Тахтакөпир республикамыздың арқа-шығыс аймағында жайласқан. Ол түсликте Беруний, батыста Қараөзек, арқа-батыста Арал теңизи, арқада Қазақстан, шығыста Наўайы ўәлаятлары менен шегараласады. Жер майданы 2112218 гектар. Аўыл хожалығында пайдаланатуғын жер майданы 545611 гектар, егислик жерлери 32621 гектар. "Қуўанышжарма” каналының суўынан пайдаланады. Районның бир посёлка, тоғыз аўыл пуқаралар жыйынлары аймақларында 40 мыңға шамалас пуқара жасайды.
Өтип баратырған ҳәр бир күн бизге ҳәммемиз ушын қәдирли, ең уллы ҳәм муқаддес байрам - Өзбекстан Республикасы Fәрезсизлигиниң 20 жыллық байрамына жақынластырып, бул халқымыздың кеўиллерине көтериңки руўхый кейпият бағышламақта. Көп миллетли Ўатанымыздың барлық халықлары қатары Тахтакөпир районының гүллән халқы да бул уллы байрамға мүнәсип таярлықлар көрип атыр.
Fәрезсизлик жылларында районымыздың түрли өндирис тараўларында ҳәм халықтың турмысында үлкен өзгерислер жүз берди. Аўылларымыздың келбети жаңаланды. Халқымыздың мәдений-руўхый дәрежеси ҳәм ҳуқықый билимлери өсти.
Аўыллық жерлерде өндиристи, социаллық инфрадүзилислерди раўажландырыў бойынша кең көлемли жумыслар әмелге асырылды. Аўыл халқын тәбийғый газ, таза ишимлик суў менен тәмийинлеўде, саўда, медицина, турмыслық хызмет көрсетиў дәрежесин жаңа басқышқа көтериўде қатар унамлы нәтийжелерге ерисилди. Бүгинги күнде район халқы 100 процент электр қуўаты, 93,7 процент тәбийғый газ ҳәм 79 процент таза ишимлик суўы менен тәмийинленген.
Аўыл хожалығын реформалаў алға қарай кең қәдем таслап бармақта. Районымыз тийкарынан аўыл хожалығына қәнигелескен болғанлықтан халықтың дәраматы усы аўыл хожалық өнимлерин жетистириўдиң дәрежеси менен тығыз байланыслы болып, егислик жерлер бас байлығымыз және оның өнимдарлығын арттырыў негизги ўазыйпа есапланады. Сонлықтан да, ҳүрметли Президентимиздиң 2008-жыл 19-марттағы ПҚ-817 санлы "2008-2012-жылларда суўғарылатуғын жерлердиң мелиоратив аўҳалын жақсылаў мәмлекетлик бағдарламасы ҳаққында”ғы қарары тийкарында бул жылларда район бойынша 332 километр дренаж тармақлары тазаланып, оған 1 миллиард 177 миллион сумлық қаржы сарпланды ҳәм ҳәзирги күнде де усы белгиленген жумыслар даўам етпекте.
Районымызда қурылыс тараўы тез пәтлер менен раўажланбақта. Ҳәзир 5 қурылыс кәрханасы аймағымыздың өндирислик, социаллық, мәдений объектлерин ҳәм турақ жайлар салыўда жоқары нәтийжели жумыс алып бармақта. Тек өткен алты ай ишинде районымызда 3 мың квадрат метр турақ жайлар салынып, пайдаланыўға берилди.
Fәрезсизлик жылларында республика Министрлер Кабинетиниң 2009-жыл 9-июньдеги 321-санлы қарары тийкарында үлкен көлемдеги қурылыс-монтажлаў жумыслары иске асырылды. Атап айтқанда, 3 мектеп жанынан таза спорт заллары қурып питкерилди. Район орайындағы балалар спорт майданшасы жанынан 12х24 метр көлемдеги типовой жабық спорт зал пайдаланыўға тапсырылды. Соңғы жыллары Тахтакөпир қурылыс коммунал хожалығы ҳәм аўыл хожалығы кәсип-өнер колледжлериниң имаратлары капитал реконструкцияланды. Халыққа медициналық хызмет көрсетиўди жақсылаў мақсетинде ҳәр бир сменада 50 адам қабыллайтуғын үш аўыллық-шыпакерлик пунктлери қурылды ҳәм иске қосылды. Жети аўыллық-шыпакерлик амбулаториялар реконструкция жумысларынан кейин сменасына 50 адам қабыллайтуғын аўыллық-шыпакерлик пунктлерине айланды.
