Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана Екшемби, 22.12.2024, 04:37
Хош келипсиз Гость | RSS
Сайт мазмуны

Мини-чат

Бизиң сораўлар
Сайтымызға баҳа бериң
Барлық жуўаплар: 46

Статистика

Онлайнда: 1
Мийманлар: 1
Пaйдаланыўшылар: 0

Кириў усылы

Главная » 2011 » Август » 16 » ҮСТИРТТИҢ ОЯНЫЎ ДӘСТАНЫ
10:54
ҮСТИРТТИҢ ОЯНЫЎ ДӘСТАНЫ

                     ЖАҚЫН ӨТКЕН КҮНЛЕРИ

- Өтмишке сүйенип ис көриў қайырлы,-дейди Абдулла Қадирий.
-Тарийх болып өткен ўақыяларды өз-ара салыстырып көриўге имканият береди. Хабарыңыз бар, өткен әсирдиң 70-жылларында Арал теңизиниң суўы шегине баслады. Бул жыллар қарақалпақ ели ушын күлпет ҳәм апатшылықлар дәўири болды. Сол ўақытта барлық телеканаллар, ҳәттеки, жергиликли телевидениеде "Аққуў көли” балетин көрсеткени еле ядымда. Олар жуплығынан айырылған аққуўға кеўил билдириўге шақырған. Лекин, Арал апатшылығы, оның ақыбетинде миллионлап инсанлар басына түскен күлпет өзгелерди тәшўишке салған жоқ.

Сол ўақытта да Үстирт Үстирт еди, ҳәтте, оның аты жүректе қорқыныш қозғар еди. Дурыс, совет дүзими дәўиринде Үстиртке экспедициялар шөлкемлестирилген, бураўлаў жумыслары алып барылған. Ҳәтте, өткен әсирдиң 60-жылларында өуўаныш ҳәм Шақпақты газ кәнлери жумыс баслаған. Солай болса да, жақынға шекем ел-халқымыз ушын бул әзим саҳра сырлығынша қалды. Ҳәрқандай сырдың арқасында таңқаларлық әпсана ҳәм мыш-мышлар гезип жүреди, сондай нызам бар.

Пердебай аға деген бир ағайинимиз болып, 60-жылларда ол "ЗиЛ” деген машинада бизиң аўылға тез-тез келип туратуғын еди. Биз, аўыл балалары "Универсал” деген трактордан басқа транспортты көрген емеспиз, сол себепли оның келиўи байрам болар еди. Тәбийғый, оны саўалға тутар едик.
- Машинаңыз батып қалмай ма?

- Батады, лекин, шығып кетеди. Бир сапары сексеўил алыў ушын Үстиртке барғанда сәл қыйналдық, лекин...

- Үстиртте не бар?

- Ҳей, Үстиртти айтпаң, есиме түссе уйқым қашады. Жейран дейсиз бе, жолбарыс дейсиз бе, сайғақ дейсиз бе, ҳәмме-ҳәммеси бар. Бир шопан үш баслы айдарҳа көрген екен... Пердебай аға Үстиртти усылай тәрийплеген еди.
1975-жылы Үстиртке аяғым тийди. Қоңырат-Бейнеў темир жолы жақында ғана иске түскен еди. өоңыратта поездға отырып, жол-жөнекей шөл-қыябанды, темиржол бойында қурылған жаңа бәндиргилерди тамашалап кеттим. "Қырыққыз, "Абадан”, "Жаслық”, "Қарақалпақ”... бәндиргилер аты еле ядымда. Темиржолшылар ушын қурылған шырайлы үйлер. Сол ўақытта тек ғана "Жаслық” бәндиргисинде газ станциясы комплекси болған еди.

Ўақыт биймәлел, жол узақ. Сол себепли нураный қарияны сәўбетке тарттым.

- Ата, бул Үстиртте илгери адамлар жасаған ба?

- Әлбетте, жасаған. Мине, мен Үстиртлимен, әкем де, атам да сол жерде туўылып, сол жерде жасап өткен. Хош, өзиң Үстиртте не қылып жүрсең?

