Елимиз ғәрезсизлигиниң 20 жыллық байрамын Арал бойы жағалаўындағы Мойнақ районы халқы мийнетте ылайықлы күтип алыў ушын қызғын таярлықлар көрмекте. бүгинги күнде районымызда 3 аўыл хожалығы ширкети, 23 фермер хожалығы, 2 хожалықлар аралық машина-трактор парки, 2 суў тутыныўшылар бирлеспеси жумыс алып барады. Соның менен қатар, 2 емлеўхана, 1 районлық поликлиника, 9 аўыллық-шыпакерлик пункти, 6 фельдшер-акушерлик пункти халыққа медициналық хызмет көрсетеди. Халық билимлендириў тараўында 16 улыўма билим беретуғын мектеп, санаат-транспорт ҳәм турмыс хызметин көрсетиў кәсип-өнер колледжлери, мектепке шекемги 7 балалар бақшасы, жас өспиримлер спорт ҳәм балалар көркем өнер-музыка мектеплери келешегимиз болған жасларға тәлим-тәрбия берип атыр.
Ислеп шығарыў ҳәм социал инфраструктураны және де раўажландырыў мақсетинде "Киши бизнес ҳәм жеке исбилерменлик жылы”нда район ҳәкимлиги жанындағы исбилерменлик субъектлерин дизимге алыў инспекциясынан 21 юридикалық ҳәм 26 жеке исбилерменлик субъектлери дизимнен өткерилди.
Районда жаңа жумыс орынларын шөлкемлестириў, киши бизнес ҳәм жеке исбилерменлик субъектлерин раўажландырыў ушын 145 миллион сум кредит қаржылары ажыратылды. Ҳаял-қызларымызды жумыс пенен бәнт етиў мақсетинде Өзбекстан Республикасы кәсиплик аўқамы комитетиниң 20 миллион сум қайтарылмайтуғын кредити есабынан "Арал арыўлары” киши кәрханасы ашылып, үш орындағы тигиўшилик цехында бүгинги күни 20 жумыссыз ҳаял-қыз жумыс пенен тәмийинленди.
Буннан тысқары, райондағы 11 пуқаралар жыйынларының ҳәр биринде шаштәрезхана, сүўретхана ҳәм аяқ кийим оңлаў устаханаларын ашыў арқалы аўыл жасларын жумыс пенен тәмийинленди. Соның менен қатар, қусшылықты раўажландырыў мақсетинде "Шағырлықус” фермер хожалығына 9 миллион 800 мың сум, пал ҳәррешилик пенен шуғылланыўшы "Хожамуратова Дилбар” фермер хожалығына 2 миллион сумлық жеңиллетилген кредитлер берилди. Нәтийжеде "Бәнтлик” бағдарламасы тийкарында район бойынша 651 жаңа жумыс орынлары жаратылды.
"Өзбекстан Республикасы ғәрезсизлигиниң 20 жыллығына 20 түп нәл - мениң саўғам” Үндеўи тийкарында 324000 түп мийўели ҳәм саяманлы терек нәллери отырғызылды, сондай-ақ, "Бозатаў” аўыл пуқаралар жыйынында 12 гектар майданда жаңадан бағ егилди.
Нәсилшилик малларды раўажландырыў, малларды жасалма қашырыў мақсетинде район бойынша 5 пункт ашылды.
Халықаралық Аралды қутқарыў қоры Нөкис филиалының қаржыландырылыўы менен теңиз жағалаўында ҳәм Әмиўдәрьяның қуярлығында киши көллер системасын жаратыў жойбары шеңберинде "Судочье” көлиниң 36 километрлик айланба қашысы ҳәм суў сақлағышындағы 8,4 километрлик қашы қурылысы және секундына 10 кубометр суўды өткериў мүмкиншилигине ийе арнаўлы қурылма, "Мойнақ” каналының сағасында секундына 44,2 кубометр суўды өткере алатуғын арнаўлы қурылма, "Жалтырбас” көлин суў менен тәмийинлеп турыў ушын "Қазақдәрья” арнасы басланған тусынан суўды ретлестириўши бас қурылма қурылып тапсырылды ҳәм көл әтирапын қашылаў жумыслары әмелге асырылды.
