Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана Пийшемби, 21.11.2024, 15:20
Хош келипсиз Гость | RSS
Сайт мазмуны

Мини-чат

Бизиң сораўлар
Сайтымызға баҳа бериң
Барлық жуўаплар: 46

Статистика

Онлайнда: 1
Мийманлар: 1
Пaйдаланыўшылар: 0

Кириў усылы

Главная » 2011 » Декабрь » 8 » ФОЛЬКЛОРИСТИКА: УСЫНЫС ҲӘМ ПИКИРЛЕР
22:48
ФОЛЬКЛОРИСТИКА: УСЫНЫС ҲӘМ ПИКИРЛЕР
«ҚАРАҚАЛПАҚ ЖЫРАЎЫ» — СӨЗЛИКЛЕРГЕ ӨЗ АЛДЫНА ТЕРМИН БОЛЫП КИРИЎИ КЕРЕК
Дүнья халықлары фольклористика илимине "қарақалпақ жыраўы” жаңа термин болып кириўи керек деп ойлаймыз. Себеби, бул жыраў сөзи көпшилик халықларда пайдаланғаны менен қарақалпақ жыраўы сөзиниң мазмунын ашқан ўақытта бул сөздиң мазмуны "жыраў” сөзине сыймай қалады. Дүнья халықлары фольклористика илиминде ҳәр бир халықтың эпосын атқарыўшылардың өз алдына термини бар, сол термини менен айтылған ўақытта оның қай халықтың эпос атқарыўшысы екенин түсинесең. Мысалы, "олонхосут” дегенде бул якут олонхоларын (эпосын) музыкасыз атқарыўшыны түсинемиз. Якут эпослары музыкалық әсбапсыз, олонхосуттың даўысы менен атқарылады. Ал, "манасчи” дегенде қырғыз халқының гигант эпосы "Манас”ты атқарыўшыны түсинемиз. Бунда да саз әсбабы пайдаланбайды, "манасчи” өзиниң артистлик атқарыў өнери менен атқарады. "Бахши” бул өзбек, түркмен халықларында эпос атқарыўшылары. Ал, жыраў қазақ, қарақалпақ фольклорында эпос атқарыўшысы. Бирақ, жыраў термини бул еки халықта эпос атқарыўшысы ретинде айтылғаны менен қарақалпақ жыраўы қазақ жыраўына уқсамайды. Қазақ фольклорында жыраў термини XIV-XV әсирдеги Қазтуған жыраў, Шалкийиз жыраў, Доспамбет жыраўға пайдаланды, XIX әсирге келгенде қазақ фольклорында эпос жыршылары жыршы, ақын, жыршы-ақын термини менен айтылатуғын болды. XIV-XV әсирдеги жыраўлар патшалардың сарайында жасап патшалардың кеңесшиси, ақылгөйи және саўаш майданында қолына қурал алып саўашқа түскен батыры, халыққа патшалардың сөзин жеткизип, патшаның идеологиясын үгитлеўши минбери болды. Бул дәўирдеги қарақалпақ жыраўының жәми¬йетте атқарған хызмети қазақ жыраўларына жақын. Демек, жыраў бул жәмийеттиң минбери, жыраў патшаларды халық пенен байланыстырып отырған ақылгөйи, жыраў урыста әскерлердиң руўхландырыўшысы және қолына қурал алып саўашқа түскен жаўынгери. Ал, оннан берги дәўирге келгенде жыраў сөзи қарақалпақларда пўтини менен өзгерди. Қазақ эпосларын жыршылар, жыршы ақынлар жырлайтуғын болса, қарақалпақларда жыраў қаҳарманлық дәстанларды тамақты қырып, гүркиреген даўысы менен жырлайтуғын жыршысы болып қалды. Қарақалпақ жыраўы өзиниң жанрын анықлап алған, өзиниң миллий ырғақларын тапқан, профессионаллар болды.
Усы жерде жыраў сөзи улыўма бул сөзди пайдаланатуғын халықлар фольклорындағы мазмуны менен қарақалпақ фольклорындағы мазмуны бир-бирине жақын келмейтуғын айырмашылығы анық көринеди. "Қарақалпақ жыраўы” дегенде нени түсинемиз?