Президентимиздиң 2009-жыл 3-августтағы ПҚ-1167 санлы "Аўыллық жерлерде турақ жай қурылысы көлемин кеңейтиўге байланыслы қосымша ис-илажлар ҳаққында”ғы қарары тийкарында "Қара ой” АПЖ аймағындағы "Мелиоратор” массивинен 198,4 миллион сумлық бир қабатлы, үш бөлмели үлги бес турақ жай қурылысы питкерилип, пайдаланыўға берилди. Елбасшымыздың 2006-жыл 25-июльдеги 425-санлы қарарына тийкарланып, 2007-2010-жылларда инвестиция бағдарламасы тийкарында район орайындағы көп квартиралы 22 турақ жайларды ири ремонтлаў әмелге асырылды.
Районымызда аўыл хожалығы жетекши тараў есапланады. Бирақ, аўылларды реформалаў бойынша Президентимиз тәрепинен жүргизилип атырған узақты көре билиўши сиясат нәтийжесинде соңғы дәўирлерде аўылларымызда халыққа турмыс хызметин көрсетиўши киши кәрханалар саны жылдан-жылға көбеймекте. Ҳәзир районда 717 мәмлекетлик емес кәрханалар жумыс ислейди. Райондағы 81 саўда кәрханасының 79 ы жеке меншик кәрханалар болып табылады. Олар өткен жылда 20097,4 миллион сум товар айланысын жасады.
Президентимиз тәрепинен быйылғы жылдың "Киши бизнес ҳәм жеке исбилерменлик жылы” деп жәрияланыўы мүнәсибети менен өткен алты айда киши кәрханалар саны 35 ке көбейди. Жәми районда 2 акционерлик жәми¬йет, 4 ширкет хожалығы, мүлкшиликтиң басқа түрлери бойынша 170 кәрхана дүзилген. Өткен 6 ай даўамында киши бизнес субъектлерине коммерциялық банк бөлимлери тәрепинен ҳаял-қызлар арасында исбилерменликти раўажландырыўға, жас шаңарақларға, азық-аўқат ҳәм азық-аўқатлық емес товарларды ислеп шығарыў ушын ҳәм хызмет көрсетиў және сервис тараўын раўажландырыў мақсетлерине 435 миллион сум кредитлер берилди. Усының нәтийжесинде 1044 жаңа жумыс орынлары, соның ишинде, үй мийнетин шөлкемлестириўдиң барлық түрлери бойынша 203 жаңа жумыс орынлары ашылды. Нәтийжеде бүгинги күнде районымызда киши бизнести тәсирли ҳәм избе-из қоллап-қуўатлаўдың нәтийжесинде олардың санаат өнимлерин ислеп шығарыўдағы үлеси 75,7, аўыл хожалығында 91,8, қурылыста 100, усақлап сатыў товар айланысында 15,4, төлемли хызмет көрсетиўде 28,2 процентти қурамақта.
Соны да айтыў керек, Fәрезсизлигимиздиң шарапаты менен районымызда туўрыдан-туўры шет ел инвестициялары тийкарында 2007-жылы аўыл хожалық техникаларына хызмет көрсетиўши "Дәўқара Сельмаш” жуўапкершилиги шекленген жәмийет түриндеги Өзбекстан-Украина қоспа кәрханасы иске түсирилди. Тиккелей сырт ел инвестицияларының көлеми 300 мың АҚШ долларын қурады.
Сондай-ақ, быйылғы жылдың биринши ярымында "Мелиоратор” массивинен бес турақ жай қурып питкерилди. Денсаўлықты сақлаў мәкемелерин капитал реконструкциялаў, "Шөгиркөл”, "Мелиоратор” массиви турғынларын ишимлик суў менен тәмийинлеў бойынша қурылыс ҳәм монтажлаў жумыслары даўам етпекте.
Бүгинги күнде районымызда 4850 гектар майдандағы гүзлик бийдайды орып-жыйнап, мәмлекетке 7200 тонна ғәлле тапсырыў бойынша қызғын жумыслар жүрип атыр. 3 мың гектар ғаўашаларды агротехникалық қәделерге сай тәрбиялаў ислери жедел алып барылмақта.
Елдиң азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеў бағдарында да көлемли жумыслар алып барылмақта. Быйыл 7057 тонна овощ, 2655 тонна картошка, 5253 тонна палыз, 389 тонна мийўе, 31 тонна жүзим, 5171 тонна сүт, 4403 тонна гөш, 1 миллион 586 мың дана мәйек, 40 тонна балық, 2200 килограмм пал жетистириў режелестирилген болып, усы тийкарда жумыс алып барылмақта.
Районымызда көклемзарластырыў ҳәм абаданластырыў, мийўели ҳәм сая¬манлы терек нәллерин отырғызыўға айрықша дыққат берилди. 31 гектар майданда таза бағ дүзилип, 1 гектарға жүзим нәллери отырғызылды.
