Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана Жума, 26.04.2024, 22:32
Хош келипсиз Гость | RSS
Сайт мазмуны

Мини-чат

Бизиң сораўлар
Сайтымызға баҳа бериң
Барлық жуўаплар: 44

Статистика

Онлайнда: 1
Мийманлар: 1
Пaйдаланыўшылар: 0

Кириў усылы

Главная » 2012 » Январь » 2 » ПИКИР
14:58
ПИКИР
«ҚУЛАҚТАН КИРИП,
БОЙДЫ АЛFАН...»

Қулақтан кирип, бойды алған, кеўилге түрли ой салған қосық муқаддес ҳәм илаҳий қәдирият. Ол адамзаттың өмирлик жолдасы ғана емес, оны жетелеўши, баслаўшы ҳәм жигерлендириўши күш. Ол жанды сейислейди, кеўилди жубатады, адамды бағындырады. Сонлықтан да, Адам ата жаралған ўақытта оның “қараңғы геўдесине” жанды жағымлы қосықтың ҳаўазы киргизген деген әпсана да ҳақыйқаттан жырақ емес сыяқлы.
2011-жылы 11-октябрьдеги “Еркин Қарақалпақстан” газетасында жазыўшы Узақбай Пиржановтың “Қосықлардың мәнисин аңласақ, ямаса тойда қосық айтатуғынлардың дыққатына” деген мақаласы басылды. Бул жеке пикир, әлбетте, көптиң кеўлинде болғанлықтан, мениң де кеўлимди қозғады. Себеби, қосық “тыңласақ тыңла, тыңламасаң қой” дейтуғын келте пәмликти көтермейди. Ол тек атқарыўшылардың ғана мүлки емес, ал, пүткил халықтың, миллеттиң ийгилиги болып қала береди, ҳәр бир адамның кеўил кәйине хызмет етеди.
Сонлықтан да, қарақалпақларда ыңылдап қосық айтпаған, ямаса ҳәмме билетуғын әжайып қосықлардың биреўин еслемеген жигиттиң баҳасы жоқары болмайды. Егер азанда турып, белди буўып, билекти сыбанып исти баслаўда ыңылдап қосық айтпаған адам денсаўлығын тексертиўи лазым деген көрсетпелер де бар.
Шынында да, тәбият бизиң аймалаған анамыз болса, қосық ҳәм намалар бизди тербетиўши бесигимиз. Ол әсирлер бойы адамзаттың жүрегине зерде салып, ой ҳәм сезимлерин ийелеп, инсанға руўхый қуўат берип, тиришилигиниң түпкиликли арқаўы ретинде, оның менен бирликте өмир сүреди. Қосықтың күши адамның жүрегин елжиретип, кеўлин босатып, көзинен жасын айландырады. Оның бундай тәсирин Абай ша¬йыр былай баҳалайды:

Өзгеге кеўлим тоярсаң,
Қосықты қалай қоярсаң,
Оны айтқанда толғанып,
Иштеги дәртти жоярсаң.
Сайра, зарла, қызыл тил,
Қаралы кеўлим оянсын,
Жыласам көзден жас шығып,
Омыраўым боялсын.
Бул жүдә дурыс ҳәм тийимли баҳа. Бизде гейде шайырлар “Қосық тыңлап тула бойың балқысын” деп жырласа, гейпаралар қосықты тыңлап “Шерим тарқады”деп қанаатланады.
Қосықтың тәсирин қарақалпақ шайырлары да қәстерлейди. Мысалы, талантлы шайыр Үбби¬нияз Әширбеков:

