Кеўил қусым ушып кетти изинен, Услай алмай қалдым усы сапары. Жуманияз Өтениязов.
«1» "Улмамбет аға!
Жумыстан келсем, ақлықларыңыз Айзада менен Шахзада сизиң берип жиберген китабыңызды (У.Хожаназаров. "Кеўил қусым”.
"Қарақалпақстан баспасы”, 2010) әкелип берипти. Биринши бетине бир куплет қосық та жазыпсыз:
"Халқың - қарақалпақ, атың - Тамара, Руўхыят булағын таңда жағала, Шайырлардың ғаррысы жоқ, жасы жоқ, Бизди де умытып кетпең набада.
Үлкен ҳүрмет, айрықша иззет пенен автор. 20.10.2010” деп қол қойыпсыз.
Бул "сюрпризиңизден” кейпиятым әбден көтерилип, түнниң бир ўағына дейин поэзия теңизинде толқып отырғанымды жасырғым келмейди.
«2 »
Соннан берли көп күнлерге шекем китабыңызды сумкама салып, сәл қолым саўа болса оқып, жумыстағы кәсиплеслериме де, досларыма да китабыңызды көрсетип, қосықларыңызды оқып берип жүрдим. Балаларыма, әсиресе, "Ақлықларыма саўға” деген бөлими унап қалды. Күнде кеште жумыстан келгенде енди тили шығажақ Айдәўлетке "Әўелемен, дүўелемен”иңизди айтқызаман:
- Әўелемен, дүўелемен, Аяқлай да түўел екен: Аппақ қызы Айжан менен, Батый улы Байжан менен, Бажбан атам қайда кетти?
- Айға кетти. - Қашан келей? - Жаз келей. - Сен туй, - Сен шық.
Оннан кейин Дүрдана, Гүлистан, Айымхан төртеўи сапқа дизилип, даўыс қосып "Бала пышық”ты айта баслайды:
Бала пышық, бала пышық, Жүниң мамық ғана пышық, Қалай тамақ тойдырасаң, Аўқатыңды жалап ишип...
"Ҳәкке мырза”ны да ядлаў аңсат екен. Мен қызыққа үйдегилерге оқып бере берген қусайман. Айдәўлет бир-еки күннен:
Ҳәкке мыйза, ҳәкке мыйза, Танымалы көпке мыйза, Ҳәй путаға үңилесең, Уйлығыңыз көп пе мыйза?-деп өзиме айтып берип тур.
"Қуралбай” менен "Мураттың тили” ертеңге қалады. Бул қосықлар бизлердиң үйимизге қаншелли қуўаныш ҳәм заўық бағышлағанын көрсеңиз еди! Демалыс күнлери "папамызға” ҳәммемиз жаңа қосығыңызды тыңлатамыз, аўылдан келген кемпир апасы: "мениң қызларымның қыссасы жақсы екен” деп марапат береди. әне, бизиң жақта сондай әңгимелер.
Бул қосықларды Өзбек тилине мәмлекетлик бийлик берилгенине байланыслы университетте болып өткен кеше қатнасыўшыларына оқып берген едим. Ертеңине Замира Қабулова деген Өзбек тили муғаллими үйине барып пышығының бармағын санағанын күлип айтып берди. Себеби, сиз:
- Бала пышық, бала пышық, Беске дейин сана пышық, Егер санаў қыйын болса, Бармағыңа қара, пышық,-деп "тапсырма” берген едиңиз.
Мектеп оқыўшылары ушын сабақлық жазып жүрген авторлардың бири сыпатында филология илимлериниң кандидаты Зияда Бекбергенова менен "Буннан қырық-елиў жыл бурын дөретилип, қосықлар жыйнағында да жәрияланған, көпшиликке жақсы таныс, балалардың тилине қайым, ықшам қосықларды "Әлипбе”ге ямаса "Оқыў китабы”на киргизип, жаңалап барсақ, бул жеткиншеклеримиздиң тилин, ой-өрисин өсириўге көмек беретуғыны тақыйық ғой”, деп пикирлескенимизде, ол да сизиң поэзияңыздың ықласбенти екенлигин, келешекте жазатуғын сабақлықларында үлги сыпатында киргизетуғынын айтқан еди. Мен Зиядадан жүдә рийза болдым. Себеби, балалар поэзиясы тек кишкентайлардың кеўлин көтерип қоймастан, олардың ата-аналарына да қозғаў салады. Пенсияға шыққан аталар менен әжелер де көбинесе ақлықларының тәрбиясы менен шуғылланатуғыны бурыннан мәлим ҳәдийселер ғой.