- Үстирт ҳаққында жазыў ушын киятырман...

- Үстирт жүдә бийпаян, ушы-қыйыры жоқ. Оны айланып адағына жетиў қыйын, балам... Мен Аралды да, Үстиртти де Ўатанымның бир бөлеги, тиришилик арқаўы деп билемен, сүйемен. Олар мың жыллар даўамында ҳешқандай тәсирсиз жупкерлесип жасап келген. Теңиз толып турған ўақытларда Үстиртте ықлым турақлы еди, жайлаўлар отлақлы болып, сүриў-сүриў қой, жейран ҳәм сайғақлар менен қуланлар отлап жүрер еди...

Теңиз узақлағаннан кейин ықлым кескин өзгерди, ақыр-ақыбет қойлардың бас саны кемейди, жейранлар менен сайғақлар болса "Қызыл китап”қа кирди, қуланлар баспүкил жоқ болып кетти...

               "БУЛАҚТЫҢ КӨЗИН ЖАЎМАЎ КЕРЕК!..”


1979-жылы ерте гүзде "Үстиртте нефть шықты!” - деген даўрық жайылды. Жазыўшылар аўқамы баслығы, атақлы шайыр Ибрайым Юсупов мени шақырып, Үстирт ҳаққында, қарақалпақ нефти ҳаққында жазыўды тапсырды.

Ертеңине сәҳәрде "Қарақалпақнефтьгаз” бураўлаў экспедициясына жол алдым. Ол Қоңырат қаласының қақ ортасында жайласқан еди. Экспедиция басшысы Абдумалик Умаров:

-Ибрайым аға келетуғыныңызды айтқан еди,-деди. -Сизиң жаныңызға Турғанбай Турсуновты қосаман. Самолёт саат 11 де ушады. Ақшолаққа барасыз. Ҳәммесин өз көзиңиз бенен көресиз. Турғанбай аға геолог, бул жумысларды меннен де жақсы биледи, бирге боласыз, ол керекли түсиниклер береди.

"АН-2” самолёты киши авиацияның пидайы ошағы, биз онда ҳаўаға көтерилдик. Соннан кейпиятым көтерилип кетти. Биринши қарақалпақ нефти! Оның келешеги ҳаққындағы шийрин қыяллар санамды бийлеп алды.

Мен сол ўақытта Ақшолаққа жоқары кейпиятта барғанман, Назарбай исмли бураўлаў устасының жумысларын гүзеткенмен. Бураўлаўшылар бәлентлиги 40 метр болған минара үскенеде үш сменада жумыс ислер еди. Бураўлаў барысында ҳәрекет үзиликсиз болыўы керек, себеби, бураўлаў ушын майлап туратуғын ылай қатып қалса, Үскене истен шығып, басқаша жағдай жүзеге келеди.

-Қанша жерге жетип барды?-деп сорады Турғанбай аға.

- 3651 метр! -деди Назарбай. Соннан соң бураўлаў жумыслары мәлим қатламға жеткеннен кейин алынған топырақ үлгилерин көзден кеширдик. Онда нефть ийиси бар еди...

- Үстирттиң қай жеринен нефть шыққан, өзи?-деп сорадым мен. Оны жүдә көргим келип атырған еди.

- Асықпаң. Ертең барамыз,-деди Турғанбай аға. - Буннан 3 километр арыда.

Азанғы шайды ишип болған соң Турғанбай аға екеўимиз пияда жолға шықтық. Төбемизде қанат жайып сайраған торғай бизге жолдас болды. Мәнзилге ярым саатта жетип бардық. "Нефть шықты!” - деп даўрыққа себеп болған "Ақшолақ-3” деген орында бар-жоғы бир ғана қубыр бар екен.

- Август айының басында нефть атылып шықты,- деди Турғанбай аға. - Лекин, биз бул нефть булағын жаўып тасладық. Себеби, бириншиден, оның әтирапынан және қудықлар қазып, улыўма нефть запасын анықлаў керек, екиншиден, Тюмент кәнлеринде 500-600 метрден нефть шығып атыр. Ол жүдә арзан өним, бизиң нефть сапалы болыўына қарамай, жүдә қымбатқа түседи.

