Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана Екшемби, 22.12.2024, 04:04
Хош келипсиз Гость | RSS
Сайт мазмуны

Мини-чат

Бизиң сораўлар
Сайтымызға баҳа бериң
Барлық жуўаплар: 46

Статистика

Онлайнда: 1
Мийманлар: 1
Пaйдаланыўшылар: 0

Кириў усылы

Главная » 2011 » Ноябрь » 23 » ЭНЕРГЕТИКА
08:50
ЭНЕРГЕТИКА
ҚАҒЫЙДА БУЗБАҒАН АБЗАЛ

Елимиздиң, халқымыздың ең бийбаҳа байлықларының бири электр энер¬гия¬сынан нызамлы пайдаланыўды жетилистириў мақсетинде Өзбекстан Республикасы электр энергетикасында қадағалаў бойынша мәмлекетлик инспекциясының 2011-жыл 6-июльдеги 11-санлы буйрығы жәрияланды. Бул буйрық пенен “Электр энергиясынан пайдаланыў қағыйдаларын бузғанлығы ушын тармақтан ажыратылған тутыныўшылардың электр қурылмаларын электр тармақларына қайтадан жалғаў ушын төлемди өндириў тәртиби ҳаққында”ғы реже тасты¬йықланды.
Тасты¬йықланған реже 2011-жыл 6-августта Өзбекстан Республикасы әдиллик министрлигинен дизимнен өткерилип, усы жылдың 26-август күнинен баслап әмелге енгизилди. Буннан былай тутыныўшылар тәрепинен электр энергиясынан пайдаланыў қағыйдалары бузылғанлығы анықланған жағдайда электр тәмийнаты кәрханасы тәрепинен тармақтан ажыратылған тутыныўшыларды тармаққа жалғаў усы режеде белгиленген тәртипте әмелге асырылады.
Қағыйда бузарлық дегенде нелер түсиниледи? Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2009-жыл 22-августтағы 245-санлы қарары менен “Электр энергиясынан пайдаланыў” қағыйдалары тастыйықланған. Қағыйдаларда тармаққа жаңадан жалғаныў (қосылыў) ушын юридикалық тәреплер қатарына кириўши бирлеспелер, шөлкемлер, мәкеме ҳәм кәрханалар менен физикалық тәреп есапланыўшы жеке хожалық ийелери дәслеп техникалық шәрт алыўлары, шәртлерди орынлаған соң өз қаржылары есабынан заманагөй электрон электр есаплағыш сатып алыўы, “Өзстандарт” агентлигинен мәмлекетлик тексериўден өткерип болып, оны орнатып бериў ҳаққында электр тәмийнаты кәрханасына мүрәжат етиўи ҳәм орнатыў ушын белгиленген төлемди төлеўи тийис.Электр тәми¬йнаты кәрханасы электр есаплағышты орнатып ҳәм электр энергиясын жеткерип бериў шәртнамасын дүзгеннен кейин электр энергиясынан пайдаланыўға рухсат етилген деп есапланады.
Ал, электр энергиясынан бурыннан пайдаланып атырған тутыныўшыларда болса “Өзстандарт” агентлигинен мәмлекетлик тексериўден өткерилген электрон электр есаплағыш үскенеси, үскенениң тийисли орынларындағы пломбалары бузылмаған, электр энергиясы туўрыдан-туўры жалғанып электр есаплағыштан тысқары алып турылмаған болыўлары лазым.
Сондай-ақ, пайдаланылған электр энергиясы ушын юридикалық тәреплер электр энергиясын жеткерип бериў ҳаққындағы шәртнамада көрсетилген мүддетлерде, ал, жеке хожалықлар пайдаланған айдан кейинги айдың 10-сәнесине дейин төлемлерин төлеп барыўлары тийис.
Жоқарыда көрсетип өтилген тәртип ҳәм талаплар бузылған ямаса орынланбаған жағдайлар анықланса қағыйда бузарлық деп аталады ҳәм бундай тутыныўшы сол ўақыттың өзинде тармақтан ажыратылады.
