Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана Жума, 26.04.2024, 10:27
Хош келипсиз Гость | RSS
Сайт мазмуны

Мини-чат

Бизиң сораўлар
Сайтымызға баҳа бериң
Барлық жуўаплар: 44

Статистика

Онлайнда: 1
Мийманлар: 1
Пaйдаланыўшылар: 0

Кириў усылы

Главная » 2011 » Август » 25 » ЕРКИНЛИКТИҢ АЙДЫН ЖОЛЫ
15:26
ЕРКИНЛИКТИҢ АЙДЫН ЖОЛЫ

Ғәрезсизлик... Еркинлик... Бул муқаддес сөзлердиң артында халқымыздың арзыў-әрманлары, тәғдири ҳәм ертеңги келешеги тур.

Өзбекстан Республикасы 1991-жыл 1-сентябрьде мәмлекетлик ғәрезсизлигин жәриялағанына санаўлы күнлерден соң жигирма жыл толады. Аўа, халқымыз, ата-бабаларымыз тыныш-парахатшылық журтта, емин-еркин күнлерде жасаў әрманында қаншадан-қанша қурбанлар бергенин, әсирлер даўамында еркинлиги ушын гүрескенлигин бәршемиз жақсы билемиз.

Ҳақыйқатында ғәрезсизликтиң дәслепки жыллары жас мәмлекет Өзбекстан ушын аңсат болмады. Бирақ, Журтбасшымыздың узақты көре билиў, барлық тараўларда раўажланыўдың әҳмийетли стратегиялық бағдарларын сергеклик пенен анықлай алыў қәбилети Өзбекстандай жас мәмлекетти ҳәр түрли сиясий, экономикалық дағдарыслардан аман-есен алып шықты.

"Ғәрезсизлик бизге не берди деп емес, ал биз ғәрезсизликке не бердик деп жасаў керек” деп Президентимиз тәрепинен айтылған мағаналы сөзде инсанның пуқаралық позициясы жәмлескен.

Бир ғана бизиң Беруний районында Ғәрезсизлик жылларында аўыл хожалығы, қурылыс, транспорт, байланыс, мәденият ҳәм спорт тараўларында қаншадан-қанша жаңаланыўлар, өзгерислер унамлы тәрепке өзгерди. Мине, усы жаңалықлар районымыз халқының өзлери жасап атырған аўыл-аймағын, көшелерин абаданластырыў, көклемзарластырыўда жансебиллик пенен жәмлесип ислеўине түртки берди. Аўыл хожалығы тараўында өзгерислер енгизилмекте. Район пахтакешлери өткен жылы мәмлекетлик шәртнаманы орынлады. Атызлардың агромелиоратив жағдайын жақсылаў қолға алынды. Ҳәр бир шаңарақ ийелери қыйтақ жерлерине мийўе нәллерин егип бағ жаратпақта, қалаберди овощь-палыз егинлериниң артық өнимлерин базарға шығарып, қосымша дәрамат алыў тәжирийбесин топлады. Бурынғыдай бул өнимлерди базардан сатып алыў машқаласы пүткиллей жоқ болды. Қайтама оларда жерден көбирек өним алыўға ҳәм де қосымша табыс алыўға болған қызығыўшылық оянды. Республикамыз Президенти ҳәм ҳүкиметиниң аўылларда үлгили турақ жайлар қурыў ҳаққындағы бийлик ҳәм қарарлары қабыл етилгеннен соң республикамыздың басқа ўәлаят ҳәм районлары сыяқлы бизиң районымыз аўылларында бирқатар жаңа үлгидеги қурылыс жумыслары әмелге асырылды. Өткен жылы "Шаббаз” аўыл пуқаралар жыйыны аймағында жайласқан "Туран” мәҳәллесинде үлгили жойбар тийкарында 31 заманагөй турақ жайлар қурып питкерилип, жаңа қоныс ийелерине тапсырылды. Халқымыз ҳүкиметимиз тәрепинен аўылларда жасаўшы турғынлардың жасаў шараятын жақсылаўға қаратып атырған дыққат-итибары, ғамқорлығынан қуўанышлы екенлигин айтып өтсек арзыйды.

