БАЛАЛАР ҮЙ-ЖАЙЛЫ БОЛДЫ Елимизде Президентимиз Ислам Кәримовтың басшылығында жасларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, ул-қызларымызды бәркамал инсанлар етип камалға келтириў ушын зәрүрли шараятлар жаратыўға, олардың ҳуқықлары менен мәплерин тәмийинлеўге қаратылған избе-из ислер әмелге асырылмақта. Елбасшымыздың тиккелей басламасы менен мәмлекетимизде жетим ҳәм ата-ана меҳринен айырылған балаларды социаллық қорғаў, олардың билим алыў ҳәм жасаў жағдайларын түп-тийкарынан жақсылаўға айрықша итибар қаратылмақта. Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң «Жетим ҳәм ата-ана ғамқорлығынан айырылған балаларды турақ-жайлар менен тәми¬йинлеў илажлары ҳаққында»ғы қарарында бул бағдардағы әҳмийетли ўазыйпалар белгиленип оның орынланыўы Өзбекстан Республикасы Бас прокуроры тәрепинен айрықша қадағалаўға алынған. 15-октябрь күни Кегейли районында жетим ҳәм әменгери жоқ балалар ушын салынған турақ-жайларды тапсырыў мәресими болып өтти. Илажды Кегейли районының ҳәкими П.Турдымуратов ашты. Мәресимде Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы Б.Нурабуллаев, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары, республикалық Ҳаял-қызлар комитетиниң баслығы З.Ибрагимова, Қарақалпақстан Республикасы Прокурорының биринши орынбасары Ж.Нарымбетов, Кегейли районының прокуроры Ж.Ермашов ҳәм басқалар шығып сөйлеп, балаларды жаңа турақ-жайлары менен қутлықлап, алдағы ислеринде табыслар тиледи. Кегейли районы ҳәкиминиң қарарына муўапық Б.Абиев, Г.Бектурсынова, Н.Прекеева, Б.Матжанов, И.Матжанов ҳәм А.Матжановларға жаңа үйлердиң гилтлери тапсырылды. Кегейли районы прокуратурасы тәрепинен район орайындағы «Сейтинияз уста» көшеси бойындағы көп жыллардан берли қараўсыз қалған имаратқа тийисли ҳүжжетлер үйренип шығылып, судтың қарары менен ол жергиликли ҳәкимият есабына өткерилген еди. Прокуратураның басламасы менен бул имаратты жетим ҳәм әменгери жоқ балалар ушын турақ жай етип қайта оңлаў мақсетинде қурылыс жумыслары алып барылды. Нәтийжеде имарат қолай ҳәм ықшам, санитариялық және техникалық талапларға толық жуўап беретуғын, балалардың жасаўы, тәлим-тәрбия алыўы ушын зәрүрли шараятлар жаратылған ҳалға келтирилди. — Усындай әжа¬йып тура жайдың маған несип еткенине оғада қуўанышлыман, -дейди Кегейли қурылыс ҳәм информациялық технологиялар кәсип-өнер колледжиниң екинши курс оқыўшысы Г.Бектурсынова. — Биз жасларға көрсетип атырған ғамқорлығы ушын Елбасшымызға, район ҳәкимлигине ҳәм прокуратурасына шексиз миннетдармыз. Мәресимде имараттың қурылыс ҳәм абаданластырыў жумысларында белсене қатнасқан бир топар хызметкерлерге сыйлы саўғалар тапсырылды.
А.БЕКМУРАТОВ, Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары. Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001