Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана Сийшемби, 23.04.2024, 16:27
Хош келипсиз Гость | RSS
Сайт мазмуны

Мини-чат

Бизиң сораўлар
Сайтымызға баҳа бериң
Барлық жуўаплар: 44

Статистика

Онлайнда: 1
Мийманлар: 1
Пaйдаланыўшылар: 0

Кириў усылы

Главная » 2011 » Август » 25 » ЖЕРЛЕСИМИЗДИ ҚУТЛЫҚЛАЙМЫЗ!
16:36
ЖЕРЛЕСИМИЗДИ ҚУТЛЫҚЛАЙМЫЗ!

Ҳүрметли Президентимиздиң уллы ғәрезсизлигимиздиң дәслепки күнлеринде көрегенлик пенен "Өзбекстан – келешеги уллы мәмлекет” деп жәриялаўы көп миллетли халқымызда Ўатанымыздың келешегине үлкен исеним ҳәм мақтаныш сезимлерин оятқаны күни кешегидей есимизде.

Пүткил жәҳән жәмийетшилиги елимизде ҳуқықый демократиялық мәмлекет ҳәм пуқаралық жәмийет қурыў бағдарында ерисилген турақлылық және түпкиликли жаңаланыўларға ҳәўес пенен қарамақта. Мине, бир-еки күннен кейин ғәрезсизлигимиздиң 20 жыллық даңқлы мерекесин салтанатлы белгилеў алдында турмыз.

Кеше Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан бойлап елимиздиң ардақлы азаматларының бири – Тахтакөпир районындағы көп тармақлы "Тайымбет” фермер хожалығының баслығы, Өзбекстан Республикасы "Ташаббус-2007” таңлаўының жеңимпазы, Өзбекстан Республикасы Олий Мажлис Сенаты ағзасы Сәрсенбай Сейтназаровқа елимиздиң ең жоқары сыйлығы – "Өзбекстан Қаҳарманы” атағы берилгени ҳаққындағы хошхабар тарады. Республикамыздың ҳәр бир азаматы жерлесимиздиң бундай бәлент мәртебеге ерискенин шексиз қуўаныш пенен қарсы алды.

Fәрезсизликтиң дийқанларымызға инам еткен әжайып мүмкиншиликлеринен искерлик пенен пайдалана билген Сәрсенбай Сейтназаров бул жоқары ҳүрмет ҳәм мәртебеге өзиниң өндиристи шебер шөлкемлестириўи ҳәм мийнет сүйгиш пидайылығы арқалы миясар болды. Қаҳарманымыздың истиң көзин билип ислеген көп жыллық мийнетлери арқасында хожалықта пахта, ғәлле жетистириўде айта жүргендей жоқары көрсеткишлерге ерисилип атыр. Жыл сайын ол басқарған жәмәәт ағзаларының дәраматлары артып, олар быйылғы 20 жыллық уллы юбилей жылында да үлкен табысларға ерисиўди мақсет етип, шөлкемлескенлик пенен мийнет етпекте.

Биз бүгин Өзбекстан Қаҳарманы Сәрсенбай Сейтназаровты мәмлекетимиздиң ең уллы сыйлығына миясар болғаны менен қызғын қутлықлаймыз. Удайы ел мәпи ушын аянбай мийнет етип жүрген жерлесимиздиң ҳәмийше минген таўы бәлент болсын!

Е.ЕРМАНОВ

Просмотров: 922 | Добавил: Erkin | Рейтинг: 0.0/0
Всего комментариев: 1
1 Азамат  
0
Сарсенбай ага, мен сизди Өзбекстан Қаҳарманы атагын алганыныз бенен шын журектен кутлыклайман. Сиз хам сиз аркалы путкил Каракалпак халкына озинин шексиз хурметин билдирген Президентимизге рахмет!
Халкымыздын бахтына Президентимиз аман болсын.
Байрамыныз кутлы болсын.

Имя *:
Email *:
Код *:
Излеў

Календарь
«  Август 2011  »
ПнВтСрЧтПтСбВс
1234567
891011121314
15161718192021
22232425262728
293031

Архив

Сыбайлас сайтлар
  • Қарақалпақстан музейи менен танысың
  • Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң веб-сайты
  • Қарақалпақстандағы оқыў орынларының бири
  • Кеўил ашар
  • Рунеттеги сайтлар
  • Қарақалпақстан жаңалықлары

  • Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары. Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
    Copyright MyCorp © 2024