Кеўилин хош етип заманласлардың,
Бойына йош берип ярыў-дослардың,
Көзлерин ығаллап кеўли бослардың,
Жүрегиниң тарын қозғар қосығым.
Халқымның қәлбине тез барып жетер,
Fамлы кеўиллерди майдай жибитер,
Ар-намыс қорғаўда темир, тас кесер,
Сөйлер тилим, жумсар қурал қосығым,-деп әдиўлейди.
Мине, усындай руўхый қуўат, кеўилге азық, жүрекке жыллылық берип, гөззаллық жылўалары менен адамды тербетип, гейде тәселле де берип тәрбиялайтуғын муқаддес қәдириятларымызды қалай әлпешлемессең, оны шаймалаўға қалай шыдайсаң, өмирдеги орнын ҳәм әҳмийетин түсинбеўшиликке қалай бийпәрўа қарайсаң?
Усы мәселеде жаны ашыған жазыўшы жоқарыда аталған мақалада “Қосық текстин өзи жазып, оған өзи нама шығарып, оны да өзи атқаратуғынлардың тыңлаўшыны әжеплендиретуғын бир жери, соңғы ўақытлары булар жаўыннан соңғы замаррықлардай көбейип баратыр” дейди. Бул жүдә дурыс пикир. Оннан басқа да таңланарлық жери, олардың тек көбейип баратырғанлығында ғана емес. Мәселе сол қосықлардың гейбиреўлериниң талғамға татымай, тыңлаўшыны руўхый бәлентликтен алыслатып, тек ғана сезимлик тәсирде қалыўында, яғный, қулақтан кирген менен бойыўды ийелеў дәрежесине жете алмаўында.
Дурыс, ҳәр бир адам еркинен тыс қосық жазыўға талпыныў қәсийетине ийе. “Жас ўақтында ким шайыр болмаған?” Аўа, жаслықтағы бәлентке пәрўаз, талпынған талўас, жалынлы ышқы кеўилди сайратады, жүректи жанландырады. Лекин, бул қосықлардың көпшилигин сахнаға шығарып ямаса халыққа көрсетип улыўма қосық деген муқаддес қәдириятты суйылтыўға болмайды. Уллы улама ҳәзирети Наўайының мынадай гәпи бар: “Егер қосықты адамлар (әпиўайы адамлар-Ж.Б.) жазса ол кейпият, ал, қосықты алымлар жазса ол кашфият” (жаңалық ашыў). Шынында да, қосық жазыў ҳаққында шайырлардың “Гейде бир паралар кеўлин хошлайды, Дуўтары өлинде шертип саз бенен” деп келтиретуғынындай, қосық кеўилдиң көтериңкилигиниң тийкарында жазылса, оның өмири қысқа, бир айтылып қалыўы сөзсиз. Ал, ҳақыйқый шайырлардың қосықлары – бул ашылыў, бул философия, жаңа өмирге жол силтеўши хызметти атқарады, ҳәрбир ықласбенттиң мәңгилик жолдасы болып қалады.
Ҳәзирети Наўайының даналығының мысалын айқынластырсақ, онда талантлы хошҳаўаз Р.Хожасовтың атқаратуғын Ү.Әширбековтың “Ўатан топырағы”, “Дәртке даўа табармысаң” атлы қосықлары бул әжайып ашылыў болса, ал, оның өзине тийисли айтатуғын
“Даңғыр-дуңғыр дәрўаза,
Ашық болдым бир қызға,
Алма берсең алмайды,
Саққыз берсем шайнайды” деген сыяқлы қосығы инсанға қандай руўхый азық бере алады, қандай тәр¬биялық мәниске ийе? Бундай қосықларды миллий қосықшылық өнерине жеңил-желпи қараў деп баҳалаўдан басқа илаж қалмайды.
Улыўма, ҳәзир қосық атқарыўшылардың өз бетиншелиги жүдә ерси болып баратырған сыяқлы. Буның себеплериниң тағы бири, олардың репертуарындағы қосықлардың ишинде жеңил, логикасыз, үрп-әдетке де онша туры келе бермейтуғын қосықлардың баҳасын белгилеп, жол-жоба беретуғын, ерсилерин оңлайтуғын дөретиўши уйымның болмаўы. Нәтийжеде улыўмахалықлық мәпке, руўхыйлық өлшемлерине туўра келмейтуғын, мазмуны сайыз қосықлар иркинишсиз айтылып киятыр.
Усыған байланыслы Узақбайдың: “Муҳаббатқа байланыслы сүйемен ҳәм күйемен әтирапында айланшықлай беретуғын қосықлар көбейип баратыр” деген пикири дурыс. Бундай қосықлар муҳаббаттың қәдирин, муқаддеслигин, илаҳийлигин кемситеди.
Мысалы, бизде көп атқарылатуғын “Шашларыңды тарадым, Бир сүйдирши қарағым” деген мазмундағы қосықты алайық. Онда қандай мәнис бар?
Ямаса радиодан айтылып жүрген:
“Сәнем, Сәнем, яр Сәнем,
Мен Fәрип, сен Шаҳсәнем,