Бүгинги күнге Арал теңизиниң қурғап қалған ултанында алып барылып атырған барлаў жумыслары нәтийжесинде 70 тен аслам бураўлаў қудықларында газ ҳәм нефть қорларының бар екенлиги анықланған. "Өзбекнефтегаз” миллий холдинг компаниясы, Россияның "Лукойл” компаниясы, Қытай ҳәм Түслик Корея нефть-газ компаниялары қурамындағы инвесторлар консорциумы геологиялық барлаў жумысларын алып барыўды даўам етпекте. Үшсай, Үрге ҳәм Сүргилдеги газ кәнлеринен конденсат бөлип алыўшы 3 сеператор иске қосылды.
Аўыллық елатлы пунктлердиң ишимлик суўы менен тәмийинлениўин жақсылаў мақсетинде өткен жылы узынлығы 300 метр суў жеткериў тармақлары қурылысына, суў менен тәмийинлеў объектлерин қайта тиклеў, реконструкциялаў ислери бойынша 4 дана насос агрегатларын қурыў жумысларына 185,2 миллион сум қаржы ажыратылды. Сондай-ақ, суў там-тарыслығы ақыбетлери машқалаларын жеңиллетиў ушын елатларды суў менен тәмийинлеў бағдарында лизинг арқалы сыйымлылығы 8 кубометрден ибарат еки суў тасыўшы машина алынып, район орайында 42, аўылларда 58 қол насосы қурылмалары қурылып, бурыннан барларын қосқанда баспа кранлар саны 130 ға жеткерилди.
Соңғы жыллары районда денсаўлықты сақлаў тараўын реформалаў бойынша да бирқанша унамлы жумыслар әмелге асырылды. "Саламатлық-1” мәмлекетлик бағдарламасы есабынан "Үшсай”, "Тентек-арна”, "Аққала” аўыллық-шыпакерлик пунктлери жумсақ ҳәм қатты мебельлер, заманагөй лабораториялық аппаратлар, физиотерапиялық үскенелер менен тәмийинленди. Азия Раўажланыў банки тәрепинен "Саламатлық-2” бағдарламасы бойынша аналар ҳәм балалар саламатлығын беккемлеў дәстүри шеңберинде районлық медицина бирлеспесиниң туўыў бөлимине өткен жыл даўамында 63 миллион 418 мың 200 сумлық ҳәр түрдеги аналар ҳәм балалар саламатлығын беккемлеўши заманагөй медициналық үскенелер орнатылған болса, оқыў кабинети ҳәм клиникалық лабораторияларына 1 миллион 802 мың сумлық әсбап-қураллар алып келинди. Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң раўажландырыў жойбары есабынан "Үшсай” аўыллық-шыпакерлик пункти, "Тоқпақ ата” фельд¬шер-акушерлик пунктине 23 миллион сумлық ири оңлаў жумыслары жүргизилди. Сондай-ақ, "Тез жәрдем” хызметин жақсылаў ушын еки "Дамас” автомашинасы алынды. Өткен 2010-жылы районлық медицина бирлеспесинде сметалық баҳасы 1 миллиард 800 миллион сумлық жаңа емлеў корпусының қурылысы питкерилди, быйылғы жылы туберкулезге қарсы гүресиў диспансерине қайта реконструкциялаў жумыслары басланды.
Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2009-жыл 3-августта қабыл етилген "Аўыллық жерлерде турақ жай қурылысы көлемин кеңейтиўге байланыслы қосымша илажлар ҳаққында”ғы қарары тийкарында 5 заманагөй турақ жай ийелерине тапсырылды.