Тахтакөпир — ири шарўашылық районы. Бизде қаракөлшиликке қәниге¬лес¬тирилген үш ширкет хожалығы ислеп атыр. Ҳәзир бәрше түрдеги хожалықларда 24227 бас ири қарамал, соның ишинде, 14953 бас сыйыр, 104839 бас қой-ешки, 2185 бас жылқы, 48527 бас қуслар өсирилмекте. Шарўаларымыз өткен бәҳәрде жаўын-шашын муғдары жүдә кем болыўынан келип шыққан қы¬йыншылықларды мәрдана жеңе отырып, қойлар ушын отлақлы жайлаўлардан үнемли пайдаланыўдың бәрше илажларын көрип атыр. Шарўаларымыз өткен 2010-жылда 4001 тонна гөш, 4803 тонна сүт, 170 мың дана мәйек, 127 тонна қой жүнин жетис¬тирди ҳәм қарыйдар кәрханаларға жөнетти. Районымызға көп сүт беретуғын 50 бас ҳәм көп гөш беретуғын 50 бас ҳасыл туқымлы малларды алып келиў бо¬йынша жумыслар жүрип атыр. Сондай-ақ, қусшылықты раўажландырыў ушын 7460 шөже алып келиў, 3 балықшылық хожалықлары тәрепинен балық шабақларын өсириў, пал ҳәррешилигин раўажландырыў бойынша жумыслар жүргизилмекте.
Fәрезсизлик жылларында районымызда улыўма билим бериў ҳәм жасларды кәсип-өнерге үйретиў тараўында кең көлемли өзгерислер пайда болды. Ҳәзир районда 24 мектеп, 2 колледж, 1 мектеп-интернат жас әўладларға тәлим-тәрбия бермекте. Қысқа ўақыт ишинде бир колледж ҳәм еки мектеп имаратлары қурылып, пайдаланыўға тапсырылды. Мектеплер ҳәм колледжлер реконс¬трукцияланып, жеңил және ири оңлаў жумыслары жүргизилди. Олар заманагөй компьютер ҳәм оқыў үскенелери менен тәми¬йинленип, оқыўшылардың тыянақлы билим алыўлары ушын қолайлы шараятлар жаратып берилди. Оқыў¬шы-жаслардың физикалық жақтан саламат болып жетилисиўи ушын бәрше қолайлықлар дүзилген. Мектеплердеги 20 спорт залында 2150 адам спорт пенен турақлы шуғылланады. 1272 жас өспирим түрли спорт секцияларына қатнайды. 8 клубта дүзилген 34 дөгеректе 444 адам өнер сырларын үйренбекте. Соңғы жылларда районда көркем гимнастика ҳәм гүрес секциялары ашылып, оған қатнайтуғын жаслардың қатары үзликсиз көбейип бармақта.
Fәрезсизликтиң дәслепки күнлеринен баслап-ақ елимизде инсан мәплери биринши орынға қойылып, бизиң бәрше жетискенликлеримиз халқымыздың тыныш, пәраўан турмысы ушын хызмет етпекте. Ҳәммесин айта бериў шәрт емес шығар, тек быйылғы жылдың өткен алты айында еки жасқа шекемги балалардың күтиминде отырған ҳәм 18 жасқа шекемги балалары бар аналарға, сондай-ақ, кем тәмийинленген шаңарақларға 1 миллиард 297 миллион сум напақа пуллары берилгени бул пикиримиздиң айқын дәлили бола алады. Аймағымызда 200 орынлық емлеўхана, 1 поликлиника ҳәм 1 республикалық балаларды саўаландырыў санаториясы болып, 56 шыпакер, 486 орта буўын медицина хызметкерлери халыққа қәнигели медициналық хызмет көрсетпекте. Тараўдың жумысларын және де жетилистириў мақсетинде 10 аўыллық-шыпакерлик пунктлерине оңлаў жумыслары исленип, заманагөй емлеў ҳәм диагностикалық үскенелер менен тәмийинленди ҳәм олар халқымызға сапалы медициналық хызмет көрсетиўде қолланылмақта.
Тахтакөпирли мийнет жәмәәтлери алдымызда киятырған Fәрез¬сиз¬ли¬гимиздиң 20 жыллық мүбәрек тойын пахтадан ҳәм ғәлледен жоқары зүрәәт жетистириў менен ылайықлы күтип алады. Мен район халқы атынан республикамыздың барлық мийнеткешлерин, ҳүрметли дийқанларымызды усы муқаддес байрамымыз бенен қызғын қутлықлайман.
О.ШАНАЗАРОВ, Тахтакөпир районы ҳәкими.
|