Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана Екшемби, 22.12.2024, 04:04
Хош келипсиз Гость | RSS
Сайт мазмуны

Мини-чат

Бизиң сораўлар
Сайтымызға баҳа бериң
Барлық жуўаплар: 46

Статистика

Онлайнда: 1
Мийманлар: 1
Пaйдаланыўшылар: 0

Кириў усылы

Главная » 2011 » Август » 16 » БҮГИНИ АБАДАН, КЕЛЕШЕГИ ЖАРҚЫН
09:26
БҮГИНИ АБАДАН, КЕЛЕШЕГИ ЖАРҚЫН
Ғәрезсизлик жылларында мәмлекетимиздиң ҳәр бир қаласы менен аўылы, ҳәр бир мәҳәллеси шын мәнисинде жаңаланып, түпкиликли жасармақта. Әне усындай мәканлардың бири — Нөкис қаласы да экономикалық, социаллық, мәдений жақтан ҳәр тәреплеме раўажланып бармақта. Қала халқының турмыс дәрежесин асырыў, мәҳәллелерди абаданластырыў, бағлар, қыябанлар пайда етиў, жаңа имаратлар қурыў ислерине үлкен итибар қаратылмақта.


—Еки-үш жыл алдын Нөкиске келген адам бүгин оны көрсе танымай қалады, - дейди Өзбекстан қаҳарманы, белгили илимпаз Ғайратдин Хожаниязов. — қаншадан-қанша өзгерислер жүз берди. Тек ғана илим-пән, тәлим-тәрбия тараўларын алатуғын болсақ, соңғы жылларда Нөкис мәмлекеттеги үлкен билимлендириў орайларының бирине айланды деп исеним менен айтыўымыз мүмкин. Президентимиздиң басламалары менен Ташкент мәмлекетлик аграр университетиниң, Ташкент педиатрия медицина институтының, Ташкент мәлимлеме-технология университетиниң ҳәм де Өзбекстан Мәмлекетлик көркем-өнер инс¬титутының Нөкис филиаллары шөлкемлестирилди. Бүгинги жасларға ҳәўес пенен қарайсаң. Заманагөй усылда бой тиклеген қаншадан-қанша кәсип өнер колледжлери, академиялық лицейлер оларға тәлим-тәрбия бериў жолында хызмет етип атыр...

Ғайратдин аға айтқанындай, ғәрезсизлик жылларында бой тиклеген, заман талапларына жуўап беретуғын 20 кәсип өнер колледж, 6 академиялық лицейде бүгинги күнде дерлик 25 мыңға жақын, жоқары оқыў орынларында болса 16,5 мың зыят жаслар билим алмақта.

Нөкисте дөретиўшилик ислер кең көлемде даўам еттирилмекте. Кейинги жылларда қалада төрт мектеп, еки поликлиника қурылып пайдаланыўға берилди. Республика қыстаўлы медициналық тез жәрдем орайы, Ташкент акушерлик ҳәм гинекология илимий-изертлеў инс¬титутының Нөкис филиаллары халыққа хызмет көрсете баслады. Олар ең заманагөй медициналық үскенелер менен тәмийинленгени, халыққа медициналық хызмет көрсетиў сапасы барған сайын жақсыланып атырғаны дыққат¬қа ылайық.

Елбасшымыздың қарақалпақ мәденияты ҳәм көркем өнерин раўажландырыўға, миллий қәдириятларымызды қайта тиклеўге қаратып атырған үлкен итибарынан бүгинги ҳәр бир нөкисли, ҳәр бир қарақалпақстанлы пуқаралардың мәнаўий дүньясында үлкен өзгерислер жүз бермекте. Жаңадан қурылған Савицкий атындағы мәмлекетлик көркем өнер музейи тек қарақалпақ елине хызмет етип қалмай, көплеген саяхатшылардың да итибарын өзине қаратпақта. Әйне усы күнлери республикалық мәмлекетлик Үлке таныў музейиниң жаңа имаратының қурылысы алып барылмақта. Бердақ атындағы мәмлекетлик музыкалы ҳәм драма театры толық реконструкция исленди. Уллы алым Мырза Улығбек, қарақалпақ елиниң классик шайырлары Бердақ ҳәм Әжинияз монументлери қаланың ора¬йында бой тиклеп, қыябанлары абаданластырылды.

