тәреплеме раўажланыўлар жүз бермекте. Өткен қысқа дәўир ишинде ерискен жетискенликлеримиз, халқымыздың пәраўан ҳәм абадан турмысын тәмийинлеў бағдарында алып барылып атырған илажлар бәршемиздиң қәлбимизде үлкен мақтаныш сезимлерин пайда етпекте.

Пүткил дүнья жүзи еллери ишинде өзиниң салмақлы орнына ийе болған ана Ўатанымыздың айдын келешеги ушын елимиздиң ҳәр бир пуқарасы пидайылық пенен мийнет етип атырғанлығының нәтийжесинде бүгинги, бәршемиз ушын ең уллы ҳәм муқаддес болған — Ғәрезсизлигимиздиң 20 жыллық байрамы қарсаңында турып мақтаныш ететуғын тәреплеримиз көп. Усындай ийгиликли ислерди әмелге асырыўда беккем аўызбиршилик пенен жигерли мийнет етип атырған Нөкис районы халқының да мийнетлери айрықша.

Районымыз тийкарынан Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 1968-жылы 2-декабрьдеги қарары менен пайтахтымыз Нөкис қаласын ҳәм басқа да районлар халқын азық-аўқат, овощ-палыз өнимлери менен тәмийинлеў мақсетинде шөлкемлестирилди. Дәслепки жылы районда еки пахташылық, бир салыгершилик, еки бағшылық, бир қусшылық, бир шошқа бағыўға қәнигелестирилген, бир овощ палыз ҳәм пал өнимлерин жетистириўге бағдарланған хожалықлар ашылды. Усының менен биргеликте халықты гөш ҳәм сүт өнимлери менен тәмийинлеў мақсетинде ири дийқаншылық хожалықларында еки-үш мал шарўашылығы фермалары ислеп турды. Район дүзилгеннен кейин көп кешикпей тәбийғый газ жеткерилип берилди ҳәм электр энергиясы менен 90-95 процент хожалықлар тәмийинленди. Санаат тармақлары, қурылыс, байланыс ҳәм халыққа турмыслық хызмет көрсетиў тараўлары тез пәт пенен өсти.

Ғәрезсизлик жылларына келип районымыз социал-экономиклық жақтан және де жоқары дәрежеде раўажланып, халықтың жасаў шараяты жақсыланды. Жаңа заманагөй имаратлар бой тиклеп, билимлендириў, денсаўлықты сақлаў, социаллық инфрадүзилме ҳәм басқа да тараўларда бир қанша өзгерислер жүз берди. Базар экономикасына өтиў принциплери тийкарында киши бизнес ҳәм жеке исбилерменлик тараўы кең ен жайып, халқымыздың жерге, жеке мүлкке болған көз-қарасы қәлиплести ҳәм беккемленди.

Районымыз аймағында ҳәзирги күнде экономикамыздың тийкарғы таянышы болған 257 киши бизнес ҳәм жеке исбилерменлик субъектлери ҳәрекет етип келмекте. Соның ишинде 38 киши кәрхана ҳәм 51 жеке исбилерменлик субъектлери быйылғы жылдың биринши алты айы даўамында шөлкемлестирилип, нәтийжеде 214 жаңа жумыс орынлары жаратылды. Исбилерменлердиң жумыс өнимдарлығын арттырыў, ислеп шығарыў көлемин және де кеңейтиў мақсетинде ҳәр жылы коммерциялық банклер ҳәм басқа да қаржыландырыў дереклери есабынан жеңиллетилген кредитлер берилип келинбекте. Тек ғана быйылғы жылда ҳәзирге шекемги дәўир ишинде исбилерменликти қоллап-қуўатлаў, әсиресе, бул тараўда ҳаял-қызларымыздың белсендилигин арттырыўға, халыққа турмыслық хызмет көрсетиў, сервис ҳәм басқа да тараўларды раўажландырыў мақсетинде улыўма 2 миллиард 80 миллион сум муғдарында кредит қаржыларының ажыратылыўы сөзимиздиң дәлили бола алады.