«3»
Бир топар дөретиўши қызлар Әмиўдәрьялы шайыр Ханымжан Ражапованың баласының үйлениў тойынан қайтарсын "Түнги қосық”, "Туўған жер”, "Қәдирли” деген нама қосықларыңызды айтып, "Газел”диң ишин жаңлатып киятырмыз. "Шылпық”, мунарланған Қаратаў, кең жазық далалар, бул күнлери әдеўир тыншып қалса да Жәйҳун дәрья кеўлимизди таўдай көтереди. Қосықларыңызға ўақтында намалардың жақсы шыққанына да сизиң шайырлығыңыз себеп болған шығар-аў. Намасы да, атқарылыўы да, сөзи де үйлесимли. Тез ядлап, тегинликте умытпайсаң. Мине сондай афоризмлерден еске түсирейик:
"Болсадағы қарыстай, Туўылған жер қәдирли, Қатарыңнан қалыспай, Жуўырған жер қәдирли”
"Бул кеўлимниң арзыў-ҳалын, сырларын, Ким түсинер сеннен басқа туўған жер”...
"Анам яңлы жалғыз улын қыймаған, Мен сени қыймайман ҳасла, туўған жер”.
Ўатан сезими ҳәр жүректе ҳәрқыйлы жаңлайды. Сонда ким туўылған жер туўралы қосық жаздым десе, негедур "Әжинияздың "Еллерим барды”сы менен Аяпбергенниң "Тәрипи” қатарында сизиң "Туўған жер”иңизге салыстырғым келе береди...
«4 »
"Кеўил қусы” топламы туўралы "ҚМУ хабаршысы” илимий журналының редакциясында шайыр Сағынбай Ибрагимов пенен сәўбетлесип қалғанымызда, Сағынбай аға "Ушырасыў”, "Онда бәҳәр еди”, "Ҳәким қызы Разия”, поэмаңыз "Әпиўайы аўыл әңгимеси”, басқа да дөретпелериңизди ядқа билетуғынын аңлап қалдым. Бурын журнал вариантында басқаша еди, деп айырым өзгерислерге шекем билип баратыр. Меннен сизиң үй телефоныңызды, адресиңизди анықлап бериўимди сорады. "Не қылажақсаң?” десем, "сөйлесежақпан, айырым қосықларының кимлерге арналғанын билежақпан”, "сен де жаз, ағамыз қуўанып қалсын” деп усыныс етти. Мен әдебият сыншысы емеспен, оның үстине, баспасөз ушын қосық таллап көргеним жоқ” десем, "күни менен маған айтып отырғанларыңды жаз” деди. Шынында да, усы гәп қамшы, неге енди әпиўайы оқыўшы сыпатында-ақ шайыр қосықлары себепли оянған гөззал туйғыларымды, сезимлеримди хатқа сала алмас екенмен, деп ойладым. Оның үстине, өзиңиз де "Бизди де умытып кетпе набада” дегендей шама қылыпсыз. Ким де болса баспасөзде бир нәрсе жәрияласа, ел не дер екен, деп қулағын түрип жүреди. Сонша толғаныслардан "семиз” китап шығарсаң, бул аз нәрсе емес ғой. (Биреўлерди бир қосық пенен аты әдебиятта қалды, деп ҳайран қалсақ, биреўлер сонша китап шығарғаны менен бир қатарын ядқа билмек түўе, қосығын ақырына шекем оқып таўысыўға шыдамымыз жетпейди. Усындайда поэзия сыншысы болмағаныма қуўанаман! Ал, бүгин усы топламды күн сайын оқыйман да, ләззетленемен. Соңынан бир нәрсе жазыўым тийислигин ойласам, әдебиятшы емеслигимнен пушайман боламан). Университетте Юсупбай Әлимбетов деген философ илимпаз бар. Ол да Алматыда журналистиканы питкерген, поэзияны күтә жақсы анализлейди екен. "Бухара сапарынан” жазылған философиялық шығармаңыз оған яд болып қалған. Ағамыз усы қосық пенен байланыслы бирқанша илимий ойларын биз бенен бөлискенинде жигирма жети жыл бурын студентлик партада Гүлнара Дәўлетмуратова (ҳәзир "Тахтакөпир таңы” газетасының редакторы) деген курсласымыз (Гүлнара Палўанияз "ағаш қуйрық”тың Дәметкен деген қызынан туўылған ақлығы) "Тозады екен, тозады екен бәри де, Тек жулдызлар қалады екен мәңгиге!” деп басын силкип қайта-қайта ядтан айта беретуғынын еследим.
