Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана Шемби, 27.04.2024, 01:12
Хош келипсиз Гость | RSS
Сайт мазмуны

Мини-чат

Бизиң сораўлар
Сайтымызға баҳа бериң
Барлық жуўаплар: 44

Статистика

Онлайнда: 1
Мийманлар: 1
Пaйдаланыўшылар: 0

Кириў усылы

Главная » 2011 » Ноябрь » 22 » ХОШ ХАБАР
19:23
ХОШ ХАБАР
   


  ШУХРАТ АЗИЯДА ТЕҢСИЗ

­Ғәрезсизлик жылларында елимизде дене тәрбиясы ҳәм спортқа үлкен дыққат-итибар қаратылыўы нәтийжесинде спортшыларымыздың халықаралық ареналарда сыйлы орынларды алыўы ҳеш кимге де таң болмай қалды. Жаратылған усындай имканиятлардан утымлы пайдаланып киятырған жасларымыздың бири, тақыятаслы аўыр атлетика шебери Шухрат Шамуратов болып табылады. Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының дене тәрбиясы факультетинде тәлим алып атырған Шухрат еле жас болыўына қарамас­тан мәмлекетимиз ҳәм Азия көлеминде өткерилген бир қатар жарысларда өзин көрсете алды. Усы жылдың 5-12-сентябрь сәнелеринде Таиланд мәмлекетиниң Паттая қаласында аўыр атлетика бойынша жас өспиримлер ҳәм жаслар арасында гезектеги Азия чемпионаты болып өткен еди. Континенттиң 39 мәмлекетинен 400 ге шамалас жас спортшылар қатнасқан бул чемпионатта мәмлекетимиз сайланды командасының ағзалары да табыслы қатнасты. Биз ушын итибарлы тәрепи, чемпионатта 105 килограммға шекемги салмақ категориясында беллескен жерлесимиз Шухрат Шамуратов барлық қарсыласын изде қалдырып, бул салмаєта Азияда теңсиз атлет екенин және бир мәрте дәлилледи. Дәс көтериўде 145, силкип көтериўде 180, еки шынығыў жуўмағы бо­йынша 325 килограммлық штанганы бағындырған ол чемпионаттың үш алтын медалына ылайық деп табылды ҳәм халықаралық дәрежедеги спорт шебери нормативин орынлаўға еристи. Шухрат Шамуратов ҳаққында қысқаша мағлыўмат беретуғын болсақ, 1992-жылы Тақыятас қаласында дүньяға келген ол 10 жасынан баслап белгили тренер, Өзбекстан Республикасына мийнети сиңген спорт устазы, Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген мәденият хызметкери Абат Нурыллаевтың қол астында аўыр атлетика менен турақлы түрде шуғылланып келмекте. Үлкен спорттағы табыслары себепли бы­йыл Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтына тест сынақларысыз мәмлекетлик грант тийкарында қабылланыў мүмкиншилигине ийе болды. Кеше Нөкис темир жол вокзалында Азия чемпионын салтанатлы күтип алыў мәресими болды. Мәресимде сөзге шыққан Қарақалпақстан Республикасы Мәденият ҳәм спорт ислери министри Қ.Турдиев, НМПИ ректоры М.Бердимуратов, спортшының устазы А.Нурыллаев, анасы Б.Хожаметова ҳәм басқалар Шухрат Шамуратовты қолға киргизген жеңиси менен қызғын қутлықлады ҳәм алдағы болатуғын беллесиўлерде де мәмлекетимиздиң байрағын бәлент желбиретип, гимнин жаңлата бериўине тилеклеслик билдирди.
       С.ЖАНИЕВ,
арнаўлы хабаршымыз.
Просмотров: 1019 | Добавил: Erkin | Рейтинг: 0.0/0
Всего комментариев: 0
Имя *:
Email *:
Код *:
Излеў

Календарь
«  Ноябрь 2011  »
ПнВтСрЧтПтСбВс
 123456
78910111213
14151617181920
21222324252627
282930

Архив

Сыбайлас сайтлар
  • Қарақалпақстан музейи менен танысың
  • Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң веб-сайты
  • Қарақалпақстандағы оқыў орынларының бири
  • Кеўил ашар
  • Рунеттеги сайтлар
  • Қарақалпақстан жаңалықлары

  • Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары. Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
    Copyright MyCorp © 2024