Ғәрезсизлик жылларына келип районымызда аўыл хожалығы өнимлерин қайта ислеў, таяр азық-аўқат өнимлерин жетистириў бағдарында сырт ел инвестициялары тийкарында заманагөй технологиялар алып келинип иске түсирилмекте. Усылар қатарында «Қоңыратбай-Меҳри» фермер хожалығында Италия технологиялары тийкарында сүтти қайта ислеўши киши цех иске түсирилип, бүгинги күнде бир литрлик қадақланған сүт өнимлери менен районымыз аймағындағы емлеўхана, балалар бақшалары ҳәм басқа да мәкеме, кәрханаларды үзликсиз тәмийинлеп келмекте. Буннан тысқары «Нөкис балық» қоспа кәрханасына балық өршитиў ҳәм жетистириў жумысларын алып барыў мақсетинде 400 миллион сум кредит ажыратылып, бүгинги күнде балық өршитиў ҳәўизлерине 100 миллионға жақын личинкалар жиберилди ҳәм усы мәўсимниң өзинде 10 миллион шабақ жетистириў күтилмекте. Сондай-ақ, «Нөкис агро» жуўапкершилиги шекленген жәмийетине Өзбекстан Республикасы Миллий банки тәрепинен 320 миллион сум кредит берилип, қайта реконструкциялаў жумыслары исленди ҳәм қосымша 50 адам жаңа жумыс орынлары менен тәмийинленди. Ҳәзирги күнде бул жәмийетте томат пастасы ислеп шығарылып атырған болса, жақын күнлерде аўыл хожалығы өнимлеринен сок ислеп шығарыў ислерин жолға қойыў да режелестирилмекте. Соның менен биргеликте ҳәзирги күнде Қытай Халық Республикасы менен еки тәреплеме келисимге келинип, район аймағынан «Ақмаңғыт боян» қоспа кәрханасын шөлкемлестириў ислери алып барылмақта. Бул жойбар ушын Қытай мәмлекетинен 1,6 миллион АҚШ доллары муғдарында инвестиция киргизилип, кәрхананы «Қутанкөл» массиви аймағында қурыў ислери нәзерде тутылмақта.

Киши ҳәм орта бизнес пенен шуғылланыўшыларды қоллап-қуўатлаў, модернизациялаў ҳәм заманагөй технологиялар менен тәмийинлеў мақсетинде усы жылдың дәслепки алты айы даўамында районымызға улыўма 7 миллиард 110 миллион 784 мың сумлық инвестициялар киритилип, бул көрсеткиш өткен жылдың усы дәўири менен салыстырғанда 173,6 процентке артты. Ал, районымызда ҳәрекет етип турған киши ҳәм қоспа кәрханалардың экспорт көлеми 1239,3 миллион АҚШ долларын қурады.

Президентимиздиң 2009-жыл 3-августтағы «Аўыллық жерлерде турақ жай қурылысы көлемин кеңейтиўге байланыслы қосымша ис-илажлар ҳаққында»ғы қарары тийкарында «Узынкөл» елатлы пункти аймағында 2009-2010-жыллар даўамында үлги жойбардағы 40 турақ жайдың қурылысы питкерилип пайдаланыўға берилген болса, быйылғы жылда және де 55 турақ жай қурылысы алып барылып, ғәрезсизлигимиздиң 20 жыллық қутлы байрамы қарсаңында районымыз халқына байрам саўғасы ретинде пайдаланыўға тапсырылыўы күтилмекте. Усы жаңа посёлкалар жанынан социаллық инфрадүзилме объектлери болған мини банклер, саўда орайлары, спорт майданшалары ҳәм басқа да халыққа турмыслық хызмет көрсетиў орынлары қурылып, барлық инженерлик коммуникация тармақлары иске түсирилди.

Аўыллық елатлы пунктлерди тәбийғый газ, электр энергиясы ҳәм ишимлик суўы менен тәмийинлеўди буннан былай да жақсылаў бойынша да кең көлемли ис-илажлар алып барылмақта. Соңғы жылларда районымыз аймағындағы 42 километрден аслам газ қубырларына капитал оңлаў жумыслары исленип, 12 километр газ қубырлары жаңадан тартылып иске түсирилди. Халықты таза ишимлик суў менен тәмийинлеў бағдарында ҳәр жылы мәмлекетлик бағдарламаға муўапық 6 елатлы пункт орайластырылған суў тармақлары менен тәмийинленип, алыс аўыллық аймақларда жайласқан орынларда 120 дан аслам баспа кранлар қурылды. «Тақыркөл» пуқаралар жыйыны аймағындағы «Елгелди» аўылында Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң жойбары бойынша жаңа ишимлик суўы тармақлары тартылды. Быйылғы жылдың өзинде 3 елатлы пунктке 4 километрден аслам электр линиялары тартылып, 1 дана трансформатор подстанциясы иске түсирилди.

Сондай-ақ, елатлы пунктлерде сервис хызметин раўажландырыў бойынша «Саманбай» АПЖ аймағында бир дана, Ақмаңғыт посђлкасы аймағында да бир дана газ ҳәм суйық жанылғы қуйыў шақапшалары, 6 аўыллық елатлы пунктте заманагөй автомат телефон станциялары иске түсирилип, районымыздың барлық аўыллық аймақларына автобус ҳәм киши автобус жөнелислери жолға қойылды.

Районымызда фермерлик ҳәрекети де кең ен жайып, раўажланып бармақта. Ҳәзиги күнде район бойынша 343 фермер хожалықлары ҳәрекет етип турған болса, соннан 124 фермер хожалығы пахта ҳәм ғәллешиликке, 182 овощ-палыз егинлерин жетистириўге, 24 шарўашылыққа, 11 балықшылық, пал ҳәррешилиги ҳәм қусшылыққа, ал, 2 боян тамыры өнимлерин таярлаўға қәнигелестирилген. Фермер хожалықларымыз ҳәр жылы мәмлекетке пахта, ғәлле ҳәм басқа да аўыл хожалығы өнимлерин жетистирип бериўде өзлериниң миннетли ўазыйпаларын артығы менен орынлап, мол табысларға ерисип келмекте.

