Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана Сәршемби, 24.04.2024, 05:24
Хош келипсиз Гость | RSS
Сайт мазмуны

Мини-чат

Бизиң сораўлар
Сайтымызға баҳа бериң
Барлық жуўаплар: 44

Статистика

Онлайнда: 1
Мийманлар: 1
Пaйдаланыўшылар: 0

Кириў усылы

Главная » 2011 » Август » 25

Ҳүрметли Президентимиздиң уллы ғәрезсизлигимиздиң дәслепки күнлеринде көрегенлик пенен "Өзбекстан – келешеги уллы мәмлекет” деп жәриялаўы көп миллетли халқымызда Ўатанымыздың келешегине үлкен исеним ҳәм мақтаныш сезимлерин оятқаны күни кешегидей есимизде.

Пүткил жәҳән жәмийетшилиги елимизде ҳуқықый демократиялық мәмлекет ҳәм пуқаралық жәмийет қурыў бағдарында ерисилген турақлылық және түпкиликли жаңаланыўларға ҳәўес пенен қарамақта. Мине, бир-еки күннен кейин ғәрезсизлигимиздиң 20 жыллық даңқлы мерекесин салтанатлы белгилеў алдында турмыз.

Кеше Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан бойлап елимиздиң ардақлы азаматларының бири – Тахтакөпир районындағы көп тармақлы "Тайымбет” фермер хожалығының баслығы, Өзбекстан Республикасы "Ташаббус-2007” таңлаўының жеңимпазы, Өзбекстан Республикасы Олий Мажлис Сенаты ағзасы Сәрсенбай Сейтназаровқа елимиз ... Даўамын оқыў...

Просмотров: 922 | Добавил: Erkin | Дата: 25.08.2011 | Комментарии (1)

Ғәрезсизлик... Еркинлик... Бул муқаддес сөзлердиң артында халқымыздың арзыў-әрманлары, тәғдири ҳәм ертеңги келешеги тур.

Өзбекстан Республикасы 1991-жыл 1-сентябрьде мәмлекетлик ғәрезсизлигин жәриялағанына санаўлы күнлерден соң жигирма жыл толады. Аўа, халқымыз, ата-бабаларымыз тыныш-парахатшылық журтта, емин-еркин күнлерде жасаў әрманында қаншадан-қанша қурбанлар бергенин, әсирлер даўамында еркинлиги ушын гүрескенлигин бәршемиз жақсы билемиз.

Ҳақыйқатында ғәрезсизликтиң дәслепки жыллары жас мәмлекет Өзбекстан ушын аңсат болмады. Бирақ, Журтбасшымыздың узақты көре билиў, барлық тараўларда раўажланыўдың әҳмийетли стратегиялық бағдарларын сергеклик пенен анықлай алыў қәбилети Өзбекстандай жас мәмлекетти ҳәр түрли сиясий, экономикалық дағдарыслардан аман-есен алып шықты.

"Ғәрезсизлик бизге не берди деп емес, ал биз ғә ... Даўамын оқыў...

Просмотров: 1159 | Добавил: Erkin | Дата: 25.08.2011 | Комментарии (0)

Ғәрезсизлигимиз байрамы қарсаңында Қарақалпақстан телерадиокомпаниясы жәмийетлик-сиясий ҳәм социал-экономикалық көрсетиўлер бас редакциясы аға редакторы, устаз журналист Үзилхан Нуғманованың "Ең уллы, ең әзиз" республикалық таңлаўының жеңимпазы болғанын еситип қуўанышқа бөлендик.

1980-жылы Ташкент мәмлекетлик университети журналистика факультетин тамамлаған. Үзилхан апа 30 жылдан аслам ўақыттан берли жемисли мийнет етип келмекте.

Ҳақыйқатында да журналисттиң күнделикли турмысымызда, елимизде жүз берип атырған жаңалықлар, жетискенликлерди әсиресе, "Уллы ҳәм муқадессең, ғәрезсиз Ўатан!” деген сүренди алға сүрип, қатар көрсетиўлерин тамашагөйлеримизге инам еткенлигин бәршемиз жақсы билемиз.

— Жумыс орнымды екинши шаңарағым деп билемен. Мийнет жолымда көп нәрсени үйрендим, сол бир жумыс баслаған ўақытларымда шараятлар бүгин ... Даўамын оқыў...

Просмотров: 963 | Добавил: Erkin | Дата: 25.08.2011 | Комментарии (0)

Қандай дәрежеде, қайсы лаўазымда ислемесин, қолынан қәлеми түспеген, поэзиясында, прозалық шығармаларында, ҳәмийше дәўир нәпеси менен суўғарылған публицистикалық мийнетлеринде Ўатанды, сол Ўатанның ғәрезсизлиги, тыныш-татыўлығы, абаданшылығы жолында пидайылық көрсетип атырған дәўиримиз қаҳарманларын, ғәрезсизлик алған қысқа дәўир ишинде елимиз қолға киргизген уллы жаңаланыўларды жырлаўдан шаршамайтуғын Гүлистан Аннақлычеваның аты және бир мәрте пүткил Өзбекстан бойлап тарап атыр. Ол ғәрезсизлигимиздиң 20 жыллығы алдынан шөлкемлестирилген "Ең уллы, ең әзиз” таңлаўының жеңимпазы болды.

Қарақалпақстан халық шайыры, Республикамызда басшы лаўазымларда ислеген, Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасы депутаты сыпатында жумыс алып бар ... Даўамын оқыў...

Просмотров: 987 | Добавил: Erkin | Дата: 25.08.2011 | Комментарии (0)

                     Кеўил қусым ушып кетти изинен,
                            Услай алмай қалдым усы сапары. 
                                            Жуманияз Өтениязов. 

    &nb ... Даўамын оқыў...
Просмотров: 2642 | Добавил: Erkin | Дата: 25.08.2011 | Комментарии (0)

Излеў

Календарь
«  Август 2011  »
ПнВтСрЧтПтСбВс
1234567
891011121314
15161718192021
22232425262728
293031

Архив

Сыбайлас сайтлар
  • Қарақалпақстан музейи менен танысың
  • Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң веб-сайты
  • Қарақалпақстандағы оқыў орынларының бири
  • Кеўил ашар
  • Рунеттеги сайтлар
  • Қарақалпақстан жаңалықлары

  • Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары. Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
    Copyright MyCorp © 2024