Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана Пийшемби, 21.11.2024, 14:38
Хош келипсиз Гость | RSS
Сайт мазмуны

Мини-чат

Бизиң сораўлар
Сайтымызға баҳа бериң
Барлық жуўаплар: 46

Статистика

Онлайнда: 1
Мийманлар: 1
Пaйдаланыўшылар: 0

Кириў усылы

Главная » 2011 » Декабрь » 8 » ЖЫНАЯТ ЖАЗАСЫЗ ҚАЛМАЙДЫ
23:26
ЖЫНАЯТ ЖАЗАСЫЗ ҚАЛМАЙДЫ
СОҢҒЫ ПУШАЙМАН ӨЗИҢЕ ДУШПАН
Мәдениятымызға бейимлесип, ушырасыўлар, социаллық илажлар, ширкеўлерди жергиликли шараятларға бейимлестириў, социаллық-сиясий жағдайлардан пайдаланыў, ҳәр түрли тәсир қуралларын, мәселен, баспасөз ҳәм ғалаба хабар қураллары, интернет тармағы, кинолар, саяхат ҳәм кеўилхошлықлар сыяқлы усыллары менен халық арасына кирип, өз мақсетлерине ерисиўге умтылып атырған миссионерлик ҳәрекетлери, оған билип-билмей қосылып қалғанлардың соңғы тәғдири ҳаққында көп айтылып, жазылып та атыр. Бул ҳәрекетлердиң артында көп қаржы тигип отырған үлкен күшлердиң барлығын ҳәм ол мақсетсиз жумсалмайтуғынын биразлар аңлай бермейди. Иши-баўырына кирип, жетпегенин жеткерип, машқаласын жеңиллетиўге ҳәрекет ететуғын миссионерлер "шүдигарда батпан қуйрық тегинге жатпайтуғынын” онша түсине бермейтуғын пуқараларды бирең-сараң болса да изине ерте алан ҳаллары ушырасып турады. Соң пушайман болған менен жынаятты жазасыз қалдырмайды. Бүгин сөз етпекши болған ўақыя да суд залында паян тапты. 
...Олардың төртеўи де тепсе тебин өзетуғын, күшине толған, оңлы-солын танығандай жастағы жигитлер. Билим берип камалға келтирген елине хызмет ететуғын ўақытта адасып кирип қалған жоллары олардың көзин байлады. Әтирапында турақлы айтылып, ақыбети үгит-нәсиятланып, ғалаба хабар қуралларында жазылып атырған түрли диний ағымлар, сергек болыўға шақырыўлар бул жигитлердиң қулағына кирмеген. Төрткүлли Р.Машарипов, Р.Рахимбаев, Ж.Нурыллаев ҳәм М.Курьязовлар бири мебель дүканының, бири дәрихана сатыўшысы, бири базарда қассап болып халық қатары пул таўып жүрген жигитлер нызамсыз жәмәәтлик бирлеспеге, яғный, нызам жолы менен дизимге алынбай жасырын ҳәрекет етип атырған диний шөлкемлерге қатнасқанлықта айыпланды. Олар усы ҳәрекетлери менен Өзбекстан Республикасы Жынаят Кодексиниң 216-статьясында көрсетилген жынаятты ислеген.
Бул жигитлердиң бәри де намаз оқып, мәмлекетимиздеги ҳүждан еркинлигинен пайдаланған. Намаз оқығаны ушын ҳешким айыпламайды. Бирақ, гүман туўдыратуғын жәмәәтлерге бирлесип, намаз оқыў нықабы астында ҳәрекетлердиң ақыры ҳәрқашан жын¬а¬ятқа алып келеди.
Бир айта кететуғын жағдай, Әсиресе, соңғы ўақытлары пуқаралар жыйыны ақсақаллары, сақшылары тәрепинен усындай гүманлы ҳәрекетлер туўралы ти¬йисли уйымларға билдирилип, бирқанша жынаятлардың алды алынбақта. Турақлы бир орында емес, жәмәәт ағзаларының ҳәрқайсысының үйине жасырын жыйылып, "бизлердиң таңлаған жолымыз ҳақ, оқыған намазларымыз ҳәзирги ислам дининен де үстин турады...” деп әтирапындағыларды үгитлеп жүрген бул жигитлер де қырағы көзлерден шетте қалмады. Ҳәтте бурын усындай жынаятлы ис қозғалған ўақытта шет мәмлекетлерге қашып кеткен топар ағзалары да қолға түсти.
Суд мәжилисинде жоқарыда аты аталған жигитлердиң бәри өзлериниң ислеген ҳәрекетлерине пушайман екенлигин, жеңиллик бериўин соранды. Бирақ, саналы қатнас жасаған ҳәрекеттиң ҳәрқашан сораўы болары анық. Р.Машарипов, Р.Рахимбаев, Ж.Нурыллаев ҳәм М.Курьязовлар суд ҳәкими менен айыплы деп табылды ҳәм нызамда белгиленген мүддетке азатлықтан маҳрум етилди.
Түрли диний ағымлар жасырын пайыт пайлап жүрген ҳәзирги ўақытта сергеклик дәўир талабына айланбақта. Усындайлардан аўлақ болайық!

П.МЕҢЛИМУРАТОВА.
[b]
Просмотров: 1025 | Добавил: Erkin | Рейтинг: 0.0/0
Всего комментариев: 0
Имя *:
Email *:
Код *:
Излеў

Календарь
«  Декабрь 2011  »
ПнВтСрЧтПтСбВс
   1234
567891011
12131415161718
19202122232425
262728293031

Архив

Сыбайлас сайтлар
  • Қарақалпақстан музейи менен танысың
  • Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң веб-сайты
  • Қарақалпақстандағы оқыў орынларының бири
  • Кеўил ашар
  • Рунеттеги сайтлар
  • Қарақалпақстан жаңалықлары

  • Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары. Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
    Copyright MyCorp © 2024