Мәмлекетимизде ертеңги келешегимиз болған жаслардың ҳәр тәреплеме раўажланған кәмил инсанлар болып жетилисиўи ушын барлық қолайлы шараятлар жаратып берилген. Бул имканиятлардан өнимли пайдаланған айрықша талантлы, билимли ҳәм өнерли жасларымыз болса, бүгинги күни дүньяның ең раўажланған еллеринде жайласқан абырайлы жоқары оқыў орынларында Өз билимлерин жетилистирип, республикамыздың еле де өсип-өркенлеўине аянбастан хызмет етип келмекте. Әсиресе, усы орында талантлы ҳәм Өнерли жаслардың кең жәмийетшилик алдында жүзеге шығыўында, олардың пүткил елге танылыўында ҳәр жылы Өткерилип киятырған республикалық "Келешек ҳаўазы” жаслар таңлаўының қосып атырған үлеси айрықша болып табылады.
Жақында Бердақ атындағы мәмлекетлик сазлы театрда "Келешек ҳаўазы-2011” таңлаўының салтанатлы ашылыў мәресими болып онда Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Б.Янгибаев, Өзбекстан Республикасы Президент аппаратының жуўаплы хызметкери М.Ҳожиматов ҳәм тағы басқалар шығып сөйлеп, бы¬йылғы таңлаў қатнасыўшыларына табыслар тиледи. Буннан соң Бердақ атындағы қарақалпақ мәмлекетлик университети, университет жанындағы 1-санлы академиялық лицей, Ташкент мәлимлеме технологиялары университети Нөкис филиалы имаратында, С.Хожаниязов атындағы республикалық Жас тамашагөйлер театры ҳәм Өзбекстан Көркем өнер академиясы Қарақалпақстан бөлиминиң көргизбелер залында көркем өнер, Әдебият, инновациялық технологиялар, сүўретшилик аяқ ойын ҳәм басқа да номинациялар бойынша таңлаўдың республикалық басқышы шөлкемлескенлик жағдайда болып өтти.
— Таңлаўға дәс¬лепки рет қатнасыўым, Нөкис қалалық басқышында миллий кестешилик ҳәм дизайн номинациясы бойынша жеңимпаз атанып, республикалық басқышқа жолламаны қолға киргизген едим. Бүгин де жақсы нийетлер менен бириншиликти ийелеўге тырысаман. Бул таңлаў мениң ислеген ислерим сыналатуғын нағыз сынақ майданы болады ҳәм усы жерде мийнетиме тийисли әдил баҳаны алатуғынлығыма исенемен,-дейди таңлаў қатнасыўшысы, Қарақалпақстан Республикасы қәнигелестирилген көркем өнер мектебиниң оқыўшысы Ж.Мәмбетниязова.
Таңлаў жуўмағында төрешилер қурамы тәрепинен қатнасқан номинациялары бойынша ең ағла баҳаларды алған талантлы ҳәм билимли жаслар анықланды ҳәм таңлаўдың Ташкент қаласында өткерилетуғын жуўмақлаўшы басқышына жолламаларды қолға киргизди.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары. Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001