Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана Екшемби, 22.12.2024, 04:31
Хош келипсиз Гость | RSS
Сайт мазмуны

Мини-чат

Бизиң сораўлар
Сайтымызға баҳа бериң
Барлық жуўаплар: 46

Статистика

Онлайнда: 1
Мийманлар: 1
Пaйдаланыўшылар: 0

Кириў усылы

Главная » 2011 » Август » 25 » ЎАТАНДЫ ЖЫРЛАFАН УЛЛЫЛЫҚ ТАБАР
14:53
ЎАТАНДЫ ЖЫРЛАFАН УЛЛЫЛЫҚ ТАБАР

Қандай дәрежеде, қайсы лаўазымда ислемесин, қолынан қәлеми түспеген, поэзиясында, прозалық шығармаларында, ҳәмийше дәўир нәпеси менен суўғарылған публицистикалық мийнетлеринде Ўатанды, сол Ўатанның ғәрезсизлиги, тыныш-татыўлығы, абаданшылығы жолында пидайылық көрсетип атырған дәўиримиз қаҳарманларын, ғәрезсизлик алған қысқа дәўир ишинде елимиз қолға киргизген уллы жаңаланыўларды жырлаўдан шаршамайтуғын Гүлистан Аннақлычеваның аты және бир мәрте пүткил Өзбекстан бойлап тарап атыр. Ол ғәрезсизлигимиздиң 20 жыллығы алдынан шөлкемлестирилген "Ең уллы, ең әзиз” таңлаўының жеңимпазы болды.

Қарақалпақстан халық шайыры, Республикамызда басшы лаўазымларда ислеген, Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасы депутаты сыпатында жумыс алып барған, ҳәзирги ўақытта Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң депутаты, "Қорақалпоғистон тонги”, газетасының бас редакторы, сондай-ақ "Қарақалпақ әдебияты”, қарақалпақстанлы ҳаял-қызлардың бирден бир газетасы болған "Гүлайым” газеталарына басшылық етип атырған Гүлистан апаның дөретиўшилиги, мийнет ҳәм өмир жоллары қарақалпақстанлы ҳаял-қызлар ушын өрнек десек асыра айтылған болмайды. Оның жигирмаға жақын китаплары түрли тиллерде баспадан шыққан. Бул мийнетлериниң ҳәр биринде Ўатанға муҳаббат, туўылған дияр туйғылары, инсанның қәдир-қымбаты жырланады ҳәм олар өз оқыўшыларының қәлбине жол тапқан.

Шайыраның ғәрезсизлигимиздиң 20 жыллығына бағышлап жазылған публицистикалары, мақалалары, қосықлары, дәстаны киргизилген "Ўатан руўхы” атлы китабы китапқумар оқыўшылар қәўиминиң қолына жақында тийди.

Г.Аннақлычеваның бундай мийнетлери мәмлекетимиз тәрепинен жоқары баҳаланып киятыр. Оның "Ең уллы, ең әзиз” таңлаўының жеңимпазы болыўы да талантлы шайыр, жазыўшы дөретиўшилигиндеги соңғы жетискенликлерине берилген баҳа болды.

Оған табысларыңыз қутлы болсын, дөретиўшилигиңиз ҳәмийше бийик шоққыларды тәрк етпесин деймиз.

П.ХОЖАМУРАТОВА

Просмотров: 1078 | Добавил: Erkin | Рейтинг: 0.0/0
Всего комментариев: 0
Имя *:
Email *:
Код *:
Излеў

Календарь
«  Август 2011  »
ПнВтСрЧтПтСбВс
1234567
891011121314
15161718192021
22232425262728
293031

Архив

Сыбайлас сайтлар
  • Қарақалпақстан музейи менен танысың
  • Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң веб-сайты
  • Қарақалпақстандағы оқыў орынларының бири
  • Кеўил ашар
  • Рунеттеги сайтлар
  • Қарақалпақстан жаңалықлары

  • Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары. Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
    Copyright MyCorp © 2024