— Президентимиздиң 2008-жыл 8-июльдеги "Балалар музыка ҳәм көркем өнер мектеплериниң материаллық-техникалық базасын беккемлеў ҳәм олардың жумысларын және де жақсылаў бойынша 2009-2014-жылларға мөлшерленген Мәмлекетлик бағдарламасы ҳаққында”ғы қарары биз тараў хызметкерлерин оғада қуўанышқа бөледи,-дейди Нөкистеги жаңадан қурылған 12-санлы музыка ҳәм көркем өнер мектебиниң директоры Жолдасбай Турдымуратов. — Мақтанды демең, мен кәсибиме байланыслы көплеген мәмлекетлерде болдым. Лекин ҳеш бир жерде музыка мектеплерине бундай итибар қаратылғанын көргеним жоқ. Президентимизге шексиз миннетдармыз. Дүньяның ҳәмме жеринде экономикалық кризис жүз берип турған бир пайытта бизиң мәмлекетимизде теңсиз дөретиўшилик ислери әмелге асырылмақта. 1 миллиард 672 миллион сумлық қаржы сарпланып, тикленген мине усы заманагөй музыка мектебимизде жаратылған шараятлар көрген адамның ҳәўесин келтиреди. Өйткени, музыкаға шайда болған жүректен ҳеш қашан жаманлық шықпайды. Өсип киятырған ҳәр бир жастың жүрегинде музыкаға ҳәўес оята алсақ, мақсетке ерискенимиз. Себеби, олар елимиздиң жарқын келешегин тәмийинлейтуғын жаслар.

Мәмлекетти дүньяға танытыўда спорттың орны теңсиз екенлиги мәлим. Оның саламат әўладты камалға жеткериўдеги әҳмийети жүдә үлкен. Мине усыларды инабатқа алып, елимизде спортты раўажландырыў бойынша кең көлемли жумыслар әмелге асырылмақта. ­Ғәрезсизлик жылларында бир ғана Нөкис қаласының өзинде Олимпиада резервлери ҳәм Нөкис спорт колледжлери, теннис корты, спорт манежи, гүрес спорт залы, "Арал”, "Әмиўдәрья” ҳәм олимпиада резервлери колледжиниң жабық суў бассейнлери, 20дан аслам спорт майданшалары жаңадан қурылды. Оларда бүгин мыңлап қарақалпақ жаслары спорт ҳәм физикалық тәрбия менен турақлы шуғылланып келмекте. Мине усындай итибар ҳәм ғамқорлық нәтийжесинде Еркинбай Қутыбаев, Низаматдин Хожабаев, Азамат Ешатаев, Надира Казакова, Әдилбек Крабаев, Нилуфар Гадаева, Баҳрам Меңдибаев сыяқлы жәҳән чемпионлары жетисип шықты.

Ҳәзирги күнде Нөкис орайлық дийқан базары жәҳән стандартларына сай ҳалда заманагөй тәризде қайта реконструкция исленбекте. Соның менен қатар, шәҳәрде мыңнан артық саўда дүканлары, 150ден аслам улыўма аўқатланыў точкалары, 200ден зыят турмыс хызметин көрсетиў шақапшалары ислеп тур. Жәҳән талапларының дәрежесинде хызметин жолға қойған "Кәрўан сарай”, "Жасмин”, "Аида”, "NEO” ресторанлары қарыйдарлар менен толы.

Соңғы жылларда Нөкис аэропорты, темиржол вокзалы ҳәм автовокзаллар қайта реконструкцияланды. Жолаўшылар "Нөкис-Ташкент”, "Нөкис-Қоңырат”, "Нөкис-Алмата” жөнелислери бойлап темир жол қатнасынан, "Нөкис-Ташкент”, "Нөкис-Саратов”, "Нөкис-Москва” жөнелислериндеги авиарейслеринен пайдаланбақта.

Нөкис ҳаққында сөз етер екенбиз, "Нөкис-Түймойын” суў бөлистириў кәрханасының халықты таза ишимлик суўы менен тәмийинлеўдеги саўаплы ислерин де қанаатланыўшылық пенен тилге алғымыз келеди.