"2004-2009-жылларда мектеп билимлендириўин раўажландырыўдың Мәмлекетлик улыўма миллий бағдарламасы”нда белгиленген тапсырмалар тийкарында 1 мектеп жаңадан қурылды, 2 мектеп капитал реконструкция, 6 мектепке ири оңлаў, 4 мектепке ағымдағы оңлаў жумыслары жүргизилди.
Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң раўажландырыў жойбары есабынан 2-санлы балалар бақшасына қайта қурыў жумыслары алып барылды. Районның экологиялық жақтан аўыр аймақта жайласқанлығы себепли 2008-жылы 3-санлы "Шадлық” ҳәм 4-санлы "Fумша” мектепке шекемги билимлендириў мәкемелери санатория типиндеги бақшаларға айландырылды.
Fәрезсизлигимиз шарапаты менен келешек әўладтың руўхый мәдениятын арттырыў мақсетинде балалар көркем өнер мектебине сметалық баҳасы 740,0 миллион сумлық реконструкция жумыслары алып барылмақта. Район орайында санаат-транспорт ҳәм турмыс хызмети кәсип-өнер колледжлери иске түсирилиўи мектеп питкериўшилерин тәлимниң кейинги басқышына кең қамтылыўына ҳәм жаслардың 11 қәнигелик бойынша маманлық алыўына имканият жаратып берди. Колледжлер ашылғалы берли 2739 жас қәнигеликке ийе болды ҳәм олардан 1448 колледж питкериўшиси жумыс пенен тәмийинленди. Өткен жылы турмыс хызмети колледжи имаратына 980 миллион сумлық ири реконструкция жумысы жүргизилди, санаат-транспорт колле¬джиниң биринши қабатына ҳәзирги заман талабына сай сапалы оңлаў жумыслары исленип, заманагөй оқыў әсбап-үскенелери менен тәмийинленди.
Қ.ӨТЕНИЯЗОВ, Мойнақ районы ҳәкими.
БАЛЫҚШЫЛЫҚ
Дәрья, теңиз жағалаған балықшы ел елеберин тийкарғы кәсип-кәринен айырылмаған. Жуўапкершилиги шекленген "Әмиўдәрья” балықшылық хожалығы ағзаларының таң ата аў қарайтуғынын билип, күн шыға "өыпшақ дәрья”ның ең шүңгил жери "Көк суў”ға келдик. Айдынында шоршып ойнаған сүйем қарыс шабақлар күн нурынан жалт-жулт етер еди.
- Көлдиң шағаласы менен ғаз-үйрегин излеп турсыз-ғой! Суў азайғалы қус баласы өткинши, қамыс қопалы жерлерге уя басып жатыр,-дейди жәмийет баслығы Кеңесбай Аташев.
- Еки дәрья аралығы, "Көк суў”ға басылған бөгетти өткен жылғы тасқын суў жығып бары-жоғымыздан айырылдық. Өзимизге тийисли 4,5 мың гектарлық көл-айдынымыздағы суўды услап қалғанда өршип-өнген балықларымыз үш-төрт жылға азық болар еди...
Өткен жылы суўсызлықтан дағысып кеткен хожалығымызды қайта тиклеп, аў қуралы бар 50 балықшының басы қуралды. Шуқырлықтағы "Өли суў”да балық өршип-өнбейди, мәзи жан сақлайды...
Өткен жылы 20, быйылғы жылдың усы күнине шекем 19 тонна балық аўладық...
Күн уясынан шығыўға мейил бергенде Темирғалий Караматдинов аўларын қарап, қулашлап ескек есип жағаға биринши болып келди.
- Үлкен атамыз Жарасбай 30-жыллары усы балықшылық хожалығын қурапты. Илаж қанша, теңиз-дәрьямыздың толып-тасарына исеним менен аў-қайығымызға бек болып жүрмиз,-деп өзине исеним артып сөйледи...