Жас әўлад тәрбиясы, олардың оқып билим алыўлары, кәсип-өнер үйрениўи ҳәм саламат, бәркамал жаслар болып жетилисиўи бағдарында да көз қуўандырарлық дәрежеде өзгерислер жүз бермекте. Мәмлекетлик бағдарлама тийкарында районымыз аймағындағы дерлик барлық билимлендириў мәкемелери менен орта арнаўлы кәсип-өнер колледжлерине ҳәр қыйлы көлемде қайта оңлаў жумыслары әмелге асырылды. 2 мектепке жаңа қурылыс есабынан заманагөй имаратлар салынып берилген болса, 13 мектепке капитал реконструкция, 12 мектепке капитал оңлаў жумыслары исленип, зәрүрли лабораториялық ҳәм көргизбели оқыў қураллары менен толық тәмийинленди. Усы билимлендириў мәкемелери қасынан жаңа 6 спорт залы салынып, 3 спорт залына реконструкция жумыслары исленди.

Быйылғы жылда район орайындағы Балалар музыка ҳәм көркем-өнер мектеби имаратының жаңа қурылысы ушын 835 миллион сум қаржы ажыратылып, бүгинги күнде қурылыс жумыслары жуўмақлаўшы басқышқа кирди. Бул да өз гезегинде көркем-өнерге қызығыўшы жас өспиримлер ушын жаратылған қолайлылықлардың бир көриниси болды.

Ғәрезсизлик жылларында Кердер транспорт ҳәм Шортанбай аўыл хожалығы колледжлери жаңадан бой тиклеп район жасларының кәсип-өнер ийелеўге болған имканиятлары кеңейди.

Денсаўлықты сақлаў саласын раўажландырыў бағдарында алып барылып атыр¬ған кең көлемли реформалар нәтийжесинде бул тараўда да түпкиликли жаңаланыўларға тийкар жаратылды. «Саламатлық-2» бағдарламасы бойынша барлық аўыллық шыпакерлик пунктлери заманагөй әсбап-үскенелер менен толық тәмийинленип, районлық поликлиникаға ҳәм 2 АШП ға жаңа стоматологиялық үскенелер жеткерилип берилди. Өзбекстан байланыс ҳәм мәлимлемелестириў агентлиги қәўендерлигинде 7 АШПға GSM стандартындағы стационар телефон байланысы орнатылып, жергиликли халыққа үзликсиз дәри-дәрмақар жеткерип бериў мақсетинде 7 АШП жанынан дәриханалар шөлкемлестирилди. Сондай-ақ, халыққа бирлемши медициналық хызмет көрсетиў сапасын жақсылаў мақсетинде үш орында «Тез жәрдем» посты шөлкемлестирилип, заманагөй автотранспортлар менен тәмийинленди.

Денсаўлықты сақлаўдың тийкарғы жөнелиси - аналықты ҳәм балалықты қорғаў, саламат әўладты камалға келтириў ҳәм халықтың репродуктив саламатлығын беккемлеўден ибарат болып, бул бағдарда районымыз денсаўлық сақшылары тәрепинен кең көлемли жумыслар алып барылмақта.

Елимизде алып барылып атырған бәрше тараўлардағы реформалар тийкарынан инсан мәплери ушын хызмет етиўге бағдарланғанлығы менен әҳмийетли. Усы тийкарда районымыз көлеминде жүз берип атырған жаңаланыўлар, табысларымыз бенен етискенликлеримиздиң бәршеси халқымыздың абадан ҳәм пәраўан турмысын тәмийинлеў, келешек әўладқа өзимизден азат ҳәм абат Ўатан қалдырыў мақсетинде әмелге асырылмақта. Бул жолда Ақмаңғытлылар еле де беккем бирлик, жигерлилик пенен мийнет етип, елимиз ғәрезсизлигин беккемлеў жолында өз хызметлерин аянбайды деп исеним билдиремиз.

Е.СЕЙТНАЗАРОВ.
Нөкис районы ҳәкими.


Просмотров: 1213 | Добавил: Erkin | Рейтинг: 0.0/0
Всего комментариев: 0
Имя *:
Email *:
Код *:
Излеў

Календарь
«  Август 2011  »
ПнВтСрЧтПтСбВс
1234567
891011121314
15161718192021
22232425262728
293031

Архив

Сыбайлас сайтлар
  • Қарақалпақстан музейи менен танысың
  • Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң веб-сайты
  • Қарақалпақстандағы оқыў орынларының бири
  • Кеўил ашар
  • Рунеттеги сайтлар
  • Қарақалпақстан жаңалықлары

  • Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары. Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
    Copyright MyCorp © 2024