Ғәрезсизлигимиз байрамы қарсаңында Қарақалпақстан телерадиокомпаниясы жәмийетлик-сиясий ҳәм социал-экономикалық көрсетиўлер бас редакциясы аға редакторы, устаз журналист Үзилхан Нуғманованың "Ең уллы, ең әзиз" республикалық таңлаўының жеңимпазы болғанын еситип қуўанышқа бөлендик.
1980-жылы Ташкент мәмлекетлик университети журналистика факультетин тамамлаған. Үзилхан апа 30 жылдан аслам ўақыттан берли жемисли мийнет етип келмекте.
Ҳақыйқатында да журналисттиң күнделикли турмысымызда, елимизде жүз берип атырған жаңалықлар, жетискенликлерди әсиресе, "Уллы ҳәм муқадессең, ғәрезсиз Ўатан!” деген сүренди алға сүрип, қатар көрсетиўлерин тамашагөйлеримизге инам еткенлигин бәршемиз жақсы билемиз.
— Жумыс орнымды екинши шаңарағым деп билемен. Мийнет жолымда көп нәрсени үйрендим, сол бир жумыс баслаған ўақытларымда шараятлар бүгингидей қолайлықларға ийе емес еди. Техникалар да әпиўайы. Монтаж ўақтында қыйналатуғын едик. Лекин, ҳәзирги жағдайда пүткиллей басқаша заманагөй техниканың жәрдеминде, қызығып ислеў ушын имканиятлар есиги ашылды. Эфир ўақтымыз көбейди. Халқымызда бир гәп бар ғой: "Ис қуралың саз болса, машақатың аз болар” деген. Сол айтқандай дөретиўши инсан ушын бизлерде имканият та, шараят та жетерли, - дейди Үзилхан апа биз бенен болған сәўбетинде.
Дөретиўшилигиндеги жетискенликлерин есапқа алып, Fәрезсизлигимиздиң 10 жыллық, 1997-жылы Қарақалпақстан Халық билимлендириў ағласы көкирек нышаны, 2008-жылы Қарақалпақстан Республикасына хызмет көрсеткен журналист атақлары берилген. Кәсиплесимизди таңлаў жеңимпазы болғаны менен қутлықлап, дөретиўшилик ислеринде табыслар тилеймиз!
Т.МАТБАЕВА
|