Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана Жума, 29.03.2024, 16:48
Хош келипсиз Гость | RSS
Сайт мазмуны

Мини-чат

Бизиң сораўлар
Сайтымызға баҳа бериң
Барлық жуўаплар: 44

Статистика

Онлайнда: 1
Мийманлар: 1
Пaйдаланыўшылар: 0

Кириў усылы

Главная » 2012 » Январь » 04
АПАТ АЙТЫП КЕЛМЕЙДИ ЕКЕН...
“Ағайинниң, достың, қоңсыңның ким екенлиги бир жақсы күниңде, бир жаман күниңде билинеди” деген ҳақыйқат гәп екен. Жақында пайтахтымыздың Гөне қала аймағында жасаўшы Мендиғалиевлер шаңарағына келген апатшылық олардың қоңсыларын тик аяққа турғызды.
Үлкен перзентлерин отаў тигип дөгерегине басқа шығарып, еки келинди қоса жумсап, етеги ақлықларға толған Қурбангүл апаның үлкен шаңарағы Шыпабағыш көшесиндеги қатықтай уйып отырған татыў шаңарақлардың бири еди. Шаңарағына ийелик етип қалған Омар да, оның келиншеги Замира да көшесинде абырайлы, үлкен-кишиниң сый-ҳүрметин жайына қоятуғын инсанлар.
“Апат айтып келмейди” деген дурыс екен, күпә-күндиз олардың үйине от тийип, шаңарағы ортасына түсти. Онлаған арнаўлы машиналарда келген өрт өшириўшилер от пенен қанша айқасқан менен илаж ете алмады. Бул үйден ҳеш нәрсени аман алып қалыўдың итималы болмад ... Даўамын оқыў...
Просмотров: 1393 | Добавил: Erkin | Дата: 04.01.2012 | Комментарии (1)

ЖАҢА ТЕХНОЛОГИЯ ТИЙКАРЫНДА
Елимиз экономикасында қурылыс санааты ең перспективалы ҳәм жедел раўажланып атырған тармақлардың бири болып, оны еле де беккемлеп барыў мәмлекетимиз санаатын раўажландырыў стратегиясының әҳмийетли қурам бөлеги болып есапланады. Себеби, Елбасшымыздың тиккелей басшылығында ғәрезсизликтен кейинги жылларда қурылыс инфрадүзилмесин раўажландырыў, жаңа бөгили жойбарлар тийкарында турақ жайлар, билимлендириў, медицина мәкемелери ҳәм басқа да бир қатар социаллық объектлерди қурып иске түсириў жумысларына, буннан тысқары онда пайдаланылатуғын қурылыс материалларын ислеп шығаратуғын өндирислик кәрханалардың жумысларын жетилистириўге айрықша итибар қаратылып келинбекте. Усының менен биргеликте сырт еллер менен шериклик байланыслар тийкарында өндирислик кәрханалардың ислеп шығарып атырған өнимлериниң сапа дәрежесин, ишки ҳәм сыртқы базарларда бәсекиге шыдамлылығын ар ... Даўамын оқыў...
Просмотров: 1544 | Добавил: Erkin | Дата: 04.01.2012 | Комментарии (0)

ӨЗБЕКСТАН ТЕМИРЖОЛЛАРЫ ­ҒӘРЕЗСИЗЛИК ЖЫЛЛАРЫНДА
ЯМАСА ОЛАРДЫҢ МАТЕРИАЛЛЫҚ-ТЕХНИКАЛЫҚ БАЗАСЫ БЕККЕМЛЕНИП БАРМАҚТА
Уллы Жипек жолы өткен мәмлекетимиз әййемги заманлардан берли Орайлық Азияда әҳмийетли геостратегиялық орын ийелеп келди ҳәм ҳәзир де солай. Әзелден саўда жоллары өткен ҳәм кесискен, түрли цивилизациялар ортасында өз-ара нәтийжели бирге ислесиў қәлиплескен. Шығыс ҳәм Батыста, Қубла ҳәм Арқаны магистрал жоллар арқалы тутастырған Өзбекстан бүгин де үлкен транспорт коммуникация ҳәм транзит потенциалына ийе. Өзбекстан ҳүкимети тәрепинен Өзбекстан темиржоллары тармағын модернизациялаў бойынша 2013-жылға дейинги дәўирди өз ишине алған модернизация бағдарламасы қабыл етилди. Бул поездлар паркин жаңалаў, жолларды қайта тиклеў, қәнигелескен санаат кәрханаларын реконструкциялаў, модернизациялаў сыяқлы ис-илажларынан ибарат.
­Ғәрезсизликтиң ... Даўамын оқыў...
Просмотров: 1633 | Добавил: Erkin | Дата: 04.01.2012 | Комментарии (0)

