Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана Жума, 26.04.2024, 18:18
Хош келипсиз Гость | RSS
Сайт мазмуны

Мини-чат

Бизиң сораўлар
Сайтымызға баҳа бериң
Барлық жуўаплар: 44

Статистика

Онлайнда: 1
Мийманлар: 1
Пaйдаланыўшылар: 0

Кириў усылы

Главная » 2011 » Декабрь » 8 » FӘРЕЗСИЗЛИК ЖЫЛЛАРЫ ПОЭЗИЯСЫ
23:30
FӘРЕЗСИЗЛИК ЖЫЛЛАРЫ ПОЭЗИЯСЫ
«ЖАҢА ЗАМАН НЕ КҮТЕДИ ШАЙЫРДАН?..»
Жаңа заман не күтеди шайырдан,
Буны билер биреў ерте, биреў кеш.
...Соның ушын жаза бериў, бирақ та;
Халық дәртинен қалтырасын қәлеми¦.
И.ЮСУПОВ.

Уллы талант, данышпан шайыр Ибрайым Юсуповтың бул айтқан сөзлеринде жан бар, жуўапкерли ўазыйпалар бар. Өйткени, өткен әсирде жәмийетлик турмысымызда еки рет үлкен аўдарыспақ, социал-жәмийетлик қайта қурыўлар болды, бирақ, өмир менен турмыс өз диалектикасы менен алға умтылып, өз қарама-қарсылықлары, бай рәң-бәреңлиги менен илгери жылжый берер екен. Сондай болса да, елимиздиң турмысында ғәрезсизлик дәўириниң орны өз алдына екенлиги даўсыз. Шайыр ағамыз бизиң өмиримиздеги усындай социал-жәмийетлик аўдарыспақ пенен руўхый жаңаланыўларымыздың сырын, оның халық ушын әҳмийетли прогрессив тәреплерин тез, ҳәммеден бурынырақ түсинетуғын, оптимистлик ҳәм мәрт жүрекли сөз зергери еди. Ол ҳәрқандай заманға, жәмийетке де қалыс нийет пенен әдил баҳа берип, поэтикалық нәзер менен қарап, өзинше көркемлик поэтикалық ой жуўмақларын шығаратуғын шайыр, нағыз сөз патшасы болды. Өйткени, оны қосықлар топламлары “Заман ағымы”, “Дузлы самаллар”, “Аласатлы дүнья бул”, “Ҳәр кимниң өз заманы бар”, “Беглигиңди бузба сен!” деп аталыўларында терең социал-психология¬лық, философиялық образлы пикирлер жатыр. Мине, ол усы мазмундағы терең поэтикалық, философиялық пикирлерге ийе инсан ҳәм сөз зергери сыпатында миллий ғәрезсизлигимизди бириншилерден болып жүрек толы қуўаныш пенен қабыл етти. Шайыр, соның менен қатар, ең алды менен ғәрезсизлигимизге жол ашқан жаңаланыў, қайта қурыў ҳәм базар экономикасының сырлары менен терең бийноқыяларын дурыс түсинип, оларды көпшиликке - оқыўшыларымызға поэзия тили менен жеткериўге асықты. Усы көзқарастан алып қарағанымызда, шайырдың “Базар жолында”, “Мүражат”, “Көрсеткен рәҳәтли күниң усы ма...?!”, “Мустақиллик майданынан өткенде”, “...Наўрыздың байрамы келди” ҳәм тағы басқа лирикалық дөретпелери поэзиямыз тарийхында ғана емес, ал, халқымыздың руўхый өмиринде салмақлы орынға ийе. Жаңаланыў дәўири сөз шебериниң “Диалектика”, “Ашық сөз”, “Умтыламан”, “Ҳүждан монологи”, “Яд етер Сизди” типиндеги поэзиялық шығармаларын жазыўға айрықша руўхый күш бағышлады. Айқынырақ етип айтқанда, ол бул шығармаларында демократия ҳәм жәриялылықтың руўхыйлылығынан утымлы пайдалана отырып, тоталитаризм дәўириниң бийбастақлықларын ғана емес, ал, сол жәриялылық пенен демократияға бет бурыў жылларының да елеўли қарама-қарсылықларын, конфликтлеринде лирик қањарманның ишки кеўил драматизми, терең образлылық, поэтикалық шеберлик пенен жырлағанлығының гүўасы боламыз. Мысалы, ол “Ашық сөз” атлы лирикасында былайынша шын кеўил менен, дәўир өзгерислерин көкирек толы қуўаныш пенен қарсы алып атырған лирик қаҳарман образын жаратады:
Пәтли самал шайқап ўақыт дәрьясын,
Жағысларға урар жаңа толқынлар.
Таза өзгерислер симфониясын,
Бул түсимпаз дүнья қумартып тыңлар...
Әлбетте, бул бизиң заманласларымыздың жүрегиндеги жаңа дәўирге деген қулшыныў, оны қушақ толы гүллер менен қарсы алыў сезимлери, олардың жаңашыллыққа болған айрықша пафосы еди. Соның менен қатар, шайыр усы қуўанышқа қоса тоталитаризмдеги қосып жазыў, улыўма тубалаў дәўириниң кескин тосқынлықларын усы қосығында мынадай өткир қатарлар менен сәўлелендирген:

Хошамет сөз айтып бийик минберден,
Шаңлы жолдан бағқа атларын бурды.
Детсад салатуғын қәрежетлерден,
Мәрмерден ганж ойып, дачалар қурды.
Жоқ сыйыр сүт берди қағазға ийип,
Мағлыўмат отлады маллар падасы.
Пахта пунктлерде отырды мықшыйып,
Қундыз малақайлы ҳарамзадасы...
Мине, булар сәл қаттырақ айтылса да, сол дәўир шынлығының нағыз реалистлик картинасы ямаса басқашарақ айтқанда, шайырдың жаңа дәўирдиң артықмашлығын түсиндирип бериўи ушын усылайынша лирикалық шегинис, шегинислик сюжет жасамаўы мүмкин емес еди.
И.Юсупов бундай өткен заман - “социализм” деп аталған дәўирдиң көзбоямашылықлары менен трагедиялық картиналарын көз алдымызға келтиретуғын пикирлерди айрықша шеберлик усыллары менен жырлап, оларды бирқанша шығармаларында өткир жанлы көркем детальлар арқалы сәўлелендирген. Қараңыз:
Дефолиация ўақтында өтти,
Ашық-жарық күнлер көп болғай,
Жолға шығар соқпақтан шетте,
Өлип атыр бир пошша торғай.

Пахталықтан қурт излеймен деп,
Өлген сорлы кеше уўланып.
Быйыл план зор болады деп,
Бригадир барар қуўанып...

Демек, бул “Гүз көриниси” деп аталған қосықтан алынған қатарларда адам өмиринен бирнеше килограмм пахта артық болып есапланған заманлардың бир көриниси айқын сызылғаны бирден-ақ көзге тасланады.
Ҳақыйқатында, И.Юсупов бул қосық қатарларына уқсас шығармаларында тек ғана сол дәўирлердиң инсапсызлықларын, дәрья менен теңиздиң қурып кетиўин, инсан мәплериниң аяқ асты етилиўлерин ҳәм тағы басқаларды ғана жазып қоймастан ең алды менен ўатаншыл жүреги таза лирик қаҳарманның, оның Ана-жерге болған садықлығын, туўылған жерге сүйиспеншилигин орайлық орынға қойып жырлады. Мысалы, миллий шайырымыз Ш.Айтматовтың изи менен:
Уяға таласқан еки лашындай,
Адамлар аяўсыз бир-бирин жулар,
Подшивниги майланбаған машындай,
Астымызда жер ҳаўлығып айланар,-деген “Плаха” излеп... ” қосығындағы қатарларында пүткил планетарлық ойларды алға сүрген болса, ал, “Тырналар”, “Байыўлы” ҳәм тағы басқа да қосықларында Әмиў, Арал, жер, суў маш¬қалаларына да пүткил жер жүзилик әҳмийет берип, оларға улыўма адамгершиликли қәсийетлер жүклеп, дәўир трагизми менен патриотизмди, гуманизмди тығыз синтезлеп сүўретлегенлигиниң гүўасы боламыз. Ал, “Бул жер еле зор болады”, “Беглигиңди бузба сен” шығармаларында ҳақыйқый патриотизмди, гуманизм менен келешекке деген үлкен исенимди байрақ етип қәлем тербетеди. Мысалы, “Тырналар” лирикасында дәслеп былай жырлайды:
Не ис тапса адам пейлинен табар,
Ол қаст етсе терис ағар дәрьялар,
“Бул жер бизге - ҳарам!” дегендей олар,
Аҳ урып, қыйқыўлап барар тырналар.
Қусларды қанатсыз, теңизди суўсыз,
Қалдырған нәмәртлер қалмас сораўсыз.
Fарғысқа жолығып бәри қалыўсыз,
“Туқымқурт болғай!” деп барар тырналар...
Усы сыяқлы өткир қатарларды И.Юсуповтың соңғы, ғәрезсизлик жылларындағы жазған дөретпелеринен жийи келтириўге болады ҳәм олардың барлығы да жаңа дәўирден, азатлық, бийғәрез атмосферадан үлкен руўхый күш алыўдың нәтийжесинде жазылған. Шайыр усындай руўхый жақтан алған таўсылмас күш-жигер, мол ғайраты арқалы көпшиликти үлкен үмитлерге шақырып, “Бул жер еле зор болады” деп жар салды. “Кеткен ғазлар көлин жоқлап, усы күнде келип жүрген, Ой жуўыртып соған шақлап бир нәрсени билип жүрмен:
Бардур болжаў қәбилетим-
Билген нәрсем сол болады,
Сәл азырақ сабыр етиң,
Бул жер еле зор болады.
Ал, соңғы келеси қатарларда болса дәўиримиздиң аўыр экологиялық шараятларына да миллий колоритлик сыпатлар енгизип, оны миллий поэтикалық реңлер менен бояп, түрлендирип, оларға патриотизмди терең сиңдирип былай деген:
Аўыз суўың дузлақ болса,
Үйренген өз дузың болар.
Суў бар ма, деп соза-соза,
Түйе мойны узын болар.

