Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана Шемби, 27.04.2024, 05:48
Хош келипсиз Гость | RSS
Сайт мазмуны

Мини-чат

Бизиң сораўлар
Сайтымызға баҳа бериң
Барлық жуўаплар: 44

Статистика

Онлайнда: 1
Мийманлар: 1
Пaйдаланыўшылар: 0

Кириў усылы

Главная » 2011 » Декабрь » 6 » ҚАРАР ҲӘМ ОНЫҢ ОРЫНЛАНЫЎЫ
09:18
ҚАРАР ҲӘМ ОНЫҢ ОРЫНЛАНЫЎЫ
ИНФОРМАЦИЯЛЫҚ КОММУНИКАЦИЯ
ТЕХНОЛОГИЯЛАРЫ — ДӘЎИР ТАЛАБЫ

Экономика, ислеп шығарыў, билимлендириў ҳәм мәмлекетлик басқарыўға заманагөй технологияларды кеңнен енгизиў, мини технологиялар ҳәм ықшамласқан үскенелерди алып кириў мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған реформалардың әҳмийетли бағдары.
Бүгинги шараятта информация қаншелли тез ескиретуғын болса, оны тасыўшы қураллар да соншелли дәрежеде жаңаланып бармақта. Оларды басқарыў да ўақыттың өтиўи менен қурамаласып баратуғыны айқын.
Информацияластырыў термини жақынға шекем кең тар¬қалған компьютерлестириў термининиң орнын басып, барған сайын қысып шығармақта. Бул түсиниклер арасында айтарлықтай өзгешеликлер бар. Информацияластырыў түсиниги компьютерлестириўге қарағанда кеңирек түсиник есапланады.
Компьютерлестириўде тийкарғы дыққат информацияны қайта ислеў, нәтийжелерин тез алыўды, оны жыйнаўды тәми¬йинлейтуғын компьютерлердиң техникалық базасын раўажландырыўға ҳәм енгизиўге, ал, информацияластырыўда адам хызметиниң барлық түрлерине тийисли билимлерди анық ҳәм өз ўақтында толығы менен пайдаланыўды тәмийинлейтуғын комплекс илажларға қаратылады.
Ҳәзирги жәмийетте информацияластырыў дәрежеси мәмлекеттиң социал-экономикалық раўажланыў дәрежесин билдиреди. Информацияластырыўдың раўажланыў тарийхы АҚШта 1960-жылларда, 1970-жыллардан Японияда ҳәм 70-жыллардың ақырында батыс Европада басланды. Оның белгили объектлери бар болып, олардың ишинде тийкарғысы жәмийет есапланады. Оннан басқа объектлериниң қатарына төмендегилер киреди: мәмлекет, экономика, илим ҳәм билимлендириў, өндирис, жеке адам.
Көпшилик қәнигелер тәрепинен жәмийетти информация¬ластырыў глобал дүнья жүзилик тенденция сыпатында тән алынбақта. Бул тенденция белгили бир дәрежеде барлық мәмлекетлерге өз тәсирин тийгизеди. Информациялық жәмийет түсиниги пайда болып, бирақ, оның ҳәмме қабыл еткен ямаса ҳәммеге мақул болған анықламасы ҳәзирше мәлим емес. Бирақ, информациялық жәми¬йеттиң айрықшалық белгилерин атап өтиўге болады:
- информациялық экономика;
- жәмийеттиң барлық ағзаларының жоқары дәрежедеги информациялық талаплары ҳәм оларды халықтың тийкарғы массасы ушын ис жүзинде қанаатландырыў;
- жоқары дәрежедеги информациялық мәденият;
- жәмийеттиң ҳәр бир ағзасы ушын еркин информация алыў ҳуқықы (жәмийеттиң информациялық қәўипсизлигине байланыслы шекленген информациядан басқа).
Информациялық жәмийет түсинигиниң көпшилик анықламаларының мәнисин көрип шықсақ, информациялық жәмийет – бул сондай жәмийет, онда информацияны өндириў ҳәм тутыныў ең әҳмийетли хызмет түринен есапланады, ал, информация мәнили ресурс деп тән алынады; жаңа информациялық ҳәм телекоммуникациялық технологиялар базалық техноло¬гиялар ҳәм техника болып есапланады. Және де информа¬циялық орталық экологиялық ҳәм социал орталықлар менен бир қатарда адамның жаңа жасаў орталығы болып табылады. Ҳәр бир мәмлекет өзиниң шараятларына байланыслы (телекоммуникациялық инфраструктураның, информациялық индус¬трия¬ның, нызам шығарыў базасының раўажланғанлығы) информациялық жәмийетке кириўдиң өз консепциясын ислеп шығады.
