ТУРИЗМДИ РАЎАЖЛАНДЫРЫЎFА БАFЫШЛАНДЫ Туризм соңғы жыллары дүнья жүзинде көплеген мәмлекетлердиң жыл бойылық дәраматының белгили бир бөлегин қурап, Италия, Испания, Греция, Египет, Германия, Франция, Англия ҳәм тағы басқа да айырым мәмлекетлерде саяхатшыларға сервис хызметин көрсетиў жоқары дәрежеде раўажланған. Ал, бизиң мәмлекетимизде болса, туризм саласын пайда етиў ҳәм оны еле де раўажландырыўға Өзбекстан Республикасы өз ғәрезсизлигине ерискеннен соң ғана дыққат-итибар қаратылып, бул бойынша сырт елли саяхатшыларды өзине тарта алатуғын Самарқанд, Бухара, Хийўа, Үргениш, Ташкент, Шаҳрисабз, Термиз ҳәм тағы басқа да ески тарийхый қалаларымызда Президентимиздиң тиккелей басламасы менен капитал реконструкция жумыслары алып барылды. Бүгинги күнге келип мәмлекетимизде жайласқан тарийхый орынларға ҳәр жыл сайын сырт еллерден 300 мыңнан аслам саяхатшылар келип, олар елимиздиң тәкирарланбас архитектуралық гөззаллығын, халқымыздың миллий салт-дәстүрлерин, шебер усталарымыздың қолынан жаратылған ҳәр қыйлы үй буйымларын тамашалап, олардан айрықша заўық алмақта. Ал, бизиң республикамызға болса, усы сырт ел туристлериниң 3 мыңға шамаласы, яғный, 1 проценти ғана келип-кетеди екен. Бул болса, “Қарақалпақтуризм” басшыларын ҳасла қанаатландырмайды. Себеби, үлкемизде саяхатшыларды қызықтырғандай ески тарийхый қорғанларымыз, естеликлер ҳәм муқаддес зыярат орынлары көп. Ал, усы қолда бар мүмкиншиликтен қалай утымлы пайдалана аламыз? Бул ушын кимлер не ислеўи керек, деген саўаллар дөгерегинде болып өткен “Дөңгелек стол” сәўбетине Қарақалпақстан Республикасы Мәденият ҳәм спорт ислери министрлиги, Өзбекстан Республикасы Саўда-санаат палатасы Қарақалпақстан Республикалық басқармасы, “Қарақалпақфильм” киностудиясы, “Қарақалпақтуризм”, “Аралдың алтын мийрасы” жәмийетлик шөлкемлеринен жуўапкер хызметкерлер ҳәм республика ғалаба хабар қураллары ўәкиллери қатнасты. Онда “Аралдың алтын мийрасы” жәмийетлик шөлкеми директоры Г.Ембергенова, республика Мәденият ҳәм спорт ислери министриниң орынбасары А.Әдилбеков, Өзбекстан Республикасы Саўда-санаат палатасы Қарақалпақстан Республикалық басқармасы баслығы Х.Қайыпназаров, “Қарақалпақфильм” киностудиясының бас режиссеры Б.Низаматдинов, “Нөкис FM” радиоканалының директоры Б.Елманов, халықаралық туризм бойынша эксперт, германия¬лы Аня Вайнднерлер ҳәм тағы басқалар шығып сөйлеп, өзлериниң баҳалы пикирлерин билдирип өтти. Ә.ОРАЗОВ, арнаўлы хабаршымыз.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары. Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001