Сәнем, Сәнем, яр Сәнем,
Бахытлы болып кел Шаҳсәнем” деген сыяқлы қосықлары музыкаға үйлескен менен тек сезимлик ғана тәсирде көринеди.
“Танысқанның айыбы жоқ” деп дурыс басланған мелодияға уласқан қосықта да:
Қарындасым хабарлас,
Хабарласпай кетпе сен,
Бийтаныс қыз хабарлас,
Бийтаныслық етпе сен” деген қатарлар турпайы ҳәм нырыққа сыймайтуғын сыяқлы сезиледи. Бийтаныс қыз қалай хабарласады?!
Сондай-ақ, талап бойынша қосықтың мазмунының орынлылығына, мәдениятға, билимге туўры келетуғын тәреплерин де есте тутыў жүдә әҳмийетли. Мысалы, эстрадада көп айтылып жүрген қосықлардың бири:
Үй алдында салма бар,
Еки бойы алмазар,
Сол салмаға келеди,
Қыпша белли талма яр.
Бул қосықтың жақсы атқарылғаны менен оның мәнисин бузып турған бир қәте “талма яр” деген анықлама. “Қалай, ярың “талма” болса, оның несин жырлайсаң, деген сораў туўылмай ма? Онда ол салмаға аўырыўынан жазылыўына келе ме? Салма сондай-аў кийели ме? Аўылда мыңсан еки салмалар бар емес пе?” деген сораўлар келип шығады. Оның орнына “қыпша белли гөззал яр” деп жырласа орынлы болар еди.
Қосықта сөзлердиң атқаратуғын хызмети анық көринип турса, оның жүрекке тәсири өткир болады. Көптен атқарылып киятырған муңлы намаға түскен “Неге билмедиң?” деген қосықта, енди оған қолы жетпейтуғынлығына исенип турса да “үмит пенен жасаў қыйын болса да, Мен сени қыймайман, неге билмедиң”деп зарлайды. Қосық қатарларында толық үмитсизлик көрсетилген. Лекин, онда “Үмиттиң” философиялық әҳмийетин түсинбеўшилик көринеди. Себеби, адамға үмит пенен жасаў қыйын емес, керисинше, аңсат. Соның ушын, ол қатарды “үмитсизлик қанша қыйын болса да” деп өзгертсе жүдә дурыс болған болар еди.
Қосықтың шийрин зибаны жақсы нама менен үйлесип, тыңлаўшының жанына жағып, бойын бийлеп алыўы керек. Сонда ғана оның өмири узақ болады ҳәм жәмийетлик ролин атқарады. Сондай-ақ, қосықтың қәдири оның миллийлигинде. Миллий колорит деген турақлы ҳәм өзине тән, және өзине ғана тийисли лапызлар жүдә қәдирли.
Демек, қосық бул адамның талабына айланыўы керек. Оның айтылыўы шәменде гүл терген сыяқлы қонымлы болыўы тийис. Оның тәсирин шайыр Толыбай Қабуловтың сүўретлегениндей түсинип:
Тыңлаған инсанның кеўлин тастырып,
Қосық айтыў дәўирлердиң талабы,
Жулдызды жулдызға дийдарластырып,
Бир қосық айтып бер.
Ырғалсын гүллер.
Жигитлер хат жазсын сүйген ярына,
Қызлар қушақ ашсын опадарына,
Халықтың ғайры нағыш намаларына,
Бир қосық айтып бер,
Ырғалсын гүллер.
Жуўмақлап айтқанда, қосықлардың мине усындай әҳмийетин атқарыўшылардың толық түсинип алыўы ҳәм қосықты көпшиликке шығарыўда төрешилердиң болыўы, олардың қалыс хызмети ҳәм жәрдеми керек. Бул олардың тек дөретиўшилик тәрептен жетилисиўине ғана емес, қосықтың руўхый күшин билдириўге ҳәм ша¬йырлардың ақыл-ойының өткирлигин көрсетиўге хызмет етип, оның үлкен тәрбиялық әҳмийетин жоқарылататуғынын умытпаўымыз абзал.

Ж.БАЗАРБАЕВ,
академик.

Просмотров: 1743 | Добавил: Erkin | Рейтинг: 0.0/0
Всего комментариев: 0
Имя *:
Email *:
Код *:
Излеў

Календарь
«  Январь 2012  »
ПнВтСрЧтПтСбВс
      1
2345678
9101112131415
16171819202122
23242526272829
3031

Архив

Сыбайлас сайтлар
  • Қарақалпақстан музейи менен танысың
  • Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң веб-сайты
  • Қарақалпақстандағы оқыў орынларының бири
  • Кеўил ашар
  • Рунеттеги сайтлар
  • Қарақалпақстан жаңалықлары

  • Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары. Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
    Copyright MyCorp © 2024