Ҳәзирги ўақытта информациялық жәмийетке өтиўдиң миллий стратегиясы АҚШта, Уллыбританияда, Канадада, Финляндияда, Францияда, Японияда, Италияда, ГФРда, Дания¬да ҳәм басқа да бир қатар раўажланған мәмлекетлерде ислеп шығылған ҳәм әмелге асырылмақта. Бул стратегия ҒМДА мәмлекетлеринде де ислеп шығылды ҳәм жетилистирип барылмақта. Усыған байланыслы дүньяның көпшилик еллеринде электрон ҳүкиметлер шөлкемлестирилди. Электрон ҳүкимет (e-goverment) түсиниги ҳүкиметтиң халық ҳәм пуқаралық жәмийет шөлкемлери менен өз-ара байланысын тәмийинлеўде интернет технологияларынан пайдаланыўды билдиреди. Улыўмаласқан түрде электрон ҳүкиметти мәмлекетлик хызмет көрсетиў процесин автоматластырыў деп характерлесе де болады. Мәмлекетимиз қәлиплесип кия¬тырған глобал информациялық жәмийетте өзиниң мүнәсип орнын ийелеўге умтылып атыр.
Президентимиз айтқанындай, әмелге асырылып атырған реформалар жәмийеттиң раўажланыўы ушын, инсан ҳәм оның мәплери ушын хызмет етиўи тийис.
Информацияластырыўды тез пәт пенен раўажландырыў мақсетинде бир қатар ҳуқықый-нормативлик ҳүжжетлер қабыл етилди: мәселен, “Информа¬цияластырыў ҳаққында”, “Телекоммуникациялар ҳаққында”, “Байланыс ҳаққында”, “Элек¬трон цифрлы имза ҳаққында”, “Электрон ҳүжжет алмасыў ҳаққында”, “Электрон бизнес ҳаққында” ҳәм т.б.
Президентимиздиң 2002-жыл 30-майдағы “Компьютер¬лес¬тириўди және де раўажландырыў ҳәм информациялық-коммуникациялық технологияларын енгизиў ҳаққында”ғы П-3080-санлы Пәрманын орынлаў бойынша Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2002-жыл 30-июньдеги 200-санлы қарарында белгилеп берилген, 2003-2010-жылларда телекоммуникациялар ҳәм мағлыўмат узатыў миллий тармағын раўажландырыў, 2003-2010-жылларда мәмлекетлик басқарыўда электрон технологияларды енгизиў, 2010-жылға шекемги дәўирде электрон коммерцияны раўажландырыў бағдарламасы ҳәм 2010-жылға дейинги дәўирде Өзбекстан Республикасы телекоммуникация тармағын реконструкциялаў ҳәм раўажландырыў бойынша миллий бағдарламалар ислеп шығылды.
Өзбекстанда жәмийетти информацияластырыў бағдарында Министрлер Кабинети, Өзбекстан Республикасы Байланыс ҳәм информацияластырыў агентлиги тәрепинен бир қанша илажлар исленип атыр. Мәселен, ҳәр қыйлы тренинглер ҳәм семинарлар өткерилмекте, оларда көплеген мәмлекетлик мәкемелердиң хызметкерлери тәжирийбе алмасып, ҳәзирги заман ИКТ тараўындағы дүнья жүзилик жаңалықлар менен танысып, өзлериниң билимлерин толықтырып, соның менен бирге ИКТ техникасының жаңа түрлеринен пайдаланыўды үйренип алыў ушын кең мүмкиншиликлер жаратылған.
Солай етип, жәмийетти информацияластырыў социал-техникалық прогресстиң тийкарғы тенденцияларынан бири сыпатында тән алынбақта.

Нийетбай
УТЕЎЛИЕВ,
ТИТУ Нөкис филиалы “Информатика ҳәм информа¬ция¬лық техноло¬гиялар” кафедрасы профессоры, физика-математика илимлериниң докторы, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң депутаты.
Просмотров: 975 | Добавил: Erkin | Рейтинг: 0.0/0
Всего комментариев: 0
Имя *:
Email *:
Код *:
Излеў

Календарь
«  Декабрь 2011  »
ПнВтСрЧтПтСбВс
   1234
567891011
12131415161718
19202122232425
262728293031

Архив

Сыбайлас сайтлар
  • Қарақалпақстан музейи менен танысың
  • Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң веб-сайты
  • Қарақалпақстандағы оқыў орынларының бири
  • Кеўил ашар
  • Рунеттеги сайтлар
  • Қарақалпақстан жаңалықлары

  • Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары. Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
    Copyright MyCorp © 2024