Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана Сийшемби, 30.04.2024, 04:58
Хош келипсиз Гость | RSS
Сайт мазмуны

Мини-чат

Бизиң сораўлар
Сайтымызға баҳа бериң
Барлық жуўаплар: 44

Статистика

Онлайнда: 1
Мийманлар: 1
Пaйдаланыўшылар: 0

Кириў усылы

Главная » 2011 » Сентябрь » 5 » АЎЫЛЫМНЫҢ ӘЖАЙЫП АЗАМАТЫ ямаса Өзбекстан Қаҳарманы Ағытай Әдилов ҳаққында бирер сөз
17:05
АЎЫЛЫМНЫҢ ӘЖАЙЫП АЗАМАТЫ ямаса Өзбекстан Қаҳарманы Ағытай Әдилов ҳаққында бирер сөз
Аўыл таңы өзгеше. Таң шуғласы әлемге өзиниң қызғыш нурларын жайып, әтирап нурға бөленип, жерде тиришилик ояна баслады. Қыялымда қуяш мениң аўылым төбесинен шығып, дүнья усы жерден басланып турғандай. Ондағы ҳәр бир қубылыс жүрегиме жақын, көзиме ысық. Сәҳәрдеги терек жапырақларының сытырлысы, қуслардың жуғырласып сайраўы, суўлардың сылдырлысы, гүллердиң әсте тербелиўи, қоразлардың шақырыўы, ана таўық шөжелерин шүйкилдетип ертип өз несийбелерин тинте баслаўы, аўыл ҳаялларының сыйыр саўып, оларды падаға қосыўы өзгеше бир көринис. Булардың бәри қайталанбас бир гөззаллық.

Аўылым!.. Бул сөз айтар тилге де, еситер қулаққа да жағымлы. Мен бул сөзди айтсам да, еситсем де, кеўлимде әлле қандай да бир толқыўлы тебиренислер кешеди. Мениң туўылып, ойнап өскен, камалға келген жерим, муқаддес ата мәканым "Тахтакөпир” ширкет хожалығы. Аўылым ҳаққында айтқанымда, мақтанып, бул туўралы әжа¬йып сезимлер көкирегимди кернеп, жүрегим шадлыққа толып-тасып сөз етким келеди.

Көк-көмбек тереклерге бүркелген сулыў сәнли көшелер, үлкен қалалардағыдай тақылетте салынған, аўылымыз келбетине шырай қосып турған банк, базар, дүкан, мектеп, бақша ҳәм тутыныўшылар үйи көз алдыма келеди. Аўылымыз сыртындағы жасыл егисликлерде таң азан менен мийнет ғажжа-ғаж қайнайды. Мийнеткеш аўылласларымыз өз мийнетлери арқалы үлкен табысларға ерисип, маңлай тери менен Ана-жеримизден мол өним алып, халқымыз дастурханын байытып атыр. Бул мийнет адамларына жол-жоба берип, айдын келешекке, тасқын табысларға жетелеп атырған инсан Өзбекстан Қаҳарманы, Өзбекстан Республикасына хызмет көрсеткен аўыл хожалық хызметкери, республикамызға мийнети сиңген экономист Ағытай Әдилов. Ол пидайылығы, мийнет сүйгишлиги, әдил басшылығы менен кең жәмийетшилик арасында абырайға ерисип, ел ағасы болды. Бул инсан менен аўыллас екенимнен қуўанып, оның ерискен мәртебелерин тилге тийек етип айтып жүргим келеди. Ағытай аға өзиниң мийнеткешлиги, кеңпейиллиги, мийрим-шәпәәти менен халықты изине ертип, әдил төрелиги менен дүньяға бир келген инсан. Ол 1941-жылы туўылып, жаслайынан әкесинен жетим қалып, анасы менен бирге турмыстың небир қыйыншылықларын, өмирдиң ашшы-душшысын көрип өсти. Ағытай аға өзиниң өмир жолына арналған "Билгениңнен билмегениң көп дүнья” деп аталған китабын оқып, мына қатарларынан тәсирленип кеттим. "Бизиң мамық төсегимиз үйиўли ғорек, яки раштың басында тасып алынбай атырған боян гүди... Қулласы, мениң билетуғыным, адам мийнеттен өлетуғын болғанда мен өлип қалар едим”. Бул қатарлардан көрип турғанымыздай, оның қаншелли дәрежеде аўыр қы¬йыншылықларды мәртлик пенен жеңип шыққанлығы, оның өмирге деген талапшаңлығы, мийнетке болған сүйиспеншилиги нәтийжесинде халық ҳүрметине ылайық болғанлығын көриўимизге болады.