Сиз қызық адамсыз. Ибрайым Юсуповтың "Қара көйлек ишинде” деген қосығын көп минберлерден айтып әбден даңқын асырдыңыз. Сондай етип неге өзиңиздиң де көп ғана тамаша қосықларыңыздан халық алдында оқый бермейсиз? Және сизде өзгеше қосық оқыў усылыңыз бар. Лермонтовтың "Әзәзүл” поэмасын ядтан оқып бергениңиз Қарақалпақстан телевидениесиниң "Алтын қор”ында елеге шекем сақланыўы тегин емес шығар. Бул поэманы телевизиядағылар жаңадан өшпес таза ленталарға қайта жазып алса, жанларына саўап болар ма еди? Буған өзиңиз не дейсиз?
"Ўа шайырлар, шайырлар, Даңқыңызды жайыңлар. Алғысынан халқымның, Алатуғын пайым бар.
Көп китапты үйдим мен, Шығарман деп дийдиңнен, Наны жуқа кәсиптиң, Дәртинен ақ күйдим мен”.
Буннан азлап юмор менен сатираның ийиси шығып турған жоқ па?!
«5»
"Әпиўайы аўыл әңгимеси”. Поэма мениң жүрегимди езип жиберди. Абатжапты қонған жағалап. Бизиң аўыл он бес шаңарақ. Күн батысы "Дәўдиң тереги” Ортасында мектеп бар еди. Қойымшылық еди қубласы Ҳәм "Айжамал өзек”тиң қасы Даңғырлаған арба жол еди, Отыншылар соннан келеди. Гөне аңғар оның аржағы, Шеңгел басып кеткен жән-жағын...
Қәдимги қарақалпақ аўылларының буннан артық сулыў сүўрети бар ма екен?!
"Адам еткен ақ сүт емизип, Өз анамды "кише” дегизип...
Бул дәстүрлер елеге шекем халқымыз арасында әдиўли. Әдетте, туңғыш перзентлер әкесине ини, анасына қәйни, бийкештей болады. Поэманы бирме-бир таллап отырыўға дәтим шыдамайды. Баланың нәзик жүреги, келиншектиң, ананың образы, қәдимги қарақалпақ аўылларының пейзажы, аўыл адамларының нағыз қарақалпақы минез-қулқы, психологиясы не деген тәсирли! Бундай етип жазыў ушын нәҳән қарақалпақ болыў керек, ал, түсинип оқыў ушын әпиўайы қарақалпақ болғаныңның өзи жетип атыр, ямаса қарақалпақтың дузын жеп, суўын ишкен, усы топырақта туўылып, усы жерде өлиўди қәлейтуғын қәлеген инсан поэмадан тәсирленбей тура алмайды. Бир жақсы жери де усында. Бир жаман жери де усында. Нағыз қарақалпақша жазылғаны себепли басқа тиллерге аўдарыла алмаслығы. Аўдармалағанда да шебериниң қолына түспесе оңбай шығатуғынлығында. Тилдиң, сөздиң қүдирети де усында болса керек. Соның ушын да, шайырлар "егер ертең ана тилим жоғалар болса, бүгин мениң өлгеним жақсы” дей беретуғыны соннан шығар.
"Улмамбет аға, ул аға, Атың жүректе тур аға. Йош булағың ортаймай, Жасаң аға, қартаймай. 21.10.2010”
Сизиң ҳәсериңиз урды ма, мен де усы қатарларды китабыңыздың ақырғы бетине жазып қойдым. Гәпимди усы жерде туўараман. Себеби, Шийрин деген достым қоярда қоймай китабыңызды алып кетти. Қайтарып бериў нийети жоқ екен. Кеўлин жыққым келмегенликтен "елшилик, тағы бир данасын таўып аларман-дә” деп ойладым.
Ҳәзирше усы жерде бираз тынып турамыз.
Ҳүрмет пенен, бир заман "руўхыят булағын жағалап шыққан” китап оқыўшыңыз
Тамара МАШАРИПОВА
|