Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана Пийшемби, 21.11.2024, 11:58
Хош келипсиз Гость | RSS
Сайт мазмуны

Мини-чат

Бизиң сораўлар
Сайтымызға баҳа бериң
Барлық жуўаплар: 46

Статистика

Онлайнда: 1
Мийманлар: 1
Пaйдаланыўшылар: 0

Кириў усылы

Главная » 2011 » Сентябрь » 5 » ҚАРАҚАЛПАҚ КИНОСЫНЫҢ СӘТЛИ ҚӘДЕМЛЕРИ
17:22
ҚАРАҚАЛПАҚ КИНОСЫНЫҢ СӘТЛИ ҚӘДЕМЛЕРИ
Ҳәр жылы мәмлекетимиздиң ғәрезсизлик байрамы жақынлаған сәнелерде "ғәрезсизлик маған не берди, мен ғәрезсизлик ушын не иследим?” деген дәстүрли бир саўал ҳәр бир ўатанласымыздың жүрек сезиминен өтетуғыны тәбийий.

Сондай-ақ, бул саўал кеңирек мәниде айтқанда елимиз халық хожалығының ҳәмме тараўларына да тийисли. Соның ишинде мине, кино тараўын алып қарайық: егер ғәрезсизлик болмағанда қарақалпақ тилинде көркем фильм дөретиў ҳаққында қыял етиўдиң өзи фантастикадай бир нәрсе еди. Ҳәттеки, "Өзбекфильм”ниң өзи шығаратуғын киносының атын қойыўға да Москвадан рухсат алыўы керек болған. Аржағын тереңлестире бермей-ақ қояйық.

Мине, енди мәмлекетимиз ғәрезсиз. Бул ғәрезсизлик қарақалпақ киносы ушын үлкен мүмкиншилик жаратып берди. Бурын жылына төрт кино журнал, төрт ҳүжжетли фильм, орайдағылардың кеўлине жақсылық салса, бир көркем фильмди дубляж ислеўге ғана қурбы келген студия, ҳәзир жылына 15-20 ҳүжжетли фильм, жылына бир көркем фильм, бир-еки мультфильм ислеў мүмкиншилигине ийе болды. Жигирма жыл ишинде студия еки жүзден аслам ҳүжжетли фильмлерди сүўретке алды. Бес көркем фильм жаратты. Ҳәзир алтыншы фильм тамамланыў алдында, жетинши көркем фильм¬ди сүўретке алыў басланды. Булардан басқа өз күшимиз бенен үш мультфильм жаратылды, алты мультфильм дубляж исленди.

Ең әҳмийетлиси — техникалық базамыз жақсыланды, студия арнаўлы қәнигелер менен толықтырылды. Ҳәзир ең кейинги модельдеги видео үскенелер менен өз қәнигелеримиздиң күши арқалы жаңа фильмлер жаратып атырмыз.

Жақында Өзбекстан Республикасы Мәденият ҳәм спорт ислери минис¬трлиги, Миллий телерадио¬компаниясы ҳәм "Өзбеккино” Миллий агентлиги бирликте Ўатанымыз ғәрезсизлигиниң 20 жыллығына бағышлап өткерген таңлаўы жуўмақланды. Таңлаўда "Қарақалпақфильм” студия¬сы тәрепинен сүўретке алынған "Қарақалпақ дәстанлары” атлы этнографиялық фильмимиз сыйлы орынлардың бирин ийелеўге миясар болды.

Мине, буның өзи ғәрезсизлигимиздиң жемиси. Баста айтылған саўалға қайтатуғын болсақ, ғәрезсизлик бизге — кино тараўына көп нәрсе берди, көп нәрсе ислеўге мүмкиншилик жаратты, ал, биз усы муқаддес ғәрезсизлигимизди буннан былай да беккемлеў жолында пидайы мийнет етип атырмыз. Бул биз ушын ҳәм парыз, ҳәм қарыз, ҳәм муқаддес ўазыйпа болып табылады.


Муратбай НЫЗАНОВ,
"Қарақалпақфильм” студиясы директоры


Просмотров: 2393 | Добавил: Erkin | Рейтинг: 0.0/0
Всего комментариев: 0
Имя *:
Email *:
Код *:
Излеў

Календарь
«  Сентябрь 2011  »
ПнВтСрЧтПтСбВс
   1234
567891011
12131415161718
19202122232425
2627282930

Архив

Сыбайлас сайтлар
  • Қарақалпақстан музейи менен танысың
  • Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң веб-сайты
  • Қарақалпақстандағы оқыў орынларының бири
  • Кеўил ашар
  • Рунеттеги сайтлар
  • Қарақалпақстан жаңалықлары

  • Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары. Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
    Copyright MyCorp © 2024