- Запасларын тез арада анықлаўдың басқа жолы жоқ па?

- Бар. Бураўлаўды көбейтиў керек. Бул көп қәрежет талап етеди. Жоқарыдан бизге ҳәр жылы тек ғана төрт қудық қазыў ушын қаржы ажыратылады. Егер, усы темпте даўам етсек запас кеминде 15 жылда анықланады...

Арадан үш жыл өткеннен кейин "Ақшолақ-3” кәни қайта ашып көрилгенде нефть "қашып” кеткенлиги айдынлас¬ты. Геологлар: "Ашылған булақ көзин жаўмаў керек еди” деп қыйналды. Лекин, сол дэўир усыны талап еткен. Үстирт әскерийлестириў ушын жүдә қолай орын еди. Арал қурығаны жетпегендей, бул жерде әскерий сынаўлар өткерилип, қоршаған әтирап патасланған... Сол ўақытта биз Турғанбай аға менен нефть шыққан қубыр әтирапын узақ айландық. Кеўлим тилеген орын емес еди. Сол себепли руўхым түсип кетти. Соны сезди ме, ол киси түслик тәрепке жол баслады. Еки шақырым жүргеннен кейин, алдымызда әжайып бир кл пайда болды.

- Бул сағым емес пе, аға? -деп сорадым ҳайран қалып.

- Жоқ, бул Барсакелмес көли,-деди Турғанбай аға. - Ас дузының кәни бул! Жер жүзиндеги халықтың еки жүз жыл талабын қанаатландыра алады.

Нөкиске келип Үстирт нефть-гази ҳаққында жаздым. Соң оны Илимлер академиясы Қарақалпақстан филиалы Тәбият инс¬титутының көрнекли алымы, геология-минерология илимлери кандидаты Жаңабай Саманов¬қа бердим. Ол қолжазбамды оқып шыққаннан кейин:

- Жазғаның жаман емес, лекин, сеннен Бердақ шықпайды! - деди. – Қәне бунда халық мәпи?! Үстирттен яки Арал бо¬йынан қазылма байлық шықса, ол ел-журт турмысын жақсылай ма? Хош, оны көмип таслағаннан сениң менен маған, адамларға не пайда?

Мине, Үстирт гази Европаға жетип барды,-деп жазыпсаң, - бул туўры, лекин, өзимиздиң ел бул газдиң жүзин көрген жоқ-ғо. Қалаберсе, дүньяда газ не екенинен бийхабар адам оны тек ғана ыссылық дереги деп биледи. Ақыллы адамлар болса, газден ҳәрқыйлы өним, айтайық, "газ орамал”, "нейлон”, "капрон”, пластмасса сыяқлы буйымлар таярлап, жүз есе қымбатқа сатады. Соған итибар бериў керек. Үстирт ҳаққында жазғаныңды оқып, маған усаған адамлар: "Саҳраны разы қыл, болмаса оны тыныш қой!” - дейди.

Соннан берли қашандур Үстиртти гезсем алымның сол айтқан гәпи ядыма түседи. Бул, "Тәбияттың ҳәр бир жемисинен ақылға муўапық пайдаланыў керек. Оннан ел-халыққа мәп келсин!”-дегени еди.

Лекин, буның ушын Ўатан ғәрезсиз болыўы, өз халқы мәплерин ҳәмме нәрседен үстин қойыўы керек екен!..

                           ЖАСАРЫЎ

Үстирттеги қуўанышлы өзгерислер ғәрезсизликтен соңғы жыллары әмелге асырылды. Қоңыраттан 40 шақырым арыда, "Кийиксай”да сода заводына тырнақ салынды. Бундай үлкен қурылысты қарақалпақ түсинде де көрмеген. Онда ҳәрқыйлы 80 шөлкем жәмәәти жан күйдирип ислегени ядымда. Мине, усы кәрхана себепли қанша адам жумыс пенен тәмийинленди, қаншасы үй-жайлы болды. Сол ўақытта бир шопан: "Енди биз усы заводқа қарап бойымызды өлшеймиз!” - деген еди. Бул мақтаныш. Бундай туйғы инсанның қәддин көтерип, оған қанат бағышлайды. Бул қурылыс өзин таныған адамлар ушын тиккелей жаңа дүньялар ашты...