Қарақалпақ жыраўы бул - репертуарында бир жүз қырыққа жақын намасы бар, эпосты тамақты қырып гүркиреген даўысы менен тек қаҳарманлық эпосларды ғана өзиниң музыкалық әсбабы қобызда атқарыўшы. Мысалы, жыраў атқарған дәстан халықтың жәмийетлик турмысын сөз ететуғын өз дәўириниң ири эпопея¬сы, бирнеше адамлардың тәғдири, бирнеше ўақыялар баслы қаҳарманлардың әтирапына топланған, бир дәўирдиң емес, бир-еки, үш әўладтың тарийхын сөз ететуғын роман сыяқлы, бул фольклорлық ойлаў, фольк¬лорлық көзқарастың романы. Сонлықтан, бунда қаҳарманлық ўақыя ҳәр түрли жағдайда сүўретленеди. Қаҳарманның қайғысын, қуўанышын, гүресин, ҳәр түрли жағдайы сөз арқалы сүўретленеди және екинши бир бай өнер атқарыў, оны өз тыңлаўшысына жеткериў ушын түрли мазмундағы намалар берилген. Дәстанда қаҳарман, ўақыя, сөз арқалы оның өнери, сөз атқарылады, атқарыўда үшинши бир айрықша өнер ҳәр бир сөз өз тыңлаўшысына тәсирли жетиўи ушын музыка өнери пайдаланылады, музыка да тыңлаўшысына және де терең жетиўи ушын жыраў режиссорлық хызметин атқарады, яғный, ҳәр бир наманы өз орнында қойыў тәртиби, бул шығарманы сахналастырған режиссер сыяқлы, қайғылы жерде қайғылы нама, күлкили жерде күлкили сүўретлеўге қолайлы нама, қаҳарманның ҳәр бир кеўил кейпин бериўде мазмунына жуўап беретуғын нама пайдаланылады.
Дәстанда ўақыя белгили бир избе-из сюжет пенен берилип қоймай, сол ўақыя белгили бир композицияға қурылған намалар менен бериледи. Ҳәр бир дәстанның намасының қурылысына қарасақ, ол өзинше бир қурылған басланыўы, раўажланыўы, өзиниң ишки заўына ийе, тамамланыўы бар қурылыс ансамбл¬ине уқсайды. Ҳәр бир дәстанның басланыўы "Той баслаў”, "Толғаі”, "Терме”, "Келте толғаі”, "Уллы толғаў” намалары менен басланады. Дәстанда ўақыяға кирисип, оның ҳәр бир бөлиминде ўақыяның раўажланыўы, мазмунына қарай намалар пайдаланылады. Мысалы, "Ат шабар” намасы аттың шабысын сүўретлеген жерде, "Уллы зибан”, "Келте зибан” намалары батырлардың кеўил-кейпин бергенде, "Толқєын” намасы қызлардың келбетин сүўретлегенде, "Көзайдын” намасы қутлы болсын айтатуғын жерлерде пайдаланылады.
Намалардың пайдаланыў орнында халқымыздың тарийхый раўажланыў жолы, миллий өзгешелиги, социаллық жағдайы, үрп-әдети, бизиң жасап отырған тәбият шараятымыз сәўлелениўин тапқан. "Ат шабар”, "Жортыўлы”, "Жолшы” намалары шарўашылық пенен шуғылланыўдан, "Асырым”, "Жети асырым” намаларында қарақалпақлар жасаған кең даланың белес-белес асырым жерин сүўретлеўден келип шыққан.
Усы намалардың орналасыў модели барлық дәстанда бирдей пайдаланылмайды, ҳәр бир дәстанның мазмунына, жанрына қарап намалар пайдаланылады. Мысалы, "Алпамыс” дәстанындағы қайғылы ўақыяны сүўретлегенде пайдаланылған нама "Едиге” дәстанында пайданылмаған. Намаларды пайдаланыў, орналастырыў тәртиби де өз дәстери менен иске асырылған.
