Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана Екшемби, 22.12.2024, 04:28
Хош келипсиз Гость | RSS
Сайт мазмуны

Мини-чат

Бизиң сораўлар
Сайтымызға баҳа бериң
Барлық жуўаплар: 46

Статистика

Онлайнда: 1
Мийманлар: 1
Пaйдаланыўшылар: 0

Кириў усылы

Главная » 2011 » Ноябрь » 22 » ДӘЎИР ҲӘМ ДӘСТҮРЛЕР
21:24
ДӘЎИР ҲӘМ ДӘСТҮРЛЕР

ГӘП — ЖАНАЗА МӘРЕСИМЛЕРИ ҲАҚҚЫНДА


Ҳәр бир халықтың ата-бабаларынан әсирлерден-әсирлерге өтип киятырған салт-дәстүрлери бар. Бирақ, олардың арасында дәўирлер жаңаланыўы менен тийкарғы мәниси өзгерип, оның әҳмийетине түсинип-түсинбестен айырым ҳалларда шаңарақтың экономикалық жағдайларын есапқа алмастан, халықтың дәстүри деп орынлаўға умтылатуғыны бар жағдай.
Ҳәзир раўажланған жәмийетте жасап атырмыз. Ҳәр бир ҳәрекетимиздиң, соның ишинде салт-дәстүрлеримиздиң де халқымыз турмысына унамсыз тәреплерине ақыл жуўыртып, мәнисин түсинип ҳәрекет ететуғын ўақыт жетти. Президентимиз тәрепинен той-мерекелерди ысырапсыз өткериў, тәртипке салыў бағдарында арнаўлы қарарлар қабыл етилди. Усы бағдарда көп жумыслар да исленип атыр. Деген менен, қәлиплесип қалған дәстүрлеримиздиң унамсыз тәреплерин тоқтатыў ўақыт талап ететуғын қубылыс екенлиги тәбийғый. Солай екен, бул ислерге қәнигелерди тартыў, әсиресе, "Мәҳәлле”, мәкан пуқаралар жыйынларында бул бағдардағы жумысларды жеделлестириў талап етиледи.
Халқымызда дәстүр көп. Бүгин Қарақалпақстан Республикасы мусылманлары қазыятының қазысы Қыдырнияз ҳажы Әлимбетов пенен өткерген сәўбетимизде жаназа намазы, ҳәзирги ўақытта бундай мерекелерди өткериўдеги айырым унамсыз қубылыслар ҳәм олардың ислам дининдеги тийкарғы мәнис-мағаналары ҳаққында сөз жүриттик.
— Республикамызда түрли миллет ўәкиллери аўызбиршилик пенен жасап атыр. Инсанды ақырғы жолға шығарып салыў да сол халықлардың дәстүрине ылайық түрлише өткериледи. Халқєымыз арасында "қызың болса узатқанша, өлиң болса жерлегенше асық” деген сөз бар. Лекин, мәйитти еки-үш күнлеп қондыратуғын ҳаллар да ушырасып турады. Динимизде бул ҳаққында не делинген?
— Дүньяда мәңгилик зат жоқ, ҳәр бир нәрсениң басы болғанындай, ақыры да бар. Адамның өмири де сондай. Сизиң сораўығызға келсек, бул бағдарда айтылыўы тийис гәплер көп. Себеби, мерекелерди өткериўде ушырасып атырған ысырапқа жол қойылыў ҳаллары динимизге жайғаспайды.
Мәйит жәмәәтсиз көмилип жиберилсе қарама-қарсылықлар пайда болатуғыны есапқа алынып, бул мәресим жәмәәт болып өткерилиўи шәрт делинген. Бул жаназаның төрт парызында анық айтылған. Бирақ, сиз айтқандай, мәйитти еки-үш күнлеп қондырыў, мал сойып, айырым жерлерде көрип жүргенимиздей, мерекеге жыйналғанларға еки-үш аўқат бериў бидъат, ямаса булар исламда жоқ унамсыз ҳәрекетлер. Динимизде мәйиттиң гүналары кеширилиўин сорап, жуўып тезирек жайына жеткерилиўи шәрт делинеди. Себеби, бир-еки күн сақланған мәйитте ийис болатуғыны, жайғастырғанда басқа адамларға унамсыз тәсирлери есапқа алынып, өлиниң денеси суўымастан бурын жерлеў мақулланған. Сондай-ақ, мәйитти шығарыўдың еки түрли ўақты барлығын айтып өткенимиз мақул. Бириншиси - күн шыққаннан песин намазына дейин, екиншиси - песин намазынан шамға (күн батқанға) шекем жәмәәт қатнасыўында жерлениўи шәрт.
Республикамыздың қубла районларында өли жерлегенге шекем сол үйде аўқат асылмай, мәйитти ўақтында жерлеў дәстүрлери сақланып киятыр.
— Инсанды ақырғы жолға узатып єалыў да ҳәр миллетте ҳәр түрли қәлиплескен. Халықтың дәстүри, буны ортаға салыўдың не кереги бар, деўшилер де табылыўы мүмкин, деген менен, өлиге даўыс шығарыў мусылман халықларының бәринде бирдей емес. Бул мәселеде пикириңиз?
— Мусылманшылықта өли менен хошласыўдың да тәртип-қағыйдалары бар. Айтыўымыз керек, ҳәзирги ўақытта динимизде жоқ, унамсыз ҳәрекетлерге гүўа болып жүрмиз. Мәселен, айырым миллетлерде ең жақын адамлары түнде өлини ортасына қойып уйқылаўы, айырымларында мәйиттиң бетинен сүйиўи, ҳәтте қыймаслығын билдирип перзентлери бийиктен төмен таслаўы, гейпара халықларда өли жерленгенде оннан қалған дүнья-мүлкин үлесип кетиўи (көбинесе бийлердиң кеўлин табыўы) сыяқлы ислам динине жат ҳәрекетлер ҳәзир де жоқ емес. Ал, бизиң халқымызда даўыс шығарыў дәстүри әзелден бар. Бундай жағдайда перзент ата-анасы, ата-ана перзенти ямаса жақын туўысқанлары ушын ақырғы жолға шығарып саларда дебдиўин шығарып жылаўына ҳешким тосқынлық ете алмайды. Бирақ, бул лазымға келгенлердиң бәри көзабаға даўыс шығарыўы керек дегенди аңлатпайды. қураны кәримде жаназаға барғанда мүсийбет түскен инсанларға кеўил билдириў ушын айтылатуғын аятлар бар. Мәселен, халқымызға түсиникли түрде айтатуғын болсақ, бизлер де Алланың алдына барыўшымыз деп сабырлы болыўды, ҳәмдәрт екенлигин билдириўи керек. Бул да адамгершилик пазыйлетин аңлатады. Аллатаалаға ҳәмдиў айтыў да парызларымыздың бири. Қаза болған инсанның изинен жақсы ислерин, жақсы пазыйлетлерин айтып қалыўымыз керек.
Сондай-ақ, соңғы ўақытлары мәйит шығарылған ўақытта келиншеклер баўырсақ, шелпеклер писирип, жыйналғанларға аўыз тийдирип жүретуғын дәстүрлерди де қолланып атыр. Бул да исламда ҳеш жерде жазылмаған, жолдан қосылған дәстүр. Бул дәстүрдиң әдебимизге туўры келмейтуғын тәреплери де бар екенлигин умытпаўымыз керек.
— О дүньялық болып кеткен инсанға ҳәдден зыят ҳүрмет көрсетиў, қәбир басларына ҳәммениң дыққатын тартатуғын естеликлер салыў мәселесинде де бирдей түсиникте емеспиз...
— Ҳүрмет өлиге де, тириге де керек. Лекин, барабар болыўымыз ти¬йис. Бул дүньялық ислерде өткенлер ушын қаншелли дәбдебели ҳүрмет көрсеткенимиз бенен о дүнья ҳәмме ушын теңдейлигин есимизден шығармасақ деймен. Ата-анаңа, туўыс¬қан-туўғанларыңа ҳәдден зыят ҳүрмет-иззет көрсеткиң келсе тирилигинде көрсет. Динимизде барлық нәрсе әпиўайы, тәбийғый болыўы кереклиги айтылады. Мәселен, қәбир де тәбияттан баҳра алып турыўы керек. Қәбир басларына тереклер егилсе, марҳумға тасфиҳ ҳәм салаўатлар айтып туратуғыны жазылған. Бирақ, мийўели дарақлар егилмеўи тийис. Себеби, қәбирлерден таралатуғын фосфор ҳәм басқа да элементлер сол мийўеден жеген адамның денсаўлығына унамсыз тәсир көрсететуғыны, ҳәтте қәбирстан ишиндеги шөплерден маллардың отлаўы да зыян екенлиги айтылған.
Қәбирдиң үстине жай салыў, нағышлы етип безеў, бояў мәкириў болады. Қәбир басына шам жағыўға, шүберек байлаўға болмайды.
Өлиниң ҳүрметине берилетуғын дәбдебели садақалар, жумалықларға келсек, ислам дининде тек өлилерди жақын-жуўықлар, дос-яранлары менен ықшам етип еске алып турыў ўәжип делинген.
Муҳаммед Пайғамбарымыз өли түскен үйде аза тутыў еки-үш күннен аспаўы керек деп айтқан. Айырым жерлерде жылына шекем аза тутылатуғынлығын көрип жүрмиз. Бул қәте түсиник.
Қәбирстанларға барып аўқат бериў мәселеси де халқымыз арасында бар жағдай. Бул мусылман динине тән нәрсе дей алмаймыз. Булар басқа динлердиң тәсиринде пайда болғанлығын көпшилик түсине бермейди. Мәселен, исламда қәбирстанды зыяратлаўдың 12 қағыйдасы бар...