2007-жылдың 17-майында Президентимиз И.Кәримов Қоңырат сода заводын келип көрди. Ол заводтың тийкарғы басқарыў пультында болып, жас оператор-технологлар менен гүрриңлести. Олардың жумысы, қәнигелиги, турмыс шараяты ҳәм арзыў-үмитлери менен қызықты. Соннан соң завод жанынан жас қәнигелер таярлаў ушын бул жерде Ташкент химия-технология институтының арнаўлы сыртқы бөлимин ашыў ҳаққында көрсетпе берди. Мине, буған да төрт жыл болды. Бы¬йылғы жылы институт филиалын 65 жас қәниге питкерип шықты.

Сол ўақытта мәмлекетимиз басшысы завод пенен Қоңырат қаласын байланыстырып турған 40 километрлик жолды кеңейтип, автомобиль тез ҳәрекет ететуғын магистралға айландырыў зәрүрлигин айтты. Бүгин сол жол тиккелей жаңа көриниске енди. Кең ҳәм рәўан, заманагөй, көрген адамның ҳәўеси келеди... Завод жанынан ислеп шығарыўды кеңейтиў ушын йодланған дуз, бишофит, минерал порошок, шийше ыдыслар ҳәм силикат гербиш таярлаўшы қосымша системалар қурылмақта. Ҳәзир заводта 1320 жумысшы ҳәм қәнигелер ислеп атырған болса, жаңа системалар иске түскеннен кейин олардың саны және де артады.

Үстиртте бундай өзгерислер шексиз ҳәм ол кеўилге нур бағышлайды. Неге десеңиз, бул топырақта тасланған ҳәр бир қәдем инсанлар турмысын беземекте, олардың қәлбине уллы арзыў нийетлер алып кирмекте. Адамларға күш бағышлап, жаңалыққа умтылып, қурып-жаратып жасаўға талпындырмақта.
 
 

                 FӘРЕЗСИЗЛИК БИЗГЕ НЕ БЕРДИ?
 
 

Fәрезсизлигимиздиң Үстирт¬ке арнаған Үш тийкарғы бағдарын билемен.

Бириншиси. Поездлар дәслеп тек ғана Қоңырат-Бейнеў жөнелисинде ҳәрекетленер еди. Бүгин бул темир жолдан Ташкент, Самарқанд, Москва, Санкт-Петербург, Саратов, Волгаград, Ашхабад, Душанбе ҳәм Ходжент қалаларын өз-ара байланыстырыўшы жолаўшы поезд¬лар үзликсиз қатнамақта.

Екиншиси. Уллы Жипек жолының тиклениўи Үстиртке жаңаша өмир бағышлады, халық¬аралық әҳмийетке ийе Гузар-Қоңырат-Бейнеў автомагистралы қурылысы басланды. Ҳәзир оның Үстирттеги ең аўыр участ¬касында шебень төсеў жуўмағына жетти, асфальт төсеў болса жедел даўам етпекте.

Үшиншиси. Үстирт газ-нефть санааты раўажланған, инфрадүзилмели тармаққа айланбақта. Өткен жылы кәрхана 90261 тонна, усы жылдың өткен 5 айында 43171 тонна сода ислеп шығарды. Ол жылына 100 мың тонна кальцийлестирилген сода ислеп шығарыў мүмкиншилигине ийе. Билесиз, кальцийлестирилген ҳәм каустик сода дүнья базарында жүдә қымбат ҳәм бундай завод регионда жалғыз. Және оның әтирапында ҳәрқыйлы кәрханалар жүзеге келмекте. Усы орында "Кунградинвестстрой” ҳәм "Soda salt group” кәрханаларын айтып өтиў орынлы. Олардың бири екилемши өнимнен жылына 10 мың тонна минерал порошок ислеп шығарады. Екиншиси болса, қарыйдарға ҳәр жылы 10 мың тонна йодланған ас дузын жеткерип береди. Бул кәрханалар ғәрезсизлик байрамы қарсаңында ис баслайды ҳәм сол күни 86 жигит-қыз жумыс пенен тәмийинленеди.