Дуз татып кет дегенди де,
Тегин айтқан деп болмайды,
Сөйлегенде сөзиңниң де,
Дузы болса шеп болмайды.
Сондай-ақ, бул атақлы лирикалық дөретпениң соңына таман берилген патриотизмди улығлаўшы салыстырма поэтикалық пикирлердиң терең турмыслық философиялық әҳмийети күшли қатарлардың бүгинги ғәрезсизлик дәўириндеги тек ғана қарақалпақ поэ¬зиясы менен тутас әдебиятымыз тарийхынан алатуғын салмақлы орнынан тысқары, ал, олардың ҳәммеси жаңа дәўирдеги руўхыйлық өмиримиз ушын үлкен роль ойнайды. И.Юсуповтың биз сөз еткен “Тырналар” қосығының дәслепки жуўмақларында бизиң өткен дәўирдеги заманласларымызға қарата қанша ашшы гәплер айтылса да, қосықтың жуўмағы мынадай үлкен меҳрибанлық ҳәм туўған жерге таўсылмас муҳаббат пенен тамамланыўы оқыўшыларға терең ой салса керек. Мысалы:
Барар интизамлы сапқа дизилип,
Мен қарайман жүрек-баўырым үзилип,
Сиздей мен де ата журттан безигип,
Неге кете алмайман айтың, тырналар?
Мине, бундағы поэтикалық ойлар ата журт¬тан безип, басқа жақлардан “бейиш” излеп көшип кетип атырғанларға ямаса сол жерлерге барып қоныс басып, қайтып келиўге уяты шыдамай жүргенлерге қалай тәсир етер екен...? Шайырдың күши, олардың руўхыйлық тәсири менен турмыслық әҳмийети де, мине усындай орынларда айқын көринеди.
Миллий ғәрезсизлик дәўирин жырламаған шайыр жоқ. Бирақ, ҳеш бир қәлем ийеси И.Юсуповтай тақылетте жаңа дәўирдиң руўхыйлығын терең ийелеп, сол заманларға сәйкес түрде утымлы поэтикалық философия¬лық толғанысларды бериўи мүшкил. Өйткени, оның тек ғана тәнҳа ғәрезсизликке арналған сиясий публицистикалық қосықлары менен арнаўлы айырым қатарларында емес, ал, оның ҳәрқандай тематикадағы, муҳаббат ҳаққындағы шығармаларында да миллий ғәрезсизлик руўхы айқын көринип, сезилип турады. Ҳәттеки, сөз зергериниң ғәрезсизликтен анағурлым бурын жазылған айырым лирикаларында да ғәрезсизлик сезимлери менен оның жарқын идеялары жасырынып жатады. Солардың қатарында И.Юсуповтың ғәрезсизликтен бурын дөретилген “Булақ”, “Әрманлар”, “Романтика”, “Пери минген ат” ҳәм тағы басқа көплеген қосықларында еркинлик, азатлық, нағыз руўхый ғәрезсизлик сезимлериниң инсаныйлық уллылығы, олардың тәбийғый жаратылыстағы орны айқын ҳәм терең психо-философиялық қәсийетлери менен сәўлеленген. Шайырдың ғәрезсизлик жылларындағы жазылған лирикалық дүркинлеринен “Алыс Малайзия көшелеринде”, “Төк таўындағы ойлар” қосықларындағы салыстырма поэтикалық философиялық пикирлердиң өткирлиги, социаллық сыпатлардың батыл түрде берилиўи үлкен әҳмийетке ийе. Оның соңғы ўақытлары жазылған “Мәмелек ой”, “Ўатан топырағы” поэмаларын әдебий илимий сыншылық түрде сөз етиў арнаўлы үлкен мәселелердиң бири...


Жанызақ ЕСЕНОВ,
филология илимлериниң
кандидаты.


22.09.2011
[b]
Просмотров: 1158 | Добавил: Erkin | Рейтинг: 0.0/0
Всего комментариев: 0
Имя *:
Email *:
Код *:
Излеў

Календарь
«  Декабрь 2011  »
ПнВтСрЧтПтСбВс
   1234
567891011
12131415161718
19202122232425
262728293031

Архив

Сыбайлас сайтлар
  • Қарақалпақстан музейи менен танысың
  • Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң веб-сайты
  • Қарақалпақстандағы оқыў орынларының бири
  • Кеўил ашар
  • Рунеттеги сайтлар
  • Қарақалпақстан жаңалықлары

  • Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары. Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
    Copyright MyCorp © 2024