... Бул қағыйдаларды да билип қойғанымыз шеп емес. Ҳәр жылы Президентимиз Пәрманы менен белгиленип киятырған Еслеў ҳәм қәдирлеў күниниң түп мәниси миллий қәдириятларымызға барып тақалатуғынын есапқа алсақ, қазымыз бенен сәўбетлесиўлер көпшилигимиз түсинбестен-ақ қолланып жүрген салт-дәстүрлеримиздиң мағанасына айқынлық киритеди. Алдағы ўақытларда күнделикли турмысымызда бар, өзлеримиз араласып жүрген мәресимлер туўралы пикирлесиўлер шөлкемлестирип барыў нийетиндемиз.
Ҳүрметли газета оқыўшылары! Салт-дәстүрлеримиз бойынша сизлердиң пикирлериңизди күтемиз.

Сәўбетлесиўди жүргизген:
П.ХОЖАМУРАТОВА
Просмотров: 1208 | Добавил: Erkin | Рейтинг: 0.0/0
Всего комментариев: 0
Имя *:
Email *:
Код *:
Излеў

Календарь
«  Ноябрь 2011  »
ПнВтСрЧтПтСбВс
 123456
78910111213
14151617181920
21222324252627
282930

Архив

Сыбайлас сайтлар
  • Қарақалпақстан музейи менен танысың
  • Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң веб-сайты
  • Қарақалпақстандағы оқыў орынларының бири
  • Кеўил ашар
  • Рунеттеги сайтлар
  • Қарақалпақстан жаңалықлары

  • Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары. Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
    Copyright MyCorp © 2024