ДЕНСАЎЛЫҚТЫ САҚЛАЎ ТАРАЎЫНА ЖАҢА ҮСКЕНЕЛЕР

Глобал ықлым өзгерисиниң әллеқашан-ақ дәўиримиздиң ең әҳмийетли машқаласына айланғаны сыр емес. Атап айтқанда, ҳәзирги ўақытта мәмлекетимизде ҳаўаның орташа температурасы жер жүзиндеги нормал температураға салыстырғанда 2 еседен зыятқа көтерилген. Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Гидрометеорология хызмети орайының болжаўларына қарағанда, 2050-жылға барып, орташа жыллық температура Цельсий шкаласы бойынша 2-2,5 градусқа артады. Бир сөз бенен айтқанда, мәмлекетимиз ықлымының өзине тәнлиги жоғалып, қолайсыз ҳаўа райы шараяты жийи бақланатуғын болады. Мәселен, ҳаўаның орташа температурасы 40 градустан жоқары болған күнлерди саны көбейип, Ташкент қаласының ықлымы елимиздиң ең қубласында жайласқан Сурхандәрья Ўәлаятының ықлымына уқсап ысып кетеди.
Жүрек-қан тамырлары, дем алыў ағзалары кеселликлери менен аўыры ... Даўамын оқыў...
Просмотров: 1515 | Добавил: Erkin | Дата: 04.01.2012 | Комментарии (1)

БАЛАДА НЕ ЖАЗЫҚ БАР?!

2010-жыл 14-декабрь. Қыстың бир күни болған соң күн булынғыр тартып, “Сүўенли” каналы бойындағы сийрек өскен қамыслар ызғырыє самалдан басларын шулғысар еди.
Тандыр басындағы қәйин ене ҳәм бийкеши менен үйреншикли урыс-қағыс жанына тийген Зарипа “қапа болсаң ағын суўды жағала, тасып кетсең әўлийени арала” деген ойда ашыўын басып, өзине келиў ушын үйине 300 метр қашықлықта аққан “Сүўенли” каналының бойына қарай нәйлаж адым атады.
Үйдегилер бир-бирлерин азап-ақыретлесе иштен ынжылып, қапа болатуғын бийкеши Жупаргүлдиң төрт жасар сезимтал баласы изинен кетеди. Кишесин бала кеўли менен жақсы көргенликтен “Кет, изиңе қайт” деп бақырса қулақ аспаған. Жағыста муңайып отырса қасына келген Русланнан анасы ҳәм кемпир апасына бола өш алмақ ушын аңсыз турғанда суўға күшлеп ийтерип жибереди. Кеминде 3 метрлик тикжарлықтан каналдағы орта ағыслы суўға ша ... Даўамын оқыў...
Просмотров: 1602 | Добавил: Erkin | Дата: 04.01.2012 | Комментарии (0)

Излеў

Календарь
«  Январь 2012  »
ПнВтСрЧтПтСбВс
      1
2345678
9101112131415
16171819202122
23242526272829
3031

Архив

Сыбайлас сайтлар
  • Қарақалпақстан музейи менен танысың
  • Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң веб-сайты
  • Қарақалпақстандағы оқыў орынларының бири
  • Кеўил ашар
  • Рунеттеги сайтлар
  • Қарақалпақстан жаңалықлары

  • Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары. Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
    Copyright MyCorp © 2024