Буның сырын ашыў, әлбетте, ата-бабаның дөретип берип кеткен үлкен илиминиң сырын ашыў деген сөз. Биз бүгинги күнге шекем дәстанлардың текстин фольклортаныў илиминде, музыкасын көркем өнер илиминде изертлеп, бул бай өнерди терең үйрениўде сайыз, натуўры қатнас жасап келдик. Жыраў репертуары, атқарыўы, намалары оның текст¬инен бөлек алып қараўға болмайтуғын өзинше өнер. Жыраў атқарған дәстанлардың мазмуны толық түрде оның музыкалық жақтан атқарылыўын бирге қараған жағдайда ашылады. Қарақалпақ дәстанлары 8000 қатардан 25000 қатарға шекем қосықтан турады, бир жыраўдың репертуарында 10 дәстаннан 30 дәстанға шекем болған. Сонда жыраў 750000 қатар қосықты 140 тан аслам нама менен атқара алған және талантлы жыраўлар ҳәр бир наманың вариантларын дөреткен, жыраўлар сол вариантлар кимдики, екинши жыраўдың вариантынан оны айыра билген (мысалы, "Ылғал” намасының Сыбан жыраў, Жийен жолы менен деген 7-8 түри бар), дәстанның сол жердеги мазмунына қай жыраўдың варианты керек болатуғынын өзлери шешкен.
Сонлықтан, қарақалпақ жыраўы деген сөзде тек ғана дәстанның мазмунын айтып бериўши емес, репертуарынан жазып алынған дәстанларды сөз ететуғын илимий жумысларда оның намаларының орналасыў тәртибин изертлеў бирге алып барылыўы шәрт, бир-биринен айырылмайтуғын өзинше өнер. Биз қарақалпақ жыраўы дәстанлардың тексти менен атқарылыўын илим дәрежесине көтерген, өзиниң әййемнен бери қәлиплескен қатал традициясына ийе, халық дәстанларын атқарыўшының ески типи деп есаплаймыз.
Фольклористика илиминде жыраў сөзин пайдаланғанда "Қарақалпақ жыраўы” қаҳарманлық дәстанларды бир жүз қырықтан аслам намалар менен атқарған және дәстанның мазмунына қарай отырып намаларын орналастырған, дәстанның тексти менен бирге оның музыкалық жақтан безелиўинде әййемнен киятырған дәстүрди бүгинги күнге әкелген дәстан атқарыўшыларының айрықша бир типин түсинемиз. Сонлықтан, "Қарақалпақ жыраўы” термини дүнья фольк¬лористика илимине өз алдына термин болып кириўи керек деп ойлаймыз.


С.БАҲАДЫРОВА,
профессор.

20.09.2011ж
Просмотров: 1165 | Добавил: Erkin | Рейтинг: 0.0/0
Всего комментариев: 1
1 squeerm  
0
Primarily affecting one s reading and night vision, this type of cataract begins as a small opaque or cloudy area on the posterior back surface of the lens <a href=http://cialiss.quest>where to buy cialis online safely</a> Moorahrend Onkologische Schwerpunktpraxis, Minden; Dr

Имя *:
Email *:
Код *:
Излеў

Календарь
«  Декабрь 2011  »
ПнВтСрЧтПтСбВс
   1234
567891011
12131415161718
19202122232425
262728293031

Архив

Сыбайлас сайтлар
  • Қарақалпақстан музейи менен танысың
  • Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң веб-сайты
  • Қарақалпақстандағы оқыў орынларының бири
  • Кеўил ашар
  • Рунеттеги сайтлар
  • Қарақалпақстан жаңалықлары

  • Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары. Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
    Copyright MyCorp © 2024