ШАРЎАШЫЛЫҚ
"Мойнақ” ширкет хожалығы илгери жыллары республикамыздағы ең ири шарўашылық хожалығынан саналар еди. Арал бойындағы қыйын экологиялық шараятларда жасап ҳәм мийнет етип атырған шарўалар бүгинги күнде 1514 бас малды жаз жайлаўларда күтимли бағып атыр. Ҳәр жылы шәртнама жасасқан орынларға гөш, сүт өнимлерин жеткерип, төл алыў жобасын артығына орынлайды. Бүгинги күнде мал қыслатыў мапазына 8600 тонна ири от-шөп таярлаў иси қызғын түс алған.
Ширкеттеги 120 гектарлық улыўма егислик майданның 90 гектарын гүзлик бийдай ийелейди. Гектар есабына 14 центнерден 126 тонна қырмызы дән жетистирип, шәртнама жобасын орынлап шыққан.
Быйылғы жылы азмаздан болса да суўғарылған жерлерине картошка, ерте писер овощ-палыз егинлерин егип, ел дастурханын байытып атыр.
САНААТ
"Қоңырат-Мойнақ” асфальт жолынан жүрсеңиз қайнаған өмирдиң гүўасы боласыз. Жолда конденсатвозларды тез-тез ушыратсаңыз еки бойы көкке бой созған геологлардың вышкалары.
- Күнине "Үшсай” ҳәм "Шығыс Бердақ” кәнлеринен 2,5 миллион кубметр газ қазып алынып ҳәм тазаланып, 64 тонна конденсат ажыратылғаннан соң орайлық газопроводларға жиберемиз,- дейди "Шығыс Бердақ” газ кәни баслығы Мурат Якупов.
Үстирт – Fәрезсиз Өзбекстанымыздың келешеги, жер асты ҳәм үсти тәбийғый байлықларына бай кеңислик екенин бәрқулла мақтаныш етемиз...
МЕДИЦИНА
Теңиз толқып, дәрья толып-тасқан ўақытлары Арал жағалаўларында халық наятый көп еди. 1930-жыллары ирге тасы қаланып, ески архитектуралық үлгиде муқыятлап салынған бирлескен емлеўхана имараты урыстан алдын пайдаланыўға берилип, бүгинги бахытлы күнлеримизге шекем мүдирмей турды. Fәрезсизлик жылларына келип, бир жумыс күнинде 150 адамды қабыл ететуғын поликлиника, 30 орынлық қыстаўлы медициналық жәрдем көрсететуғын хирургия бөлимлери байрам мүнәсибети менен пайдаланыўға берилиў алдында тур.
Қурылыстың екинши гезегинде өкпе аўырыўын даўалайтуғын қосымша бөлимлерди қурыў нәзерде тутылған.
БАЙРАМ КЕШЕСИ
Күнниң биринши ярымында Мойнақ аспанын гирбиң шалмай, тынық таза ҳаўасынан көкирегиңди толтырып дем алғың келеди.
"Ағараңлап көринген, толқынбекен, таўмекен, Мотор қайық айдаған бизиң сүйген ярмекен?” деген қосықты ески жағыстан 250 километр қашықлықтағы 4-санлы мәкан пуқаралар жыйынының байрам кешесине қатнасқан жигит-қызлар айтып, кеўлимизге ғулғула салды. "Той десе қуў бас жумалайды” дегендей, ғәрезсизлигимиздиң 20 жыллығына бағышланған байрам салтанатлары районда әллеқашан басланып кеткен.
- Быйыл районның қуралғанына 80 жыл толады. Соған бола ғәрезсизлик байрам кешесин "Ўатан - пидайы перзентлерин умытпайды” сүрени астында өткерип, жыйналған журтшылық алдында ел хызметинде мийнети сиңген Ералы Сейтмәмбетов, Оразбай Әдилбеков ҳәм Камал Мәмбеталиевлердиң исмлери ҳүрмет пенен тилге алынды.
Саз-сәўбет тыңлап, спорт ойынларын тамашалағанлар исбилермен Сипатдин Камбиловтың кең жайылған дастурханын дөгереклеп, шүлен қазанда пискен палаўынан дәм татысты.
|