Быйыл бул бағдарда тағы да көлемли қурылыс жумыслары ен жайдарылмақта. Районымыздың "Шымам” аўыл пуқаралар жыйыны аймағында, район орайына алып баратуғын жолдың арқа тәрепиндеги "Көккөз” елатында үлгили жойбар тийкарында және 45 заманагөй турақ жайлар қурылып атыр. Жаңадан бой тиклеп атырған елаттың болажақ ийелерине қолайлылық жаратылмақта. Атап айтқанда, турғынлардың перзентлери тыянақлы билим алыўлары ушын жаңадан 140 оқыўшыға мөлшерленген мектеп имараты қурып питкерилиў алдында. 

Ғәрезсизлик жылларында халық хожалығының барлық тармақларында тилге аларлықтай өзгерислерге қол урылды. Мәмлекетлик бағдарламаға муўапық үлгили турақ жайлардан тысқары социаллық саладағы инфрадүзилме объектлери қурылыслары әмелге асырылды. "Шымам” аўыл пуқаралар жыйынындағы "Сарыгүл”, Абай атындағы аўыл пуқаралар жыйыны аймағындағы "Жаңаабат” ҳәм "Қуралпа” елаты турғынларының таза ишимлик суўға болған талабын қанаатландырыў ушын тийисли илажлар көрилмекте. Ал, "Азат”, "Тынышлық”, "Шаббаз” аўыл пуқаралар жыйыны ҳәм О.Жуманиязов мәкан пуқаралар жыйынлары аймағындағы ишки ҳәм сыртқы жолларын сапалы етип оңлаў жумыслары жеделлилик пенен алып барылып атыр.

Өзимиз жасап атырған орталықты абаданластырыў бағдарында районымызда бағдарлама ислеп шығылды. Әсиресе, халықтың мәдений ҳәм кеўилли дем алыўлары ушын жетерли дәрежеде қолайлы шараятлар туўдырыў мақсетинде район орайындағы Беруний мәдений ҳәм дем алыў бағы қайтадан шөлкемлестирилип, кең көлемдеги қурылыс реконструкциялаў жумыслары даўам еттирилмекте. Бүгинги күнге шекем бағда "Балалар дүньясы” дүканы, "Офис”, "Бағдың дәрўаза арки”, буннан тысқары еки қосымша салқын ишимликлер сатыўға қолайластырылған дүканлар, фонтан, "Салтанатлар үйи” сыяқлы объектлер бой тикледи, ҳәр түрли гүллер, тереклер егилди. Жақын жыллар ишинде бул орын берунийшилердиң сүйикли дем алыў орнына айланыўына тийкар бар. Беруний музейи комплекс бағының да жақын арада айырым орынларын реконструкциялаўды әмелге асырыўды нийетлеп отырмыз.

Көпшилик ҳәзирги күнде автотранспорт тараўының жедел раўажланғанын мақтаныш пенен тилге алады. Буныңдай жетискенликтиң арқасында Өзбекстанның автомобиль ислеп шығарыўды жолға қойғанлығында екенлигин жақсы биледи. Еле есимизде ғәрезсизлигимиздиң дәслепки жыллары автопаркимиздеги санда бар машиналар, автобуслар ески, өз пайдаланыў мүддетин өтеп болған транспортлардан ибарат еди. Ҳәзир қысқа жыллар ишинде автотранспорт тараўындағы кемшиликлер сапластырылды. Халқымыздың бул тараўға болған талабы орынланды.