Ғәрезсизлик дәўиринде кәрхана жанындағы суў тазалаў имараты түпкиликли қайта ремонтланды. Көрилген ис-илажлардың нәтийжесинде халықтың орайластырылған тәбийғый газден пайдаланыў дәрежеси 99 процентке, ишимлик суўынан пайдаланыўы болса 92 процент¬ке жетти. Ҳәр бир шаңарақ ишимлик суўы, тәбийғый газ ҳәм электр энергиясынан үнемли пайдаланыў ушын электрон есаплағышлар менен тәмийинленип атырғанлығы усы тараўдағы салмақлы экономикалық табысларға тийкар жаратпақта.

—Президентимиздиң Нөкиске мәмлекетимиздиң екинши пайтахты деп берген тәрийпи ҳәр бир пуқарамызға үлкен жуўапкершилик жүклейди, - дейди Нөкис қаласының ҳәкими, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң депутаты Сапарнияз Алланазаров.

— Бүгинги күни халықтың турмыс абаданлығын асырыў, елимизди барған сайын абат етиў бойынша елбасшымыздың көрсетпелери тийкарында кең көлемли жумыслар әмелге асырылмақта. Атап айтқанда, шет ел инвесторлары менен ислесиўге айрықша итибар қаратылып атыр. Қаламызда АҚШ, Түркия, Россия, Қазақстан, Голландия, Италия, Швейцария ҳәм басқа көплеп сырт еллер менен биргеликте 14 қоспа кәрхана жумыс ислеп атыр. Оларда жүзлеп қалалылар турақлы жумыс пенен тәмийинленген.

Ғәрезсизликке дейин қалада еки банк жумыс ислеген болса, ҳәзир 11 коммерциялық банк халыққа хызмет көрсетеди. Орайлық банк басқармасы, "Агробанк”, "Миллий банк”, "Ипотека банк”, "Халық банки”ниң көркем имараты әйне ғәрезсизлик жылларында жаңадан қурылып, пайдаланыўға тапсырылды.

Ғәрезсизлигимиздиң 20 жыллық байрамы алдында қурылыста дөретиўшилик ислер қызғын даўам етпекте. өаланың Дослық гүзары бойындағы 48 ҳәм 24 шаңараққа мөлшерленген төрт қабатлы үйлер, республика туберкулез кеселлигине қарсы гүресиў балалар санаториясы, 26-улыўма билим бериў мектебиниң жаңа спорт залы қурылысы, 12-улыўма билим бериў мектебин реконструкциялаў, 11 ҳәм 25-улыўма билим бериў мектеплеринде ремонтлаў ислери тамамланып, пайдаланыўға тапсырылады.

Нөкистиң орайында бой тиклеген саўлатлы Жоқарғы Кеңес имараты адамлар қәлбинде йош-жигер оятады. Усы үлкен көркем имарат әтирапындағы әмелге асырылып атырған абаданластырыў-көклемзарластырыў ислери, рәң-бәрең гүллер, дарақлар көзлерде қуўаныш оятады. Үлкен гүлшанның ишинде көкке бой созған шайыр Бердақ бабамыз ҳәйкели алыс-алысларға бағып, бүгинги ҳәм келешек әўладты мисли жарқын мәнзиллерге шақырып турғандай түйиледи...
 
 
Ҳидоят АХМЕДОВ,
"Халқ сўзи” хабаршысы.
("Халқ сўзи” газетасынан алынды).
Просмотров: 1452 | Добавил: Erkin | Рейтинг: 0.0/0
Всего комментариев: 0
Имя *:
Email *:
Код *:
Излеў

Календарь
«  Август 2011  »
ПнВтСрЧтПтСбВс
1234567
891011121314
15161718192021
22232425262728
293031

Архив

Сыбайлас сайтлар
  • Қарақалпақстан музейи менен танысың
  • Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң веб-сайты
  • Қарақалпақстандағы оқыў орынларының бири
  • Кеўил ашар
  • Рунеттеги сайтлар
  • Қарақалпақстан жаңалықлары

  • Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары. Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
    Copyright MyCorp © 2024