Ҳаў, айтпақшы, сода заводы қурылысы мүнәсибети менен саҳра қойнында әжайып қалаша бой тикледи ҳәм оны халық шайыры, Өзбекстан қаҳарманы Абдулла Арипов "Елабат” деп атады ҳәм Үстирт қаҳарманлары ҳаққында дәстан жаратты. Ҳәзир қалашада 2200 ден аслам халық жасайды. Балалар бақшалары, билимлендириў ҳәм медицина мәкемелери, спорт объектлери, ҳәмме-ҳәммеси бар. Көшелер абат, жасылға бүркенген. Шаңарақлар тәбийғый газ ҳәм таза ишимлик суўы менен тәмийинленген. Ташкент ҳәм Нөкис базарларын айланып, оларда нени көриў мүмкин болса, сол мийўе-жемислерди Елабадта да көриў мүмкин. Және қай жерде дең, Үстиртте!

Мәмлекетимиз басшысының басламасы менен Елабадтан 40 шақырым арыда Сүргил газ-химия кәрханасын қурыўға қол урылды. Бул қурылыс Корея Республикасы менен биргеликте қурып питкериледи.

Өз ўақтында Шақпақты менен Қуўаныш газ кәнлери "Өзин ақламайды” деп жаўып тасланған еди. Бүгинги күнде олар және иске түсирилди. Кәнлердиң дәслепки қуўаты қайта тикленбекте. "Қарақудық”, "Ерсабай”, "Тиллалы”да келешек кәнлериниң ашылыўы күтилмекте. Қараң, бир ўақытлары Комсомольск на Устюрте қалашасы қаңырап қалған еди. Мине, ҳәзир қалаша адамлар менен толы. Бул нени билдиреди? Демек, Үстирт ел менен абат болмақта. Буның және бир мысалы сыпатында Нөкистен 328 километр алыста жайласқан "Жаслық”, 446 километр ишкериде болған "Қарақалпақ” елатлы пунктлерин еслеў мүмкин. Олардың биринде 4500, екиншисинде 3800 адам жасайды. Бул жерде "Қарақалпақ” компрессор станциясы, темиржол станциясы, вокзал, мектеп, балалар бақшасы, медицина мәкемелери ҳәм спорт заллар халық хызметинде. Шөлге шыйрақлық бағышлайтуғын бул инсанлардың жүрегинде оты болса керек, деп ойлайман.

Бул адамлар ата-бабаларының өлмес дәстүрлерин қайта тиклеў ҳәрекетинде. Олар өз журтының ҳәр бир қарыс жерин, жантақ-жыңғылын өзге журттың бағы-бостанынан абзал көреди, ҳүрметлейди. Сол себепли, ески Үстирт баўырына да самал тийип, онда шыйрақ турмыс нәпеси гезе баслады.

Оразбай ӘБДИРАХМАНОВ,
Қарақалпақстан халық жазыўшысы.
Просмотров: 1567 | Добавил: Erkin | Рейтинг: 0.0/0
Всего комментариев: 0
Имя *:
Email *:
Код *:
Излеў

Календарь
«  Август 2011  »
ПнВтСрЧтПтСбВс
1234567
891011121314
15161718192021
22232425262728
293031

Архив

Сыбайлас сайтлар
  • Қарақалпақстан музейи менен танысың
  • Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң веб-сайты
  • Қарақалпақстандағы оқыў орынларының бири
  • Кеўил ашар
  • Рунеттеги сайтлар
  • Қарақалпақстан жаңалықлары

  • Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары. Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
    Copyright MyCorp © 2024