Районымыздағы "Қарақалпақтранс” автомобильлерде жүк ҳәм жолаўшы тасыўшылар ассоциациясына қараслы "Берунийавтотранссервис” жуўапкершилиги шекленген жәмийети усы жылдың март-апрель айларында Самарқанд автомобиль заводында ислеп шығарылған жаңа SAZ NP37 маркасындағы автобуслардан 15 дана, SAZ NP21 маркасындағы автобуслардан 5 дана, жәми 20 дана автобусларды лизингке сатып әкелди. Бул биринши гезекте жолаўшылардың баратуғын мәнзилине арзан баҳада барып-қайтыўына жеңиллик туўғызды. Нәтийжеде районымыздан Нөкис қаласына, Төрткүл ҳәм Елликқала районларына қатнайтуғын жөнелислер ашылды. Сондай-ақ, районымыз аймағындағы алыста жайласқан аўылларға қатнаўшы 8 жөнелис иске түсирилди.

"Киши бизнес ҳәм жеке исбилерменлик жылы” мәмлекетлик бағдарламасы талапларын орынлаў бойынша да унамлы жумыслар исленип атыр. Усы жылдың өткен дәўиринде район орайында ҳәм аўылларымызда жүзден аслам меншик саўда дүканлары, халыққа турмыс хызметин көрсетиў орынларының имаратлары қурылды. Жаңадан "Дийқан базары”н қурыў бағдарында жумыслар баслап жиберилди.

Районымызда өнерментшиликти раўажландырыў арқалы, тәжирийбели уста, тигиўшилер әтирапына шәкиртлер таярлаўды жолға қойыў өзиниң унамлы нәтийжесин берип атыр. Атап айтқанда, Наўайы атындағы аўыл пуқаралар жыйыны аймағында жасаўшы тигиўши қыз Гүлназа Бийжанова быйыл "Тақыя тиктим жипеклери тилладан” таңлаўының Қарақалпақстан Республикасы басқышында сыйлы үшинши орынды жеңип алды. Бундай өз алдына миллий кийим-кеншек тигип жумыс баслап атырған өнерментшилеримиз ҳәр бир аўыл, мәҳәлледе табылады. Сонлықтан да, районда усындай жасларды қоллап-қуўатлаўға итибар қаратып атырмыз.

Бүгинги күнде районымызда сырт ел инвести¬цияларын тартыў ҳәм де кәрханаларда ислеп шығарыў қуўатын асырыў, ислеп шығарылатуғын өнимлердиң сапасын жақсылаў бойынша ис-илажлар таярланды. Мине усы бағдардағы жумыслар нәтийжесинде "Беруний-Тальк”, "ЛИКО РООТС”, "Астератекстиль” кәрханалары өзлериниң өнимлерин сырт еллер базарларына алып шықпақта. Кәрханаларға инвестиция алып кирилиўи олардың ислеў қуўатлылығының артыўына, өнимлер ислеп шығарылыўына кететуғын артық қаржылардың кемейиўине ерисилди.

Ҳәр қандай кәрхананы модернизациялаў тек ғана утымлы тәрепке өзгериўине имкан береди. Районымыздағы ири кәрханалардан бири "Еғғар” акционерлик жәмийетинде модернизациялаўдан соң ислеп шығарыў қуўаты бурынғыға салыстырғанда әдеўир артты ҳәм өним сапасы жақсыланды.

"Беруний пахта тазалаў заводы” акционерлик жәмийетинде ҳәр жылы районымыздың пахтакешлери тәрепинен таярланатуғын 20 мың тоннадан аслам пахтадан өним ислеп шығарылады. Ҳәзирги ўақытта кәрханада бағдарлама бойынша таяр өнимлер склады, қурылыс тазалаў бөлимлери майданшалары модернизацияланды. Жоқары басымдағы электр тогин узататуғын кабеллер ҳәм басқа үскенелер жаңасына алмастырылды.

Бизиң халқымыз әўелден бир-биреўге мийрим-шәпәәт, инсаныйлық жәрдем көрсетиўге, қолдан келсе жәрдем бериўге әдетленген. Аўыл-аймақ, көшедеги қоңсыларының жағдайынан хабардар болып турады. Районымызда кем тәмийинленген, көп перзентли шаңарақлар, әмеңгеринен айрылғанлар, майыплардан байрамларда хабар алынып, материаллық жәрдемлер берилип турылады.

