Қарақалпақ халқының бийтәкирар көркем өнерин, мәдениятын раўажландырыў, талантлы жасларды миллий ҳәм дүнья жүзилик көркем өнердиң жоқары үлгилери руўхында тәрбиялаў, заманагөй театр ҳәм кино, телевидение, радио бағдарлары бойынша жоқары маманлықтағы актёрлар, көркем өнер саласындағы қәнигелерди жетилистириў мақсетинде ашылған Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер институтының Нөкис филиалында бүгинги күни республикамыздың 120 дан зыят жигит-қызлары 7 жөнелис бойынша тәлим алмақта. Оларға тәжирийбели оқытыўшылар Қазақстан, Қарақалпақстан, Өзбекстан Республикаларына хызмет көрсеткен артист Р.Қутекеева, Өзбекстан, Қарақалпақстан Республикаларына хызмет көрсеткен артист Э.Айтниязова, белгили актриса М.Исмайылова, Л.Оразымбетова ҳәм басқа да устазлар сабақ береди. Бул жерде тәлим алып атырған жаслардың дөретиўшилик қәбилетин раўажландырыўға, жүзеге шығарыўға ҳәр тәреплеме мүмкиншиликлер бар. Ҳәр бир дөретиўшилик ханалары заманагөй әсбап-үскенелер менен тәмийинленген.
Бул оқыў орнында тәлим алып атырған студентлер жақында С.Хожаниязов атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик Жас тамашагөйлер театрында "Драма театры ҳәм кино актёрлығы өнери” қәнигелигиниң студентлери тәрепинен топар басшылары Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген көркем өнер ғайраткери Б.Өтебаев, "Ниҳол” сыйлығының лауреаты С.Аннақуловалар басшылығында Жан Батист Мольердиң "Скапенниң ҳийлеси” комедиясы сахналастырылды. Бул диплом алды жумысы сыпатында тамашагөйлер тәрепинен жақсы күтип алынды. Сондай-ақ, филиал студентлери тәрепинен байрам тамашаларына жазған сценарийлери де республикамыздың көпшилик районларында сахналастырылмақта. Г.Байназарованың "Наўрыз-миллий байрамымыз” сценарийи Тақыятаста, Д.Хожаниязованың сценарийи Қоңыртта, А.Абибуллаеваның таярлаған сценарийи Нөкисте, Д.Дарушованың сценарийи Шымбай районында ҳәм басқа орынларда қойылды. Студентлерден Б.Разымбетов, М.Мәмбетмуратовлар жеке қосықлары менен байрам илажларына қатнасып атыр. "Көркем өнер журналистикасы” қәнигелигиниң студенти И.Мәмбетназарова ҳәр жылы Өзбекстан Республикасы "Меҳир нуры” қорының тәлим гранты жеңимпазы болып киятыр. Булардан басқа институт филиалының спортты раўажландырыўда, ҳәрқыйлы таңлаўларда, оқыў барысындағы жетискенликлери де мақтаўға турарлық.
- Ул-қызларымыздың талантларының жүзеге шығыўына қалаберди, халқымыздың көркем өнериниң раўажланыўына үлкен итибар қаратып, усындай мүмкиншиликлерди жаратып берип атырған ҳүкимет басшыларына, ел басшыларына миннетдармыз. Биз усындай ғамқорлықлардан руўхланған ҳалда өз ўазыйпаларымызды үлкен жуўапкершилик пенен атқарамыз. Халқымызға ғәрезсизлигимиздиң 20 жыллық байрамы қутлы болсын!-дейди филиал директоры Өмирбай Қосымбетов.
Быйылғы 2011-2012-оқыў жылында филиалдың дәслепки қарлығашлары питкерип, көркем өнер тараўларына жоллама алады. Биз олардан келешекте халқымыз күткен талант ийелери өсип жетилиседи деп исенимиз.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары. Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001