- "Обед” деп екилениўдиң кереги жоқ, Қуўатбай аға аўылда болса көбирек шаңарағынан емес, "екинши үйи”нен табылады,-деп бизлер менен бирге жүрген район ҳәкимиятының жетекши қәнигеси М.Оразымбетовтың айтқан гәпине бола тал түсте музыка ҳәм көркем өнер мектебине ат басын тиредик.
- Келиң жигитлер, ағаңда жетискенлик көп. Усы жылдың өзинде Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан көлеминде өткерилген ҳәрқыйлы таңлаўларда жигирма оқыўшым жеңимпаз болды,-дейди Қараөзек районы Жийен жыраў атындағы балалар музыка ҳәм көркем өнер мектебиниң директоры, "Ел-журт ҳүрмети” ордениниң ийеси Қуўатбай Өтегенов оқыўшыларының табысларынан баладай қуўанып. – Fәрезсизликтиң қәдирине жетип жасаў керек, инимлерим. Fәрезсизлик себепли усындай заманагөй имаратқа көшип өтип, имканиятларымыз кеңейди,-деп атырғанда сөзин бөлдик:
- Қуўатбай аға, өзиңиз, мектебиңиз ҳаққында рети келгенде көсилип отырып жазармыз. Ҳәзир ғәрезсизлик пенен түйдей жас оқыўшыларыңыздан бирин айтсаңыз?
- Ондай оқыўшы бар ма, олар әллеқашан питкерип кетти ғой.
- Питкерсе де...
- Зульфия атындағы мәмлекетлик сыйлыққа миясар болған бир қызымыз бар еди. Йа-яқ, ол қыз ғәрезсизликтен бир жыл соң туўылды. Жүриң, репетиция болып атырған залға барайық...
Залға барсақ, қарақалпақтың "Игалай” намасын дуўтарда бир қыз, гиржекте бала менен кәмине келтирип атқарып атыр екен. Олар наманы атқарып болғаннан кейин: "Мине, сизлерге ғәрезсизлик теңлеслери” деп таныстырды директор.
Айнура Узақбаева, Жақсыбай Палўанбаев - екеўи де еркинликтиң епкин самалы елпип ескен жылы Қараөзек районында дүньяға келген. Айнура усы мектептиң фольклор, ал, Жақсыбай халық сазлары бөлиминде билим алды. Қатар таңлаўларда бирге қатнасып, сыйлы орын жеңимпазлары болып жүрди. Соң екеўи де Нөкис мәденият ҳәм көркем өнер колледжинде бири Инжигүл Сабурова, бири халық бақсысы Теңел Қаллиевтан тәлим сырларын үйренди . Бүгинлиги мектепте музыка сырларын үйреткен Жеткербай Генжемуратов ҳәм Қуўанышбай Зайы¬ровлар қатарында оқыўшыларға устазлық етпекте.
Жақсыбайдың бул саз әсбабына қызығыўына қыз апасы Сәрбиназ себепши болған. Ол да усы мектепти, соң колледжди питкерип, бүгинлиги усы мектепте муғаллим болып ислеп атыр. Ал, Айнураның дуўтар шертиўге ықласы дайыларынан жуққан.
- Туўысқан дайым Бақберген Абдуғапбаров дуўтарды шерткенде таң қалып туратуғын едим. Он жасларымда-ақ үйдегилер мени жойтып излесе, дайымның үйинен табатуғын еди,-дейди Айнура мыйығынан күлип.
Әзелден көркем өнерге бир ата жақын халқымыз арасында өсип киятырған талант¬лы жаслар көп. Олардың өз талантларын жүзеге шығарыўы ушын барлық имканиятлар жаратылмақта. Тек Қарақалпақстанда емес, ал, пүткил Өзбекстанда соңғы жыллары ат шығарған бул мектеп оқыўшыларының жетискенликлери жыл сайын артып, келешекте қарақалпақ көркем өнерин дүньяға таныта береди деп үмит етемиз.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары. Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001