Қаҳарманның балалық жыллары урыстың жаңа тамам болып, халық еле өзин толық тиклеп ала алмай турған, елде болса ашаршылық, жуўанның жиңишкерип, жиңишкениң үзилейин деп турған ўақтына туўра келди. Сонда да зийрек, билимге қуштар бала сол дәўирдеги қыйыншылықларға қарамай мектепте жақсы оқып, соң Хожелидеги есапшылар таярлайтуғын техникумға оқыўға кирди. Бул оқыў орнын айрықша диплом менен тамамлап, Ташкент аўыл хожалық институтының экономика бөлимине имтихансыз кириў жолламасын алады. Бирақ, ол жалғыз өзине қарап қалған анасын қалдырып кетпей, туўылған аўылына қайтып, мийнет жолын ҳәзирги "Белтаў” ширкет хожалығында табельши болыўдан баслады. Ол кишкенелигинен мийнетте писип өскенликтен аўыр жумысларды ислеп, күнди күн, түнди түн демей мийнет етти ҳәм басшылар нәзерине илинип, 1961-жылы хожалықтың бас есапшысы етип тайынланады. Жумыс ислеп жүрип 1964-жылы Ташкент халық хожалығы институтына оқыўға түседи. Оқыўды питкергеннен соң 1975-жылы районлық партия комитетинде жумыс ислеп, 1977-жылы "Тахтакөпир” ширкет хожалығына басшы етип жумысқа жибериледи. Хожалық баслығы болыўы менен-ақ халықты аўызбиршиликке, мийнет етиўге талпындырып барды. Соның нәтийжесинде хожалық алға табыслы қәдем таслап, пахташылықта, салыгершиликте, шарўашылықта ҳәм ғәллешиликте үлкен табысларды қолға киргизеди. Аўыл турмысы жақсыланып, 1999-жылы "Адилет” мини-банки ашылды.

"Алтын алма алғыс ал, алғыс алтын емес пе?” дегениндей, Ағытай аға елимиздеги кем тәмийинленген шаңарақларға жәрдем берип, баспанасыз қалған жетим-жесирлерге қолынан келгенше барлық жақсылықлар ислейди. Оның усындай ислеген ийгиликли ислери 2005-жылы Президентимиз тәрепинен ылайықлы баҳаланып, оған "Өзбекстан Қаҳарманы” ҳүрметли атағы берилди. Қаҳарманымыздың усындай күнге жетиўине бирден-бир үлес қосқан инсан - анасының орны гиреўли болса керек, деп ойлайман. Себеби, ол өзиниң китабында анасының берген ақыл-нәсиятлары ҳаққында айтып өтеди. Ол балалығынан мийнет етиўди, әлпайымлықты, инсанларға жақсылық етиўди, қолынан келгенше адамлардың мүтәжин питкериўди, мийзамкешликти ҳәм усыған усаған пазыйлетлерди қәлбине сиңдирип барды.

Ҳәзир ол үлкен шаңарақ басшысы. Өз перзентлерин де нағыз азамат етип тәрбиялап, ең муқаддес, ағла пазыйлетлер - Ўатанды сүйиў, оған ҳадал хызмет ислеў киби түсиниклер менен тәрбиялап барды. Олар да шаңарақта алған тәрбиясы бо¬йынша туўры жолды таңлап, халық хызметинде.

Аўа, Ағытай Әдилов Қзиниң мийнети арқасында өмир атлы алтын соқпақта нық, шыйрақ, мәрдана қәдем таслап киятыр. Қаҳарманның өмир жолы ҳәммеге, әсиресе оның мийнет етиўи, халқы ушын аянбай еткен хызмети арқалы аўылымыз қурғынласып атырғанын көрип өскен жасларымыз усы инсаннан өрнек алып, олар да қы¬йыншылықларға төтепки берип, жумысты епшиллик пенен орынлайтуғынына ҳешқандай гүманымыз жоқ. Ҳәзирги күнлери болса Fәрезсизлигимиздиң 20 жыллығын Қаҳарман бас¬қарған кәрхана жәмәәти мол табыс ҳәм бәлент қырман менен күтип алыўға ғалаба ат салысып атыр.

Айшагүл КЕМАЛОВА,
Тахтакөпир аўыл хожалық кәсип-өнер колледжи оқытыўшысы.

Ж.Жақсымуратовтың түсирген сүўрети

Просмотров: 1390 | Добавил: Erkin | Рейтинг: 0.0/0
Всего комментариев: 0
Имя *:
Email *:
Код *:
Излеў

Календарь
«  Сентябрь 2011  »
ПнВтСрЧтПтСбВс
   1234
567891011
12131415161718
19202122232425
2627282930

Архив

Сыбайлас сайтлар
  • Қарақалпақстан музейи менен танысың
  • Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң веб-сайты
  • Қарақалпақстандағы оқыў орынларының бири
  • Кеўил ашар
  • Рунеттеги сайтлар
  • Қарақалпақстан жаңалықлары

  • Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары. Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
    Copyright MyCorp © 2024