Қағыйда бузарлық анықланып, тармақтан ажыратылған тутыныўшылар жоқарыда атап өтилген режеге муўапық төмендеги тәртипте тармаққа қайта жалғанады.
Қағыйда бузарлыққа жол қойған тутыныўшы анықланған қағыйда бузарлықларын толық сапластырып болғаннан соң тармақтан ажыратыўды әмелге асырған аймақтағы электр тәмийнаты кәрханасына жазба түрдеги арза менен мүрәжат етеди. Тутыныўшының арзасына тийкарланып аймақлық электр тәмийнаты кәрханасының ўәкили тутыныўшы менен бирликте кемшиликлердиң ямаса қағыйда бузарлықлары сапластырылғанлығын орынға барып тексерип көреди ҳәм нәтийжесин еки тәреп қатнасында актлестиреди.
Сапластырылғаны акт пенен тастыйықланғаннан кейин тармаққа қайта жалғаў ушын тутыныўшыға төлем ҳүжжетин, яғный, счет-фактура ямаса квитанция бериледи. Төлем ҳүжжетинде көрсетилген төлем суммасын төлеп болған тутыныўшы тастыйықлаўшы ҳүжжетин аймақлық электр тәмийнаты кәрханасының ўәкилине әкелип тапсырады. Бул тәртиплер орынланған соң әмелге асырылған төлемлер нәўбети бойынша 3 күн ишинде тармаққа қайта жалғанады. Бул мүддет бурын 1 күн еди. Соның менен бирге, өзгериўге бейимлестирилип, режеде төлем муғдарлары ең кем мийнет ҳақыға муғдар есабында белгиленген.
Жаңа тәртип бойынша жеке хожалықлар үйиндеги электр энергиясын бөлистириў щитиндеги үзгиш ямаса автоматтан яки болмаса электр есаплағыш арқалы тармақтан ажыратылған болса, ең кем мийнет ҳақының 0,5 есеси, ҳаўа тармағының таяныш изоляторынан болса ең кем мийнет ҳақының 1 есеси муғдарында төлем төлейди.
Ал, хожалық жүргизиўши субъект болған тутыныўшылардан жалғаныў қуўатлылығы 50 кВтға дейин болғанлары ең кем мийнет ҳақының 2 есеси, 50 кВтдан 750 кВтға дейин болса ең кем мийнет ҳақының 5 есеси, 750 кВтдан жоқарылары ең кем мийнет ҳақының 10 есеси муғдарында төлем төлейди. Егер бундай субъект¬лер пайдаланылған электр энергиясын қадағалаўдың автоматластырылған системасына жалғанған болса, қуўатлылықларына қарай ең кем мийнет ҳақының 1 есесинен 7 есесине дейинги аралыўта тармаққа қайта жалғаныўы ушын төлем төлеўи тийис.
Бүгинги күнде ең кем мийнет ҳақы 57 мың 200,0 сум екенлигин инабатқа алып, есап-китап етип көрген ҳәм тармақтан ажыратылғаннан кейин исленетуғын жумысларды, оған дейин электр энергиясыз отырыўды көз алдына келтирген тутыныўшылар, әлбетте, қағыйда бузбаған абзал деген пикирге келеди.


Х.ЖАҚСЫМОВ,
“Қарақалпақ аймақлық электр тармақлары кәрханасы” ашық акционерлик жәмийети басқарма баслығы
.
17.09.2011ж
Просмотров: 1172 | Добавил: Erkin | Рейтинг: 0.0/0
Всего комментариев: 0
Имя *:
Email *:
Код *:
Излеў

Календарь
«  Ноябрь 2011  »
ПнВтСрЧтПтСбВс
 123456
78910111213
14151617181920
21222324252627
282930

Архив

Сыбайлас сайтлар
  • Қарақалпақстан музейи менен танысың
  • Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң веб-сайты
  • Қарақалпақстандағы оқыў орынларының бири
  • Кеўил ашар
  • Рунеттеги сайтлар
  • Қарақалпақстан жаңалықлары

  • Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары. Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
    Copyright MyCorp © 2024