Быйылғы жылы материаллық жәрдемге мүтәж 408 шаңарақларға 4 миллион 910 мың сум муғдарында қайыр-сақаўат жәрдемлери берилди. Атап айтқанда, Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының бир студентине жәрдем сыпатында 650 мың сум муғдарындағы шәртнама пулы төлеп берилди. Ал, "Саркоп” аўыл пуқаралар жыйыны турғыны Ө.Әўезимбетовтың шаңарағына бир бас қарамал бийпул саўға етилди. Байрам күнлери қа¬йыр-сақаўат көрсетиўди кеўлимизге түйип қойғанбыз.

Мәмлекетимиздиң тарийхындағы умытылмас сәне — Ғәрезсизликтиң 20 жыллығы алдынан районлық мәденият ҳәм спорт ислери бөлими тәрепинен мәдений илажлар, спорт жарыслары өткерилип киятыр. Жақында "Уллы ҳәм муқаддессең, ғәрезсиз Ўатан” сүрени астында ра¬йонымыз аймағындағы кәрхана, мәкеме, шөлкемлер, аўыл ҳәм мәкан пуқаралар жыйынларында пуқараларымызды байрам менен қутлықлаў, мәдений дем алыўлары ушын концерт бағдарламалары қойып берилди. Бундай ушырасыўлар, концерт бағдарламалары даўам етпекте.

Жасларды ҳәр қыйлы зыянлы иллетлерден аўлақ болыўында спорт ойынлары жақын жәрдемши есапланады. Буннан тысқары спорт олардың саламат ҳәм физикалық жақтан шынығып камалға келиўинде тийгизер пайдасы көп. Сонлықтан да районымызда спорт түрлерин раўажландырыўда спорт майданшалары, заллары қурылып, олардың ықтыярына тапсырылмақта. Жақын жыллар ишинде районлық халық билимлендириў бөлимине қараслы 67-санлы мектеп қасында 5 типтеги спорт комплекси, 5 ҳәм 56-санлы мектеплер қасынан спорт заллары қурылып пайдаланыўға тапсырылғаны, спортқа қызығыўшы жаслардың қатары көбейиўине имканият бермекте.

"Гиябентлик пенен емес, спорт пенен шуғыллан” сүрени астында пневматикалық мылтықтан оқ атыў бойынша спорт жарыслары өткерилди. Спорттың бул түрин раўажландырыў бойынша бағдарлама ислеп шығылды.

Районымызда қолға киргизилген жетискенликлеримиз бир талай. ўмелге асырылған жумысларымыз, алдымызда турған жумысларымыздың бир бөлими ғана. Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң "Беруний районын социаллық-экономикалық раўажландырыўдың 2010-2012-жылларға мөлшерленген Бағдарлама”сын толық әмелге асырыў ушын еле алдымызда исленетуғын ўазыйпалар көп. Берунийшилер ўәдесине опалы, мийнеткеш халық. Олар мәмлекетимиздиң гүллеп-раўажланыўына өзлериниң үлесин қоса береди.

Ф.ЭРМАНОВ,
Беруний районы ҳәкими

Просмотров: 1160 | Добавил: Erkin | Рейтинг: 0.0/0
Всего комментариев: 0
Имя *:
Email *:
Код *:
Излеў

Календарь
«  Август 2011  »
ПнВтСрЧтПтСбВс
1234567
891011121314
15161718192021
22232425262728
293031

Архив

Сыбайлас сайтлар
  • Қарақалпақстан музейи менен танысың
  • Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң веб-сайты
  • Қарақалпақстандағы оқыў орынларының бири
  • Кеўил ашар
  • Рунеттеги сайтлар
  • Қарақалпақстан жаңалықлары

  • Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары. Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
    Copyright MyCorp © 2024